МЕРЎЕРТ
751 subscribers
979 photos
304 videos
17 files
187 links
Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қайыпбергенов.]

📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим

Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=

Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
Download Telegram
Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратовалар үй музейи
ҳаққында мағлыўмат
👇👇👇


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
👍5
Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратовалар үй музейи
ҳаққында мағлыўмат


Қарақалпақ халқының еки бирдей уллы перзентлери Әмет, Щамуратов ҳәм Айымхан Шамуратовалардың ѳмирин, халқы алдындағы хызметлерин бугинги әўладларға жеткериўде уй музейиниң орны айрықша. Олар екеўи де ХХ әсирдеги қарақалпақ әдебияты, мәдениятының аяққа турыўында, раўажланыўында салмақлы улес қосқан көрнекли тулғалар.
Ѳзбекстан ӽәм Қарақалпақстан кѳлеминде биринши меншик уй музейи болған Әмет, Айымхан Шамуратовлар уй музейи 1999-жылы ашылды. Музей ашылыўы ел басшылары, елимизге белгили көркем өнер ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлардыӊ, кеӊ жәмийетшиликтиӊ қатнасыўында, Шамуратовлардыӊ перзентлери тәрепинен салтанатлы түрде белгиленди.

Музей имаратының қурылысы «Қарақалпақстанға мийнети сиңген қурылысшы», Әмет, Айымхан Шамуратовлардың ең кишкене куйеў баласы Султамурат Таўбалдиев тәрепинен қурып питкерилгенлиги халқымыз арасында айрықша мақтаныш оятады.

Уй музейи дәслеп бир экспонат залдан ибарат болса, бугинги кунге келип, ол уш залға ийе. Экспонат залларынан бул уллы тулғалардың қол жазбалары, дѳретпелери, аудио-видео архив материаллары, фото альбомлары, орден-медаллары, алғыс ҳәм қутлықлаў телеграммалары, қолы менен услап тутқан жеке буйымлары – сувенирлер, ески радио, пластинка, патефон, жазыў машинкалары орын алған. Музей экспозициясы Әмет, Айымхан Шамуратовлардың ѳмири, дѳретиўшилигине қоса қарақалпақ әдебияты, мәдениятыныӊ қәлиплесиў, раўажланыў тарийхын, миллий қадириятларымызды да өзинде сәўлелендиреди. Бунда қарақалпақ халқының миллий отаўы – қара уй тийкарғы орынды ийелейди.

Соның менен қатар, қарақалпақ, рус художниклериниң картиналары музейдиӊ өзине тән көркем өнер орталығын қәлиплестирип тур. Үй музейи ӽәр қыйлы турдеги экспонатларға байып бармақта.

Үй музейине Шамуратовлардыӊ генже қызы Айымгүл Шамуратова басшылық етип, музейдиӊ өзине тән экспозициясын жаратыўда, байытыўда үлкен мийнет етип келмекте. Оныӊ басшылығында үй музейиниӊ жумыслары мәдений, руўхый-ағартыўшылық, билимлендириў тараўларын өзине қамтып, кеӊейип бармақта.

@shamuratovlar

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
👍6
Еркин КК.pdf
2.7 MB
#Күнниң_темасы

Барлық жақсы нәрселер – балаларға, сол жақсылардың да ең жақсысы – “Жеткиншек!”


«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 14.06.2025-жылдың 75-санында Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВтың усы атамадағы мақаласы жәрияланды.

Мақаланы жоқарыдағы фаилда оқып танысыўыңызға болады.

Канал: @X_Dauletnazarov
4
Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратова қайтыс болды.

Мархумның жақынларына сабыр тилеймиз. Алла ийманын жолдасы еткей. Алдынан жарылқасын.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
😢24💔1
Forwarded from МЕРЎЕРТ
#Архив

Қарақалпақстан халық жазыўшысы, нураный устазымыз Гүлайша Есемуратова "Жеткиншек" газетасында мийманда.

Бас редактор Гүлнара Нурлепесова

#тарийхый_сүўретлер

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
🔥101
Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратова дүньядан өтти

Бүгин, 2025-жыл 22-июнь күни халқымыздың ардақлы перзенти, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген мәденият хызметкери Гүлайша Есемуратова 95 жасында дүньядан өтти.

Гүлайша Есемуратова 1930-жылы Шымбай қаласында туўылған. 1951-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, өзиниң дәслепки мийнет жолын "Жас Ленинши" (ҳәзир "Қарақалпақстан жаслары") газетасында бөлим баслығы болып хызмет ислеўден баслаған. 1957-1960-жыллары "Жеткиншек" газетасында, "Әмиўдәрья" журналында бөлим баслығы лаўазымын атқарды. 1991-жылы Қарақалпақстанда биринши ҳаял-қызлар журналы болған "Арал қызлары" журналын шөлкемлестирди.

Г.Есемуратова "Бәри өмир ҳаққында", "Арыўлар", "Қызым саған айтаман", "Жийрен", "Шығармалары"ның I, II-томлығы ҳәм басқа да халқымызға белгили дөретиўшилик шығармалардың авторы.

Мархумның қазасы қайырлы болсын!

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
😢111💔1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Қарақалпақстан" телеканалының "Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан" көрсетиўинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, ардақлы нураный Гүлайша Есемуратова менен болған сәўбетти нәзериңизге усынамыз.

Сәўбет 2025-жыл 18-февраль күни алдынан, яғный, жазыўшының 95-жыллығы қарсаңында жазып алынған.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
😢102💔1
#Архив

Қарақалпақ ҳаял-қызлары арасынан шыққан туңғыш прозаиклердиң бири Гүлайша Есемуратова бирқатар жас дөретиўшилерге өз ақыл-кеңеслерин бермекте.

Солдан оңға қарай:
Саҳибжамал Сырғабаева, Несийбели Балтаниязова, Аллаяр Дарменов ҳәм Айгүл Қосымбетова.


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
👏121🔥1
МЕРЎЕРТ
Photo
ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ
(09. 07. 1940 – 29. 10. 2005)

ӨМИРБАЯНЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЛАР:
>> 1940-жылы 9-июль Кегейли районында бурынғы (Ворошилов колхозында) ҳәзирги Қанияз Ҳабибуллаев АПЖ аймағында дүньяға келди.
>> Ҳәзирги С.Нурымбетов (бурынғы Киров) мектебинде тәлим алып, соң
>> Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген.
>> Үш жыллық әскерлик ўазыйпасын өтеп, өз мийнет жолын
>> 1969-жылдан "Еркин Каракалпақстан" газетасынан баслайды.
>> 1970-жылдан 1974-жылға шекем ДОСААФ комитетиниң баслығы лаўазымында иследи.
>> 1974-1987-жыллар аралығында Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириўлери комитетинде редактор, бас редактор лаўазымларында,
>> 1987-жылдан "Әмиўдәрья" журналында хызмет етти.

ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЛАРЫ:

1974-жыл ,,Жаршы",
1977-жыл ,,Дебдиў",
1980-жыл ,,Қубылыў",
1984-жыл ,,Қайнаўыт",
1989-жыл ,,Шабыўыл",
1990-жыл ,,Дүнья менен дәртлесиў",
1995-жыл ,,Таңырқант"
китаплары баспадан шықты.

АЎДАРМАЛАРЫ:

>> Қырғызстан халық шайыры Нурпейис Жарқынбаевтың "Алатаў бояўлары" қосықлар топламын қарақалпақ тилине аўдарған.

Шайырдың бирқанша шығармалары өзбек, орыс тиллеринде жәрияланды.

Теңелбай СӘРСЕНБАЕВ
Канал: @Tengelbay_Sarsenbaev


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
👍31🔥1
Forwarded from Теңелбай Сәрсенбаев (Aзамат Өрекеев)
ШАЙЫР ТЕҢЕЛБАЙҒА

"Жүр, малдың алдына шығайық, Шайда!"*
Шақыр тез, бийдәўлет Теңелбай қайда?
Жазыўынан "жуўыўы" көп шайырдың ,
Бир қосық туўылса еки-үш айда.
"Жүр, малдың алдына шағайық, Шайда!"

Жолдың еки бойы пахтадан-пахта,
Қосық жазамекен мал келген ўақта?
Мал емес-аў оның дәрти бирақта,
Оның кеўли сенде, өзи ҳәр жайда,
Ўақтын хош етерлик нәрсе бар жайда...

Саған ашық болғанлықтан жасында,
Шайыр болып шыққан ол расында.
Ышқы әксери бар оның басында.
Сондай дәрт болмаса, шайырлық қайда?!
Ең жақсы қосығы сен едиң, Шайда!

Еки аяғына бир етик кийип,
Жуўырды изиңнен ышқыңда күйип,
Ал, сен кетип қалдың басқаға тийип,
Зар жылап Теңелбай қалды бир сайда.
Оның йош илҳамы сен едиң, Шайда!

Теңелбайда шайырлық бар, йошы жоқ.
Сен кеткели оның кеўил хошы жоқ.
Жазған қосығынан айтқан тосы көп.
Шағлап жүре берсин мереке- тойда.
"Жүр, малдың алдына шығайық, Шайда!

* "Жүр, малдың алдына шығайық, Шайда" — Теңелбай Сәрсенбаевтың қосығының аты. И.Ю.

Канал: @qaraqalpaq_bayterekleri
@ibrayim_yusupov
@Tengelbay_Sarsenbaev
👍101🔥1
#китап_жаңалығы

ӘЖИНИЯЗ ШЫҒАРМАЛАРЫ ЖӘНЕ ӘЗЕРБАЙЖАН ТИЛИНДЕ

2025-жыл Әзербайжан Республикасының «Оптимист» баспасында «Salam deyәrsәn» атамасында китап жарық көрди. Онда қарақалпақ халқының уллы шайыры Әжинияз Қосыбай улының шығармалары орын алған.
Баку Славян университетиниң профессоры, филология илимлериниң докторы, дилмаш, сыншы-әдебиятшы Низами Мамедов, Әзербайжан Миллий Илимлер академиясы, Фольклор институтының үлкен илимий хызметкери, PhD Шабнам Мамедова қарақалпақ халқының ойшыл шайырының шығармаларын әзербайжан тилине аўдарды. Шайыр дөретпелериндеги сөзлердиң, гәплердиң қарақалпақша-әзербайжанша эквивалентлерин табыўда Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан Бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институты, «Қарақалпақ фольклоры» бөлиминиң баслығы, үлкен илимий хызметкери, PhD Полат Өтениязов белсендилик етти.
172 беттен ибарат бул китапта Әжинияз Қосыбай улының қосықлары, поэмалары орын алды.

@kitap_sawda

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
👍102👏1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Анонс

"Кеўил лирасы" көрсетиўиниң нәўбеттеги санының мийманы Қарақалпақстан халық шайыры  Халила Дәўлетназаров.  

Көрсетиўде устаз шайырдың өмир жолы,ерискен табыслары ҳаққындағы жалынлы пикирлер, инсан қәдир-қымбаты, туўылған жер, Ана-Ўатан ҳәм ышқы-муҳаббат ҳаққында жырланған намалы қосықларын тыңлап, мазмунлы дем алың!

Бағдарламаны усы жылдың 10-август күни саат 20:50 де Қарақалпақстан телеканалы арқалы тамашалаўызға болады.

Канал @X_Dauletnazarov
👍63
Forwarded from Kitap sawda
Бахтыяр Генжемуратов Өзбекстан халық шайыры болды!

Бул мәртебе менен Устазымызды, гүллән Қарақалпақ, Өзбек, Түркий халықлар әдебиятын қутлықласақ болады!
👏263👍1