Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.29K subscribers
9.83K photos
899 videos
10 files
1.02K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Май айында дүньяға келген қарақалпақ әдебиятының тулғалары менен танысың

1. Сағыйдулла Аббазов (1930-жылы 5-май);
2. Дәўлен Айтмуратов (1933-жылы 3-май);
3. Генжемурат Есемуратов (1932-жылы 3-май);
4. Айтбай Бекимбетов (1919-жылы 5-май);
5. Мәтибай Бердиев (1951-жылы 5-май);
6. Жолдасбай Дилмуратов (1928-жылы 5-май);
7. Қармыс Досанов (1922-жылы 15-май);
8. Қалый Жуманиязов (1924-жылы 10-май);
9. Толыбай Қабулов (1939-жылы 10-май);
10. Төлепберген Қайыпбергенов (1929-жылы 7-май);
11. Назира Матяқупова (1968-жылы 5-май);
12. Жубатқан Муратбаев (1939-жылы 10-май);
13. Зулайха Нурметова (1950-жылы 6-май);
14. Әбилқасым Өтепбергенов (1951-жылы 5-май);
15. Базарбай Сейтаев (1957-жылы 14-май);
16. Әденбай Тәжимуратов (1930-жылы 5-май);
17. Нәбийра Төрешова (1953-жылы 5-май);
18. Ибрайым Юсупов (1929-жылы 5-май);
19. Бахтыяр Генжемуратов (1959-жылы 11-май);
20. Камал Мәмбетов (1940-жылы 14-май);
21. Тәжетдин Сейтжанов (1924-жылы 5-май);
22. Мансур Ахмедов (1962-жылы 4-май);

Дәрек 👉 💎@Merwert_uz

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Жәҳән_маған_ҳәўес_пенен_қарасын!

Нөкис қалалық мәденият орайы мәжилислер залында “Жәҳән маған ҳәўес пенен қарасын!” жас ҳәўескер бақсылар Республикалық таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтти.

Онда аймақтағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен 12-16 жас арасындағы 40 қа шамалас ҳәўескер бақсылары қатнасып, таңлаў шәртлери бойынша өз өнерлерин көрсетти.

Таңлаў жуўмағында сыйлы I орынды Бийсенова Гулжайна ийелеп, таңлаўдың Республикалық басқышына жоллама алды.

Таңлаў жеңимпазлары Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қаратерең_нәўшелери

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районлық бөлими жанынан дүзилген «Жас дөретиўшилер» клубына ағза оқыўшы жаслардың ең жақсы қосық ҳәм гүрриңлери жәмленген «Қаратерең нәўшелери» атамасындағы туңғыш китабының баспадан шығарылыў мүнәсибети менен өткерилген китаптың таныстырыў кешесинен видеокөрнислер.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
https://kknews.uz/kk/147277.html
Уллы шайыр ҳәм жазыўы шығармаларының билимданлары анықланды

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Бүгин_туўылған_күн

Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күни.

СИЗГЕ

Халила Дәўлетназаров

Қарақалпақстан халық шайыры

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қарақалпақ_әдебиятының_қос_бай_тереги

Наўайы мәмлекетлик педагогика институты өзбек тили ҳәм әдебияты факултети, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдары профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери тәрепинен Өзбекстан Қаҳарманлары, Халық жазыўшысы ҳәм Халық шайыры Төлепберген Қайыпбергенов пенен Ибрайым Юсуповтың туўылған күнине бағышланған илимий-әмелий конфереция шөлкемлестирилди.

Онда қос байтареклердиң әдебий мийрасының өзине тәнлиги бойынша профессор-оқытыўшылар Х.Нарбаева ҳәм А.Карасаев илимий баянат жасап, дөретиўшилер шығармаларының әҳмийети кең түрде талқыланды.

Өз гезегинде, бир қатар талантлы студентлер қос байтереклердиң шығармаларынан сахналық көринислер ҳәм шайыр қәлемине тийисли қосықларды атқарып жыйналғанларға жоқары руўхый заўық бағышлады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
https://kknews.uz/kk/147175.html
⚡️Ташкентте қарақалпақ әдебиятының уллы тулғаларына бағышланған кеше өткерилди

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng