Саудия Арабстанында саҳрада адасып қалғанлар ушын суўға баратуғын жолды көрсетиўши лазерлер орнатылды
✍ https://t.me/KarZone24
✍ https://t.me/KarZone24
Социаллық қорғаўға мүтәж жаслардың "права"ға оқыў пуллары төлеп бериледи
Социаллық қорғаўға мүтәж жаслар – мийирбанлық үйлери, балалар қалашасы, шаңарақлық балалар үйлеринде тәрбияланған, «Жаслар дәптери»нде туратуғын жасларға правада оқығаны ушын 4 БЕМ – 1 млн 80 мың сўм төлеп бериледи.

Facebook'тың қулауы ақыбетинде Telegram ағзалары 70 миллионға асты
Telegram мессенжери Facebook социяллық тармағы хәм оның хызметлериниң кең көлемли насазлығы ақыбетинде 70 миллионнан артық жаңа пайдаланыушыларды дизимнен өткерди.Бул хаққында мессенжер тийкаршысы Павел Дуров 5 октябрь куни өз Telegram каналында жариялады.

Мүддетинен бурын даўыс бериў тәртиби қандай?
Сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс бериў ҳуқықына ийе. Мүддетинен бурын даўыс бериў сайлаўға 10 күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға 3 күн қалғанда жуўмақланады.
Мүддетинен бурын даўыс бериўди әмелге асырыў ушын сайлаўшы сайлаў күнинде бола алмаўының себеплери (мийнет демалысы, хызмет сапары, шет елге шығыў ҳәм т.б.) көрсетилген арза тийкарында тийисли участкалық сайлаў комиссиясынан сайлаў бюллетенин алады.
(Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 5-октябрьдеги 1142-санлы қарарына тийкар мүддетинен бурын даўыс бериў 14-20-октябрь күнлери азанғы 09:00 ден кешки 19:00 ге шекем әмелге асырылады).
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги

Ертең еле де суўық ҳаўа-райы кирип келиўи ҳәм температурв -3 дәрежеге шекем түсиўи күтилмекте
❗️Узгидомет 9-11 октябрь күнлери Каспий теңизи арқалы суўық ҳаўа ағымы кирип келиўи ҳаққында хабар бермекте.
Хабарда айтылыўынша, 9-11 октябрь күнлери республика аймақларында ҳаўа температурасы кескин түсиўи күтилмекте.
Айрым аймақларда жаўын жаўыўы ҳәм таўлы аймақларда қар жаўыўы мүмкин.
Ҳаўа температурасы минимумлары таў ҳәм арқа аймақларда -3 дәрежеге шекем пәсейиўи күтилмекте.

ИИМ социаллық тармақларда жеке мағлыўматларды тарқатыўда абайлы болыўға шақырды
ИИМ тәрепинен айрым шахслардың Telegram тармағы арқалы пуқаралардың жеке мағлыўматларын жыйнап, оларды «пост» қылмаў ушын пул сорап атырғанларды анықлаған. Анықланған каналлар сырт еллерден турып басқарылады. Министрлик ҳәзир оларды табыў ушын сырт елдегилер менен биргеликте ислесип атыр.
«Жеке өмириңизге тийисли мағлыўматларды социаллық тармақларға қоймаўды ямаса бийтаныс топар ҳәм каналларға тарқатпаўды, абайлы болмасаңыз алдаўшылардың қурбанына айланыўыңыз мүмкинлигин еслетип өтемиз», делинеди ИИБ хабарында.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис Қазақстанның қаласыма?
«ЗЎР ТВ» телеканалы баслаўшысы үлкен қәтеликке жол қойды
✍ https://t.me/KarZone24
«ЗЎР ТВ» телеканалы баслаўшысы үлкен қәтеликке жол қойды
✍ https://t.me/KarZone24
KarZone24 | Жаңалықлар
Нөкис Қазақстанның қаласыма? «ЗЎР ТВ» телеканалы баслаўшысы үлкен қәтеликке жол қойды ✍ https://t.me/KarZone24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ЗОР ТВ каналы журналисти Маруфхожа Қазақстанның Нукус қаласы деп қателесип кеткени ушын кеширим сорап шыхты
Қарақалпақ тилин хурмет етейік
Булар күнде кеширим сорайтын болдығо
✍ https://t.me/KarZone24
Қарақалпақ тилин хурмет етейік
Булар күнде кеширим сорайтын болдығо
✍ https://t.me/KarZone24
Министрлик студентлерге вакцина алыўға асығыў кереклигин еслетти
1-ноябр вакцина алған студентлерге контракттан 10% шегирме алыў ушын ақырғы мүддет.
Шегирме магистратура, бакалаврдың барлық түрде оқып атырған студентлерге, оқыўды көширген, супер-контракт тийкарында оқыўға кирген студентлерге де тийисли.

Орайлық сайлаў комиссиясы Президент сайлаўының дәслепки нәтийжелери жәрияланғаны ҳаққындағы хабарға рәсмий билдириў жәриялады
Социаллық тармақларда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының дәслепки нәтийжелери жәрияланғаны ҳаққындағы хабар тарқатылмақта.
Орайлық сайлаў комиссиясы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, бул хабар ҳақыйқатқа улыўма туўра келмейди.
Президент сайлаўының дәслепки нәтийжелери бүгин Ташкент ўақты менен саат 16:00 де Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низамходжаев тәрепинен жәрияланатуғынлығын және бир мәрте еслетип өтилген.

#ҳикмет
Ким Аллаҳтан қорқса, оған ҳеш ким зыян бере алмайды. Ким Аллаҳты қойып, басқадан қорқса, оған ҳеш ким жәрдем бере алмайды.
Фузайл ибн Ияз
paziylet.uz

Қытайдың ең ири автомобиль ислеп шығарыўшы BYD компаниясының электромобиллерин Өзбекстанда ислеп шығарыўы жолға қойылыўы күтилмекте
Мәлим болыўынша, «O'zavtosanoat» Қытай компаниясы менен өз ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылған.
@KarZone24
Мәлим болыўынша, «O'zavtosanoat» Қытай компаниясы менен өз ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылған.
@KarZone24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Наманганда 1-класс оқыўшыларын сабақ таярламағаны ушын көпшилик алдында уялтқан класс басшысы жумысынан шетлетилди
Мағлыўматларға қарағанда, класс басшысы оқыўшыларды "доска"ға шығарып, басқа оқыўшыларға «уят» деп бақыртыўға мәжбүрлеген
➡️ @KarZone24

Шымбай районында психологиялық тренинг шынығыўлары өткерилди ҳәм жынаят ҳәм ҳуқықбузарлық жолына түсип қалмаў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды
Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы Гужимли МПЖ аймағында жасаўшы түскинликке түсип қалған, минез-қулқта өзгерислер жүз берип атырған, үйинде көп жыллардан берли жумыссыз отырған ҳаял-қызлар қатнасыўында "Психолог менен ушырасыў", "Биз сизди еситемиз" атлы темаларда түскинликтен шығарыўшы, алдыға умтылыўға түртки болатуғын ҳәм кейпиятты көтериуши психологиялық тренинг шынығыўлары өткерилди ҳәм жынаят ҳәм ҳуқықбузарлық жолына түсип қалмаў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Шымбай районы ҲТБ ға қараслы 48-санлы мектеп әмелият психологы А.Адаева, Медицина бирлеспеси психиатор шыпакери Л.Уббиниязова, Гужимли МПЖ баслығы Ж.Абдирасулиева, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары С.Шуханова ҳәм ТИИБ ҲПБ Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша үлкен инспекторы үлкен лейтенант Р. Сейилханова.