Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.9K photos
1.03K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан «Елимди абат етемен» сүрени астында Жаслар ислери агентлиги Шымбай районлық бөлими, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлиминиң басламасы менен улыўма орта билим бериў мектеплериниң жаслар жетекшилери ҳәм Дөретиўши мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылары қатнасында район орайында жайласқан «Ийшан әўлийе» қойымшылығында абаданластырыў жумыслары алып барылып, қәбиристанлар әтираплары, жол бойлары жабайы шөплерден тазаланып көклемзарластыў жумыслары алып барылды.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Шымбай районлық бөлими.

Каналымызға ағза болыӊ 👉 @Qr_ruwxiyliq
#Алтын_мийрас

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше әйне пайытта районда материяллық емес мәдений мийрасымыз болған қара үйди ЮНЕСКОныӊ репрезентатив дизимине киргизиў мақсетинде қарақалпақ қара үйин соғыў, курыў, безеў хәм оныӊ менен байланыслы билим хәм көнликпелерди кеӊейтиў мақсетинде қарақалпаклардыӊ қара үйи қурылмақта.

Бөлимниң рәсмий каналына ағза болың 👉 @Qr_ruwxiyliq
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
УРЫС ҚАТНАСЫЎШЫСЫНА САЎҒАЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
https://joqargikenes.uz/6546.html
_____
УРУШ ҚАТНАШЧИСИГА СОВҒАЛАР ТОПШИРИЛДИ
https://joqargikenes.uz/oz/6546.html
https://kknews.uz/kk/80026.html
Урыс қатнасыўшыларына ҳүрмет

👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - https://t.me/kknews_uz
Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгаши Раиси Қаҳраман Сариев Қўнғирот туманида истиқамот қилувчи, 2-жаҳон уруши қатнашчиси Хожаметов Қудайберген отанинг оиласига ташриф буюрди.

Каналимизга аъзо бўлиш 👉 @Qr_ruwxiyliq
Қанлыкɵлли урыс қатнасыўшысына байрам саўғалары тапсырылды

«Еслеў ҳǝм қǝдирлеў күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниӊ Баслығы Қаҳраман Сариев бүгин Қанлыкɵл районында жасаўшы екинши жер жүзлик урысы қатнасыўшысы О.Наметуллаевтың шаңарағында болып, урыс қатнасыўшысына мǝмлекетимиз Президенти ҳǝм басқа да мǝкемелер тǝрепинен таярланған байрам саўғалары салтанатлы тǝризде тапсырылды.

Халқымыздың тынышлығын қорғаў, Ўатанына садық хызмет етиў сыяқлы ағла пазыйлетлери бүгинги жасларға ибрат болатуғын пидайы инсан О.Наметуллаев ɵз гезегинде мǝмлекетимиз тǝрепинен кɵрсетилип атырған ҳүрмет итибар ушын миннетдаршылық билдирди.

Республика руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы Қанлыкɵл районлық бɵлими

Бөлимниң рәсмий каналына ағза болыў 👉 @Qr_ruwxiyliq
ЖАСЛАРҒА УСТАЗЛЫҚ ЕТКЕН УРЫС ҚАҲАРМАНЫ

Елимизде тарийхтың аўыр сынақларын сабырлылық пенен жеңип, машақатлы жолда өзлигин жойытпай, мақсет ҳәм ийман-исенимине садық қалған Ўатанласларымызды еслеў, оларға ҳүрмет көрсетиў халқымыздың ағла пазыйлетлерден саналады. Кеўли мийрим-шәпәәтке ҳәм сақаўатқа толы инсанлар ғана өзиниң тарийхын, ата-бабаларын ҳәмийше еслейди ҳәм олардың басып өткен жолын ҳәм пидәкерлик мийнетлерин келешек әўладқа жеткереди.


Даўамы 👇👇👇

@Qr_ruwxiyliq
Ҳәзиргидей тыныш ҳәм абадан турмысымызды тәмийинлеў жолында жанын пидә еткен азаматлардың бири Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим, урыс ҳәм мийнет ветераны Тилеп Аяповтың қанлы урыс жылларындағы қаҳарманлықларын, басып өткен өмир жолы менен хызметлерин бүгинги келешек әўладқа сөз етпекшимиз.

Тилеп Аяпов 1925-жылы Қанлыкөл районында туўылған. Оның әкеси Аяп деген киси болған. Ата-анасы сол дәўирдеги жоқшылықты басынан кеширген әпиўайы шаңарақлардан болса да бала тәрбиясына айрықша итибар қаратқан. Перзенти Тилеп шаққан, зейинли болып өсти. Аўыллық мектепте билим алды. Әйне он сегиз жасқа толғанда атамызға урысқа шақырыў қағазы келди ҳәм 1943-жылы фронтқа атланды.

Бир неше күн әскерий таярлықтан өтип, Украина фронтының атқышлар полкиниң дивизиясына түсти. Бир қанша қанлы саўашларға қатнасып, Украинаның бир қатар қалаларын фашистлерден азат етти. Соңғы саўашлардың биринде жарақатланып, бираз ўақыт Киев қаласындағы әскерий госпитальларда емлениўине туўра келди. Соңынан Украина фронтының ҳәрекеттеги армиясы қатарында Днепр жанындағы саўашларда, сондай-ақ, Украинаны душпанлардан азат етиўдеги қанлы саўашқа қатнасты.

Гезектеги әскерий тапсырма менен саўаш майданында жарақат алып, әскерий госпитальға жатқарылды. Бир қанша айлар даўамында әскерий госпитальда жатып емленип, 1944-жылдың орталарында өз үйине оралады.

Урыстан қайтып келген Т.Аяпов майыплығына қарамастан халық хожалығында мийнет етти. 1950-жылға шекем аўылында табельщик, есапшы ҳәм басқа да жумысларда иследи.

Тилеп ата 1959-жыл Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институтының Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетине оқыўға кирди. 1964-жылы институтты табыслы тамамлап, Қанлыкөл районындағы 8-санлы мектепте узақ жылллар даўамында муғаллим болып иследи. Тилеп ата ҳүрметли дем алысқа шыққаннан кейин де 1992-жылға шекем устазлық кәсибин даўам еттирди.

Т.Аяповтың мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, оған Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим ҳүрметли атағы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары, Украинаны азат еткени ушын ордени, «Жасорат» ҳәм басқа да бир қатар ордке ҳәм медаллар менен сыйлықланды.

Өмирлик жолдасы Ханым апамыз бенен қослас болған Тилеп ата бес ул, төрт қызды тәрбиялап камалға келтирди. Перзентлери ҳәзирги ўақытта жәмийетте өз орнына ийе инсанлар болып жетилисти. Перзентлерине аталық мәсләҳәтин берген, ҳәмийше дуўаға қол жайып келген атамыз 2007-жылы 82 жасында дүньядан өтти.

Бирақ, ол инсан өмирден өтсе де, оның ислеген ерликлерин, мийнет жолын изинде қалған ул-қызлары, ақлық-шаӯлықлары мақтаныш пенен яд етпекте. Инсан қәдири-уллы, естелиги-мәңги!

Гүлайым Тлепова,
НМПИ 2-курс студенти.


Бөлимниң рәсмий каналына ағза болың 👉 @Qr_ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Алтын_мийрас

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше әйне пайытта районда материяллық емес мәдений мийрасымыз болған қара үйди ЮНЕСКОныӊ репрезентатив дизимине киргизиў мақсетинде қарақалпақ қара үйин соғыў, курыў, безеў хәм оныӊ менен байланыслы билим хәм көнликпелерди кеӊейтиў мақсетинде қарақалпаклардыӊ қара үйи қурылмақта.

Видеоролик: Ҳәкимлик мәлимлеме хызмети

Бөлимниң рәсмий каналына ағза болың 👉 @Qr_ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Xotira va qadrlash kuni munosabati bilan ikkinchi jahon urushi ishtirokchisiga chuqur ehtirom va hurmat koʻrsatildi. ‼️TTV telekanali ‼️👇👇👇

https://t.me/TTVUZB
Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының әдебий консультанты Сейдин ӘМИРЛАН Нөкис қаласы 25-санлы мектепте дөретиўши оқыўшылар ушын шеберлик сабағын өтти.

Шеберлик сабағына поэзия ҳәм проза тараўларында қәлем тербеўши оқыўшылардан тысқары, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшылары қатнасты. Шеберлик сабағынан соң дөретиўши оқыўшылардан алтаўы таңлап алынып, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы жанындағы ҳәр ай сайын дәстүрий түрде шөлкемлестирилетуғын "Талантлылар мектеби" семинарына қатнасыўы усыныс етилди.

Дөретиў-мәдений мәселелер бойынша үгит нәсиятлаўшы Сейдин ӘМИРЛАН 25-санлы мектептиң дөретиўши оқыўшылары менен бирге...

Бөлимниң рәсмий каналына ағза болың 👉 @Qr_ruwxiyliq