Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.22K subscribers
11.3K photos
990 videos
10 files
1.1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Юбилей_2023

Быйыл Республикамыз бойлап қайсы дөретиўшилердиң
юбилей сәнелери белгиленеди?

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң арнаўлы баянламасы қабыл етилген. Оған көре, тийисли жуўапкерлер тәрепинен жыл даўамында Республикамыздағы мийнет жәмәәтлери менен билимлендириў орынларында Қарақалпақстан көркем-өнери ҳәм мәденияты, әдебияты және илимине мийнети сиңген бир топар жазыўшы-шайырлар ҳәм илимпазлардың өмир жолы ҳәм дөретиўшилигине бағышланған әдебий, руўхый-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестириледи.

Юбилей сәнелери өткерилетуғын дөретиўшилердиң саны 21 болып, илажлар тек ғана Республикалық билимлендириў орынларында емес, ал шайыр-жазыўшы ҳәм илимпазлардың туўылған районларында да кеңнен белгилениўи көрсетилген.

Келеси мәлимлемелерде юбилей сәнелери белгиленетуғын дөретиўшилер ҳаққында арнаўлы инфографика нәзериңизге усынылады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq