Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
12K photos
1.03K videos
10 files
1.13K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Тɵрткүл_районы

Шөлкемлестирилген ўақты: 13-июль 1927-жыл.

Улыўма жер майданы: 7, 48 минг км2.

Қала типиндеги посйолкалар (киши қалалар) саны – 1.

Пуқаралар жыйынлары – 37.

2021-жылдың 1-ноябрь ҳалатына турақлы халық саны – 217, 7 мың адам.

Шегаралас районлар – Елликқала ҳәм Беруний районлары. Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятлары.

Район ҳәкими: Шамуратов Рустам Азатович

Мәнзил: 231400, Төрткүл районы, Төрткүл көшеси 53-жай

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тɵрткүл

Районлық Мәденият сарайы

Тɵрткүл районы орайындағы саўлатлы Мәденият сарайында 2019-жылы Район ҳәкимлиги тәрепинен 6 миллиард сўмлық капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Әйне пайытта Мәденият сарайында миллий ɵнерментшилик, музыка ҳәм кɵркем ɵнер бағдарындағы 20 дан аслам дɵгереклер ɵз жумысын алып бармақта.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тɵрткүл

Районлық Ишки ислер бɵлиминиң “Мәнаўият ханасы”

Усы жылдың май айында Ɵзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы арасында “Бирге ислесиў ҳәм келешектеги ўазыйпалар” бағдары бойынша қол қойылған меморандумға тийкар Районлық ишки ислер бɵлиминде “Мәнаўият ханасы” шɵлкемлестирилди.

Мәнаўият ханасы ɵз ишине “Ўанасүйиўшилик” ҳәм “Китапхана” мүйешлерин қамтып алады. Китапханада ҳәзирги ўақытта 150 ге шамалас китаплар бар болып, алдағы ўақытта китаплар фонды буннан былай да байытылып барылады.

Усы орында быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен ɵткерилген “Ең жақсы руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ханасы” таңлаўында Районлық ишки ислер бɵлиминиң сыйлы биринши орынды ийелегенин атап ɵтиў орынлы.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тɵрткүл

Районлық Мәлимлеме-китапхана орайы

Орай әйне пайытта Тɵрткүл кɵп тармақлы техникумының
3 қабатлы имаратында жайласқан болып, онда 15 кәниге жумыс алып бармақта.

Китапхананың улыўма фонды 29 474 атамадағы 60 622 китаптан ибарат, пайдаланыўшы китапқумарлар саны 5247.

Китапханада ɵткен жылы Ɵзбекстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы “Онажоним шеърият” клубы шɵлкемлестирилип, оған 40 тан аслам жас дɵретиўшилер қамтып алынды. Бүгинги күнде бул клубқа орайдың бɵлим баслығы, Ɵзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыра М.Юсупова басшылық етип келмекте.

Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы қарсаңында усы клубтың 40 жас дɵретиўшилериниң топламы “Муборак лаҳзалар ёхуд қирқ қиз довруғи” атамасында баспа жүзин кɵрди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq