Energy⚡️Technology
26 subscribers
2.67K photos
347 videos
84 files
185 links
Всё об Энергетическо-технологическом индустрии и про сферу метрологии и стандартизации.
Download Telegram
Нөкис қаласында « Наўрыз, Қызыл қум, Наубахар» МПЖ аймағында 2022-жыл 26-март күни саат 16:16 дан баслап « АБЗ» фидеринде авариялық жағдайларға байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылды.

Нөкис қаласында « Шайырлар аўылы, Дослык гүзары» МПЖ аймағында 2022-жыл 26-март күни саат 21:35 ден баслап «Дослык» фидеринде авариялық жағдайларға байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылды.

"Каракалпак АЭТК" АЖ баспасоз хизмети

@EnergyTechnology
Бугун, 27 март куни соат 21:50 да “Ўзбекистон 24” телеканалининг “Таҳлилнома” дастурида Ўзбекистонда яшил энергетиканинг ривожланиш тенденциялари ва бу борадаги энг йирик иккинчи лойиҳа — Самарқанд вилоятидаги қуёш фотоэлектр станцияси ҳақида катта лавҳа эфирга узатилади.

Ўтказиб юборманг!

@EnergyTechnology
#билишфойдали

💡 Кам қувват сарфлаши, хавфсизлиги ва шу кабилар ҳақида...

Битта чўғланма лампани замонавий ЛЭД лампага алмаштириш орқали ойига 22,4 кВт•с, йилига эса 271,5 кВт•с энергия тежалишини биласизми?

Ўзбекистонда амалдаги 295 сўмлик тариф бўйича тежамкорлик ойига 6608 сўмни (ёки йилига 79 296 сўм) ташкил этади.

Эслатиб ўтамиз, 2015 йилдан Ўзбекистон ҳудудига қуввати 40 Втдан ортиқ бўлган чўғланма лампаларини олиб кириш, 2016 йилнинг 1 июлидан эса бундай лампаларни ишлаб чиқариш, ҳамда 2017 йил 1 январдан уларни сотиш тақиқланган эди.

Инфографикамизда ЛЭД лампалар нима сабабдан тез оммалашиб бораётганини кўрсатиб ўтамиз ⬆️

@EnergyTechnology
#полезнознать

💡 Низкое энергопотребление, безопасность и многое другое…

А вы знали, что замена одной лампы накаливания на LED-лампу позволяет в месяц экономить 22,4 кВт⋅ч, а в год — 271,5 кВт⋅ч?

В Узбекистане при нынешнем тарифе в 295 сумов экономия составит 6608 сумов в месяц (или 79 296 сумов в год).

Стоит напомнить, что с 2015 года запрещён ввоз на территорию Узбекистана ламп накаливания мощностью более 40 Вт, с 1 июля 2016 года запрещён выпуск таких ламп, а с 1 января 2017 года запрещена их продажа.

В нашей новой инфографике разбираемся, почему столь стремительно растет популярность светодиодных ламп ⬆️

@EnergyTechnology
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!
Егерде Сизде электр энергиясы тәмийнаты менен байланыслы сораулар пайда болса, 24 саат даўамында ислеп турған төмендеги телефонларға мүрәжат етиўиңизге болады:
1. Әмиўдарья районы 61 515-44-52
2. Беруний районы 61524-26-50
3. Қанлыкөл районы 61 332-12-87
4. Кегейли районы 61 412-33-27
5. Қараөзек районы 61 465-42-28
6. Қоңырат районы 61 312-20-45
7. Мойнақ районы 61 322-23-95
8. Нөкис районы 61 424-42-66
9. Нөкис қаласы 61 226-52-55
10. Төрткүл районы 61 532-30-90
11. Хожели районы 61 554-22-23
12. Тахтакөпир районы 61 435-12-82
13. Шымбай районы 61 444-00-18
14. Шоманай районы 61 346-16-07
15. Елликқала районы 61 585-15-89
16. Тақыятас районы 61 572-28-20
17. Бозатаў районы 61 415-39-94
Буннан басқа @ kkaetk телеграмм-каналы ҳәм 1154 Call Centre қысқа номери, сондай-ақ (78) 780-07-44, (78) 780-07-70 номерлери арқалы байланысқа шығыўыңызға болатуғынлығын билдиремиз.


«Қаракалпақ АЭТК» АЖ баспасөз хызмети

@EnergyTechnology
‼️22-жыл 1-апрель саат 23:00ден 3-апрель саат 22:00ге шекем электр энергиясы ушын онлайн төлемлерди әмелге асырыўда үзилислер болыўы мүмкин

«Аймақлық электр тармақлары» АЖ Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, электрон хызметлер сапасын еле де жақсылаў ҳәм тутыныўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2022-жыл 1-апрель саат 23:00ден 3-апрель саат 22:00ге шекем Мағлыўматларды қайта ислеў орайында профилактикалық жумыслар алып барылады.

Усы ўақыт аралығында электр энергиясы ушын онлайн төлемлерди әмелге асырыў, сондай-ақ, жеке есап номердеги бар мағлыўматларды алыўда техникалық үзилислер болыўы мүмкин.

Соның менен бирге, тутыныўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде бул мүддетте қарыздар тутыныўшылар автоматикалық түрде тармақтан ажыратылмайды.

ККАЭТК

@EnergyTechnology
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ИССИҚЛИК ЭЛЕКТР СТАНЦИЯЛАРИ ВА МАРКАЗЛАРИНИНГ ЖОРИЙ ЙИЛ 17 АПРЕЛЬ КУНИ ИШЛАБ ЧИҚАРИШ КЎРСАТКИЧЛАРИ

———————————

ИНФОРМАЦИЯ О ПРОИЗВОДСТВЕННЫХ ПОКАЗАТЕЛЯХ ТЕПЛОВЫХ ЭЛЕКТРОСТАНЦИЙ И ЦЕНТРАЛЕЙ ПО СОСТОЯНИЮ НА 17 АПРЕЛЯ

@EnergyTechnology
ЭНЕРГИЯНЫҢ ТАЎСЫЛМАС ДЕРЕГИ
Ямаса  қус парўазына ҳәўес еткен алым менен сәўбет

   Буннан сәл алдын  Халықаралық пресс-клубта “Альтернатив энергия дереклери - раўажланыў тийкары” темасында баспасөз конференциясы өткерилди. Сөзге шыққан энергетика министри орынбасары Шерзод Хожаев 2050-жылға барып үлкемизде тәбийий газ, көмир ҳәм нефть өнимлеринен жанар май ретинде пайдаланыўдан басқышпа-басқыш ўаз кешип барылыўын хабарлады. Буны Өзбекстан дүньяның алдыңғы қатардағы мәмлекетлери тәрепинен қабыл етилген углеводород нейтраллығы программасына қосылғаны ҳәм миннетлеме алғаны менен түсиндирди.

 Министр орынбасары атап өтиўинше, қуяш ҳәм самал энергетикасына өтиў бойынша 2030-жылға шекем белгиленген мақсетли көрсеткишлер бар. Бул ўақыт аралығында үлкемизде жәми қуўаты кеминде 5 мың мегаватт (МВт) қа жақын самал электр станциялары ҳәм 7 мың МВтлы қуяш электр станциялары иске түсириледи.

 Қарақалпақстанда бул бағдарда дәслепки қәдемлер тасланды. Атап өтетуғын болсақ, Беруний районында 100 МВт қуўатлылыққа ийе болған жаңа самал электр станциясы қурылысына Президентимиз тәрепинен старт берилди. Биз бул жойбардың әҳмийети ҳаққында қәниге алым, ӨзИА Қарақалпақстан бөлиминиң тәбийий илимлер институты қайта тиклениўши энергия бөлими баслығы Юсуп КАМАЛОВ пенен сәўбетлестик.
 
- “Жасыл энергия”ның дәстүрий электр энергиясынан абзаллығы неде?

- Ҳәммемизге мәлим, дәстүрий усылда электр энергиясын ислеп шығарыў ушын газ, нефть сыяқлы тәбийий ресурслар керек болады. Дурыс, Өзбекстан тәбийий газ резервине ийе мәмлекет. Бирақ, ол таўсылмас байлық есапланбайды. Самал болса ҳеш қашан тоқтап ямаса таўсылып  қалмайды.

 Беруний районында қурылып атырған самал электр станциясы иске түсирилгеннен кейин 120 мың шаңарақ электр энергиясы менен тәмийинленеди. Бул, егер Қарақалпақстанда 360 мың әтирапында хожалық бар екенин есапқа алсақ, олардың үштен бир бөлегиниң электр тогына болған зәрүрлигин бир ғана усы қурылыс объекти қандырады дегени. Тақыятас ыссылық электр станциясында 100 МВт энергия ислеп шығарылыўы ушын 106 миллион куб метр тәбийий газ талап етиледи. Бунша муғдардағы баҳасыз байлық пенен 38 мың хожалықты бир жыл даўамында тәмийинлеў мүмкин. Беруний районында болса 33 мыңға жақын шаңарақ бар. Көрип турғаныңыздай, самал энергетикасы үлкен муғдардағы тәбийий ресурсларды тежеў имканиятын береди.

 Президентимиз бул станцияға тырнақ тасын қалаў мәресиминде Қарақалпақстанда әмелдеги бес жыллықта қуўаты дерлик 1800 МВт болған 3 самал электр станциясы иске түсирилиўи, 2026 жылға барып мәмлекетимиз көлеминде 4000 МВт электр энергиясы ислеп шығаратуғын станциялар қурылысын ескертип өтти. Буған қуяш электр станцияларын да қоссаңыз, жағдай және де айқынласады.
         
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы тутыныўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлейтуғын Тақиятас ЫЭС 1190 МВт энергия ислеп шығарады. Буннан жуўмақ шығарыўымыз мүмкин, келешекте тәбийий ресурсларды талап ететуғын электр станциялары орнын қайта тиклениўши энергия дереклери ийелейди. Нәтийжеде тәбийий газымыз ҳәм басқа тәбийий байлықларымыз тежеледи. Раўажланған мәмлекетлер әллеқашан бул ислерди әмелге асырып болған. Атап айтқанда, Данияда көплеген аўыллар 100 процент самал электр энергиясы менен тәмийинленген.
 
- Не ушын дәслепки самал электр станциясы әйне Беруний районында қурылып атыр? Бул аймақты таңлаўда нелерге көбирек итибар берилген?

- Әдетте бундай станцияларды қурыўдан алдын жыл даўамында тәжирийбе өткериледи. Себеби, самалдың өзгешелиги арнаўлы өлшеў әсбаплары жәрдеминде ҳәр секундта үйренилип барылады ҳәм бир жылға баланс шығарылады. Беруний районында таңланған орын да усындай жол менен анықланған ҳәм шет елли инвесторларға да мақул болған.

 Бундай имаратларда ислеп шығарылған санаатқа мөлшерленген электр қуўаты мәмлекеттеги бирден-бир энергетика системасына толық жалғанады. Себеби, АҚШлы исбилермен Илон Масктың “Тесла” компаниясы тәрепинен Австралияда иске түсирилген 100 МВтлық аккумуляторын есапламағанда, дүньяда бундай үлкен муғдардағы қуўатты сақлай алатуғын аккумулятор жоқ.

@EnergyTechnology
Самал электр станцияларын Үстирт чинкларында да қурыўға болады. Себеби, ол жерлерде мудамы самал есип турады. Бирақ. санаат мүтәжлиги ушын ислеп шығарылатуғын электр қуўаты ушын арнаўлы үскенелерде жыл даўамында самал күшин өлшеп барыў зәрүр.
 
-  Самал есабынан ислейтуғын станциялардың унамсыз тәреплери де бар ма? Айтайық, “Олар көшпели қуслар ушын қәўипли. Әтирапқа 40 децибелден асатуғын, саламатлық ушын зыянлы даўыс толқынларын тарқатады” деген гәплер ҳақыйқатқа жақын ба?

- Қусларға қәўип туўдырыўы рас. Себеби бул станцияның пәриклери күтә үлкен болып, пәриклердиң ушы секундына 60 метр тезликте айланады. Солай екен, ушып өтип атырғанында өзине келип урылған қусларды набыт етиў мүмкиншилиги жоқары. Пәриклер арасынан қус ушып өтип үлгере алмайды. Сол себепли станциялар қурылатуғын орын дәслеп орнитологлар тәрепинен де үйренилип шығылады. Заманагөй самал электр станциялары пәриклери әсте айланатуғын ҳәм көп электр қуўатын жыйнай алатуғын дәрежеде раўажландырылмақта.

Көшпели қуслар жылына еки рет топарласып ушады ҳәм бир ҳәпте ишинде бул жерден толық өтип болады. Базы мәмлекетлерде қуслардың көшиў мәўсиминде станциялар искерлиги ўақтынша тоқтатылып турылады.

