Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.9K photos
1.03K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

ҚАЗАН (Лабиринт)

Қазан ойыны балалар арасында еки тәреплеме иргеси бар айланба мүйешлик ҳәм ярым шеңбер қазаны бар майдан (сызық) арасында ойналады. Ойында Қазан сызықларының кеңлигине қарап, беске-бес, жетиге-жети ҳәм 10 ға – 10 балалар санында еки топарға бөлинип ойнаўы мүмкин. Онда балалар түрмүйешликтиң туңғыйық төрги бөлмесине орналасады. Олардың қазаны ҳәм қол өжирилеринен ашық жол арқалы дүгип, қарсылас топардың өжиресине ашық жол арқалы кирип, белгиленген жерге аяқ басса упай жазылады.

Буннан кейин ойын қайтадан басланады. Қазанда турып қалғанларды сырттағылар тартып шығарса болады. Əлбетте, олар өз бөлмесин қорғап турады. Ойында жеңимпаз топар усылайынша, яғный кайсы топар өжиреге кирип барып белгиленген жерге көп аяқ басыўы менен анықланады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

АРҚАН ТАРТЫСЫЎ

Ойынды баслаў ушын 8-12 метр арқан керек болады. Төреши тәрепинен дәл ортадан шегара сызығы сызылып, 6, 10 ҳәм 15 балалардан ибарат еки топарға бөлинген балалар арқанды қарама-қарсы, яғный өзлери тәрепке жабылып тартады. Қайсы топар арқанды ортадағы шегара сызығынан өзлери тәрепке өткерсе, сол топар жеңимпаз есапланады.

Ойын усы тақылетте еки-үш мәрте қайталанады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

КӨШПЕК

Бул ойын еки бала (ойыншы)ның қатнасында ойналады. Бул ушын жерге туўры төртмүйешлик сызылып ҳәр бир мүйеши қарама-қарсы мүйеш пенен сызықлар арқалы тутастырылады, соң кесесине де атанақ тәризли сызық сызылып, нәтийжеде 8 үш мүйешлик пайда болады.

Ҳәр бир ойыншы үш-үштен кишкене шөп (тас) таярлап алып, оны өзлериниң алдындағы туўры сызыққа – еки мүйешке ҳәм ортадағы сызықтың басланған жерине қояды. Ойынның шәрти – еки тәреп те гезек пенен жүрис баслап, өзиниң көшпеклерин екинши бир туўры сызықтың бойына жайластырыўы керек. Ким бурын дизип болса, сол утқан есапланады.

Текстти оқыған: Н.Башпаев

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

АТ-ЕШЕК

Ат ешек - бул балалар арасында ойналатуғын миллий ойын болып, ол балалардың шаққанлығын ҳәм зийреклигин арттырады.

Ойын шәртлерине көре, дәслеп еки жуп балалар ортаға бир шуқыр қазып сол шуқырдан 3 яки 4 метр қашықлықта турып, қолларына тас алып шуқырға ылақтырады. Таслар саны төртеў болады. Ылақтырылған таслардың биреўи түссе ешек, екеўи түссе ат, үшеўи түссе ўәзир, ал төрт тастың барлығы түссе патша болады.

Бир тас түсирип ешек болған баланың белине тек ўәзир мине алады. Ал, еки тас түсирип ат болған баланың белине патша мине алады. Ойын усы тәқилетте даўам етеди. Бул ойын балалар арасында Патша-ўәзир ойыны деп те аталады ҳәм оның арнаўлы қосық қатарлары да бар.

Видео өним Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бөлими тәрепинен таярланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

НЫШАНҒА ТИЙГИЗИЎ

Бул ойын қарақалпақ миллий ойынлары бири болып, ол балалар арасында көп ўақытлардан берли ойналып келинеди. Ойын тийкарынан балаларды шаққанлық, епшиллик, сабырлылықты ҳәм мергенликке тәрбиялайды.

Ойын шәртлерине бола, қатнасыўшылар саны шекленбеген. Балалар ортаға тикине қойыўға қолайлы деталь алып, өзлерине сол деталды урып қулатыўға қолайлы тас алады. Қолларындағы тасты сол деталдан қашыққа ылақтырыўы керек болады. Кимниң ылақтырған тасы узағыраққа түсетуғын болса, сол тас ийеси биринши болып ылақтырыў имканыятына ийе болады. Кейинги қатнасыўшылар өзлериниң ылақтырған аралықларына қарай орынларын ийелейди. Ойын усылай балалардың тасларды ылақтырыўы менен даўам етеди. Балалардан ким деталды қулататуғын болса, сол жеңимпаз есапланады. Балалар усылай өзлериниң нәтийжелерин жақсылаў ушын ҳәрекетлерин даўам еттире береди.

Мағлыўмат орнында: Нышанға тийгизиў ойынының басқа формалары да бар.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

Ҳәкке қайда?

Видеокөринисте Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-е клас оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

МАҢЛАЙ ШЕРТПЕК

Видеокөринисте Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-е клас оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

Ҳәкке қайда?

Ойын Қарақалпақстан телерадиоканалы тәрепинен Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқалалар жыйынында сүўретке алынған.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

Əўелемен-дүўелемен

Ойын Қарақалпақстан телерадиоканалы тәрепинен Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқалалар жыйынында сүўретке алынған.

Дәрек: @serikpirjanov

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq