Huqıqıy málimleme QR
6.37K subscribers
2.4K photos
859 videos
15 files
4.58K links
Huqıqıy reformalar, nızamlar, Prezidentimiz, Húkimetimiz tárepinen qol qoyılǵan nızamshılıq hújjetleri – Qaraqalpaqstan Respublikası Ádillik ministrliginiń “Huqıqıy málimleme QR” kanalında.
Download Telegram
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🔰 Автобуста ҳәрекет қәўипсизлигине қәўип салыўшы қолайсызлықлар пайда болғанда, соның менен бирге айдаўшы өзин жаман сезингенде автобус ҳәрекети тезлик пенен тоқтатылыўы керек.

▶️ Айдаўшының автобусты басқарыў ўақты 9 сааттан артық болғанда ямаса жөнелис узақлығы 400 км ҳәм оннан артық болса автобуста жолаўшылар тасыўды шөлкемлестириўде автомобильде айдаўшының дем алыўы ушын орын үскенелениўи ҳәм қатнаўға еки айдаўшы жиберилиўи керек.

🚫 Қалаларара-ўәлаятларара ҳәм халықаралық жөнелислерде 400 км ҳәм оннан узақ жөнелислерде автотранспорт қуралларында жолаўшылар тасыўды бир айдаўшы менен шөлкемлестириў қадаған етиледи.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🚫 Нызамшылыққа көре, төмендегилер қадаған етиледи:

🔹энергетик ишимликлер үлгилерин ер жетпегенлер арасында реклама қылыў мақсетинде бийпул тарқатыў;

🔹ер жетпегенлерге энергетик ишимликлерди реклама қылыў;

🔹тийкарынан жас өспиримлер ушын бағдарланған илажларға қәўендерлик қылыў, егер бунда энергетик ишимликлердиң атынан, товар белгисинен (хизмет көрсетиў белгисинен) ямаса суўретинен пайдаланылатуғын болса;

🔹ер жетпегенлер арасында энергетик ишимликлердиң атынан, товар белгисинен (хызмет көрсетиў белгисинен) ямаса суўретинен пайдаланылған товарларды (футболкалар, бас кийимлер, ойынларды ҳәм басқаларды ) тарқатыў, сондай-ақ сатыў;

🔹тийкарынан балалар ҳәм өспиримлер ушын бағдарланған басылымларда, соның менен бирге медицина, спорт ҳәм билимлендириў мәкемелеринде ҳәм де шөлкемлеринде энергетик ишимликлерди реклама қылыў.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🔘 Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет искерлигин асырыў бойынша төмендеги жеңилликлер белгиленген:

🔹исбилерменлерге жумыс орынларын ҳәм шәраятларын майыплығы болған шахсларға сәйкеслестириў ушын ҳәр бир сәйкеслестирилетуғын жумыс орны ушын БЕМ ның 40 есеси (13 млн 600 мың сўм) муғдарына шекем;

🔹исбилерменлик искерлигин баслап атырған жумыссыз пуқараларға исбилерменлик субъекти ретинде мәмлекетлик дизимнен өткеннен кейин дәслепки үш ай даўамында алынған жай ҳәм қурылыстың ижара төлеми;

🔹өнерментлердиң “Өнермент” аўқамына ағзалық қәрежетлерин қаплаўы ушын субсидия ажыратылады.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

❗️ Мәмлекетлик пуқаралық хызметкери коррупцияға қарата аяўсыз мүнәсибетте болыўы ҳәм коррупцияға алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлердиң (ҳәрекетсизликтиң) алдын алыўы шәрт.

Егер мәмлекетлик пуқаралық хизметкери коррупция фактлары ҳаққындағы мәлимлемеге ийе болса, ол коррупцияның алдын алыў ушын зәрүр илажлар көриўи, сондай-ақ жоқары турыўшы мәмлекетлик уйымын (лаўазымлы шахсын ) ямаса коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымын тезлик пенен хабардар етиўи ямаса ҳуқықты қорғау уйымына мүрәжат етиўи керек.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🗓 Нызамшылыққа көре, 2024-жыл 1-июннан пайдаланылған электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бойынша айлық мағлыўмат “базалық норма” ҳәм оннан артық қөлемлер кесиминде тутыныўшыларға жибериледи

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🔰 Жылытыў мәўсиминде компенсациялар берилиўши мүтәжлиги бар шаңарақ ретинде “Социаллық қорғаў бирден-бир реестры” системасына киргизилген шаңарақлар түсиниледи.

📌 “Социаллық қорғаў бирден-бир реестры” системасына киргизилмеген шаңарақлар “Мәҳәлле жетилиги”не мүрәжат етиўлери мүмкин. “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен Бирден-бир реестрына кирмеген мүтәжлиги бар шаңарақлардың қосымша дизими қәлиплестириледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
🔰Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2024-жыл 16-апрельдеги 204-санлы қарарының қысқаша мазмун-мәниси


Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📊 Elektr energiyasın tejeseńiz, pulıńız tejeledi

📄 Húkimet qararı menen, 1-maydan baslap 1 kVt/saat elektr energiyasınıń bahası 450 swm boladı. Endi elektrden kóp paydalanǵanlar kóp pul tóleydi, az paydalanǵanlar az tóleydi. Yaǵnıy:

👁 ayına 200 kVt/saatqa shekem – 450 swm;
👁 ayına 201 kVt/saattan 1 000 kVt/saatqa shekem – 900 swm;
👁 ayına 1 001 kVt/saattan 5 000 kVt/saatqa shekem – 1 350 swm;
👁 ayına 5 001 kVt/saattan 10 000 kVt/saatqa shekem – 1 575 swm;
👁 ayına 10 000 kVt/saat hám onnan joqarısına – 1 800 swm etip belgilenbekte.

💳 Sonday-aq, 2024-2025-jıl jılıtıw máwsiminde (noyabr–fevral aylarında) sociallıq qorǵawǵa mútáj shańaraqlarǵa 270 mıń swm muǵdarında bir mártelik materiallıq járdem pulları beriledi.

🤝 Húrmetli watanlaslar! Endi elektrden qansha kóp paydalansańız — sonsha kóp pul tóleysiz. Sonlıqtan, elektr energiyasın únemleyik!

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#2024_жыл_1_майдан

🗓Нызамшылыққа көре, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын жаңа мәжбурий төлемлер ҳәм жыйымларды тек ғана нызамда белгилеў әмелияты киритиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#2024_жыл_1_майдан

Нызамшылыққа муўапық, реестрге киргизилген жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ҳәр айлық үй-жай коммунал хызметлер ҳақысын төлеў бойынша компенсация ҳәм де азық-аўкат өнимлери ҳәм жеке гигиена товарлары ушын ҳәр айда қосымша пул төлемлери орнына жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын ҳәр айда минимал тутыныў қәрежетлери муғдарында материаллық жәрдем енгизиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔰Газ ҳәм "свет": жаңа қарар ҳаққында туўры талқылаў

❗️Социаллық норма, ысырап ҳәм үнемлилик, жаңа баҳалар ҳәм де мүтажлиги бар шаңарақларға компенсациялар сыяқлы энергоресурслар бойынша қабыл етилген жаңа қарардың әҳмийетли ҳәм итибарға ылайық тәреплери «Объектив»тиң аналитикалық - ҳуқықый нәзеринде болды.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Ѳзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жасалма интеллект имканиятлары жәрдеминде таярланған нәўбеттеги мультфильмди усынады.

Нызам үстем болған жерде жәнликлерге де зыян жетпейди.

Мультфильмди кѳриў 👉https://youtu.be/_0IL5On41O8

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Жол_қағыйдаларына_ǝмел_етиң

🔰 Айдаўшы мǝслик ҳалаты бойынша тексериўден бас тартса, 1 жыл 6 айдан 3 жылға шекем мүддетке транспортты басқарыў ҳуқықынан айрылады ҳәм 5 млн 100 мың сўм муғдарында жәриймаға тартылады.

➡️ Тап сондай ҳуқықбузарлық транспортты басқарыў ҳуқықы болмаған шахс тәрепинен ǝмелге асырылса, 10 млн 200 мың сўм муғдарында жәрийма ямаса 15 сутка ҳǝкимшилик қамақ жазасы қолланылады.

☑️ Усы ҳуқықбузарлықтың мопед, велосипед айдаўшы, тиркемели арбаны басқарыўшы шахс тәрепинен ǝмелге асырылыўы БЕМның 3 есеси ( 1 млн 20 мың сўм) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#2024_жыл_1_майдан

🔰Нызамшылыққа кѳре, мийўе-палыз ѳнимлерине экспорт баҳалары қәлиплестирилиўи үстинен қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде белгиленген тәртипте тастыйықланған дизим бойынша шәртнамалар қунын мониторинг қылыў ҳәм экспорт баҳалары қәлиплестирилиўи үстинен қадағалаўды орнатыў тәртиби енгизиледи.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
Forwarded from Huquqiy axborot
#Биласизми

Овқат тайёрлашга марказлашган электр плиталари билан жиҳозланган кўп квартирали уйлар ва ётоқхоналарда яшайдиганлар учун 2024 йил 1 майдан электр энергияси нархлари.

Каналга уланиш 👇👇
https://t.me/huquqiyaxborot
#Билесизбе

🔰 Нызамшылыққа кѳре, Социаллық қорғаў миллий агентлиги тǝрепинен социаллық хызметлер ҳǝм жǝрдемлер эксперимент кѳринисинде жолға қойылатуғын район (қала)ларда “Инсан” социаллық хызметлер кѳрсетиў орайларында аўыр турмыслық жағдайға түскен шахслар ушын психологиялық жǝрдем кѳрсетиў системасы енгизилиўи белгиленген.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Билесизбе

🏬 Нызамшылыққа кѳре, жеке пудрат шѳлкемлери тǝрепинен таяр ҳалда тапсырыў шǝртисиз қурылған үйлердеги квартираларды (ханаларға бѳлинген ҳǝм безеў жумысларына таяр) бирлемши үй-жай базарында сатып алыў ушын ипотека кредитлерин ажыратыўға ҳǝм де олар бойынша ҳǝм ипотека кредити бойынша пайызлардың бир бѳлегин қаплаў ушын субсидия тѳлеўге рухсат берилген.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme