Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.26K subscribers
10.4K photos
931 videos
10 files
1.05K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
https://kknews.uz/kk/145039.html
Конституция –жәмийеттиң ҳуқықый тийкары

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Ўзбекистон халқига Рамазон ҳайити табриги

Поздравление народу Узбекистана с праздником Рамазан хайит

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған бул қутлы әййям күнлеринде пүткил мусылман әлеми ушын муқаддес Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен бәршеңизди қызғын қутлықлаймыз.

Ҳәммениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде ең дәслеп усындай қутлы ҳәм пазыйлетли күнлерге мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз. Сиз әзизлер менен бирге және бир мәрте мүбәрек Рамазан айының шәпәәти ҳәм пазыйлетлерин көриў несип етти.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.
Алла-тааланың рейими жаўылатуғын усы қутлы ҳәм берекетли күнде сизлерди Рамазан ҳайыты менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Мүбәрек Рамазанда қылған барлық жақсы нийет ҳәм дуўаларыңыз қабыл болсын!

Рамазан ҳайыты бәршемизге мүбәрек болсын!


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеси


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Қаҳарманы, Халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов атындағы халықаралық фонд жумыс баслады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бөлиминиң баслығы Матеков Бердақ Ещбаевичтиң туўылған күни.

Усы мүнәсибет пенен кәсиплесимизди қызғын қутлықлап, туўылған күн ийесине беккем денсаўлық, ығбал-бахыт ҳәм келешектеги игиликли жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

Республикалық бөлимниң мийнет жәмәәти

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Марҳум композитор М.Жийемуратов «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды

Бердақ атындағы Қаракалпақ мəмлекетлик музыкалы театрында белгили композитор, марҳум Марқабай Жийемуратовтың 80 жыллығына бағышланған еслеў кешеси ҳәм оның өмирлик жолдасы, Қарақалпақстан халық шайыры Набира Төрешованың 70 жыллығына бағышланған юбилей кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов сөзге шығып, Ҳүрметли Президентимиз, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы тəрепинен əдебият, мəденият ҳəм көркем өнер тараўларына ҳəм де дөретиўши инсанларды қоллап-қуўатлаўға каратылып атырған жоқары итибар ҳаққында атап өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың атынан халқымыз сүйип тыңлайтуғын Ә.Тəжимуратовтың «Айдынлар» қосығына нама жазған композитор М.Жийемуратовқа «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери» ҳүрметли атағы берилди ҳəм оның өмирлик жолдасы, Қарақалпақстан халық шайыры Н.Төрешоваға ҳүрмет көрсетилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы атынан қутлықланды.

Жыйналғанлардың итибарына М.Жийемуратов намасын жазған ҳəм Н.Төрешова текстин жазған қосықлар инам етилди.

Н.Төрешова бундай жоқары итибар ушын Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңесиниң Баслығына, илаж шөлкемлестириўшилерине ҳəмде қатнасыўшыларға миннетдаршылық билдирди.

Еслетип өтемиз, М.Жийемуратов «Айдынлар», «Кегейлиде бир назәлим бар десе», «Умытпа», «Сағыныш», «Мақтанышым Қарақалпақстаным», «Қосық айтаман», «Алтынкөл» ҳәм басқа да көплеген қосық намаларының авторы болса, Н.Төрешова «Жаслығым мениң», «Сәўир самалы, «Перийзат», «Өзиңнен», «Ана», «Мәңгилик қосығымсаң» атлы ҳәм басқа да қосық топламларының авторы саналады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

Видеокөринисте пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq