Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.22K subscribers
11.3K photos
990 videos
10 files
1.1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Тахтакɵпир

Президентимиздиң «Бес әҳмийетли басламасы»нда көрсетип өтилген, жасларды музыка, сүўретлеў өнери, әдебият ҳәм көркем-өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылығын арттырыўдағы тапсырмасы тийкарында 22-январь 30-апрель айлары аралығында район аймағындағы барлық мектеплер арасында ѳткерилген “Әжайып майдан” интеллеткуал ойыны жеңимпазларының финал басқышы өткерилди.

Финал басқышында 16 мектептен жеңимпазлар қатнасып, өз-ара билимлерин сынады. Интеллектуал ойын соңында 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы С.Мухтарова Гран при сыйлығы менен, 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы А.Караматдинова 1-дәрежели диплом менен, 17-санлы орта мектептиң 9-класс оқыўшысы Г.Таўбаева 2-дәрежели, 18-санлы орта мектептиң 9-класс оқыўшысы Ж.Таекеев 3-дәрежели диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. Ойын даўамында мәденият бѳлими ҳызметкелери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Бɵлимниң рәсмий телеграмм каналы https://t.me/QR_ruwxiyliq
#Тахтакɵпир

Дөретиўши топар ағзалары Тахтакɵпир районынан қырық километр алыста жайласқан «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы районлық халық билимлендириў бɵлимине қараслы 8-санлы улыўма орта билим мектебинде болып, аўыл турғынлары менен мәдений-руўхый бағдардағы ушырасыў ɵткерди.
.
Атап ɵтилгениндей, әйне пайытта Республикамызда кеӊ көлемли руўхый-ағартыўшылық реформалар, бүгинги күнде елимизде тынышлықты ҳәм турақлылықты, халқымыздың абаданшылығын тәмийинлеў, жасларымызды миллий қәдириятларымыз тийкарында Ўатанға садықлық, пидайылық ҳәм дөретиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Соның ишинде, соӊғы жылларда руўхыйлық-ағартыўшылық мәселесине мәмлекетлик сиясатыныӊ жоқары жөнелислери тийкарында үлкен итибар қаратылмақта.

Ушырасыў даўамында мийманлар Белтаў аўыллық пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күнде жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, қурылыс жумыслары менен де танысты.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Тахтакɵпир

Ɵзбекстан халық артисти Муножат Йулчиева Тахтакɵпир районында.

Видео: Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
_________________________________
Ўзбекистон халқ артисти Тахтакўпир туманида

Видео: Туман ҳокимлиги ахборот хизмати

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тахтакɵпир

Районлық мәденият бɵлимине 25 миллион сўм қаржы ажыратылды

Тахтакөпир районлық Мәденият бөлимине қараслы Мәденият орайларында шөлкемлестирилген дөгереклердиң сабақ өтиў барысын буннан былайда жетилистириў мақсетинде мәденият бөлими ушын жергиликли бюджет қаржылары есабынан 25 млн 200 мын сўмға 30 дана музыка саз әспаблары алып берилди.

Әспабларды район ҳәкими орынбасары Б.Тәңирбергенов дөгерек ҳәм жәмәәт қатнасыўшыларына тапсырды ҳәм де ҳәр бир жас әўлад ўәкиллериниң дөретиўшилик жумысларына табыслар тиледи.

Мағлыўмат орнында: Бес әҳмийетли баслама тийкарында шөлкемлестирилген бул илаж Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасының 2020-жыл 30-декабрдеги «Қарақалпақстан Республикасы Тахтакөпир районы 2021-жыл даўамында жаслар менен ислесиўдиң жаңаша сситемасын әмелде қоллаў бойынша» илажлар бағдарламасының 17-бәнтин орынлаў мақсетинде әмелге асырылды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тахтакɵпир

Үлгили бɵлимниң үлгили басламалары

Тахтакɵпир районына хызмет сапарымыз даўамында районлық мәденият бɵлиминде болып, Республикамыздағы ең заманагɵй ҳәм кең имаратта жайласқан мәкемениң үлгили басламаларының гүўасы болдық. 👇👇👇
#Тахтакɵпир

Мәденият бɵлиминде жаңа музей шɵлкемлестирилмекте

Районға хызмет сапары даўамында Тахтакөпир районлық Мәденият бөлимине қараслы Орайлық мәденият орайында Район ҳәкимлиги менен биргеликте шɵлкемлестирилип атырған «Район тарийхы ҳәм мәденият музейи» айрықша дыққатымызды тартты.
👇👇👇
#Тахтакɵпир_Белтаў

«BELTAU QARAKÓL KLASTER» жуўапкершилиги шекленген жәмийети

Фото: Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq