ustaz+
27 subscribers
136 photos
30 videos
7 links
Қызықлы мағлыуматлар, жәмийетлик турмыстағы уақыяларға мүнәсибет
Download Telegram
Фейсбукта сабақлықтағы қәте бойынша айтылған пикирлерден.
👍4
Миллиардерлер әдети

Djeff Bezos,

-30 минут китап оқыйды
-8 саатдан артық уйқлайды
-Өз келешегин визуализация етеди
-Саат 5 те оянады

Ilon Mask,

-Күнине 5 минут реже дүзеди
-Бәрқулла китап оқыйды
-Саат 7 де оянады
-Ұлкен мақсетлер дүзеди

Uoren Baffet

-Күнине 500 бет оқыйды
-Хәр күни жаңалық үйренеди
-Уазыйпаларды бөлистиреди
-Машқаланы тез шешиуге хәрекет етеди

@ustazplus
#Рәсмий: Beeline, абонентлеринен кеширим сорау белгиси сыпатында барлық абонентлерге төлемсиз 500 МБ дан усынады.🎉

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Бизде хабар оқың
👉 https://t.me/ustazplusр
#Аңлау хәм умтылыу

​​⚡️Телеграм дүзиушиси Павел Дуров пул ҳаққында.

«Мениң күнделикли турмысымнан сарайлар, спорт автомобили хәм жеке самолётлар топламын излегенлер жүдә қатты жаңлысады.

Менде автомобил, жеке самолёт түуе үйим де жоқ. Мениң дүньям - бул пияда, метрода жүриу, 18-20 квадрат метр ижара үйден ибарат. Мениң орнымда болыуды қәлеушилер алкогол, гөш хәм қымбат кийимнен уаз кешиуине туура келеди.

Сол беш тийинлық студент болып универ жатақханасында турғанымнан бери пул мен ушын жүдә үлкен баха берилген материаллық дүнья элементи. Барлығы ишки халатыңа байланыслы және ол хәр қандай нәрседен үстем. Миллиардлап пулы бар коррупционерлерге итибар бериң, оларда ишки қәтержамлық жоқ, жыйған пулын жойтып қоймау ушын барлық нәрседен, хәтте өмириненде уаз кешеди.

Пулды тийкарғы элемент деп есаплап баслағаныңнан Сиз ишки қәтержамлық хәм өмириңди қумарға тигесиз және бул қумарда уттырып қоймау ушын тағы хәм тағы өмир деген ғәзийнеден қарыз ала бересиз. Бир күни өмир сизге қарыз бериуден шаршайды хәм сиз ҳәммесин уттырасыз. Қумар столы әтирапына өзгелер келеди.

Капиталистлик жәннет деп аталған дүнья сизге қәншелли көп дүньяң болса, соншелли бахытлы боласаң деген идеяны сатады.

Әййемнен киятырған бир гәп бар: “Қул ҳеш қашан азат болыуды қәлемейди, ол өзиниң жеке қуллары болыуын қәлейди”. Инсан “қул хәм хожейин” парадигмасында қалар екен, ҳеш қашан бахытлы бола алмайды. Бул системада “ҳәр қандай адам кимниңдур қулы, ҳәр қандай қул болса кимниндир хожейини” болып есапланады.

Пулдың қулы болады екенсиз, ҳеш қашан өз өмириңиздиң хожейини бола алмайсыз. Қумар столында болса нәубет күтип турғанлар саны күн сайын артып бармақта.»

Ҳәзирги күнде Павел Дуровтың байлығы 3,4 млрд доллар. Оның бирде бир үйи, автомобили, самолеты да жоқ. Тийкарғы транспорт қуралы метро. Тийкарғы шуғылланар иси китап оқыў. Гөшти улыума жемейди. Көбинесе арзан хәм қолайлы кийим дүкәнлардан кийинеди.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Бизде хабар оқың
👉 https://t.me/ustazplusр
👍2
ЖУЗИМБЕТОВ АЗАМАТ АМАНИЯЗОВИЧ

Қарақалпақстанның Ўатан сүйиўши жигит-қызлары, кең жәмәәтшилик үлкен жоғалтыўға ушырады. Усы жылы 27-январь күни елимиздиң ардақлы азаматы, ҳақыйқый патриот, кеңпейил ҳәм пидайы инсан Жузимбетов Азамат Аманиязович 44 жасында дүньядан өтти.
Азамат Жузимбетов 1977-жылы 4-август күни Нөкис қаласында туўылды. 2001-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин табыслы тамамлағаннан соң Нөкис экономикалық кәсип-өнер колледжинде оқытыўшы болып иследи. 2003-жылдан баслап өзин экономика ҳәм банк тараўына бағышлап, мәмлекетлик-коммерциялық “Халық банки” Қарақалпақстан филиалында пул айланыслары бөлими жетекши қәнигесинен баслап, усы филиалда пул айланыслары ҳәм пенсия (напақа) төлемлери секторы баслығы лаўазымына шекем пидәкерли мийнет етти. Өзиниң жемисли мийнетлери менен бул филиалдың раўажланыўына салмақлы үлес қосты. Мийнет жәмәәтинде, кәсиплеслери арасында билимлилиги, инталылығы, жоқары профессионаллығы, әтираптағыларға ҳүрмет-иззети менен үлкен абыройға еристи.
Республикамыздағы социаллық-сиясий ўақыяларға бийпәрўа болып қалмастан, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған Президент ҳәм ҳүкимет қарарларын орынлаўда өз пуқаралық белсендилигин көрсете алды. Жәмийетлик турмысымыздың бир бөлеги болған социаллық тармақларда жеке басламалар менен шығып, адамларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўде үлги көрсетти, мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, қайырқомлық акцияларын шөлкемлестириў бойынша бир қанша жумыс алып барды, банк-кредит хызметлери бойынша мәсләҳәтлер берип, пуқаралардан инсаныйлық көмегин аямады.
Ол үлгили шаңарақ ийеси еди. Өмирлик жолдасы Ерханова Зина менен еки қыз, еки улды камалға келтирип атырған ардақлы әке еди.
Қадирдан достымыз, журтымыздың пидайы азаматы, “елим” деп себил хызмет еткен қарақалпақтың ҳақыйқый перзенти, жүзинен жақсылықтың нуры шашыраған ҳақ кеўил инсан Азамат Жузимбетовтың жарқын естелиги ядымызда мәнги сақланады. Биз оның туўған-туўысқанларына, өмирлик жолдасына, перзентлерине ҳәм досларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Ийманы жолдасы болғай, жайы жәннеттен болып, қәбири нурға толсын.
👍1
Жақсы нийет пенен минип ақ тулпар,
Әкеңди миндирип жол жүрип кеттиң.
Мәнзилиң болды ма мәңгилик сапар?
Кәрўан қайтпас жайға келмеске кеттиң.

Бул ақшам аспаннан сөнди шоқ жулдыз,
Халыққа удайы хызметиң еттиң,
Жүрек төримизде турасыз ҳәргиз,
Гиреўли орныңды опырып кеттиң.

Кеўилиң пәклиги мудамы ибрат,
Көк аспан қабағын бозартып кеттиң,
Излер сени ҳәтте Ана тәбият,
Тур, қара! Аппақ қар жаўдырып кеттиң.

Үлкен, киши демей тең көрип бәрин,
Қатнасыў нелигин билдирип кеттиң,
Сыр бермей келсе де қатты қәҳәриң,
Төрели сөзлериң тас жарып кеттиң.

Перзент дағында күймегей атам деп,
Жетелеп, ялғанды тәрк етип кеттиң,
Баласының өлгенин де көрсетпей,
Әкеңди бахытлы еттиң де кеттиң.

Келдиме мәўритлер енди хошласар?
Биз сизге ырзамыз, ырза бол бизге,
Кемпир сойыслыққа турған жоралар
Соңғы мәнзилгеде гүзетер бирге...

Руўхыңыз шад, топырағыңыз торқа болғай!
👍3
ДУЗ айныды...
Сабақлықты жөнлемей турып, Президент айтқан ренессанс ҳеш қашан да болмайды. Ҳәр қандай билимниң тийкары мектеп ҳәм сабақлық екенин естен шығармаўымыз керек. Авторлар жуўапкершиликли болыўы керек.
Мектеп сабақлықларындағы қәте-кемшиликлерди, әсиресе, мектеп оқыўшыларының жазба саўатлылығының тийкары болған қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни сабақлықларында дерлик ҳәр күни ушырасамыз. Бул ҳаққында пикир билдиретуғын болсақ, үлкен көлемли шығармаға айланып кетиўи мүмкин. Сол ушын жол үсти айырым кемшиликлерге тоқтап өтпекшимен.
Биринши баслаўыш класс оқыў сабақлығына нәзер аўдарсақ. Оқыў китабында ўатан ҳаққындағы жазылған айырым қосықлардың мазмуны, ишиндеги айырым сөзлердиң мәниси баслаўыш класс оқыўшылары ушын аўырлық етеди. Мысалы, "Суверенли ўатаным мениң" деген қосық қатарын баслаўыш класста оқыйтуғын балам "суверен" сөзиниң мәнисин түсинбей, меннен сорады. Әлбетте, муғаллим оларға түсиндиреди, бирақ, бундай сөзлерди бала тез умытады. Мен оған түсиндирип, қосықты ядлаўына жәрдемлестим. Қыйыншылық пенен қосықты зорға ядлады. Мектептен "5" баҳасын алып келди. Бул қосықты қайтадан айтып бериўин сорағанымда ол және умытып қалды. Демек, жас бала санасы қабылламайтуғын, ядына сыймайтуғын, мас келмейтуғын бундай қосықларды китапқа киргизип, оны қыйыншылық пенен ядлатқанымыз бенен оның мәнисине түсинбейди, демде умытып та кетеди. Себеби, қосықтың тили аўыр. Сол ушын балаға тили жеңил, тез ядлаў мүмкиншилиги бар, есинде узақ сақлайтуғын қосық-тақмақларды оқыў китабына киргизиў мақсетке муўапық болады. Болмаса оларды мийгешше етип аламыз. Буны баслаўыш класс муғаллимлери жүдә жақсы биледи.
Бизлер бала ўақтымызда балалар қосықлары "Ақ теке менен көк теке", "Аяз ата ҳаққында" "Аңқаў мерген", "Ана мектеп ҳаққында", "Оқыўшы жаслар ҳаққында"ғы қосықларды ядлап, елеге дейин есимизден шығарғанымыз жоқ. Ҳәттеки, көпшилигин мектепке бармай атырып-ақ ядлап алған едик. Себеби, китапта берилген қосық-тақмақ, гүрриңлер бала тилине жүдә жақын. Ядлаўға қолайлы. Тез уғып аласаң.
Жоқары классларда бул кемшиликлер жетерли. Мысалы қарақалпақ тилиндеги "дас-турқан" "пазыйлет" ҳ.т.б. да сөзлери мектеп сабақлығындағы ҳәр класста имлалық жақтан түрлише жазылған. 2017-жылы шыққан "Қарақалпақ тилиниң имла сөзлиги"нде дастурқан сөзиниң дурыс жазылыўы берилген, бирақ көркем шығармаларда ямаса айырым үзиндилерде бул сөз түрлише жазылған. "Пазыйлет" сөзи болса бул сөзликте берилмей тек ғана "пазна, пазналы, пазнасыз, пазнашы" деген төрт сөз ғана берилген. Пазна сөзин оқыўшы сөзликке киргизбесе де биледи. Ал, "пазыйлет" сөзи болса "пазийлет" "пәзийлет" түринде елеге дейин қолланылып киятыр. Бурынғы рус графикасына тийкарланған қарақалпақ әлипбесинде бундай машқалалар ушыраспайтуғын еди. Себеби, муғаллим сүйенетуғын материаллық негиз бар. Қәлеген ана тили пәни муғаллимин уйқысынан оятып жиберип, қандай да бир сөздиң дурыс жазылыўын сорасаң сол ўақытта жуўабын аласаң. Ал, ҳәзир биз сүйенетуғын сол материаллық база кемис.
Бурынғы рус графикасына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси "Орфографиялық сөзлик"теги сөзлерди кейинги латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесиндеги "Имла сөзлик"ти шығарыўда сөзлерге өзгерис киргизиў зәрүрлиги жоқ еди. Неше жыллар даўамында жазылып, пайдаланып киятырған сөзлеримиз сол турысында қабылланғанда бул кемшиликлердиң алдын алған болар едик. Ғабырыс мине усы жерден кетти. Мен өзим қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы бола тура айырым сөзлердиң жазылыўында қыйланаман. Дәрриў сөзликке қарайман. Егер онда жоқ болса алла бәрекелла. Бул бизиң оқыўшылар алдында абырайсызланыўымызға себеп болады. Сол ушын көптен бери қақсап киятырған сөзим: "Сөзлерди имлалық жақтан дурыс жазыўда бир тоқтамға келетуғын ўақыт келди. Қашанға шекем даўам етеди. Пән муғаллимлери сүйенетуғын негиз жаратылыўы шәрт, бәсекиде жүрген сөзлерди дурыс орнына қойыў – бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасы".
👍7
Оннан басқа да тек тилимизде емес, әдебият пәни сабақлығында да бундай кемшиликлер ушырасады. Мысалы, бабамыз Әжинияз шайырдың туўылған жылы 1827-жыл деп берилген. Қарақалпақ әдебияты байтереги И.Юсупов, Т.Қайыпбергеновтың "Өзбекстан Қаҳарманы" атағын алыўы сабақлықларда түрлише берилген. Биз бундай кемшиликлерди сабақ барысында дурыслап барамыз. Бирақ оқыўшылар китаптағы хроникалық кестелерге көбирек нәзер аўдарады.
Xl әсирде жасаған данышпан бабамыз 7-класс әдебиятында Ҳас Ҳажиб, К.Мәмбетовтың китабында Хас Хажиб, айырым текст, үзиндилерде Ҳас Ҳәжип, Ҳас Ҳәжиб түринде түрлише берилген. Бабамыздың атын жазыўда да белгили тоқтамға келе алмай әўеремиз.
Әлбетте, мениң бул айтқанларым "Қамыр ушынан пәтир". Буны тоқтатпасақ жамала береди. Мектеп муғаллимлери бул кемшиликлерге күнде дус келеди. Көнлигип те кеткен. Сол ушын оқытыўшылар бул кемшиликти сапластырыў ушын "Бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып" даўысымызды көтермесек, үнимиз шықпай усылайынша даўам ете береди. Билимниң тийкары есапланған сабақлықларда бундай қәтелердиң ушырасыўы тийкарынан саўатсызлыққа алып барады. Мине, саўатсыз бала қаяқтан шығады...?
Ерназар АЙНАЗАРОВ.
@ustazplus
👍6
Тәрбия китабы тәрбия бере ме?!
Бизге мәлим, мектеп оқыўшыларының сабақлықлары пүткил Өзбекстан Республикасы бойлап бирдей көринисте таярланады. Бул сабақлықлардың қарақалпақ тилиндегиси өзбек тилинде таярланған нусқасынан аўдармаланады. Тилекке қарсы, мине, усындай аўдармалаў ўақтында базы кемшиликлер жүзеге келеди. Сондай қәтелерден бири 3-класс Тәрбия китабы 21-бетинде көзге тасланды. Бул жеңил қәтелик емес, бәлким, мүқаддес ислам дининиң өзгертиў мүмкин болмаған итиқадый мәселелерине байланыслы аўыр қәте болып есапланады.
Демек, сол мәселеге тоқталып өтсек:
-бириншиден; сабақлықтың өзбекше нусқасының 21-бетинде келген «RIVOYAT» тәқириби қарақалпақ тилине «ÁPSANA» деп аўдармаланған. «РӘЎИЯТ» көринисинде аўдармаланғаны мақсетке муўапық болар еди. Себеби, диний мазмундағы мағлыўматларға «әпсана» деген сөзден көре «рәўият» деген сөз мақулырақ келеди.
- екиншиден; сабақлықтың өзбекше нусқасының 21-бетинде «RIVOYAT» тәқириби астында келген мағлыўматта «Jabroil» сөзи «Ázireyil», (екинши келгенинде «Ázireyli») көринисинде аўдармаланған. Ислам дереклеринен бәршеге белгили Жәбрайыл ҳәм Әзрейил басқа-басқа периштелер. Соның менен бирге, Ҳиро үңгиринде Пайғамбарымызға "Оқы!" аятын алып келген периште Әзрейил емес, ал, Жәбрайыл екенлиги де көпшиликке белгили. Олардың орнын алмастырыў шәрий жақтан қатаң қайтарылған. Ҳәттеки «бола береди», деген адам аўыр гүнаға батады.
- үшиншиден, Пайғамбардың Муҳаммад аты жазылғанда оған саллаллаҳу алайҳиўасаллам деп, ямаса оның қысқартылғаны (с.а.ў.) жазылады. Ал, қарақалпақ тилиндеги аўдармада ол өзбекше (с.а.в.) көринисинде қалып кеткен. Яғный, үшинши ҳәриптиң «в» болыўы өзбек тилинде «васаллам» деген сөзге байланыслы, ал, бизде «ўасаллам» болғаны ушын «ў» көринисинде жазыў керек.
Түсиндирме:
Өзбекше: Соллаллоҳу алайҳи васаллам (с.а.в.)
Қарақалпақша: Саллаллаҳу алайҳиў асаллам (с.а.ў.)
Мине, усындай жағдайларды есапқа алып, сабақлықларда келетуғын диний мазмундағы мағлыўматларды таярлағанда ямаса аўдармалағанда диний тараў қәнигелерине мүрәжет етилсе мақсетке муўапық болар еди.
Есенгелди НИЗАМАТДИНОВ,
Нөкис қаласындағы «Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний» атындағы
орта арнаўлы ислам билим журтының Баспасөз хаткери.

@ustazplus
👍3
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ «Индиана Джонс» — Өзбекстанда!

Дүньяға белгили фильмниң айырым сахналары Самарқанд, Бухара хәм Хийуа қалаларында сүуретке алыныпты🤩
👇🏻👇🏻

@ustazplus
Егер Сизиң жобаңыз бир жылға мөлшерленген болса, салы егиң.
Егер 10 жылға болса, терек егиң.
Егер жүз жылға болса жеткиншекке билим бериң.
Конфуций
@ustazplus
Жалалатдийин Мәңгибердиниң жаңа саулатлы естелиги рекордлар китабына мүнәсип болатуғыны болжанбақта. Бәракалла хорезмлилер. Бабаңызға ылайық әуладсыз.
Айдос баба, Ерназар алакөз халық батыры естелиги қашан бой көрсетер екен?!
Оларға да хүрметимиз Аллаяр атамызға болғандай болармаекен?!
@ustazplus
-
Шароф Бошбеков фикрлари

Бир вақтлар АҚШ армиясига чақирилган йигитларнинг айримлари аёлсифат қилиқлари, хотинчалиш гап-сўзи билан қабул комиссиясини лол қолдирган экан. Дарҳол бунинг сабабини қидиришга киришилибди.
Ҳарбийларга гап йўқ – дарров топишибди. Оилада болани она тарбиялайди, унга қарайдиган энага – аёл, боғчада аёл тарбиячи, мактабда аёл ўқитувчи, олий ўқув юртида ҳам шу аҳвол. Ахир, бола умрида отасидан бошқа эркак зотини кўрмаган бўлса, унда қатъият, мардлик, жасорат каби хислатлар қандай шакллансин?!
АҚШ ҳарбийларининг талабига биноан мактаб, ҳатто боғчаларга эркаклар жалб қилина бошлади. Уларга икки-уч баробар кўп маош белгиланди. Шўро мафкурачиларига худо бериб қолди-ку: «Ана, капиталистик мамлакатларда хотин-қизлар меҳнати камситилмоқда!» Улар парво қилишмади. Кино ва театрларда ҳақиқий эркак образлари пайдо бўлди. Арнольд Шварценеггер, Ван Дамм, Чак Норрис, Сильвестр Сталлоне, Стивен Сигал ва бошқаларнинг жангари қаҳрамонлари ҳарбийлар буюртмасига биноан дунёга келган.
ВАТАН
Россия ҳам сўнгги 20 йилда ҳарбий-ватанпарварлик руҳида юзлаб фильмлар, сериаллар суратга олди. Россия каналлари тинимсиз бу фильмларни айлантирди.
Натижада Россияда шовинистик қарашдаги, ҳар қандай жанг жадалдан қайтмайдиган Буюк Россияга ишонадиган бутун бир авлод етишиб чиқди.
Энг ёмони бу филм ва сариаллари таъсири Ўзбекистонда ҳам жуда кучли.
Афсуски, Ўззбекистон армиясининг асоси бўлган офицерлар ҳам шу филмлар таъсирида Россияни "севишади", унга ўз ватанларидан кўра кўпроқ ишонишади. Биз Россия билан бирга бўлишимиз керак деб ўйлашади.
Шу кунларда Туркия миллий разведкси фаолиятига бағишланган "Ташкилот" сериалини кўряпман. Филмнинг ҳар бир серияси 2 соатдан иборат. Ҳар бир серияси Ўзбекистонда суратга олинган мана ман деган филмлардан ҳар томонлама устун. Диалоглар даҳшат тузилган. Воқеаларнинг ривожланиши одамни экран олдига михлаб ташлайди.
Атайлабдан ютубда филм ҳақидаги коментларни ўқидим. Ҳамма бир варакайига ижобий фикрда. Ҳеч ким филмни танқид қилмаяпти. Ўзбек тилига бу филмнинг таржимаси қандайлигини билмайман. Аммо туркчасини кўрсангиз беихтёр Туркияга шайдо бўлиб бошлайсиз.
Эсимда бир вақтлар русларнинг "Диверсант" сериали бўларди.
Оддий, лекин одамнинг жуда кўп ҳиссиётларига таъсир кўрсатадиган филм. Шу ва шунга ўхшаш филмаларни кўрган кўплаб ўзбек йигитлари юқорида айтганимдек Россия шайдосига айлангани ҳам рост.
Бизнинг -Ўзбекистоннинг ҳам шунга ўхшаш туркларнинг, русларнинг ва ҳ.з ларнинг филмлар, сериалларига қарши тура оладиган ўғил ва қизларимизда ватанга бўлган муҳаббатларини оширишга хизмат қиладиган филмларга эҳтиёжимиз бор. Миллий, ҳарбий-ватанпарварлик филмларини бошқа давлат, мамлакат билан ҳамкорликда олиб бўлмайди. "Мендирман Жалолиддин" сериали бунга ёрқин мисол.
Ўзбек қаҳрамони ҳақидаги филмни фақат ва фақат Ўзбек режиссерлари олиши, ЎЗБЕК ҚАҲРАМОНИ ролини фақат ўзбек ўйнаши керак.
Менинг назаримда бу кечиктириб бўлмайдиган вазифа. Албатта, кимлардир чиқиб бизнинг кинодан бошқа муаммомиз йўқми дейишлари мумкин. Аммо ватанпарварлик, жасорат, фидокорлик бўлмаган юртда-ҲЕЧ НАРСА БЎЛМАЙДИ!!
@ustazplus
👍2
Теңиз жағасындағы үйлер.
@ustazplus
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
«Пул артынан қуумаң! Жақтырған исиңди исле, пул өзи келеди.»

Буны дүньяның сегизинши ең бай адамы, “Facebook”, “Instagram” тармақларының тийкаршысы Марк Цуккербург айтқан.


👉 https://t.me/ustazplus
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ташкентте Эскадрол деген $150 мың долларлы ат😳

Нақ 12 Жентраның пули екен
👇🏻👇🏻

@ ustazplus