Даўыстың зыянлы тәрепи менен байланыслы болған мәселе болса, әллеқашан өзиниң унамлы шешимин тапқан. Яғный заманагөй самал электр станциялары инсан саламатлығына зыян жеткеретуғын дәрежеде шаўқым шығармайды.
 
- Дерлик ярым әсирден берли самал қуўаты мәселелери менен шуғылланады екенсиз, илимий изертлеўлериңиз нәтийжеси қандай болды?

- Санаатқа керекли энергия ислеп шығаратуғын станция ҳаққында мен де көп изленислер алып бардым, бул бойынша өзимниң жеке пикирим бар. Ҳәзирги ўақыттағы самал электр станциялары вертикал болып, пәриклериниң өзи 120 метрди қурайды. Мениң ойлап қойғаным болса горизонтал формаға ийе. Буннан тысқары, әмелдеги турбиналардың ең үлкени жылына 17 МВт, мениң усыныс етип отырған, ойлап тапқан турбина болса 70 МВтқа шекем электр қуўатын өндириўи мүмкин. Сол себепли идеяларымды бир неше мәрте тийисли шөлкем-мекемелерге усыныс етип келдим, бирақ маған исенбегенлиги себепли барлығы қағазда қалып кетти. Ҳәзир 71 жастаман. Усынысларым ҳеш болмағанда, сынақтан өткерилиўин көрсем еди, деп әрман етемен.
 
- Журналистлер сиз ҳаққыңызда дельтапланларда ушып, самалдың тәсирин үйренер екен, соның менен бирге, бул аппарат жәрдеминде Арал теңизи үстинде саяхат етиў мүмкинлигин тастыйықламақшы болған,-деп жазыпты. Бул қандай тәжирийбе екенлигин түсиндирип берсеңиз...

- Туўры, Шылпық қорғаны қасындағы төбеликлер үстинен дельтапланларда ушып тураман. Бирақ, бул жумыстың самал тәсирин сынап көриўге ямаса Арал теңизине саяхат етиўге улыўма байланысы жоқ. Мени балалығымнан бир зат қызықтырып келеди. Неге биз адамлар да қуслар сыяқлы уша алатуғын технологияны ойлап таба алмай атырмыз?
 
- Қайтадан велосипед ойлап табажақсыз ба? Самолёт ҳәм вертолётлар бар-ғой...

- Олар пүткиллей басқа мәселе. Салмағы тек 100 грамм келетуғын базы көшпели қуслар тынымсыз қанат қағып, 10 мың километрге шекем уша алады. Сол процесс даўамында, олар дәрриў артына ямаса қапталға қарай бурылыўы мүмкин. Сондай технология адамзат тәрепинен жаратылған ба? Яқ! Бул жумбақ сырын еле ҳеш бир алым таба алмаған. Атап айтқанда, мен де.

Вертолёт ҳәм самолётлар болса бундай уқыпқа ийе емес. Дельтапланда ушып тәжирийбе өткериўден мақсетим болса, қуслар қалайынша бул тәризде ҳәрекетлене алыўы ҳаққында анық ой саўлелендириў болып табылады.
 
- Бир ўақытлары, Леонардо да Винчи де соған уқсаған тәжирийбе өткерген екен...

- Әлбетте, Леонардо да Винчиге уқсаў, ол адамдай болыў қыйын. Бирақ бул мәселеде бас қатырғанлар жүдә көп.
 
- Самал электр станциясы туўралы идеяңызды әмелге асырыў ушын сизге не керек?

- Күтә үлкен муғдарда қаржы зәрүр! Шет елде қандай да бир зат ойлап табылса, исенеди ҳәм үлкен ақшаға сатып алады. Бизде, керисинше, негедур илимпазларымызға исенбейди. “Булардың қолынан не келер еди?”-деген сыяқлы, бийпарық мунәсибетте болады. Бизиң ең әззи ҳәм ашынарлы машқаламыз әне сонда.

 
 “ISHONCH” хабаршысы
 Есимқан ҚАНААТОВ сәўбетлести

@EnergyTechnology
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида бўлиб ўтган йиғилишда электротехника соҳасида янги захираларни сафарбар қилиш бўйича устувор вазифалар белгиланди.

@EnergyTechnology
Қарақалпақстанда электр энергиясы тәмийнатында үзилислер жүзеге келгениниң себеби мәлим етилди

Усы жылдың 8-май күни саат 04:48 де Тақыятас ыссылық электр станциясының пуў-газ қурылмаларының авариялық өшиўине байланыслы Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм район аймақларында электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылды. Бул ҳаққында «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта электр тәмийнатын басқышпа-басқыш тиклеў жумыслары әмелге асырылмақта.

КАЭТК АЖ

@EnergyTechnology
👍3
Бўгин хәм ертең күнлери электр энергиясын жеткерип бериўде ўақтынша үзилислер болады

2022-жыл 10-11-12-май күнлери Мойнақ районында жайласқан 110/10 кВ Арал, 110/10 кВ Мойнақ ҳәм 110/35/10 кВ Қызылжар подстанцияларында гезектеги киши оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы электр энергиясын жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

Таллыөзек, Дослық МПЖлар ҳәм
Үшсай АПЖда - 11-май күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем; 12-май күни саат 11:00 ден 16:00 ге шекем.

Мойнақ, Жайҳун, Таллыөзек, Арал, Дослық МПЖлар ҳәм
Үшсай АПЖда - 11-май күни саат
14:00 ден 18:00 ге шекем;
12-май күни саат 11:00 ден 16:00 ге шекем.

Тикөзек, Бозатаў АПЖларда 10-май күни саат 09:00 ден 18:00 шекем;
12-май күни саат 11:00 ден 16:00 ге шекем.

Мәдели, Тикөзек АПЖ
12-май күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем;
12-май күни саат 11:00 ден 16:00 ге шекем.

Қызылжар, Ҳәким ата АПЖларда 12-май күни саат 11:00 ден 16:00 ге шекем;
13-май күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем үзилис болады.

@EnergyTechnology
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Тақыятас жыллық электр станциясы" АЖ де жүзеге келиўи мүмкин болған өрт яки айрықша жағдайларды сапластырыў бойынша алдыннан белгиленген режеге тийкар өрт өшириў әмелий-тактик шынығыўы өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

@EnergyTechnology
Тез арада газ ҳәм электр энергиясы баҳаларының қымбатлаўы ҳаққындағы хабарға рәсмий мағлыўмат берилди

Сизге соны мәлим қыламыз, ҳәзирги күнлерде халық ҳәм экономикалық тармақларды сапалы ҳәм үзликсиз электр энергиясы ҳәмде тәбийғый газ бенен тәмийнлеў мақсетинде энергетика тараўын реформаластырыўға қаратылған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жанылғы-энергетика ресурсларының баҳлары ҳәм тәрифлерин өзгертиў ҳаққында»ғы қарар жойбарын ис процессинде ҳәм ҳүжжеттиң жойбары додалаў ушын regulation.uz ға жайланады ҳәм ҳәммениң пикир, усыныслары көрип шығылады — Финанс министрлиги.

‼️Электр энергиясы ушын айына 200 кВт•саат, газ ушын 500 м³ лик социаллык норма киритилиуи кутилмекте. Нормадан артык ислететугынлар, ягный озине ток болган катлам (халыктын 10-15%)тинин ғарежетлерин салык толеушилер есабынан субсидиялау токтатылады.

@EnergyTechnology
МЕТРОЛОГИЯ ХИЗМАТИ ҚАЙТАДАН ТАШКИЛ ЭТИЛИБ ЯНГИ ЖИҲОЗЛАР БИЛАН ТАЪМИНЛАНМОҚДА

Ўзбекистон Республикасининг “Метрология тўғрисида”ги қонуни ижросини таъминлаш мақсадида “Иссиқлик электр станциялари” АЖ тизим корхоналарида метрология ва стандартлаштиришни янада ривожлантириш бўйича қатор ишлар қилинмоқда.

———————————

ОСУЩЕСТВЛЯЕТСЯ РЕОРГАНИЗАЦИЯ И ОСНАЩЕНИЕ НОВЫМ ОБОРУДОВАНИЕМ МЕТРОЛОГИЧЕСКОЙ СЛУЖБЫ

С целью обеспечения исполнения закона Республики Узбекистан вв предприятиях АО «Тепловые электрические станции» реализуется ряд работ по дальнейшему развитию метрологии и стандартизации.

@EnergyTechnology
👍2
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Продолжаем рассказывать о «зелёных» источниках энергии🌿

Сегодня говорим о гидроэнергетике

В нашем видео: ⬆️
🌊принцип работы ГЭС;
🌊 первая в мире гидроэлектростанция;
🌊крупнейшие ГЭС мира и Узбекистана;
🌊перспективы развития отрасли в Узбекистане.

@EnergyTechnology