МЕРЎЕРТ
730 subscribers
868 photos
282 videos
12 files
160 links
Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.]

📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим

Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=

Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
Download Telegram
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары
II

Шығыс славянлар бабасы Кийдиң
Мәкан басқан жери, ышқыңыздаман.
Гөззал София ҳәм Печерскийдиң
Алтын гүмбезлери, ышқыңыздаман.
Жаңа турмыс қурған бул үлкен үйдиң
Бүгинги мийнет ери ышқыңыздаман.
Киев, сен ертектей ески қаласаң,
Урыстан соң туўылған ҳәм жас баласаң.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

III

Алтын дәрўазаңның алдына бардым,
Тарыйх қусы пәрўаз еткендей болды.
Ғарры славяндай ойларға талдым,
Монамах елеслеп кеткендей болды.
“Россия бетке!” деп, ҳәммеден алдын
Богдан Хмельницкий өткендей болды,
Қалың жүрт қуўатлап қайсар гетманды,
Мениң көз алдымда қуўғандай панды.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

IV


Киев! Қандай ысық бул сөз жаныма!
Бул сөз өр беттеги панамның аты.
Сени мегзетемен өз ўатаныма,
Сен мениң екинши анамның аты.
Украин емеспен, бирақ қаныма
Көп сиңген бул жердиң руҳ саўлаты.
Жаралы жәйрандай қарақалпаққа
Сен баспана болдың баяғы ўақта.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

V


Айбатлы Октябрь ескерткишиндей,
Сәлем, әй, оқ тескен жаралы дийўал!
Елеслер тап кеше көрген түсимдей
Мәртлик саўашларың сениң, “Арсенал”
Қаймықпай, тисиңе қойып тисиңди,
Сен әжел бетине түпирген мәҳәл -
Оғы түўесилген сур пулеметти
Тарийх тас үстине орнатып кетти.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

VI

Өртенип өзегин шалған күйикке,
Жүрегин жулып жеп заман ҳазары, -
Патша ескериткиши турған бийикте
Тарас турған шығар талай сапары.
Бул жерде туўылған жанға сүйикли
Максим Рыльский октавалары.
Атасы әжайып көп фильмлердиң
Марҳум Довженконы бир рет көрдим.

Сүўретте: Украина шайыры Тарас Шевченконың ескерткиши

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

VII

Туўысқан солдатлардың қабири басында
Булытқа шаншылып тур ашыўлы минар.
Мәрмер тас астынан атлығып онда
Мәнги сөнбейтуғын от лаўлап жанар
Әзийз Украина топырағында
Ўатан ушын жүрген батыр ағалар!
Теңсиз урыста сиз жығылған ўақта,
Араңызда болғанды қарақалпақ та.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

VIII

“Қатнастым Киевте қырғын саўашқа,-
Деп айтқан да еди туўысқан ағам,-
Көшелер айланды күл менен тасқа.
Қатаң урыс еди жер қалтыраған.
Бир жаралы бүлбүл, тартынбай ҳасла,
Оқтан қашып келип тығылды маған.
Сол қус қайда екен ҳәзирги ўақта?
Киев дөнген шығар қайтадан бағқа! ”

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары



Патон көпиринде өзим қарсы алған
Дарница таңлары, муҳаббатым сизге.
Сылдырлысы саздай ядымда қалған
Киев каштанлары, муҳаббатым сизге.
Күл ишинен тиклеп қалалар салған,
Совет адамлары мухҳббатым сизге.
Урыстан кейин салған саўлатлы жайлар,
Сәлем, жас тереклер, жасыл тоғайлар!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

Х

Тарқасын десең сен кеўлиң қумары,
Демалыс күнлери Днепрге бар.
О, қумлақ Днепр жайпаўытлары
Аппақ шағаладай адамға толар.
Мейли, бул қаланың азаматлары
Күнде ҳәз етсе де ҳақылы олар.
(Бул сөзлер тийисли емес бирақ та
Гейбир стиляга ҳарам тамаққа...)

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

ХI


Бәлки өмирим бойы сени жырларман,
Украина, сәлем гүлбағларыңа;
Кеўлиң шын дослықтық нурына толған.
Гуцулдың* ақ кийген жас дилбарына
Мегзер қалғып турған уйқысыз Шолпан...
Мәўжиреген Днепр қырғақларына,
Әне, жаңа өмир таңы нур шашты.
Кел, қарсы алайық, достым, қуяшты!

*. Гуцул - Карпат таўларында жасаўшы украинлер усылай аталады. [И. Ю]

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Audio
#Ибрайым_Юсупов_93_жаста
#Гимн_авторы

Қарақалпақстан деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.


Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов_93_жаста

Устаз ҳәм шәкирт бир сүўретте

Пайтахтымыздағы Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Ибрайым Юсупов ҳәм Улмәмбет Хожаназаровтың бирге түскен сүўрети сақланып киятыр.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрайым_Юсупов
#Бүлбүл_уясы

Шайырдың туўылған күнине арнап Шоманай районы қәнигелестирилген мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған әжайып видеороликти нәзериңизге усынамыз.

@xurlixan_onlayn_sabaq

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Audio
#Ибрайым_Юсупов
#Гимн_авторы

Қарақалпақстан деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.


Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Audio
#Ибрайым_Юсупов
#Гимн_авторы

Қарақалпақстан деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.


Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz