XALÍQ USHÍN ⚖️
59.5K subscribers
934 photos
171 videos
66 files
3.23K links
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар

Хабарласыў: @trillion_uzb

Est. 10.04.2020.
Download Telegram
⚡️Майыплық пенсиясын алыўшылардың пенсиясына жумыс стажына қарап қосымша пул қосылады

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамның 37 ҳәм 49-статьяларына муўапық, I ҳәм II топар майыплық пенсиясы тайынланғаннан кейинги ислеген ўақыт пуқараның жумыс стажына қосып есапланады.

♻️ Бунда майыплық пенсиясы тайынланғаннан кейин кеминде 1 жыл жумыс стажына ийе болса, пуқараның арзасы тийкарында жумыс стажы ҳәм айлығы есапқа алынған ҳалда пенсия ҳәр еки жылда бир мәрте қайта есапланады.

☝️Яғный, пуқараның майыплық пенсиясына пенсия тайынланғаннан кейинги ислеген дәўириндеги алған айлығынан келип шығып қосымша пул қосылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
❗️Турақ жай ушын субсидия алғанларға дәрамат салығынан жеңиллик бар

Салық кодексиниң 378-статьясына тийкар, турақ жай ушын субсидия алған пуқаралардың ипотека кредитлери ҳәм олардың процентлерин төлеў ушын бағдарланған ис ҳақы ҳәм басқа дәраматлары дәрамат салығына тартылмайды.

☝️Бул жеңиллик пуқараның дәраматының салық дәўири даўамында барлығы болып МҲТЕКМның 80 есесине (84 млн сумға) шекемги болған бөлегине қолланылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
⚡️Шет тили имтиханы нәтийжелери жәрияланды

2024-жыл 21-январдан 1-февралға шекем болып өткен шет тили дәрежесин анықлаў тест сынақлары нәтийжелери жәрияланды.

💻 Тест нәтийжелери менен my.gov.uz порталындағы жеке кабинетиңиздиң “Менинг аризаларим” бөлиминде танысып алыўыңыз мүмкин.

🧾Тесттен өткен талабанлар сертификатларын my.gov.uz порталы арқалы электрон формада жүклеп алыўы мүмкин.

❗️Тест нәтийжелеринен наразы болған пуқаралар 3 күнниң (9-11-февраль) ишинде my.gov.uz порталы арқалы апелляция шағымын бериўи мүмкин.

🔎Апелляция комиссиясы шағымды 2 ҳәпте ишинде қарап шығады. Комиссия қарары менен де my.gov.uz порталы арқалы билиў имканы бар.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Кимлер мийнет дем алысын узайтыў ямаса басқа ўақытқа көшириў ҳуқықына ийе?

Мийнет кодексиниң 229-статьясына муўапық, хызметкерлер төмендеги жағдайларда ҳәр жылғы мийнет дем алысын узайтыў ямаса басқа ўақытқа көшириў ҳуқықына ийе:

🔹ўақытша мийнетке жарамсызлық дәўиринде;
🔹ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысының мүддети басланғанда;
🔹мийнет дем алысы оқыў дем алысына туўры келип қалғанда;
🔹мәмлекетлик ямаса жәмийетлик миннетлерди орынлап атырғанда (егер нызамшылықта бундай миннетлерди орынлаў ушын жумыстан азат етиў нәзерде тутылған болса);
🔹жәмийетлик келисимлерде ямаса шәртнамада белгиленген басқа жағдайларда.

❗️Егер жыллық мийнет дем алысынан пайдаланыўға тосқынлық етиўши себеплер дем алыс басланыўына шекем пайда болған болса, хызметкер менен жумыс бериўши ортасында келисимге муўапық дем алыстан пайдаланыўдың жаңа мүддети белгиленеди.

⚠️ Ал егер бундай себеплер дем алыстың ўақтында пайда болса, дем алыс сол күнлер санына узайтырылады ямаса хызметкер менен жумыс бериўшиниң келисимне тийкар дем алыстың пайдаланылмай қалған бөлеги басқа ўақытқа көшириледи.

📝 Хызметкер дем алыстан пайдаланыўға тосқынлық етиўши жағдайлар ҳаққында жумыс бериўшиге жазба түрде хабар бериўи шәрт.

♻️ Егер жумыс бериўши хызметкерди оның мийнет дем алысы ҳаққында кеминде 15 күн алдын ескертпесе ямаса мийнет дем алысы басланғанға шекем мийнет дем алысы пулын төлемесе, хызметкердиң арзасына муўапық мийнет дем алыс басқа ўақытқа көшириледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
☝️Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сайтында 30.04.2023-жылы қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясының тексти жоқ екен.

Өзбекстан нызамшылығы миллий базасында (lex.uz) Өзбекстан Республикасы Конституциясының өзбек, қарақалпақ ҳәм орыс тилиндеги текстлери бар.

📑 Халқымыз норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қарақалпақша текстлерин көбирек Жоқарғы Кеңестиң сайтынан алыўын есапқа алып, сайттың жоқарыдағы бөлиминде (скриншотта) lex.uz сайтындағы төмендеги силтемелерди көрсетип өтсе мақсетке муўапық болады деп ойлаймыз.

🗂 Өзбекстан Республикасы Конституциясы:
👉Өзбек тилинде
👉Қарақалпақ тилинде
👉Орыс тилинде

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Пуқаралық ислери бойынша судда кимлер мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген?

«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамның 8-статьясына муўапық пуқаралық ислери бойынша судда мәмлекетлик бажыны төлеўден төмендегилер азат етилген:

✔️ даўагер – ис ҳақыны өндириў ҳәм мийнет ҳуқықлары қатнасықларынан келип шығатуғын басқа талаплар бойынша;
✔️ даўагер – алимент өндириў бойынша;
✔️ даўагер – мийнетте майып болғанлығы ямаса ден саўлығына басқаша зыян тийгенлиги, сондай-ақ бағыўшысы қайтыс болғанлығы себепли жеткизилген зыянның орнын қаплаў бойынша;
✔️ даўагер – нызамға қайшы түрде ҳүким етилгенлиги, жыйнайый ямаса ҳәкимлишик жуўапкершиликке тартылғанлығы себепли жеткизилген зыянның орнын қаплаў бойынша;
✔️ даўагер – жынаят себепли жеткизилген материаллық зыянның орнын қаплаў бойынша;
✔️ даўагер – зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға жеткизилген руўхый ҳәм материаллық зыянның орнын қаплаў бойынша;
✔️ юридикалық шахслар хәм пуқаралар – алиментлерди өндириў менен байланыслы пуқаралық ислери менен байланыслы ҳүжжетлерди оларға бергенлиги ушын;
✔️ басқа шахслардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўды сорап судқа берилген арзалар бойынша юридикалық шахслар хәм пуқаралар;
✔️ юридикалық шахслар хәм пуқаралар – мәжбүрий орынлаў бюросы орынлаўшысының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар бойынша;
✔️ исбилерменлер – олардың жумыс ислеўине тосқынлық етиўши мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың қарарлары, ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағымлар бойынша;
✔️ тутыныўшылар – ҳуқықлары ҳәм мәплери бузылыўы менен байланыслы шағымлар бойынша;
✔️ педагоглар – педагогикалық искерлигин әмелге асырыў барысында өзиниң абройы ҳәм ар-намысын қорғаў менен байланыслы ислер бойынша.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
⚡️12 жасқа толмаған балалары бар хызметкерлерге қосымша дем алыс бериледи

Мийнет кодексиниң 401-статьясына муўапық, 12 жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың ямаса 16 жасқа толмаған майыплығы болған баланың ата-анасынан бирине (ата-ана орнын басыўшы шахсқа) ҳәр жылы даўамлылығы кеминде 4 календарь күн болған қосымша дем бериледи.

💰Бул дем алыс ушын хызметкердиң орташа айлық ис ҳақы сақланады.

🔰 Бул социаллық дем алыс жыллық мийнет дем алысына қосып берилиўи яки жумыс бериўши менен келисимге көре белгиленген дәўирде, толық ямаса бөлип-бөлип алыныўы мүмкин.

☝️ Бирақ, бул мийнет дем алысынан тек тийисли жумыс жылы даўамында пайдаланыўға болады. Яғний бул дем алысты кейинги жылға көшириўге ямаса пуллы компенсация менен алмастырыўға жол қойылмайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Сатып алынған затты нуқсаны болмаса да басқасына алмастырып алыўға бола ма?

Министрлер Кабинетиниң 13.02.2003-жылдағы 75-санлы қарарына тийкар, пуқара сатып алынған нуқсаны болмаған азық-аўкат емес затты 10 күнниң ишинде (егер сатыўшы оннан көбирек мүддет белгилемеген болса) тап сондай өлшем, форма, габарит, фасон, реңдеги ямаса комплектациядағы затқа алмастырып алыўға ҳақы бар.

❗️Сатып алынған затты алмастырыў ушын оннан пайдаланылмаған, ҳеш бир жерине зыян тиймеген, ыдысы пүтин, барлық қәсийетлери сақланған ҳәм чеклери және ҳүжжетлери болыўы керек.

🔄 Егер сатып алынған заттың баҳасы алмастырылып атырған заттың баҳасынан парық қылса есап-санақ қылынады. Яғный сатып алынған зат қымбат болса, сатыўшы оның үстиндеги пулын қайтарып береди, ал арзан болса, пуқара сатыўшыға оның парқын төлейди.

⚠️ Алмастырыў ушын сатыўшыда пуқара қәлеген түрдеги зат болмаса, пуқара сатып алынған затты сатыўшыға қайтарып берип, зат ушын төлеген пулын толық қайтарып алыўға ҳақылы.

☝️Бирақ
, мына https://lex.uz/docs/243235#466758 дизимде көрсетилген затларды сатып алғаннан кейин алмастырыў мүмкин емес.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
«Жаслар дәптери»не кирген жаслар қандай жәрдемлерден пайдаланыўы мүмкин?

«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың машқалаларын шешиў ҳәм социаллық қуўатлаў ушын мәмлекет тәрепинен төмендеги түрдеги жәрдемлер көрсетиледи:

🔸 бир мәртелик материаллық (пуллы) жәрдем;

🔸 исбилерменликке ҳәм кәсип-өнерге оқытыў курслары төлемлерин қаплап бериў;

🔸 мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес транспортты айдаўға үйретиў бойынша курслардың төлемлерин қаплаў ушын субсидия бериў;

🔸 дийқаншылық ҳәм қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын туқым ҳәм нәллер сатып алыўға субсидия бериў;

🔸 исбилерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиў мақсетинде турақ емес жайдың (коммерциялық имараты) ижара төлемлери ушын субсидия бериў;

🔸 исбилерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиў ушын керек болған әсбап-үскене және мийнет қуралларын сатып алыў ушын субсидия бериў;

🔸 кәсип-өнер ҳәм жоқары оқыў орынларында оқыўы ушын төлемли контракт суммасының бир бөлегин төлеп бериў;

🔸 заманагөй кәсипти ийелеўи, мәлимлеме технологияларын ҳәм шет тиллерин үйрениўи курсларының төлемлерин қаплаў ушын субсидия бериў;

🔸 социаллық қорғаўға мүтәж талантлы жаслардың илим-пән, спорт, көркем-өнер ҳәм мәденият бағдарларындағы оқыў курслары ушын субсидия бериў;

🔸 жасларға тийисли болған билимлендириў, мәденият ҳәм көркем-өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳәм пәнлерди оқытыўға қәнигелестирилген мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң турақ емес жайды (коммерциялық имаратты) ижараға алыў қәрежетлерин қаплаў;

🔸 наўқас жаслардың емлениўи ушын субсидия бериў;

🔸 пуллы психологиялық хызметтен пайдаланыўы ушын керекли төлемлерди қаплаў;

🔸 мобилизациялық шақырыў резервинде (МПР) әскерий хызметти өтеўге керекли төлемди толық қаплаў ушын субсидия бериў;

🔸 жаңа турмыс қурғанда өзиниң турақ жайында қосымша турақ жай (хана) қурыўына гиреўсиз кредит ажыратылыўы ушын кепиллик бериў;

🔸 социаллық қорғаўға мүтәж жас шаңарақларға турақ жай ижарасы төлемлерин қаплаў ушын субсидия бериў;

🔸 жаслардың интеллектуаллық потенциалын күшейтиў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый билимин арттырыў, сондай-ақ, бес әҳмийетли баслама шеңбериндеги илажларды қаржыландырыў.

💡 Мағлыўмат ушын. «Жаслар дәптери» ҳәм оған киргизилген жасларға бир мәртелик пуллы жәрдем бериў ҳаққында биринши, екинши ҳәм үшинши силтемелер арқалы оқып танысыўыңыз мүмкин.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
⚡️Қайсы банклер тәлим кредитин берип атыр?

🔰Бүгинги күнде төмендеги банклерге тәлим кредитин алыў ушын мүрәжат етиў мүмкин:

🔹Туронбанк”;
🔹Микрокредитбанк”;
🔹Асакабанк(тек Қарши Экономика ҳәм педагогика университети ҳәм де Термиз экономика ҳәм сервис университети студентлерине).

❗️Кредит алыў тәртиби ҳәм талап етилетуғын ҳүжжетлер мына жерде: силтеме

☝️Кем тәмийинленген (“Социаллық қорғаў бирден бир реестри”не кирген) шаңарақ ағзаларынан гиреў ҳәм кепиллик соралмайды.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
⚡️Пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын салық жеңилликлери бойынша мағлыўматлар топламы

🔸Мал-мүлк салығын кимлер төлемейди?
🔸Жер салығын кимлер төлемейди?
🔸Майыплығы болған шахсларға салықлар бойынша белгиленген жеңилликлер
🔸Турақ жай ушын субсидия алғанларға дәрамат салығынан жеңиллик бар
🔸«Контракт» пулы, «частный» бақша ҳәм мектеплерге төленген пулдан дәрамат салығын қайтарып алыў тәртиби
🔸Ата-аналардың мектеп ҳәм бақшаға төлеген пулы салықтан азат етиле ме?
🔸Нызамшылықта тек Қарақалпақстан ушын енгизилген айырым жеңилликлер
🔸Кем тәмийинленген пуқараларды жумысқа алған исбилерменлерге салық ҳәм басқа жеңилликлер бериледи
🔸Кем тәмийинленген шаңарақ сатып алған товардың 12% пулын (ҚҚС) қалай қайтарып алады?
🔸2025-жылдан баслап суў үнемлеўши технологиядан пайдаланғанларға суў салығынан 50% ке шекем жеңиллик бериледи

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
❗️Жас шаңарақтың "квартира" пулы мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи

«Жаслар дәптери»не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж жас шаңарақларға турақ жайдың ижарасы төлемин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады.

Субсидия 12 ай даўамында төленеди.

💰 Субсидияның ҳәр айлық муғдары БЕМның 3 есесин (1 020 000 сум) қурайды.

🔰 Субсидия бериў ушын шаңараққа төмендеги талаплар қойылған:

🔸Ерли зайыплының екеўи де 31 жасқа толмаған болыўы;
🔸Екеўиниң де атында турақ жай болмаўы;
🔸Алдын мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жеңилликли ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинленген болмаўы;
🔸Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ямаса турақ жай менен тәмийинлеўге байланыслы жеңилликлерден пайдаланбаған болыўы;
🔸Екеўинен биреў «Жаслар дәптери»не киргизилген болыўы.

📝 Арза бериўши субсидия алыў ушын Қәўендерлик кеңесине (баслығы - ҳәким, хаткери - жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлими баслығы) төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы керек:
✔️турақ жай ижарасы шәртнамасы нусқасы. Бул шәртнамада ижараға бериўшиниң аты ҳәм фамилиясы, ФШЖИН, банк картасының реквизитлери, ижара мүддети, ижараның бир айлық төлеми муғдары көрсетилген болыўы керек.
✔️ижара шәртнамасының салық уйымында есапқа қойылғанлығы ҳаққындағы билдирги.

🔰 Арза Қәўендерлик кеңеси тәрепинен тийисли мәкандағы жаслар жетекшиси менен биргеликте үйренилип, субсидияны ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Субсидия ажыратылмағанда оның себеплери анық көрсетилиўи керек.

🟢Субсидия бериў ҳаққында қарар қабыл етилсе, ижара төлеми ҳәр айдың 5-сәнесине шекем ижараға бериўшиниң (квартира ийесиниң) банк картасына өткерип бериледи.

❗️Субсидия бериў дәўиринде жаслар жетекшиси субсидия алып атырған пуқараның сол турақ жайда жасап атырғанлығын ҳәр айда кеминде бир мәрте тексерип турады. Егер пуқара ол жайда жасамай атырғанлығы анықланса, субсидия бериў тоқтатылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Медицина хызметкерлерине қандай үстемелер төленеди?

Медицина мәкемелерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қоры ҳаққындағы режеге (16.01.2023-жыл, дизим саны 3416) муўапық медицина хызметкерлерине материаллық хошаметлеўдиң төмендеги түрлери төленеди:

🔹жоқары қәнигели, айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ислеп атырған медицина және фармацевтика хызметкерлерине лаўазым айлығының 100% шекем ҳәм басқа хызметкерлерге 75% ке шекем айлық үстемелер;

🔹жаңадан жумыс ислеп баслаған жас шыпакерлерге 1 млн сумға шекем арнаўлы айлық үстемелер;

🔹шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақтын саат 20:00 ге шекем создырыўдың есабынан екинши сменада ислейтуғын шыпакер ҳәм мийрибийкелерге лаўазым айлығының 30% шекем қосымша айлық үстемелер;

🔹медицина мәкемелериниң барлық хызметкерлерине кәсиплик ҳәм басқа байрамларда берилетуғын хошаметлеў пуллары, сондай-ақ материаллық жәрдем пуллары.

📊 Айлық үстемелер хызметкерлердиң жумысын 100 баллық рейтинг баҳалаў системасы тийкарында әмелге асырылады.

🔰 Бунда 75 балдан 100 балға шекем топлаған медицина хызметкерлериниң айлығына төмендеги тәртипте үстемелер белгиленеди:
🔸75 балдан 84 балға шекем топласа айлығының 50% шекем;
🔸85 балдан 94 балға шекем топласа айлығының 75% шекем;
🔸95 балдан 100 балға шекем топласа айлығының 100% шекем.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Турақ жай субсидиясы кимлерге бериледи?

🔰Министрлер Кабинетиниң 25.03.2020-жылдағы 182-санлы қарары менен Турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайды қурыў және реконструкция қылыў ушын пуқараларға субсидия төлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.

Усы режеге көре, субсидия төмендеги жағдайларға туўры келиўши пуқараға (шаңараққа) ажыратылады:

✔️пуқараның ҳәм/яки оның шаңарағының айлық дәраматы (МҲТЕКМның 2,7 есесинен аз болмаўы, 8 есесинен көп болмаўы);

✔️атында турақ жай жоқлығы (ижарада жасаўы);

✔️«labor-migration» бағдарламасында дизимнен өткен мийнет мигранты екенлиги;

✔️алыс ҳәм шетки аймақлардағы бюджет мәкемелерине басқа аймақлардан жумыс ислеў ушын келген жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (яки) медицина хызметкери екенлиги;

✔️жас шаңарақ ҳәм 30 жастан аспаған пуқара екенлиги;

✔️аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаяллар екенлиги;

✔️биринши топар майыплығы болған шахс екенлиги;

✔️созылмалы кеселликтиң аўыр түри менен кеселленгенлиги;

✔️аўыр майыплыққа алып келиўши кеселликке шатылған баланы тәрбиялап атырғанлығы.

❗️Усы критерийлерден келип шығып ҳәр бир арза бериўшиниң жағдайы балл бериў арқалы анықланады.

☝️Комиссия пуқаралардың арзаларын үйренип шығып, ең жоқары балл алғанларға биринши гезекте субсидия бериў ҳаққында қарар қабыл етеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📋 Аллаяр Досназаров (1896-1937) ҳаққында

Аллаяр Досназаров 1896-жылы Шымбай уездиниң «Көк өзек» болыслығында туўылған. 7 жасынан баслап бир байдың падашысы, 9 жасынан Шымбай қаласында саўдагер армянның үинде аспаз, кейин жумыскер болып ислеген. 13 жасқа толғанында Хийўа қаласына келип, Ярославль пахта тазалаў заводында үскенелерди майлаўшы хызметине орналасқан. 17 жасқа толғанында Төрткүл қаласына келип, Әмиўдәрья бөлими баслығының кеңсесинде сипсекеш болып бир жыл ислеген. Кейин Төрткүл балық кәрханасында аспаз, инженерлик жер өлшеў мәкемесинде жумыскер, дәриханада аспаз болып ислеген…

А.Досназаров 1924-жылдың июль айында Орта Азияда миллий мәмлекетлик шегараларды белгилеў мәселеси додаланып атырғанын еситип, қарақалпақ халқына еркин автономия бериў кереклиги ҳаққында баянат жасайды. Оның усынысы есапқа алынып, 1924-жылдың 16-августында миллий территориялық шегараларды белгилеў бойынша Қарақалпақ киши комиссиясы дүзиледи. Досназаров усы комиссияның ағзасы етип тастыйықланады.

