МЕРЎЕРТ
773 subscribers
833 photos
271 videos
11 files
151 links
Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.]

📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим

Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=

Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
Download Telegram
Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары менен төмендегилер сыйлықланды

“Қарақалпақстан Республикасы халық артисти” ҳүрметли атағы менен:
Марҳум  -  Каипов Дауытбай Утеулиевич

Мийнет нураныйы - Мамбетмуратов
Далибай Жумағалиевич


Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген кѳркем ѳнер ғайраткери” ҳүрметли атағы менен:

Өзбекстан Көркем-өнер академиясы көркем дөретиўшилер аўқамы ағзасы  -  Қутлымуратов Сабур

“Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген
мәденият хызметкери”
ҳүрметли атағы менен:

Нөкис районы Мәденият бөлими жанындағы «Ақманғыт таңы» фольклор-этнографиялық ансамбли музыка басшысы  -  Толегенов Шамурат Базарбаевич

«Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен:
Мойнақ районы Мәденият бөлими рубаб бойынша дөгерек басшысы  -  Нуржанов Сарсен Шарибаевич

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының оркестр артисти  -  Алиев Қаллибек Жумағалиевич

Нөкис қаласы 1-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң концертмейстери  -  Нажимов Унгарбай Жарылкаганович

Нөкис қаласы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң оқытыўшысы  -  Қутлымуратов Кенесбай Турсунович

«Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен:

Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң «Қосық ҳәм ойын» ансамбли сазендеси  -  Тилеумуратов Рахат Сейтмуратович

Нөкис қаласы Мәденият бөлимине қараслы Имканияты шекленген шахслар мәденият орайы дөгерек басшысы  -  Примбетова Зухра Юсуповна

Нөкис қанигелестирилген мәденият мектеби оқытыўшысы  -  Ерниязов Базарбай Қалбаевич

Әмиўдарья районы Мәденият бөлимине қараслы «Офарин» фольклор-этнографиялық халық жәмәәти балетмейстери  -  Хабибуллаев Хайрулла  Ибадуллаевич

«Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли ойыншысы  -  Кинбаева Айшолпан Мақсетовна

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры актёры  -  Толегенов Пазылбек Жумабаевич

Өзбек миллий «Мақом» көркем-өнер орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими қосықшысы  -  Абдикаримова Рисолат Салаевна

«Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен:

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры балет артисти  -  Абатова Манзура Бахытбаевна

Нөкис қаласы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби оқытыўшысы  -  Сейтимбетов Қуўаныш Хожабаевич

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти  -  Байниязов Алишер Азиз улы

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти, "Муза" театрының актрисасы  -  Бозорбоева Азиза Бахтиёр қызы


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🎭 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти Қазақстан, Республикасында Ш.Айтматовтың "Лувр уйреги" спектакли менен гастроль сапарында болады.

🇰🇿 21-апрель күни Алматы қаласындағы Мухтар Әуезов атындағы Қазақ мәмлекетлик драма театрында саат 18:30 де басланады.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының мәлимлеме хызмети.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў❗️

Усы жылдың 19-апрель күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде, уллы шайыр Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына бағышланған «Сазын самал ядлап, сөзин ел билген шайыр» атамасындағы ǝдебий кеше  болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.

Бәрше Ўатанласларымызды ǝдебий кешеге  мирәт етип қаламыз!

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1 жай. (Бағдар Қарақалпақ мәмлекетлик университети)

@adebiyatmuzeyi

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ниязбек Қойлыбаев туўылғанына 100 жыл!

(1924-2024)


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Ниязбек Қойлыбаев өмири ҳәм искерлиги сүўретлерде.

💎
@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
МЕРЎЕРТ
Ниязбек Қойлыбаев өмири ҳәм искерлиги сүўретлерде. 💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
Ниязбек Қойлыбаев туўылғанына 100 жыл!

(1924-2024)


Ниязбек Қойлыбаев – 1924-жыл 25-апрелде Шымбай районында туўылған. Дәслепки мийнет жолын 1947-жылы бурынғы Куйбышев районында муғаллим болып ислеп баслаған ол ɵмирин республикамыздың раўажланыўына арнайды.

Куйбишев раонлық халық билимлендириў бɵлиминиң инспекторы (1949-1953), районлық 1-санлы мектеп директоры (1953-1957), ϴзбекстан компартиясы Куйбышев районлық бɵлими секретары (1957-1959), Кегейли районылқ байланыс бɵлиминиң биринши секретары (1959-1962), ККАССР Халық билимлендириў министрлигиниң Кегейли районлық бɵлими баслығы (1962-1969), районлық байланыс бɵлиминиң бирқатар жуўапкерли жумысларында (1969-1973), Компартияның Кегейли районлық бɵлими биринши секретары (1973-1984) лаўазымарында ислесе, 1984-жылдан баслап ҳүрметли пенсияға шыққанша районлық партия комитетиниң пенсия ҳәм напақа ислери бойынша биринши секретары ўазыйпаларын минсиз атқарады.

Н. Қойлыбаев қай тараўда ислесе де ели ушын жан күйдирип ислеген зәбердес басшы тулға сыпатында тарийхта қалды. Оның перзентлери, ақлық-шаўлықлары да бүгинги күни елимиздиң түрли тараўларында халыққа хызмет кɵрсетпекте.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
АРҚАНЫҢ АРЛАНЛАРЫ

Мына сүўрет буннан 40 жылдай бурын түсирилген. Сүўретте областьлық партия комитети секретары, аўыл хожалық илимлериниң кандидаты Қайратдин Маткаримов районлық партия комитетлериниң биринши секретарьлары менен.

Толыбай Шербеков (Тахтакөпир),
Султан Қаниязов (Қараөзек),
Ҳамидулла Жумамуратов (Шымбай) ҳәм
Ниязбек Қойлыбаев (Кегейли).

Лаўазымлары ҳәзирги түсиниктеги - Жоқары Кеңестиң Комитет Баслығы ҳәм район ҳәкимлерине туўры келеди.

Есназар Үсенов,
Марҳум жазыўшы, жәмийетлик ғайраткер


@shejireqr


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🎼 1-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниӊ майданында симфониялық оркестр қатнасыўында концерт бағдарламасы өткериледи.

Илаж қарақалпақ әдебиятыныӊ белгили тулғалары Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ 95 жыллығына бағышланған.

Басланыў уақты саат 18.00де

Мәнзил: А. Досназаров көшеси, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанында

@kar_anons

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
📢📢📢ДЫҚҚАТ!

🎙️🎙️🎙️Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги қарақалпақ эстрада көркем өнериниң тийкарын салыўшылардан бири, белгили қосықшы, марҳум Замира Хожаназарованың естелигине бағышлап, усы жылдың 15-май күни саат 10:00 де Қарақалпақстан көркем өнер сарайында эстрада ҳәм ҳәўескер атқарыўшылардың республикалық таңлаўы болып өтетуғынлығын хабарлайды.

📎Таңлаўға республикамызда дөретиўшилик етип атырған 16-30 жас аралығындағы ҳаял-қызлар қатнасыўы мүмкин.

‼️Еслетпе, қатнасыўшылар Замира Хожаназарованың репертуарынан жанлы бир қосық атқарыўы керек.

‼️Таңлаўда қатнасыў ушын арзалар 10-майға шекем қабылланады.

📞📞Қосымша мағлыўмат ушын:
+998 93 775 07 90
+998 90 652 86 87


ҚР Мәденият министрлиги мәлимлеме хызмети

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў!

Ертең, 3-май күни саат 10:00де Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов туўылғанының 95 жыллығына арналған салтанатлы кеше болып өтеди.

Шайыр дөретиўшилигине қызығыўшы бәршени кешеге мирәт етемиз.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Бүгин, 5-май ХХ әсир қарақалпақ поэзиясының пайғамбар шайыры Ибрайым Юсупов‌‌тың туўылған күни.

Егер ол арамызда болғанда бүгин өзиниң 95 жасын қарсы алған болар еди.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал