И наконец, главное. Именно СССР после победы во Второй мировой войне сыграл ключевую роль в том, чтобы большинство колоний Западной Европы получили свою независимость в запущенном Союзом процессе общемировой деколонизации.
Вся история России говорит о том, что она была последовательна при любой власти и строе в отстаивании принципов независимости и самоопределения наций и народов. Именно она всячески помогала созданию многополярного мира в любую эпоху и во все времена.
К сожалению, очень часто при этом, она жертвовала собственными интересами, и если бы политика России-матушки хоть на долю, была бы аналогична Британской, то сейчас полмира находилось бы в составе Российского Императорского Содружества наций, а русский народ купался бы в роскоши, как шейхи Саудовской Аравии, за счет освобожденных от других колонизаторов государств, стран и их капиталов.
ВОТ ПОЧЕМУ ПОЛМИРА ОБЯЗАНЫ РОССИИ ПО ГРОБ ЖИЗНИ. И вот почему вы все, так виноваты перед этой великой страной!
Этот файл посылаю с целью создания цепочки памяти. В память о 20 млн. советских граждан, 10 млн. христиан, 1900 священников, убитых, замученных, изнасилованных, сожженных, умерших от голода и уничтоженых фашистами!
..Теперь, более чем когда-либо, крайне необходимо сделать всё, чтобы мир никогда не забыл об этом, всегда помнил о вкладе советского народа в освобождение Европы от фашизма.
Этот файл должен достичь по крайней мере 100 млн человек во всём мире!
..Присоединяйся к нам и включись в цепочку памяти, помогая распространить его по миру...
Пожалуйста, пошли этот файл знакомым людям и попроси их продолжить цепь...

Forwarded from 911
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Марҳум Муса Ерниязов ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды
Фильмди көрип, Муса ағаның мен ушын ең ағла бир пазыйлети ядыма түсти: "Ол тек қарақалпақша сөйлеген"...

Forwarded from Deleted Account
Быйыл өткен жылға салыстырғанда суўдың 15 пайызға көбирек болыўы күтилмекте
Толық: https://elxizmetinde.uz/4348.html
@el_xizmetinde

ustaz+
Photo
МАЛЫМ ЖАНЫМНЫҢ САДАҚАСЫ, ЖАНЫМ АРЫМНЫҢ САДАҚАСЫ.
Халықтың келешеги оның раўажланыўы тили менен әдебияты ҳәм миллийлиги арқасында көринеди. Егер оның тилин кемситип ямаса жоқ етиўге ҳәрекет етилсе, ол сол жердеги жергиликли халықтың ар-намысына тәсир етип, ҳүжданы қыйналады. Егер жергиликли халық арлы болса, оған қарсылық билдиреди. Егер олар бийпарқ болса, онда өз ана тилинде болып атырған қопарыўшылыққа итибар бермейди, итибар берсе де, пайдасы жоқ деп қолды бир силтейди. "Малым жанымның садақасы, жаным арымның садақасы" деп бийкарға айтпаған. келешеги уллы халык ар-намысы ушын жанын да пидә етиўге тайын турған. Ҳәзирги ўақыттағы Өзбекстан республикасы барлық областларынан 12 районымызға дилегатлар келип орналасып, шатырларын тиккенине 6 ай болды. Ел басының тапсырмасы бойынша олар халыққа комеклесиў, мативация бериў ҳәм тәжирийбе алмасыў еди. Лекин олардың көпшилиги өз бийлигин жүргизип, халықтың пикиринше барлық исти тез орынлаўшы мекемеге айланды. Адамлар хакимиятқа емес, сол келген жәрдем бериўшилерге арызын айтып, ағылып барып атыр. Сонда биздеги хакимият органлары не ислеп отыр, я олардын кәдири жоқпа ямаса қолынан ис келмейме? және бир аянышлы жери, келген қайыр - сақаўатлы қоллар салып берген имаратларына озлери бийлик етип, атаманы да, жазыў имланыда өзлери билдигинше ислеп атыр. нызым тәртибинде жергиликли ҳәкимиятқа мүрәжәт етип, усыныс билдирип ҳәм отырықшы халыктың пикирин тынлаў керек еди. Мәселен Кегейли районы Халқабад қаласындағы андижанлықлар салып берген китапханаға өзлери атама қойып, оны тек өзбек тилинде ғана жазып қойған. Таўдай жетискенликлери турып, неге енди түймедей кемшилигин айтып отырсыз деўиңиз мүмкин, лекин жергиликликли халықтың ҳүрмети, қәдир-қымбаты болыўы керек емес пе? Бул ислерди ақылға салып қарағанымызда менсинбеўшилик емес пе? " Келгенше қонақ уялады, келген соң қонақ жай уялады" дегениндей биз қашанғы уялып отырамыз. "Уялған еки дүньядан бос қалар" дейди атам Қарақалпақ .
Омар Әдил
@ustazplus

ҚАРАҚАЛПАҒЫМ, ХАЛҚАБАДЫМ, КЕГЕЙЛИМ ….. БАРЛЫҒЫМ ….
Ассалаўма алейкум ўатанласлар!
Рамазан айында әҳли мусылман әўладының нийетлери қабыл болғай! Халқымызға аманлық, басланып атырған бәҳәр мәўсиминиң берекетли болыўын, алдағы жыл мол несийбе алып келиўин тилеймиз.
Жақында ғана қарақалпақ халқының даңқлы тарийхый тулғасы, халық ушын, сол халқының ар-намысы, ерки, теңлиги ушын гүрескен, соңғы әўлад ядында миллий мақтаныш болып қәлиплескен Ерназар Алакөз бабамыз бенен байланыслы социаллық тармақларда бираз шаўқым турғызылған еди. Гәпти буннан баслағанымыз, сол көтерилген мәселе Әндижан менен байланыслы еди. Бүгинги айтылатуғын мәселе де тағы Әндижан менен байланыслы болып шығыўы тек болып туратуғын әпиўайы сәйкеслик ғана. Оқырманлар, тамашагөйлер оларды бири бирине байланыстырып кетпесин, өтинишимиз.
Ҳәммеңиздиң хабарыңыз бар, жақын өткен күнлерде Кегейли районында Жаңабазар аўыллық пуқаралар жыйыны (АПЖ) аймағында, сол АПЖ атамасын символикалық дәрўазаның (атама өзимдики) төбесине өзбек тилинде «Жанабазар ОФИ» деп жазып орнатқаны, буны сол әтирап турғынлары наразы болып сындырып таслағаны ҳаққында хабар тарқады. Соның менен қатар Халқабад қаласында (мениң ушын қала) ашылған китапханаға Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың аты берилгени, китапханының узыннан узақ атамасы (ZAXRIDDIN MUXAMMAD BOBUR NOMIDAGI AXBOROT KUTUBXONA MARKAZI) тек ғана бир өзбек тилинде жазылғаны жергиликли турғынлар арасында наразылық туўдырып атырғаны социаллық тармақларда жазылып баслады. Буған бийпарық қарап тура аламай, көтерилген мәселе жүзесинен усы өтип баратырған ҳәптениң басында Кегейли районында болдық.
Алдын да хабардар болғанымыздай, Өзбекстан Республикасының президенти Шавкат Мирзияевтиң басламасы ҳәм көрсетпеси менен Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир районына Өзбекстан Республикасының бир ўәлаяты (Нөкис қаласына Ташкент қаласы) бекитилип, ол бекитилгенлер сол аймақларда (Нөкис қаласы ҳәм районларда) абаданластырыў, социаллық ҳәм экономикалық жағдайды көтериў режеси менен әмелий жумыслар көлемин орынламақта. Бул бойынша мағлыўматлар, репортажлар күнделикли рәсмий ғалаба хабар қуралларында жарытылып келинбекте. Тийкарынан, қурылыс ислери, оңлаў-сазлаў, абаданластырыў, жергиликли халық арасында үй шараятында таўық, асыранды қоян сақлаў қусаған жумыслар кетип атыр екен (мен рәсмий ҳүжжетлерге қарап жазбадым, сонлықтан рәсмийликти толық билетуғынлар ҳәўлирип, маған ҳүжимге өтип кетпесин). Мәселен, Халқабад қаласында айырым көшелер бетон тийкарлы етип исленип, Нөкис-Шымбай гүзар жолының бойына гүллер егилип, терек нәллери отырғызылып (алдынан болжап ур-бердиге алғаным емес, көпшилиги өсип раажланбайды).
Китапхана «Марказ» бенен танысыўға ҳәрекет еттик. 2022-жылдың 2-апрель күни ТАНТАНАЛИ тәризде ашылыў мәресими болған. Биз 4-апрель күни барғанымызда бес адам китапхана тараўы хызметкерлери (барлығы ҳаял-қызлар) бар екен. Бизге түсиндиргени бул адамлар Кегейли районы орайында жайласқан районлық мәлимлеме китапхана орайы хызметкерлери екен. Бул таза (Халқабадтағы) китапхананың мийнет жәмәәти қәлиплестирилмеген, хызметкерлердиң штат кестеси исленбеген. Ўақытша усы адамлар жиберип қойылған. Китапханаға оң болсын айттық, азғана ишин аралап көрдик (ашық турған жерлерди, ал олар көп емес). Китапханада болғанымызда, бул жердеги ушырасқан Өмирова Айзада апа менен, китапханадан шығып Әндижан ўәлаятының штабындағы ЭГАМОВ АВАЗБЕК деген үлкен ҳәмелдар бала менен де, оннан кейин Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Дәўлетов Базарбай менен де, оннан кейин район ҳәкими Дәўлетбай аға Өтемуратов пенен де ушырасып сөйлескенимизде барлығы дерлик ядлап алғандай бир мазмундағы мағлыўматларды айтады: …. Әндижан ўәлаятының ҳәкими, муҳтәрем Шуҳрат Қушақбаевич Кегейли районы жаслары менен өткерген ушырысыўлардың биринде қандай машқалалар бар деп сораў қойған. Халқабадлы бир бала «… бизде китапхана жоқ» деген. Кегейли районы ҳәкими … ээээ кеширерсиз, Әндижан ўәлаяты ҳәкими Шуҳрат Қушақбаевич мәселени жедел түрде қолға алады. Әндижанның бели бақуўат бир исбилермени тапсырма алады. Салыстырмалы түрде, жүдә қысқа мүддетте 5 млрд.

👍1
сум муғдарындағы қаржы жумсалған ҳалда китапхана имараты қурып питкериледи. 2-апрель күнги ашылыў салтанатына Әндижан ўәлаятының ҳәкими ҳүрметли Шуҳрат Қушақбаевич Әбдирахманов, оның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы Мурат Қәллибекович Камалов қатнасады. Әндижан ўәлаяты ҳәкими тәрепинен 1695 атамадағы 12 мың нусқа, жәми қуны 345 млн. сум болған китаплар саўға етиледи. Кегейли районы ҳәкимияты тәрепинен 50 млн. сумға 126 атамдағы 1000 нусқа китап бериледи. Және де, әндижанлылар баҳасы 2 млн. сум деп түсиндирилген китаплардың электрон нусқасын саўға еткен.
Мениң жоқарыда келтирген мағлыўматларды баянлаўда азғана ызғарлы-тикенли, кекетип сөйлегендей болып турған шығарман. Китапхана болыўы кереклиги, биз көрген китапхана жайы, басқа исленип атырған жумыслар унамлы. Гәптиң ирониялылаў болыўына тийкар, ушырасқанлардың барлығы жаңа жыл кешесине тақмақ ядлап келгендей бир мағлыўматты (мағлыўматларды) дизип айта алыўы (айта бериўи).
Тикендей шаншылған мәселеге кейин келемиз. Халқабадымыздағы китапханаға келген ўақтымыздан баслап ўақыялар хроникасына өтейик. Биз азы-кем мағлыўматлар алып, китапхана киреберистеги парад есигиниң маңлайшасына қыстырылған ZAXRIDDIN MUXAMMAD BOBUR NOMIDAGI AXBOROT KUTUBXONA MARKAZI деген жазыўдың онша узақ болмаған тарийхы менен қызығып баслағанымызда бағанағы 5 ҳаял-қыздан ибарат хызметкерлерден бири Ниязымбетова Пердегүл қорыққан түрин көрсетип кирип келди ҳәм Авазбек ағасы бақырып атырғанын айтты. Гүлайым менен Тумаристиң әўладлары, ҳәр бири ана топырақты қорғайтуғын қызларымыз Әўезбек ағасының бир қоңыраўынан қорқып қалды. Бул китапхана еле рәсмий иске түспегенин айта баслады. Биз олардың тәғдирине унамсыз тәсиримиз тийип кетер деп шығыў менен болдық, себеби негизги мақсетимиз социаллық тармақтағы жәрияланган хабардың изи менен келген едик, әлбетте ойландырып жүрген басқа да машқалаларды көтериўге түртки болды.
Авазбек ағамызға жол алдық. Китапханадан онша узақ емес жерде, ақ шатыр қурылған, сол жерде адам қабыллайды екен. Адам қабыллайды дегенимиз, биз барғанда бирнеше адам турған екен нәўбет күтип, кейин де келип атты, биз шығып баратырғанда да адамлар қабылға киятыр. Тарийхта оқыған, XIX әсирдеги Хийўа ханының мәтери усындай болса керек деп ойға талып, гезек күтип турдық. Ашық турған есиктен Авазбек мырзаның алдында отырған биреўлерге ескертиўлер берип атыр. Иштен шыққанлардың биразлары қабағы үйиўли, бизлерге де көзин алартыңқырап қарап узақлап кетип баратыр. Соған қарағанда, биз китапханада болған ўақтымызда ол жердеги апаларымыз бул жаққа айтқанда, бул Авазбек ағамызға жақпаған, ашыўланыңқырап айтқан сөзлери қасындағыларға бизиң сыртымыздан берилген баҳа болған болса керек.
Гезегимиз келгенше, мениң қасымдағы үш жолдасымның биреўине («Ел хызметинде» газетасының редакторының ўазыйпасын атқарыўшы Ә.Хожаназаровқа) Кегейли районы ҳәкимияты ҳәмелдарларынан биринен қоңыраў болып үлгерди. «Не қылып жүрсиз? Уят емес пе бул жүрисиңиз?» дегендей қусайды. Тәжирийбели акула Әбдимәлик батыр сасқан жоқ, қайта тедлефонның аржағындағыны састырды ма дедим. Бизлер де қарап турған жоқпыз. Нәўбет күтип турған адамлар менен сөйлесип, не мәселе менен келип турғаны менен қызықсындық. Ал, қызығы бул жақта екен. «Дәрўаза қум» беттен «Қумшүңгил» АПЖ аймағына киргизилген Бексыйық аўылынан еки жигит: «Бизлер «Open бюджет UZ»дан ашық порталда ойнап, аўылымызға газ тартыўды утып алдық (бираз жаңалықлардан артта қалыппыз), енди болса газ тартылмай атыр» дейди. Оларға «Бул мәселе менен районда «Кегейлитумангаз» шуғылланбай ма?» десек, «олар тыңламады» дейди. Еки келиншек аспаз болып жумысқа орналасыўымыз керек дейди. Бир апай «ҳеш кимге айтпайман, тек иштеги адам менен сөйлесемен» деди. Бир жасыүлкен «қоян берсин маған деп келдим» десе, тағы бир жигит « … маған қәлеген жумыс берсин» дейди. Қулласы, Әндижан ўәлаятының бизге жәрдем бериўге жиберилген топарының басшы ўәкили Авазбек Эгамов Кегейли районының ҚОСБИЙи (өзим тәрепинен қолланған шәртли атама) дәрежесиндеги адамдай түйилди. Соның арасында гезегимз жетип кирдик бизлер де.

Өзимизди таныстырғаннан кейин, исленген, исленип атырған ҳәм исленежақ жумыслардың көлеми, суммалар, масштаблар, көлемлер айтылды. Кластер тәртибинде 2000 га жерге жақсы ислеў берип атырған, оның 1300 гектар жери бизиң аўыллас фермерлеримиз тәрепинен жарамсыз аўҳалға келген. 609 млрд. сумға есапланған 24 жойбар усынылган ҳ.т.б., ҳ.т.б.
Китапхана (ZAXRIDDIN MUXAMMAD BOBUR NOMIDAGI AXBOROT KUTUBXONA MARKAZI) бойынша бастан баслап неден басланды, Шуҳрат Қушақбаевич не деди, қалай исленди бәрин тып-тынық қылып айтып берди. Атама мәселесинде Өзбекстан Республикасы президенти тәрепинен усынылды деп айтып киятыр еди, биз екинши мәрте « …яғный сизиң айтыыңызша усыныс президент тәрепинен берилди» деп қайтадан анықлық киритип сорағаннан кейин, гәпин өзгертип, «Ҳәкимимиз (Әндижан ўәлаятының ҳәким) президентке айтып, Әндижандағы ўәлаят орайлық мәлимлеме китапхана орайы Бабур атында, соған байланыслы биз қурған китапхана (бизиң Халқабадымыздағы) оның менен байланыслы болсын .. .» дегендей пикир айтыпты деди. Бул да исенимсизлеў-аў ….. неге дегенде қурылысы 5 млрд. сум менен питкен китапхананың атын қойыўды ўәлаят ҳәкими мәмлекет президентине усынған болса ..??
Не болғанда да мәселениң нәзик жери усы ….