Ол Қарақалпақстанның автономия алыў ҳаққындағы жойбарын ислеп шығады. Жойбар 1924-жыл 6-сентябрде Орайлық миллий шегараларды белгилеў комиссиясы тәрепинен қызғын додаланады. Додалаўда биразлар ашықтан-ашық қарсы шығып, «қарақалпақ деген халық жоқ, дәрьяның шеп жағалаўын Өзбекстанға, оң жағалаўын Қазақстанға бериў керек» деп ортаға усыныс таслайды.

Усы мәжилисте Досназаров төрт мәрте шығып сөйлейди.
– Анаў отырған Исламов өзбек болса, мынаў отырған С.Хожанов қазақ болса, онда минберде турып сөйлеп турған мен қарақалпақпан. Демек, усылай екен, қарақалпақ халқы бар, және бәрҳә болабереди – дейди.

Жыйналыс Досназаров усынған жойбарды додалаўға қойыўға мәжбүр болады ҳәм даўыс бериў пайытында утып шығады.

Дерек: Үлкемиздиң әжайып адамлары. М.Нызанов. Нөкис: Билим, 2022. 4-7-бетлер.

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Судқа төленген бажы пулды қайтарып алыўға бола ма?

"Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамның 18-статьясына бола, судларға төленген мәмлекетлик бажы төмендеги жағдайларда толық яки бир бөлеги қайтарылыўы керек:

🔹мәмлекетлик бажы нызамшылықта белгиленген суммадан артықша төленгенде;
🔹суд даўа арзаны (арзаны, шағымды) қайтарғанда ямаса қабыл етпегенде;
🔹апелляция, кассация ҳәм қадағалаў шағымы қайтарылғанда яки ол қабыл етилмегенде;
🔹мәмлекетлик бажы төленген даўа арза (арза, шағым) яки апелляция, кассация хәм қадағалаў шағымы судқа келип түспегенде;
🔹егер ис судқа тийисли болмаса, исти жүргизиў тоқтатылса;
🔹арза көрместен қалдырылғанда, егер ол қатнас уқыплылығына ийе болмаған адам тәрепинен берилген болса;
🔹судтың ис жүргизиўинде тап сол тәреплер арасындағы тап сол бир мәселе ҳаққындағы ҳәм тап бир тийкарлар бойынша даў бойынша ис бар болып, арза көрместен қалдырылғанда;
🔹егер тәреплер арасында даўды шешиў ушын төрешилик судына тапсырыў ҳаққында питим дүзилген болып, арза көрместен қалдырылғанда;
🔹егер тәреплер арасында медиатив келисим дүзилген болса, арза көрместен қалдырылғанда;
🔹исте қатнасыўшы адам қайтыс болған болса, егер даўлы ҳуқықый қатнасыў ҳуқықый мийрасхорлыққа жол қоймаса;
🔹даўагер даўды судқа шекем шешиў тәртибине әмел етпегенде;
🔹исте қатнасыўшы юридикалық шахс сапластырылған болса;
🔹суд буйрығын шығарыў ҳаққындағы арза қабылланбағанда;

📝 Мәмлекетлик бажы пулы оны төлеген шахстың арзасы ямаса судтың шешими тийкарында қайтарылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
⚡️Истанбул-Нөкис-Ташкент ҳәм Самарқанд-Нөкис-Истанбул бағдарлары бойынша авиақатнаўлар жолға қойылады

🔰09.02.2024-жылы Президенттиң «Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-66-санлы қарары қабыл етилди.

✈️ Бул қарарға тийкар, 2024-жыл 1-апрелден баслап Истанбул-Нөкис-Ташкент, Самарқанд-Нөкис-Истанбул бағдарлары бойынша самолётлар жолға қойылады.

☝️Сондай-ак, сатып алынып атырған L-410 маркалы самолётлардың биреўи Қарақалпақстанға ишки рейслер ушын бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
⚡️Дыққат, ҳүрметли пуқаралар ҳәм исбилерменлер!

Енди @xaliq_ushin каналы @yurist_jardemi топары менен биргеликте адвокатлық ҳәм юридикалық хызметлерди көрсетиў имканына ийе болды.

❗️Биз Сизге машқалаларыңыз бойынша төмендеги бағдарларда юридикалық хызмет көрсетемиз:

мәмлекетлик органларға (министрликлер, ҳәкимликлер, ишки ислер, прокуратура, әдиллик органларына ҳәм басқа мәкемелерге) арза ҳәм шағымлар таярлаў ҳәм жибериў;

сораўларыңызға Телеграм жекеде (личкада) (@Mr_Velikolepniy) толық ҳәм түсиникли түрде нызам бойынша жуўап бериў;

нызамлардың ҳәм басқа норматив-ҳуқықый актлердиң статьялары (бәнтлери) бойынша түсиник бериў;

исбилерменлик субъектлериниң ишки қағыйдаларын, жәмәәтлик шәртнама, мийнет шәртнамасы, әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳәм басқа ишки локал ҳүжжетлерин таярлаў;

рәсмий хат, акт, протокол ҳәм басқа ҳүжжетлерди таярлап бериў;

нызамлар, қарарлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый актлер проектлерин (жойбарларын) таярлаў яки таярлаўға жәрдем бериў;

судларға (пуқаралық, экономикалық ҳәм жынаят ислери бойынша) арза, усыныс, келисим питими, жеке шағым таярлап киригизиў ҳәм сол процесте қатнасыў;

басқа да ҳуқықый хызметлер көрсетиў.

💬 Биз бенен байланысың, әлбетте жәрдем беремиз: @Mr_Velikolepniy

🔔Постты жақынларыңызға тарқатың.

✉️ Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
➡️@Xaliq_ushin
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған бир қатар илажлар белгиленди

🔰Президенттиң қарарына тийкар:

👉 «Қарақалпақбалық» ассоциациясы шөлкемлестирилип, оған «Өзбекбалықсанаат»қа ҳәм Экология министрлигине тийисли барлық көллер бериледи;

👉 2024/2025-оқыў жылынан баслап Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында Суў хожалығы ҳәм мелиорация бағдары бойынша 100 қабыллаў квотасы ашылады;

👉 Өзбекстан Республикасының Қытай Халық республикасындағы елшиханасында Қарақалпақстан Республикасының айрықша ўәкили лаўазымы енгизиледи;

👉 социаллық салық төлеп атырған өзин өзи бәнт еткен шахсларға «Бизнеске биринши адым» банк пластик картасы арқалы 5 млн сумға шекемги муғдарда 1 жыллық мүддетке микроқарыз бериледи (бул микроқарыз Миллий банк, Өзсанаатқурылысбанк, Микрокредитбанк, Асакабанк, Бизнести раўажландырыў банки, Агробанк, Халық банки, Туранбанк, Алоқабанк тәрепинен бериледи);

👉 2024-жылы киши санаат зоналары, жаслар, исбилерменлик ҳәм санаат зоналарының инфраструктура объектлери ушын 5 млрд сум ажыратылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻
Баслық қандай жағдайларда хызметкерди жумыстан босата алмайды?

❗️Мийнет кодексиниң
163-статьясына бола, төмендеги жағдайларда жумыс бериўши хызметкерди жумыстан босата алмайды:

🔸усы Кодексте ямаса басқа нызамларда көрсетилмеген тийкарлар бойынша;
🔸усы Кодекстиң мийнет ҳәм жумыс тараўында кемситиўди қадаған етиўши талапты бузатуғын болса;
🔸хызметкердиң ўақытша мийнетке жарамсызлық дәўиринде;
🔸хызметкер мийнет дем алысында болған дәўирде;
🔸хызметкер мәмлекетлик ямаса жәмийетлик миннетлемелерин орынлап атырғанлығы себепли жумыста болмаған дәўиринде;
🔸хызметкер хызмет сапарында болған дәўиринде;
🔸ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа шекемги баласы бар хызметкерлер ушын белгиленген кепилликлер бузылғанда.

☝️Бирақ, егер кәрхана жабылғанда ямаса жеке исбилермен жумысын тоқтатқанда 3-7-бәнтлердеги жағдайлар бойынша хызметкерлерди босатыўға болады.

⚠️ Егер Сизди нызамға қайшы түрде босатып жиберсе ямаса басқа мийнет ҳуқықларыңыз бузылса, жасаў жериңиздеги Мийнет инспекциясына (71-200-06-00) ямаса Әдиллик бөлимине (қысқа номери 1008) ямаса прокуратураға (қысқа номери 1007) шағым етиң.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

📨 Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
👉
@Xaliq_ushin👈🏻