Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.29K subscribers
9.83K photos
899 videos
10 files
1.02K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

Видеокөринисте пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

Ҳ Ә Ң Ш Е Р – Ҳ Ә Ң Ш Е Р

«Ҳәңшер-ҳәңшер» – балалардың ҳәзил-дәлкекли ойынлары қатарына киреди. «Ҳәңшер» сөзиниң мәниси «ешек» түсинигин аңлатып, бул атама базда марапатлаў, базыда мысқыллаў мағанасында қолланылады. Жайдары халық тилинде: «сыйыр» – «пада», «жылқы» – «бозы», «жолбарыс» – «шер» болып қосалақ атама менен жүритилгениндей, «ҳәңшер» түсиниги де «ешек» аталмыш жәниўардың екинши аты есапланады. Сол себеплерге көре, «ҳәңшер-ҳәңшер» ойыны көпшилик жерлерде «ешек-ешек» деген атама менен белгили. Лекин оның түпки тарийхый атамасы ойынның миллий өзгешелиги менен ескилигине гүўалық береди.

Ойынға жети жастан он жасқа шекемги ер балалар қатнасады. Ойынбасы балаларды бес-бестен еки топарға ажыратады. Баслаў гезеги ойынбасы жоқары ылақтырған түйилмени қақшый алған топарға тийисли болады. Ойынбасы «ҳәңшер-ҳәңшер» дегеннен олар қатар дүзеп, бир-бириниң изинен тиркеседи. Олардың бириншиси берман қараған бойы тикке турса, екинши жетип барған бала еңкейген ҳалда оның аяғының арасынан басын шығарады да балтырын қапсыра қушып, беккем услап турады. Екиншини – үшинши, үшиншини – төртинши, төртиншини – бесинши бала усылайынша жаздырмай услағанынша тура береди. Келеси топардағы бесеў усы «үлик» (көлик) үстине жуўырып келип, ырғып миниўге ҳәрекет етеди.

Биринши жуўырған бала үликтиң басы болып тикейип турған баланың мойынына минип алыўға бойын атады. Егер ол бириншиниң мойнына мине алмай қалса, кейниндегилерге орын жетпей, биреўиниң аяғы жерге тийип қалыўы итимал. Ондай болған жағдайда олардың өзлери «ҳәңшер» ямаса «ешек» болып, үлик көринисин дүзеди.

Ойынды қайтадан баслаў ушын «ҳәрекетли жуўапласыў» исленеди. Онда бир тәрептиң баласы қолларын желкесине жасырып турып қайта шығарғанында бармақ арасын ашып «қайшы» етип көрсетсе, келеси топар ағзасы оған қарсы қолының қырын тутып «балташа» деўи мүмкин. Яки бас бармақ пенен суқ саўсақты бир-бирине тийгизип, ортасын ашы қалдырған ҳалда «қудық» деп көрсеткенинде, қарсы тәреп ағзасы оның үстин шаппат пенен бастыра урып «қақпақ» деген жуўап қайтарады. Ҳәрекетли жуўапты таба алмай қалған тәреп «ҳәңшер» я «ешек» атанып, өз миннетине кирисиўге мәжбүр болады.

С.Əмирлан

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Жасырынбақ киши жастағы балалардың ойыны. Бул ушын бир бала терис қарап турады да, қалған балалар тум-тысқа тарап кетип жасырынады. Излеўди баслаў ушын балалардың бири «болды-ы» деп белги береди. Соған шекем көзин тасалап турған ойыншы көзин ашыўға яки изинен билдирмей қарап қойыўға ҳақылы емес. Ондай жағдай сезилип қалған жағдайда жасырынбақ қайтадан басланады.

Жасырынғанларды излеўши ойыншы «ал бардым, қақ басыңды қақ жардым» деп, өзинше гүман еткен тәреплерди излей баслайды. Излеў жүдә узаққа созылып, ҳеш кимди таба алмаса «гөгек бер» деп өтиниш етеди. Узағыраққа жасырынған балалардың бири «гөгек» берип, өзиниң қай тәрепте екенин билдиреди. Таўып алынған ойыншы жасырынбақтың екинши гезегине шекем бос турады. Излеўши бала ҳәмме ойыншыларды таўып болмағанша жасырынбақтың биринши гезеги тамамланған есапланбайды.

Ҳәмме балалар тамамланғаннан кейин енди басқа бир бала көзин тасалап турады да, қалған балалар тағы жасырынып алады. Ойын усылайынша даўам ете береди.

Фотокөринислерде пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Баспасөз_тарийхы

Бүгин «Тынышлық сақшысы» газетасына 20 жыл толмақта.

Газетаның туңғыш саны 2003-жылдың 1-май күни А-4 форматта 8 бет көлеминде, 3000 нусқада баспадан шығарылған.

Дәрек: газетаның рәсмий телеграм каналы

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

АҢШЫЛАР, ҮЙРЕКЛЕР

Бул ойында дәслеп балалар аңшылар ҳәм үйреклер болып еки топарға бөлинеди ҳәм шек таслаў жолы менен қайсы топар аңшылар ҳәм қайсы топар үйреклер екени анықланады. Ойын басланыўдан үйреклер ортаға түсип, аңшыларға нышан болмаў ушын еки тәреп алма-гезек урған топлардан қашып, аңшылардан өзлерин қорғайды. Топ тийгени ойыннан шығып барады. Усы тақылетте көп үйректи топ пенен урған топар жеңимпаз есапланады.