Мениңше әндижанлы ғамхоршылар ҳешкимнен ҳешнәрсе сорамаған, ойласпаған, келиспеген. Қарақалпақша айтқанда қулаққағыс дәрежесинде ғана айтқан болса керек гәптиң арасында, оннан арыға өтпеген. ,,Оның неси бар?" дейди Халқабадта отырып районды бийлеўши әндижанлы ҳәмелдар Авазбек Эгамов. ,,Онда турған не ҳеш нәрсе жоқ ғой" дейди Кегейлиде отырған рәсмий ҳәким Д.Өтемуратов. Қарақалпақстан Басшысы М.Камалов ИТИБАР да бермеген қусайды, ҚАРАҚАЛПАҚ тилине ИТИБАР берилмегенине. Өкинишли, өкиндиреди. Арыңды келтиреди жағдай !
Басымызға қан теўип Кегейли районы ҳәкимиятына келдик. Дәслеп, ҳәкимниң көп орынбасарларының бири Б.Дәўлетов пенен сөйлестик. Китапхананың салыныў тарийхын бастан баслап және, бул рет кеңирек тыңладық. Әндижанлылардың ислеп берип атырған жумыслары ҳаққында толып-тасып сөйледи. Қуўанышлы, унамлы ислердиң тәсирлери арасында Жаңабазар ўақыясын сорадық. Ҳеш қандай ўақыя бомады деди ҳәкимниң орынбасары. Азанлы бери ҳәр қыйлы информаторлардан бирқыйлы мазмундағы шолыў, түсиндирмелерди еситип, ҳәкимге кириўди сорадық. Ҳәким Дәўлетбай аға Өтемуратов қабыллаўды негедур ,,нарәсмий" болады деп айтыпты. ,,Нарәсмий"диң мәниси телефонларды оның жәрдемшисине тапсырдық та, қабыллағанына кеўлимиз ҳалласлап ҳәким ағаның кең кабинетине кирдик. Обалына не керек Д.Өтемуратов ашық кеўил, киши пейиллик танытты. Узақ сөйлессек те ужыбатлы сөз жүйесине ерисе алмадық .... тилекке қарсы. Сораў гәпти дәлиден туўры келип берсек те, ең шырайлы конфеттиң қағазына орап берсек те жуўаплар рәсмий минберлерден айтылатуғын ярым бәлентпәрўаз сөзлик запасынан шығып кете алмады. Не деймиз өкинишли-ақ .... Тек ғана Дәўлетбай жасыүлкенди сабырлылығы, терезесин тең қойып биз бенен сөйлескени ушын ҳүрмет етиўимиз керек, ал биз жанымыз ашыған мәселе бойынша соңғы ўақыттағы барлық басшыдан баслап шонтық ҳәмелдарға дейинги адамларда ушырасатуғын екилениўшилик пе, бийпәрўалық па, миллийлик мәселеси ҳаққында гәп көтерилсе пайда болатуғын абайлылық ямаса қорқақлық па, қулласы Ўатанға дан аўыртыў жоқ.Жоқ !
Конкрет сораўларға келсек, Кегейли районы ҳәкими Д.Өтемуратов Жаңабазардағы жазыў жүзесинен наразылық болмағанын, оған ҳәм Халқабадтағы китапхананың рәсмий атамасы бойынша дәслеп ҳешқандай итибар бермегенин айтты. Қала берсе Бабурдың Шығыс халықларының уллы ойшылы екенлигин айтып бираз нәрсени түсиндирди тарийхшыға да. Бирақ, гәптиң посгеллесин айланып кете берди. Ал, бизиң бирағымыз соннан ибарат, көп сылдыр гәпти електен өткерип, логикадан бар билгенимзди мийимздиң қатығына араластырып, айырым жуўмақларды иследик ...

#Биласизми
🗞 Газета ўқиш инсон умрини узайтиради
АҚШдаги Рочестер штати (Минессота штати) жойлашган Mayo Clinic олимлари томонидан шундай маслаҳат берилди.
Маълум бўлишича, иммун тизимининг турли касалликларга қарши туриш қобилияти бевосита одамнинг кайфиятига ва унинг атрофидаги дунёга бўлган муносабатига боғлиқ экан.
Тадқиқотчиларнинг қизиқарли маслаҳатлари келгуси йилда Британияда нашр этиладиган "Ўз ҳаётингизга қандай қилиб қўшимча йилларни қўшиш мумкин?" китобига киритилган.
Олиб борилган тадқиқотлар шуни исботлайдики, газеталарни мутолаа қилиш, музейларга бориш, кроссвордларни ечиш каби ақлий фаолият фаоллигини талаб этадиган машғулотлар инсон ҳаётининг давомийлигини сезиларли оширади. Шу билан бирга, қарилик чоғида Альцгеймер касаллиги ривожланиш хавфи икки баравар камаяди.

👍4
Пайтахтымыздағы 28-санлы мектепте физика бойынша қалалық пән олимпиадасы болып өтти. Оған 25 оқыушы қатнасты. Саат 10-00де басланыуы керек сынақ, арадан бир ярым саат өтип 11-30 басланды.
Буған себеп жууапкер хызметкерлердиң шаңарағында лазым (садақа, биринши пийшемби) араласыуы болған.
Нөкис қалалық Халық билимлендириу бөлими методисти Еркин Гулмановтың (шет тили бойынша қәнийге, жууапкер хызметкер уазыйпасын алмастырыушы болып қатнаспақта) мәлимлеуинше, узақ аймақ хәм районлардан оқыушылардың кешигип келиуине байланыслы қосымша уақыт ажыратыу режеде (бул қалалық басқыш) көрсетилген.
Республикалық оқыу орайы уақыттан үнемли пайдаланыудың нәдеуир әдисин алған қусайды. Сол уақыттың өзинде жууапкер хызметкерлер телефонына зәрүр мағлыуматларды жиберип отырды. Лекин, сорау жууаплары жюрилердиң ықтыярына қалдырылған.
Берилген биринши сораудың хеш бир жууап варианты анық жууапқа сай емеслиги сол уақыттың өзинде олимпиада қатнасыушылары тәрепинен айтылған.
-Бул оқыушылар бир нәрсени биледи, себеби олар неше жылдан бери репититорға қатнайды, -деп кемшиликти мойынлады шөлкемлестириушилерден бири.
Бундай сынақларда қәте жууаплар бериу Қарақалпақстан Халық билимлендириу министрлигиниң брендине айланып үлгерди. Бундай жағдай оқытыушылардың аттестациялық сынағында да көплеп ушырасып атыр.
Олимпиада қатнасыушыларына китап, телефон алып кириу шекленбегенлиги "көз қууандырады".
Бул биз гүуасы болған бир пән бағдардағы олимпиада күнделиги. Басқа пәнлер бойынша ислер "қамырдан қыл сууырғандай" болыуының тәрепдарымыз.

Forwarded from БУРХАНОВ Телеграм (Ахмет Бурханов)
Полковник Азатбек Омурбеков, командир отдельной мотострелковой бригады
Отдельная мотострелковая бригада под командованием полковника Азатбека Омурбекова выполняла задачу по занятию рубежа обороны. Бригада разгромила противника численностью до батальона, уничтожила более 40 единиц техники. Подразделение националистов полностью утратило боевую способность и больше не принимало участия в боевых действиях.
За три недели подразделения бригады под руководством Омурбекова на занятом рубеже отразили более 50 атак противника с применением танков, боевых машин пехоты и тяжелой артиллерии. Надежно выстроенная система оборонительных позиций и верные решения полковника обеспечили контроль над одним из основных направлений.
Азат Омирбеков - миллети қарақалпақ Оны алдын бурят деди, кейин қыргызлар излеп қырғыз ишинен таба алмады. Соң қазақ сайтлары жазды, қазақ деп, бирақ дәлил келтире алмады. Бучадагы отирик геноцидте айыплаган соң атагы дуньяга жайылып қарақалпақ екени анықланды.

👍5❤3
Россия армиясының полковниги Азат Өмирбековти көпшилик жақын арада генерал әскерий дәрежесин алады хәм Россия қахарманы атағына мүнәсип болады, деген болжау айтпақта.
@ustazplus
@ustazplus
👍4
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Телеканаллар рекламасы жәрдеминде көптиң исенимине ерисип, шыпадан үмит еткенлердиң шыжланын босатқан ГУАНЖОУдың "қурбан"лары да бизде аз емесау.
@ustazplus
@ustazplus
👍2
Ташкентте Әмир Темурға қандай үлкен естелик орнатылған болса, Нөкисте де сондай Едигеге арналған үлкен естелик орнатылыуы керек, жазыушы Нуралы Қабыл.
@ustazplus
@ustazplus
🔥1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️⚡️Янги ўқув йилидан 1-11 синфларда инглиз тили ҳамда 5-11 синфларда Информатика фани Кембриж дарсликлари ва методикаси бўйича ўқитилади.
The owner of this channel has been inactive for the last 11 months. If they remain inactive for the next 30 days, they may lose their account and admin rights in this channel. The contents of the channel will remain accessible for all users.