💰 2021-жылдан баслап жеңилликли кредитлер бийкар етиледи
✅ Президенттиң қарарына муўапық 2021-жыл 1-январьдан баслап коммерциялық банклер тәрепинен кредитлерди жеңилликли процентлерде бериў әмелияты бийкар етиледи.
☝️Яғный банклер 2021-жыл 1-январьдан баслап ҳәр қандай кредит түрин жеңиллетилген (имтиязлы) процентте бермейди.
➡️ Оның орнына зәрүр жағдайларда процент қәрежетлериниң белгили бир бөлегин компенсация қылыў механизмлери енгизиледи.
👆Бунда банклер кредит процентлерин өзлери ғәрезсиз түрде белгилейди.
❗️Яғный банктен алынған кредиттиң процентиниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап берилетуғын (субсидия бериў) тәртип енгизиледи. Мәселен, Ҳүкиметтиң 2020-жыл 25-марттағы 182-санлы қарарына муўапық турақ жай сатып алыўға пуқараларға ипотека кредитиниң басланғыш төлемин ҳәм (яки) процентлериниң бир бөлегин қаплаўға субсидия бериледи.
💡Мағлыўмат ушын: Субсидия алыў тәртиби бойынша толық мағлыўмат мына жерде 👉 https://t.me/xaliq_ushin/1134
👇Каналға ағза болыў👇
@XALIQ_USHIN

📕 Брайль шрифтинде еки томлық ҳуқықый ҳүжжетлер топламы баспадан шықты
✅ Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм АҚШ Халық аралық раўажланыў бойынша агентлиги тәрепинен Брайль шрифтинде көзи әззи адамлардың ҳуқықларына байланыслы юридикалық ҳүжжетлердиң еки томлық топламы 2000 нусқада басып шығарылды.
🔰 Топламнан 29 норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орын алған.
➡️ Китап көзи әззи адамлардың шөлкемлери ҳәм билимлендириў мәкемелерине және китапханаларға тарқатылады.
👇Каналға ағза болың👇

⚡️Рәсмий мағлыўмат.
✅ Басланғыш класс (1-4) оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 25-декабрьден, жоқары класс (5-11) оқыўшылары ушын 26-декбарьден басланады.

Турақ жай сатып алыў ушын субсидия алыўға арза бериў мүддети узайтырылды
✅ Толық: https://xaliq.uz/?p=568
👇Каналға ағза болыў👇
@XALIQ_USHIN
✅ Толық: https://xaliq.uz/?p=568
👇Каналға ағза болыў👇
@XALIQ_USHIN
⚡️ Мәҳәлле ақсақаллары Мәмлекетлик басқарыў академиясында оқытылады
✅ Президент Шавкат Мирзиёев Хорезмге хызмет сапарында мәҳәлле системасын реформалаў бойынша былай деген:
"Мәҳәлле басшыларын сайлаймыз, олардан көп нәрсени талап етемиз. Бирақ буның ушын жергиликли басшылар не ислеп атыр деген сораўға анық жуўап жоқ.
Енди мәмлекетлик мәкемелер хызметкерлериниң материаллық мәпдарлығы адамлардың разылығынан келип шығып белгиленетуғын система қыламыз. Салық, финанс, бәнтлик, инвестиция, исбилерменлик ҳәм басқа мәселелерге жуўапкерли басшылар мәҳәллелерде ислейди. Мәҳәлле баслықлары өзиниң аймағындағы машқалалар бойынша оларға талап қояды. Реформаларды ең төменги системада орынлаўдың тийкары сол. Буны адамлар сезиўи керек".

❗️Арнаўлы комиссия қарары
⚡️Бақша, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында балалар, оқыўшылар ҳәм студентлер қатнасыўында жабық биналарда түрли байрам илажлары ҳәм кешелерин шөлкемлестириў ҳәм өткериў қадаған етиледи.

⚡️Студентлер қашаннан баслап қысқы дем алысқа шығатуғыны мәлим болды
✅ Жоқары оқыў орынларының студентлери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер мектеплериниң оқыўшылары ушын 2020-жыл 28-декабрьден 2021-жыл 10-январьға шекем қысқы дем алыс деп белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
👇Каналға ағза болың👇
@XALIQ_USHIN
✅ Жоқары оқыў орынларының студентлери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер мектеплериниң оқыўшылары ушын 2020-жыл 28-декабрьден 2021-жыл 10-январьға шекем қысқы дем алыс деп белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
👇Каналға ағза болың👇
@XALIQ_USHIN
❗️Интернетке зорлық яки рейимсизликти пропагандалаўшы фото, видео яки басқа материалларды жайластырыў ушын 100 млн сумға шекем жәрийма салыныўы белгиленбекте
🔰 Парламент Нызамшылық палатасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис киргизиўди көзде тутыўшы жаңа Нызам жойбарын мақуллады.
📵 Оған муўапық Интернетке зорлық яки рейимсизликти пропагандалаўшы мәлимлемени (фото, видео, текстли ҳәм басқа файллар, материалларды) ғалаба хабар қураллары, телекоммуникация яки Интернет тармақларына жайластырғанлығы ушын:
✔️пуқараларға БЕМның 50 есесинен (11,1 млн. сумнан) 400 есесине (89,2 млн. сумға) шекем;
✔️лаўазымлы шахсларға БЕМның 100 есесинен (22,3 млн сумнан) 450 есесине (100 млн. сумға) шекем жәрийма тайынланады.
💡БЕМ – базалық есаплаў муғдары = 223000 сум.
☝️Нызам жойбары Сенат тәрепинен мақулланып, Президент тәрепинен қол қойылып, баспа сөзде жәрияланғаннан кейин (Нызамда басқа мүддет көрсетилмесе) күшке киреди.

✅ Бюджет мәкеме хызметкерлерине хошаметлеў төлемлери 2021-жыл 1-январьдан даўам еттириледи - Kun.uz
🔰 Kun.uz’дың Ҳүкиметтеги дерегиниң хабар бериўинше, бюджет мәкемелеринде ислейтуғын хызметкерлерге материаллық хошаметлеў арнаўлы фонды, жоқары оқыў орынларының материаллық хошаметлеў фонды ҳәм директор фонды қаржылары есабынан хошаметлеў төлемлерин төлеў 2021-жыл 1-январьдан баслап және даўам еттириледи.
⚠️ Бул төлемлерди төлеў алдын Ҳүкиметтиң 16.04.2020-жылдағы 232-санлы ҳәм 21.09.2020-жылдағы 575-санлы қарарлары менен 2021-жылдың 1-январь күнине шекем тоқтатылған еди.
💡 Мағлыўмат ушын: Директор фондынан қандай төлемлер төлениўи мына жерде көрсетилген: https://t.me/xaliq_ushin/252

❓2021-жыл 1-январьдан баслап күндизи фараны жағып жүриў қайсы машиналар ушын мәжбүрий?
⛔️ 2021-жыл 1-январьдан баслап, сутканың ҳәр қандай ўақтында да жақынды жарытыўшы фаралар ямаса күңдизги сигнал фараларын жағып ҳәрекетленбеген автомашина айдаўшылары жәриймаға тартылады.
❗️Бирақ, бул талап ...
👉 Толық: https://bit.ly/37n8eMw

XALIQ.uz
2021-жыл 1-январьдан баслап күндизи фараны жағып жүриў қайсы машиналар ушын мәжбүрий? — XALIQ.uz
Ҳүкиметтиң бул ҳаққындағы қарары 2019-жыл апрелинде қабыл етилип, шағымлардан кейин ондағы талап күшке кириўи 2021-жыл 1-январьға создырылған еди. 2021-жыл 1-январьдан баслап, сутканың ҳәр қандай ўақтында да жақынды жарытыўшы фаралар ямаса күңдизги сигнал…
🏆 Хош хабар!
✅ @XALIQ_USHIN каналымыз Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайы тәрепинен өткерилген "Санлы экономика, инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм излениўлер" атамасындағы республика таңлаўының "Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине бағышланған ең жақсы сайт/мәлимлеме контенти" бағдары бойынша 3-дәрежели диплом менен сыйлықланды.
👏👏👏 Бул жетискенликке ерисиўде үлкен үлеси болған каналымыз ағзаларын қутлықлаймыз!

⚡️Машиналардың күндизги фараларын жағып жүриў ҳаққындағы талап бийкар етилди
❌ 2020-жылдың 17-декабрь күни халықтың пикири инабатқа алынып, Ҳүкиметтиң 796-санлы қарары қабыл етилип, бул қарар менен барлық автомототранспорт қураллары ушын жақынды жарытыўшы фараларды яки күндизги сигнал фараларын жағып жүриў талабы бийкар етилди.
✅ Енди бундай талап тек төмендеги жағдайларда мәжбүрий етип белгиленди:
🔹 транспорт қураллары шөлкемлестирилген бир топар болып ҳәрекетленгенде;
🔹 жолаўшыларды тасып баратырған автобус ҳәм жөнелисли транспорт қуралларында;
🔹 балалар топарын шөлкемлескен ҳалда тасығанда;
🔹 қәўипли, үлкен өлшемдеги ҳәм аўыр салмақлы жүклерди тасығанда;
🔹 механикалық транспорт қуралларын буксирге алғанда;
🔹 мотоцикл ҳәм мопедлерде.

❗️Өзбекстан ДДССШдан 2 млн дозада коронавирусқа қарсы вакцина бериўди сорады
Санитария-эпидемиологиялық хызмет баслығы орынбасары Н.Атабековтың айтыўынша, Өзбекстанның Дүнья жүзлик ден саўлықты қорғаў шөлкеминиң COVAX альянсы арқалы 2 млн доза вакцина сорап жоллаған мүрәжаты қабыл етилди.
Шөлкем тастыйықлаған вакциналардан бири Өзбекстанға алып келинсе, оны биринши нәўбетте шыпакерлер, оқытыўшылар, тәрбияшылар, 65 жастан жоқары кекселер алады.
@Xaliq_ushin

✅ Россияға жумыс ислеўге кетип баратырған пуқаралар ушын Өзбекстанға 1 млн доза «Спутник V» вакцинасы жеткериледи
Бул ҳаққында Россия Федерациясының Өзбекстандағы елшиси Владимир Тюрденев мәлим еткен.
Сондай-ақ, 2021-жылда Россияның және бир вакцинасы - «Эпиваккорона»ны жеткерип бериў бойынша шәртнама дүзилиў күтилмекте.

✅ Исбилерменлерге суд тәрепинен өндирилетуғын қарызларды бөлип-бөлип төлеў яки кешиктириў имканы бериледи
🔰 Президенттиң 24.11.2020-жылдағы пәрманына муўапық Бизнес омбудсман ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасына мәмлекет дәраматына өндирилиўи көрсетилген орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздар болған исбилерменлик субъектлериниң мәплерин гөзлеп орынлаў ҳүжжетлери бойынша орынлаўды кешиктириў яки бөлип-бөлип орынлаў ҳаққындағы арза менен судқа яки орынлаў ҳүжжетин берген басқа органға мүрәжат етиў ҳуқықы берилди.
☝️Яғный суд тәрепинен қарыздар деп табылып, белгили сумманы мәмлекет пайдасына төлеў миннетлемеси мойнына қойылған исбилермен Бизнес омбудсман яки ССП арқалы судқа мүрәжат етип, сол сумманы бөлип-бөлип төлеў яки кешлеў төлеў ҳуқықына ийе болады.
Бунда суд Бизнес омбудсман яки ССПның сол арзасын қанаатландырыўы яки қанаатландырмаўы мүмкин.

🎁 "Президент саўғалары" кимлерге бериледи?
🌲Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен ҳәзирги күнде Меҳрийбанлық үйлери тәрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған балалар, ата-аналары Ўатанды қорғаўда қурбан болған балалар ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың 3-15 жастағы перзентлери ушын 11 000 дана “Президент саўғасы” таярланбақта.
📆 Саўғалар 28-30-декабрь күнлери барлық аймақларға жеткерип бериледи.
📺 Сондай-ақ, ҳәр жылы өткерилетуғын Президент шыршасы байрам бағдарламасы тамашагөйлерсиз ТВ арқалы өткерилетуғын болды.

✅ Еки ҳәм оннан көп перзентлери ЖООларында оқып атырған ата-аналарға жеңиллетилген тәлим кредити бериледи
Президент Шавкат Мирзиёев Жаслар форумында: "Кейинги оқыў жылынан баслап республикамыздағы сырт ел жоқары оқыў орынларының бакалавриат басқышы студентлери ушын да Президент ҳәм мәмлекетлик стипендиялар енгизиледи.
Еки ҳәм оннан артық перзентлери жоқары оқыў орынларында оқып атырған шаңарақларға жеңиллетилген тәлим кредитин бериў жолға қойылады. Кредитти оқыўды питкерип, жумысқа киргеннен кейин төлеў мўмкин болады" - деди.

Forwarded from Karakalpakstan.uz
700 дана “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди
Мехрийбанлық үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған балалар, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған 3-15 жастағы балалар, жəне де социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын 11 000 дана “Президент саўғасы” таярланып аймақларға жиберилген еди.
Бүгин Нөкис халықаралық аэропортында Қарақалпақстанға жиберилген “Президент саўғасы” күтип алынды.
Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi

❗️2021-жыл 1-февральдан бюджет мәкемелер хызметкерлериниң айлығы ҳәм стипендиялар 10%ке көбейеди
✅ Президенттиң 30-декабрьдеги қарары менен 2021-жыл 1-февральдан баслап бюджет органлар ҳәм мәкемелериниң ис ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 1.1 есеге арттырылады.
🔰2021-йил 1-февральдан баслаў Өзбекстан аймағында:
✔️мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – 747 300 сум;
✔️базалық есаплаў муғдары – 245 000 сум;
💰Балалы шаңарақларға напақа (пособие), бала күтими бойынша (уход), материаллық жәрдем (жәрдем пул) ҳәм бир мәрте берилетуғын пуллардың муғдарлары қарарға қосымша менен белгиленген.

🌲Ассалаума алейким әзиз халқым!
Сизди кирип келген Жаңа 2021-жыл менен қутлықлаймыз.
Жаңа жыл бәршеңизге қутлы жыл болсын! Жаңа жыл шаңарақларыңызға көплеген қуўанышлы ҳәм бахытлы күнлерди алып келсин!
Ҳүрмет пенен, Администратор.

✅ Мәмлекетимизде велосипедлестириў сиясаты әмелге асырылады
🔰 Ҳүкиметтиң 29.12.2020-жылдағы 812-санлы қарарына муўапық, 2021-жыл 1-февральға шекем төмендеги мәселелерди қамтып алыўшы реже ислеп шығылады:
🔹веложолларды ҳәм велошэринг (байкшэринг) искерлигин (ижараға бериў) раўажландырыў (бул бойынша французлардың тәжирийбесинен пайдаланылады - ред.);
🔹жолларда велосипедте ҳәрекетлениўди қадаған етиўши артықша жол белгилерин алып таслаў;
🔹туризм зоналары ҳәм тарийхый естеликлерди байланыстырыўшы велосипедлер магистралы миллий тармағын қурыў;
🔹велосипедти ҳәм оның аўысық бөлеклерин сатып алыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў (жумыс ислеўшилерге усы мақсетлерде пуллай компенсация берилиўи мүмкин - ред.);