Бул ойын кағыйдасына қарай “Ортаға түспек” деп те аталады.

Видеокөринислерде пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

ТЕППЕК

Теппек ойыны тийкарынан қыз балалардың ойыны есапланып, бул ушын жерге 10 кетекшели сызық сызалады ҳәм теппек ушын көлеми алақанның үлкенлигиндей ағаш кеспе ямаса соған сәйкес басқа предмет керек болады.
Ойыншы қыз қолындағы усы теппекти биринши кетекшеге таслап, оны бир аяғы менен ҳәккелеп жүрип, соңғы кетекшеге шекем сызықларға тийгизбестен ысырып және оны өз аяғы менен де басып алмастан айланып келиўи керек. Ойын қағыйдасына бола ойыншы бесинши ҳәм алтыншы кетекшелерде тоқтап дем алыўы мүмкин.

Ойын усылайынша избе-изликте ҳәр бир кетекшеге теппек таслап айланып шығыў менен даўам етеди. Бунда қайсы ойыншы теппекти 10 кетекшениң бәринен ысырып өткерип шықса, сол жеңимпаз есапланады.

Фотокөринисте пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
ҚОЛ УРМАҚ

Топар басшысы ойыншыларды гезек пенен жибереди. Қолын созып турғанлардың алақанына урып қашады. Жеткермесе оны командасына қосады. Усланса өзи сол топарға қосылады.

Еки топар шеренгада 15 метр қашықлықта, ойынды баслаўшылар гезек пенен қарсылас тәрепке жибереди, олар алақанын созып турады. Биреўине урып өз тәрепине қашады, услатпаса сол тутқынға алынады, усланса өзи тутқынға қалады.

(К.Есемуратов "Қол жазба" 35-бет).

Видеокөринисте пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

АТ-ЕШЕК

Ат ешек - бул балалар арасында ойналатуғын миллий ойын болып, ол балалардың шаққанлығын ҳәм зийреклигин арттырады.

Ойын шәртлерине көре, дәслеп еки жуп балалар ортаға бир шуқыр қазып сол шуқырдан 3 яки 4 метр қашықлықта турып, қолларына ерик шаңғалағындай келетуғын 4 тасты алып шуқырға ылақтырады. Ылақтырылған таслардың биреўи түссе ешек, екеўи түссе ат, үшеўи түссе ўәзир, ал төрт тастың барлығы түссе патша болады.

Бир тас түсирип ешек болған баланың белине тек ўәзир мине алады. Ал, еки тас түсирип ат болған баланың белине патша мине алады. Ойын усы тақылетте даўам етеди.

Бул ойын балалар арасында «Патша-ўәзир» ойыны деп те аталады.

Фотокөринисте пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
БАЛА КИТАП ОҚЫЎЫ УШЫН НЕ ИСЛЕЎИМИЗ КЕРЕК?

БҮГИН УСЫ СОРАЎ КӨПШИЛИКТИ ҚЫЙНАМАҚТА. АЙЫРЫМЛАР БУҒАН ИНТЕРНЕТТИ СЕБЕПШИ ЕТЕДИ. ХОШ, НЕГЕ ОНДА РАЎАЖЛАНҒАН ЕВРОПА МӘМЛЕКЕТЛЕРИНДЕ АДАМЛАР ҲӘР КҮНИ КИТАП ОҚЫЙДЫ. ҲӘТТЕ, ЖӘМИЙЕТЛИК ТРАНСПОРТТА ДА ГАЗЕТА, ЖУРНАЛ, КИТАП ОҚЫП БАРАТЫРҒАН АДАМЛАРДЫ УШЫРАТЫЎ МҮМКИН.

ГАЗЕТА ҲӘМ ЖУРНАЛЛАРҒА ЖАЗЫЛЫЎ МӘЖБҮРИЙ ЕМЕС, БИРАҚ, БАСЫЛЫМЛАР МИЛЛИОНЛАҒАН ТИРАЖЛАРДА БАСЫП ШЫҒАРЫЛАДЫ ҲӘМ САТЫЛАДЫ. АЛ, ИНТЕРНЕТ ТЕЗЛИГИ ДЕ, САПАСЫ ДА ЖОҚАРЫ БОЛҒАН ШЕТ ЕЛЛЕРДЕ НЕГЕ АДАМЛАР БИЗ СЫЯҚЛЫ КИТАПТАН АЛЫСЛАСПАЙ АТЫР?

ТОЛЫҚ: ⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️ HTTPS://JURNALISTLAR.UZ/UZB/PRESS/ARTICLES/NIMA-KILSAK-BOLA-KITOB-UKIIDI

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
“Áwelemen-dúwelemen", “Gúres”, “Qazan”, “Qaraqulaq” – qoraqalpoq bolalari qanday oʻyinlar oʻynagan?

Nomi noma’lum bo‘lgan yana bir o‘yin surati odamni o‘yga toldiradi. Diniy marosimlarni eslatuvchi o’yinda bir guruh bola doira shaklida yig‘ilgan. O‘rtadagi bolakay esa ikki qo‘lini osmonga uzatib, hukm o‘qib turgan kishi sifatida ko'rinish bergan. Uning oyoqlari ostida esa boshqa bir bola chalqanchasiga yotibdi.

Batafsil:
https://oyina.uz/uz/article/1564

Rasmiy sahifalarimiz👇

Web-site | Telegram | Facebook | YouTube
https://kknews.uz/kk/146766.html
Шымбайдың жас хош ҳаўаз бақсылары анықланды

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng