Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.24K subscribers
10.9K photos
968 videos
10 files
1.08K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Шимоли-Ғарбий ҳарбий округи Хўжайли тумани Мудофаа ишлари бўлимининг ёшларни чақириққача тайёрлаш бўлинмаси бошлиғи, Республика Маънавият маърифат маркази Маънавият маърифатчилар тарғиботчилар жамияти, туман МИБ фахрийлар ишлари бўйича кенгаш раиси Ўсербай Нуржанов, Хўжайли тумани ҳокими ўринбосари С Дурсимбетова, Хўжайли тумани маҳалла ҳайрия фонди бўлими, туман Нуроний жамоатчилик кенгаши бошлиғи Т.Абдухаликов, Маънавият маърифат маркази туман бўлими ходимлари, Хўжайли тумани МТМ 5-сонли тарбияланувчилари, туман ХТБ 35-сонли мактаб ўқувчилари иштирокида Ғалабанинг 76-йиллиги байрамини муносиб кутиб олиш учун "Аждодларни хотирлаш-Муқаддас қадрият" "Эътибор ва ғамхўрлик-Муқаддас бурч", "Хотира бор экан-Миллат барҳаёт" шиорлари остида "Қирқинчи" МФЙ дан Иккинчи жаҳон урушига кетган ота-боболарини эслаб тадбир ўтказилди.

Бўлим каналига аъзо бўлиш 👉 @QR_ruwxiyliq
#Баспасөз

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Жаслар менен ислесиў бойынша проректори Қувондиқ Қодировтың "Ол күнлерди умытып болмас..." атлы публицистикалық мақаласы "Янги Ўзбекистон" газетасында жарық көрди.

Бөлимниң рәсмий каналына ағза болың 👉 @Qr_ruwxiyliq
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
8-май күни пайтахтымызда елимиздиң уллы перзенти, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Аллаяр Досназаровтың 125 жыллығына бағышланған “А.Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы” атамасында республикалық илимий-теориялық конференция басланды.

Дәслеп Аллаяр Досназаровтың бюстине гүлшеңбер қойыў мәресими өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм мәкемелер басшылары, республикамызға белгили илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, Аллаяр Досназаровтың урпақлары, кеӊ жәмийетшилик ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ Қазақстан Республикасынан келген мийманлар қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов Аллаяр Досназаровтың естелигине ҳүрмет көрсетип, бюстине гүл қойды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баспасөз хызмети
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында республикалық конференция шөлкемлестирилди.

Конференция Аллаяр Досназаров ҳаққындағы ҳүжжетли фильм көрсетилиўи менен басланды.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашып, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында тарийхымызды қайта үйрениўге, миллий қәдириятларымызды қайта тиклеўге, әсиресе, репрессия қурбанлары болған ел азаматларының атларын мәңгилестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанлығын, бүгинги күнде елимиздиң уллы перзенти Аллаяр Досназаровтың атын мәңгилестириў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баспасөз хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшы, Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 92 жыл толды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болып өткен илаждан репортаж

Бөлимниң рәсмий каналына ағза болың 👉 @Qr_ruwxiyliq
Жеңис күнине 76 жыл...

Бүгин Кегейли районы ХББне қараслы 14-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары "9-май еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ күни" сәнеси мүнәсибети менен районымыздағы "Ҳәсиретли ана" естелиги жанында болып өткен рәсмий кешеде қатнасып, районымыз басшылары, нураный аталар ҳәм белсенди жаслар менен ушырасты.
Көкирегине "Даңқ мақтаныш" ленталарын таққан оқыўшы жасларымыз усы сәнеге арналып мектебимизде шөлкемлестирилген кешеде де белсенди қатнасты. Әдебий кешениң рәсмий бөлиминде мектеп директоры Р.Турданова, мийманлардан Афган урысы қатнасыўшылары -А.Мамбетназаров, С.Аўезов, Қ.Жуманов, А.Жуманов, А.Дуйсенбаевлар шығып сөйледи.

Олар өз сөзлеринде урыста қайтыс болған инсанлардың өмири ҳәм олардың естелигин мәңгилестириў,
Екинши жер жүзлик урыстың ақыбетлерин умытпаў, бүгинги тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, ана ўатанымыз алдында перзентлик ўазыйпамызды ҳүждан менен атқарыў, оның ҳәр бир қарыс жерин
асырап-абайлаў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болыўы кереклиги ҳаққында тоқталып өтти.

Кеше даўамында тамашагөйлер нәзерине урыс ҳаққындағы видеоролик қойып берилди. Мектептиң белсенди оқыўшылары тәрепинен қойып берилген концерт бағдарламасы кешеге жыйналған бәрше мийманларға көтериңки хош кейипят үлести. Әсиресе, мектептиң жасларды шақырыққа таярлаў пәни оқытыўшысы Ш.Қабуловтың оқыўшы жаслар менен биргеликте әскерий шынығыўлар бойынша таярлаған көринислерин ҳәм әскерлер қосықларын бәрше орынларынан турып қоллап-қуўатлады.

Ўатанымыз шегараларын қорғайтуғын жас әўлад ўәкиллериниң шаққанлығы, мәртлиги, әскерликке деген умтылыўшылығы кеўиллерде мақтаныш сезимин оятты.

Бөлимниң рәсмий каналына ағза болың 👉 @Qr_ruwxiyliq
Беруний туманида ёшлар билан ишлаш бўйича янгича тизимни жорий этишга қаратилган "Ёшлар дастури" ижроси юзасидан, 8 май куни умумий ўрта таълим мактабларида "Мен шу азиз Ватан фарзандиман”, “Айтгин дўстим нима қилдик Ватан учун” шиори остида туркум маънавий-маърифий тадбирлар ўтказилди.

Каналга аъзо бўлиш 👉 @QR_ruwxiyliq