Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.9K photos
1.03K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Медицина институтының проректоры Э.Есимбетова, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Ш.Аяпов, Мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары, соның ишинде жаслар ҳәм мектеп жәмәәти қатнасты.

«Жаңа Өзбекстан» видеоролигин тамашалаў менен басланған илаж Президент Ш.Мирзиёевтиң ПП-60-санлы қарары менен тастыйықланған “Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы”ның мазмун-мәниси ҳаққында кең түсиниклер бериў менен даўам етти.

Үгит-нәсияшылар тәрепинен және атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде, соның ишинде мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелигини арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда әсиресе, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллериниң руўхый дүньясын байытыў бағдарындағы илажлар үлкен әҳмийет ийелейди.

Ушырасыў даўамында жаслардың китапқумарлық бойынша билимлерин сыннан өткериў ҳәм усы арқалы оларды қитапқумарлыққа қызықтырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, китапқумарлық илажында белсене қатнасқан мәҳәлле турғынларына Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен таярланған әдебий китаплар топламы саўға етилип, жыйналғанларға Нөкис қалалық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы усынылды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Үлкемизде_Наўрыз_нәпеси

Дәрек: Қарақалапақстан телерадиоканалы

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Мойнақта жаңа китапхана жумыс баслады.

Ташкент ўәлаяты ҳәкими Мойнақ районына 12 000 нан аслам китап саўға етти. Буның нәтийжесинде Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң мәлимлеме-китапхана орайлары 10 дана ҳәм районымыз орайындағы "Book cafe" 1000 дана китап пенен толықтырылды.

Соның менен бирге, "Дослық" мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жаңа китапхана ашылды. Бул китапхана Республикалық Мәлимлеме-китапхана орайының Мойнақ филиалы болып шөлкемлестирилди.

Район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
27-март - Халықаралық театрлар күни.

Әйне пайытта Қарақалпақстан Республикасында 3 мәмлекетлик театр жумыс алып бармақта.

1. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры. Театрдың туңғыш сахнасы 1926-жылы Қасым Әўезовтың "Тилек жолында" спектакли менен ашылған.

2. Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры. Театрдың сахнасы 1978-жылы Кеңесбай Рахмановтың "Егленген бәҳәр" спектакли менен ашылған.

3.Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры. 1991-жылы Кеңесбай Кәримовтың "Арық мерген" спектакли менен ашылған.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
⚡️ 28 марттан (ертеңнен) баслап мектеплерде төртинши шерек басланады.

28-март, дүйшемби күнинен баслап Республикамыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде бәҳәрги бир ҳәптелик дем алыс жуўмақланып, IV шерек сабақлары басланады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Мәҳәлле_ҳәм_жаслар

Нөкис қаласы «Жайхун» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өткен руўхый-ағартыўшылық илаждан видеокөринис.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Тайынлаў

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қоңырат районлық бөлиминиң баслығы жаңа лаўазымға тайынланды.

Тилеумуратова Умитай Аралбаевна Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары - шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымына тайынланды.

Тилеумуратова Умитай Аралбаевна өткен жыллар, яғный, дерлик 5 жыл ўақыт ишинде Орайдың Қоңырат районлық бөлими баслығы сыпатында өзиниң шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы, талапшаңлығы ҳәм халқымыздың, әсиресе, аймақтағы өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы дөретиўшилик қатнас жасаўы менен көзге көринди.

Биз кәсиплесимизди жаңа лаўазымы менен қутлықлай отырып, оның келеси жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
АТЫҢ, ХАТЫҢ ӨШПЕС ШАРАП АҒАСЫЗ

(Қарақалпақ халқының әдиўли перзенти, талантлы журналист, жазыўшы ҳәм мәмлекетлик искер, марҳум Шарап аға Уснатдиновтың 80 жыллық мерекесине арнаў) 👇👇👇
Сөз бенен қарылып жеген наныңыз,
Сөз бенен қарылып шийрин жаныңыз,
Жалынлы сөз болды, намыс-арыңыз,
Сөзден ығбал тапқан Шарап ағасыз.

Қоллаған Жийренше шешен пириңиз,
Сөз саралап өткен талай түниңиз,
Сахналар төринде жаңлап үниңиз,
Сөздиң шамын жаққан Шарап ағасыз,

Қолыңызда қурал етип қәлемди,
Қағазға сыйдырып, пүткил әлемди,
Ғәрип күткениндей бағда Сәнемди,
Шийрин сөз сағынған Шарап ағасыз.

Сөздиң қүдиретин, сөздиң салмағын,
Сөздиң илсе, жаздырмастай қармағын,
Тилге көшсе, мың қубылар тармағын,
Әмелде аңлатқан Шарап ағасыз.

Сөз айтыңыз мудам көпке жақтырып,
Талайлардың таңлайларын қақтырып,
Сөзден кеўиллерге берип жақтылық,
Тилден дүр таратқан Шарап ағасыз.

Халық баҳасын берип ҳасыл сөзиңе,
Таўдың шыршасындай жасыл сөзиңе,
Заманыңда жарасықлы өзиңе,
Шешен атын алған Шарап ағасыз.

Сөз арқалы жақын болды арамыз,
Сөз бенен бирлести, кеўил ханамыз,
Оған гүўа болды ижадханаңыз,
Бизге өрнек болған Шарап ағасыз.

Бес күнлик дүньяға әзийз мийманым,
Сөздиң ең ҳасылы болды жыйғаның,
Руўхың шад, жолдас болғай ийманың,
Атың, хатың, өшпес Шарап ағасыз.

Раўаж Отарбаев. 27.03.22
https://kknews.uz/kk/101839.html
Әдебият ҳәм баспасөз пидайысын еслеў кешеси

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының таңғы “ASSALAWMA ÁLEYKUM, QARAQALPAQSTAN!” бағдарламасы.

Мийманлар:
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң бас қәнигеси Н.Шынназаров ҳәм таңлаўға талабан жас бақсылар.

Сәўбет мазмуны: усы жылдың 11-апрель сәнесинде болып өтетутуғын “ЖӘҲӘН МАҒАН ҲӘЎЕС ПЕНЕН ҚАРАСЫН!” сүрени астындағы Республикалық ҳәўескер бақсылар таңлаўы ҳаққында.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Жәҳән_маған_ҳәўес_пенен_қарасын!

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қаракалпақстан бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген “Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын! ” жас ҳәўескер бақсылар Республикалық таңлаўының Нөкис районлық басқышы шөлкемлестирилди.

Онда аймақтағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен 12-16 жас арасындағы 30 дан аслам ҳәўескер бақсылар қатнасып, таңлаў шәртлери бойынша өз өнерлерин көрсетти.

Таңлаў Дөретиўшилик топар ағзалары тәрепинен бақлап барылып, оған көре Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы, ҳаўескер бақсы Зулқумар Елиўбаева жеңимпаз деп табылып, усы жылдың 11-апрель сәнесинде болып өтетуғын Республикалық басқышқа жоллама алды.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Мағлыўмат орнында: Таңлаўдың Нөкис қалалық ҳам районлық басқышлары даўам етпекте.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ДЫҚҚАТ_ТАҢЛАЎ

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы “ЖӘҲӘН МАҒАН ҲӘЎЕС ПЕНЕН ҚАРАСЫН!” сүрени астындағы Республикалық ҳәўескер бақсылар таңлаўын жәриялайды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Онлайн

Əйне пайытта Нөкис қалалық мәденият бөлиминде “Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын!” жас ҳәўескер бақсылар таңлаўының Нөкис қалалық басқышы басланды.

Онда Нөкис қаласындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен 40қа шамалас жас ҳәўескер бақсылар таңлаў шәртлери бойынша өз өнерлерин көрсетпекте.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq