ustaz+
27 subscribers
136 photos
30 videos
7 links
Қызықлы мағлыуматлар, жәмийетлик турмыстағы уақыяларға мүнәсибет
Download Telegram
Forwarded from QR
«1-aprelden Qaraqalpaqstan hám Xorezimde baqshalar biypul boladi. Kelesi jıl jáne 4, 5 wálayatta bunı shólkemlestiremiz»,- Shavkat Mirziyoyev

@qrmtv_uz
👍3
Илон Маск Теслафон деген телефон шығармақшы

Бул телефон Масктиң Starlink деген жасалма жолдасы менен байланыса алады.

Дүньяның қәлеген ноқатында интернет лимитсиз ҳәм бийпул болыўы айтылмақта.

@el_xizmetinde
👍4
2-klass ushın arnalǵan “Ana tili hám oqıw sawatlılıǵı” sabaqlıǵında jol qoyılǵan qáte-kemshilikler boyınsha

✔️Sh. Abdinazimov, Z.Ismaylova, P.Saliyeva hám G.Qutlımuratovalar tárepinen 2-klass ushın arnalǵan “Ana tili hám oqıw sawatlılıǵı” sabaqlıǵında jol qoyılǵan qáte-kemshilikler boyınsha sabaqlıqtıń avtorları menen ushırasıp, talqılandı.

✔️Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń “Tálim-tárbiya sistemasın jáne de rawajlandırıwǵa baylanıslı qоsımsha is-ilajlar haqqında”ǵı 2020-jıl 6-nоyabrdegi PQ-4884-sanlı qararına tiykarlanıp, Ózbekstan Respublikası Хalıq bilimlendiriw ministrliginiń 2020-jıl 9-dekabrdegi “Ulıwma оrta bilimlendiriwdiń Milliy оqıw baǵdarlamasınıń dáslepki jоybarın tastıyıqlaw hám tájiriybe sınawdan ótkeriw haqqında”ǵı 298-sanlı buyrıǵı tiykarında Milliy оqıw baǵdarlamasınıń dáslepki (waqıtsha) jоybarı tastıyıqlandı.

✔️Ózbekstan Respublikası Bas ministriniń orınbasarı B.Muwsaev tárepinen 2020- jıl 10-dekabrde ótkerilgen «Ulıwma orta bilim beriw mákemeleri ushın jańa áwlad sabaqlıqların tayarlaw haqqında»ǵı 07-07/1-2472-sanlı májilis bayanlaması menen avtorlarǵa 2021-jıldıń yanvar ayınan baslap, 1-klass ushın «Ana tili hám оqıw sawatlılıǵı» sabaqlıǵınıń birinshi hám ekinshi bólimi, 2-klass ushın «Ana tili hám оqıw sawatlılıǵı» sabaqlıǵınıń birinshi hám ekinshi bólimlerin jaratıw wazıypası qoyıldı.

✔️2021- jıldıń iyul ayına shekem júdá az waqıt ishinde sabaqlıq jaratıldı. Avtorlar ushın waqıttan da beter qıyınshılıq tuwdırǵan mashqala Milliy baǵdarlama tiykarında birinshi sabaqlıq jaratılıwı edi.

✔️Qaraqalpaq tilindegi «Ana tili hám оqıw sawatlılıǵı» ózbek, qazaq, qırǵız, tájik, rus tilleri menen bir waqıtta jaratılǵanlıǵı sebepli qandayda bir úlgige qaraw imkaniyatı da joq edi.

✔️Haqıyqatında da, 2-klass “Ana tili hám oqıw sawatlılıǵı” pániniń 5-6-betindegi "Ferma" temasında “Fabrika” sózi “Favrika” bolıp jazılǵanda texnikalıq qátege jol qoyılǵan.

✔️Biz avtorlar jámááti sabaqlıqta jiberilgen kemshilikler ushın keshirim soraymız hám ulıwma orta bilim beriw mektepleri baslawısh klass oqıwshıları, ata-analar hám mektep muǵallimlerine, sociyallıq tarmaq arqalı pikir aytqan watanlaslarımızǵa sabaqlıqta jol qoyılǵan qáte-kemshiliklerdi saplastırıw ushın bildirilgen pikir-usınısları ushın minnetdarshılıq bildiremiz.

✔️Sabaqlıq jaratıwda avtorlar menen Ózbekstan Respublikası Xalıq bilimlendiriw ministrligi janındaǵı Respublikalıq bilimlendiriw orayı birge isleskenligin hám sabaqlıqtaǵı qáte-kemshiliklerde Qaraqalpaqstan Respublikası Xalıq bilimlendiriw ministrligi hám Respublikalıq bilimlendiriw orayınıń ayıbı joq ekenligin bildiremiz.

✔️Sabaqlıqtıń qayta basılımında bul kemshilikler tolıǵı menen saplastırıladı dep isenim menen wáde beremiz.

Avtorlar: Sh. Abdinazimov, Z.Ismaylova, P.Saliyeva hám G.Qutlımuratova.
👎4👍3
#КESHIR BIZDI ANA TILIM

⚡️Keshir bizdi Ana tilim,
Ne dártińe jarappız,
"Ádiwli til","Mártebem"- dep,
Uzaqlasıp baratpız!!..

⚡️Til ushında aytamız tek,
"Qaraqalpaǵım, bay tilim"-dep,
Ózge sózge qulaq túrip,
Júrmiz ózgeshe shúldirep...

⚡️"Markaz"-deymiz,"Oray"sózin,
Tildi taza saqlamaq joq,
"Namzad"-atap, "talaban" dı,
Júrmiz baslıq, deputat bop!...

"Okey" lesip telefonnan,
Qay baǵdarǵa baratırmız?
Qaraqalpaqta ya ázelden,
Usınday ma jaratılıs?...

"Ostanovka", "peshexod" ta,
Joyıttıq pa yaki tilimizdi?
Barmaq búgip sanasam kóóóp,
Barlıq "jargon" sózińizdi...

Oqımaymız kúnde kitap,
Til baylıǵı joqtıń qası,
Hátte kitapxanamızdı,
"Bibloteka" deymiz ırası!..

Sap qaraqalpaqsha sóylep tursaq,
Kim bizlerge tosıq bolar?
Biz qay tilde sóyler bolsaq,
Erteń sol til miyras qalar...

Hátte ózim arasında,
Ózge tilde sóylegenmen,
Ókinishlisi qaraqalpaqsha,
"Chistiy" sóylep kórmegenmen!..

"Mártebeli tilim!"-deymiz,
Tek bayramda tórtlik aytıp,
Ózge tildi emes dáslep,
Óz tilińdi tur bayıtıp!...

"Axbarat","Maskan" taǵı basqa,
Sóz boldı qos qanatımız..
Basqa Qara qalpaq kiyip,
Ózbeklesip baratırmız!...

Qanat Qádirxanov
Kegeyli rayonı 3-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebiniń 7-klass oqıwshısı

❗️Бизди @ustazplus де оқың.

👉 https://t.me/@ustazplus
👍6
#Хош хабар #Тарқатың

⚡️Ертеңнен баслап елимиздеги барлық газ қуйыу шақабшалары әдеттеги режимде ислеп баслайды.

❗️Бизди @ustazplus де оқып барың.

👉 https://t.me/ustazplus
Былтыр жууап бермеди, быйыл соц. тармақлардағы екилемши дереклер арқалы оқып, жууап берип атыр.
Тарауға арналған басылымды оқып бармайтуғын басшыдан не үмит...
Бул мақалаға еле жууап күтип атырмыз.

@ustazplus
⚡️Билим менен бахыт жолы ашылар

Әуладың Аризонада оқыса,
Неше мың шақырымнан,
Сәлем жолласа,
Қәуетер тонын кийгизген ойдың ийесин,
Улы менен бирге Ийем қолласа.
Көптиң хәуесине мүнәсип көрип,
Хәтте, тутқан дәптер, ручкасы теберик,
Билип қоңсы, ағайин үкелери таласар,
Сондай салтанат бахытлы шаңараққа жарасар.
Әййемде сауаш мәртлери дәстан тиллерде,
Бүгинде билим, илим зыялылары,
Көпир болары анық айдын күнлерге,
Қарақалпақстанның алық балалары.
Бәракалла, Сизге мектеп устазлары,
Шыңға пәруазды үйреткен,
Бахыттан мәс ата-аналары,
...Ети Сизики деп көрсеткен.
Махмуд, Зульфияның изин басарлық,
Мыңлаған жеткиншек тодасы таяр,
Күтип ал, Америка хәм де Европа,
Туран перзентлери мәртлигин жаяр.

@ustazplus
❤9
Фейсбукта сабақлықтағы қәте бойынша айтылған пикирлерден.
👍4
Миллиардерлер әдети

Djeff Bezos,

-30 минут китап оқыйды
-8 саатдан артық уйқлайды
-Өз келешегин визуализация етеди
-Саат 5 те оянады

Ilon Mask,

-Күнине 5 минут реже дүзеди
-Бәрқулла китап оқыйды
-Саат 7 де оянады
-Ұлкен мақсетлер дүзеди

Uoren Baffet

-Күнине 500 бет оқыйды
-Хәр күни жаңалық үйренеди
-Уазыйпаларды бөлистиреди
-Машқаланы тез шешиуге хәрекет етеди

@ustazplus
#Рәсмий: Beeline, абонентлеринен кеширим сорау белгиси сыпатында барлық абонентлерге төлемсиз 500 МБ дан усынады.🎉

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Бизде хабар оқың
👉 https://t.me/ustazplusр
#Аңлау хәм умтылыу

​​⚡️Телеграм дүзиушиси Павел Дуров пул ҳаққында.

«Мениң күнделикли турмысымнан сарайлар, спорт автомобили хәм жеке самолётлар топламын излегенлер жүдә қатты жаңлысады.

Менде автомобил, жеке самолёт түуе үйим де жоқ. Мениң дүньям - бул пияда, метрода жүриу, 18-20 квадрат метр ижара үйден ибарат. Мениң орнымда болыуды қәлеушилер алкогол, гөш хәм қымбат кийимнен уаз кешиуине туура келеди.

Сол беш тийинлық студент болып универ жатақханасында турғанымнан бери пул мен ушын жүдә үлкен баха берилген материаллық дүнья элементи. Барлығы ишки халатыңа байланыслы және ол хәр қандай нәрседен үстем. Миллиардлап пулы бар коррупционерлерге итибар бериң, оларда ишки қәтержамлық жоқ, жыйған пулын жойтып қоймау ушын барлық нәрседен, хәтте өмириненде уаз кешеди.

Пулды тийкарғы элемент деп есаплап баслағаныңнан Сиз ишки қәтержамлық хәм өмириңди қумарға тигесиз және бул қумарда уттырып қоймау ушын тағы хәм тағы өмир деген ғәзийнеден қарыз ала бересиз. Бир күни өмир сизге қарыз бериуден шаршайды хәм сиз ҳәммесин уттырасыз. Қумар столы әтирапына өзгелер келеди.

Капиталистлик жәннет деп аталған дүнья сизге қәншелли көп дүньяң болса, соншелли бахытлы боласаң деген идеяны сатады.

Әййемнен киятырған бир гәп бар: “Қул ҳеш қашан азат болыуды қәлемейди, ол өзиниң жеке қуллары болыуын қәлейди”. Инсан “қул хәм хожейин” парадигмасында қалар екен, ҳеш қашан бахытлы бола алмайды. Бул системада “ҳәр қандай адам кимниңдур қулы, ҳәр қандай қул болса кимниндир хожейини” болып есапланады.

Пулдың қулы болады екенсиз, ҳеш қашан өз өмириңиздиң хожейини бола алмайсыз. Қумар столында болса нәубет күтип турғанлар саны күн сайын артып бармақта.»

Ҳәзирги күнде Павел Дуровтың байлығы 3,4 млрд доллар. Оның бирде бир үйи, автомобили, самолеты да жоқ. Тийкарғы транспорт қуралы метро. Тийкарғы шуғылланар иси китап оқыў. Гөшти улыума жемейди. Көбинесе арзан хәм қолайлы кийим дүкәнлардан кийинеди.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Бизде хабар оқың
👉 https://t.me/ustazplusр
👍2
ЖУЗИМБЕТОВ АЗАМАТ АМАНИЯЗОВИЧ

Қарақалпақстанның Ўатан сүйиўши жигит-қызлары, кең жәмәәтшилик үлкен жоғалтыўға ушырады. Усы жылы 27-январь күни елимиздиң ардақлы азаматы, ҳақыйқый патриот, кеңпейил ҳәм пидайы инсан Жузимбетов Азамат Аманиязович 44 жасында дүньядан өтти.
Азамат Жузимбетов 1977-жылы 4-август күни Нөкис қаласында туўылды. 2001-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин табыслы тамамлағаннан соң Нөкис экономикалық кәсип-өнер колледжинде оқытыўшы болып иследи. 2003-жылдан баслап өзин экономика ҳәм банк тараўына бағышлап, мәмлекетлик-коммерциялық “Халық банки” Қарақалпақстан филиалында пул айланыслары бөлими жетекши қәнигесинен баслап, усы филиалда пул айланыслары ҳәм пенсия (напақа) төлемлери секторы баслығы лаўазымына шекем пидәкерли мийнет етти. Өзиниң жемисли мийнетлери менен бул филиалдың раўажланыўына салмақлы үлес қосты. Мийнет жәмәәтинде, кәсиплеслери арасында билимлилиги, инталылығы, жоқары профессионаллығы, әтираптағыларға ҳүрмет-иззети менен үлкен абыройға еристи.
Республикамыздағы социаллық-сиясий ўақыяларға бийпәрўа болып қалмастан, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған Президент ҳәм ҳүкимет қарарларын орынлаўда өз пуқаралық белсендилигин көрсете алды. Жәмийетлик турмысымыздың бир бөлеги болған социаллық тармақларда жеке басламалар менен шығып, адамларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўде үлги көрсетти, мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, қайырқомлық акцияларын шөлкемлестириў бойынша бир қанша жумыс алып барды, банк-кредит хызметлери бойынша мәсләҳәтлер берип, пуқаралардан инсаныйлық көмегин аямады.
Ол үлгили шаңарақ ийеси еди. Өмирлик жолдасы Ерханова Зина менен еки қыз, еки улды камалға келтирип атырған ардақлы әке еди.
Қадирдан достымыз, журтымыздың пидайы азаматы, “елим” деп себил хызмет еткен қарақалпақтың ҳақыйқый перзенти, жүзинен жақсылықтың нуры шашыраған ҳақ кеўил инсан Азамат Жузимбетовтың жарқын естелиги ядымызда мәнги сақланады. Биз оның туўған-туўысқанларына, өмирлик жолдасына, перзентлерине ҳәм досларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Ийманы жолдасы болғай, жайы жәннеттен болып, қәбири нурға толсын.
👍1
Жақсы нийет пенен минип ақ тулпар,
Әкеңди миндирип жол жүрип кеттиң.
Мәнзилиң болды ма мәңгилик сапар?
Кәрўан қайтпас жайға келмеске кеттиң.

Бул ақшам аспаннан сөнди шоқ жулдыз,
Халыққа удайы хызметиң еттиң,
Жүрек төримизде турасыз ҳәргиз,
Гиреўли орныңды опырып кеттиң.

Кеўилиң пәклиги мудамы ибрат,
Көк аспан қабағын бозартып кеттиң,
Излер сени ҳәтте Ана тәбият,
Тур, қара! Аппақ қар жаўдырып кеттиң.

Үлкен, киши демей тең көрип бәрин,
Қатнасыў нелигин билдирип кеттиң,
Сыр бермей келсе де қатты қәҳәриң,
Төрели сөзлериң тас жарып кеттиң.

Перзент дағында күймегей атам деп,
Жетелеп, ялғанды тәрк етип кеттиң,
Баласының өлгенин де көрсетпей,
Әкеңди бахытлы еттиң де кеттиң.

Келдиме мәўритлер енди хошласар?
Биз сизге ырзамыз, ырза бол бизге,
Кемпир сойыслыққа турған жоралар
Соңғы мәнзилгеде гүзетер бирге...

Руўхыңыз шад, топырағыңыз торқа болғай!
👍3
ДУЗ айныды...
Сабақлықты жөнлемей турып, Президент айтқан ренессанс ҳеш қашан да болмайды. Ҳәр қандай билимниң тийкары мектеп ҳәм сабақлық екенин естен шығармаўымыз керек. Авторлар жуўапкершиликли болыўы керек.
Мектеп сабақлықларындағы қәте-кемшиликлерди, әсиресе, мектеп оқыўшыларының жазба саўатлылығының тийкары болған қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни сабақлықларында дерлик ҳәр күни ушырасамыз. Бул ҳаққында пикир билдиретуғын болсақ, үлкен көлемли шығармаға айланып кетиўи мүмкин. Сол ушын жол үсти айырым кемшиликлерге тоқтап өтпекшимен.
Биринши баслаўыш класс оқыў сабақлығына нәзер аўдарсақ. Оқыў китабында ўатан ҳаққындағы жазылған айырым қосықлардың мазмуны, ишиндеги айырым сөзлердиң мәниси баслаўыш класс оқыўшылары ушын аўырлық етеди. Мысалы, "Суверенли ўатаным мениң" деген қосық қатарын баслаўыш класста оқыйтуғын балам "суверен" сөзиниң мәнисин түсинбей, меннен сорады. Әлбетте, муғаллим оларға түсиндиреди, бирақ, бундай сөзлерди бала тез умытады. Мен оған түсиндирип, қосықты ядлаўына жәрдемлестим. Қыйыншылық пенен қосықты зорға ядлады. Мектептен "5" баҳасын алып келди. Бул қосықты қайтадан айтып бериўин сорағанымда ол және умытып қалды. Демек, жас бала санасы қабылламайтуғын, ядына сыймайтуғын, мас келмейтуғын бундай қосықларды китапқа киргизип, оны қыйыншылық пенен ядлатқанымыз бенен оның мәнисине түсинбейди, демде умытып та кетеди. Себеби, қосықтың тили аўыр. Сол ушын балаға тили жеңил, тез ядлаў мүмкиншилиги бар, есинде узақ сақлайтуғын қосық-тақмақларды оқыў китабына киргизиў мақсетке муўапық болады. Болмаса оларды мийгешше етип аламыз. Буны баслаўыш класс муғаллимлери жүдә жақсы биледи.
Бизлер бала ўақтымызда балалар қосықлары "Ақ теке менен көк теке", "Аяз ата ҳаққында" "Аңқаў мерген", "Ана мектеп ҳаққында", "Оқыўшы жаслар ҳаққында"ғы қосықларды ядлап, елеге дейин есимизден шығарғанымыз жоқ. Ҳәттеки, көпшилигин мектепке бармай атырып-ақ ядлап алған едик. Себеби, китапта берилген қосық-тақмақ, гүрриңлер бала тилине жүдә жақын. Ядлаўға қолайлы. Тез уғып аласаң.
Жоқары классларда бул кемшиликлер жетерли. Мысалы қарақалпақ тилиндеги "дас-турқан" "пазыйлет" ҳ.т.б. да сөзлери мектеп сабақлығындағы ҳәр класста имлалық жақтан түрлише жазылған. 2017-жылы шыққан "Қарақалпақ тилиниң имла сөзлиги"нде дастурқан сөзиниң дурыс жазылыўы берилген, бирақ көркем шығармаларда ямаса айырым үзиндилерде бул сөз түрлише жазылған. "Пазыйлет" сөзи болса бул сөзликте берилмей тек ғана "пазна, пазналы, пазнасыз, пазнашы" деген төрт сөз ғана берилген. Пазна сөзин оқыўшы сөзликке киргизбесе де биледи. Ал, "пазыйлет" сөзи болса "пазийлет" "пәзийлет" түринде елеге дейин қолланылып киятыр. Бурынғы рус графикасына тийкарланған қарақалпақ әлипбесинде бундай машқалалар ушыраспайтуғын еди. Себеби, муғаллим сүйенетуғын материаллық негиз бар. Қәлеген ана тили пәни муғаллимин уйқысынан оятып жиберип, қандай да бир сөздиң дурыс жазылыўын сорасаң сол ўақытта жуўабын аласаң. Ал, ҳәзир биз сүйенетуғын сол материаллық база кемис.
Бурынғы рус графикасына тийкарланған қарақалпақ әлипбеси "Орфографиялық сөзлик"теги сөзлерди кейинги латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесиндеги "Имла сөзлик"ти шығарыўда сөзлерге өзгерис киргизиў зәрүрлиги жоқ еди. Неше жыллар даўамында жазылып, пайдаланып киятырған сөзлеримиз сол турысында қабылланғанда бул кемшиликлердиң алдын алған болар едик. Ғабырыс мине усы жерден кетти. Мен өзим қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы бола тура айырым сөзлердиң жазылыўында қыйланаман. Дәрриў сөзликке қарайман. Егер онда жоқ болса алла бәрекелла. Бул бизиң оқыўшылар алдында абырайсызланыўымызға себеп болады. Сол ушын көптен бери қақсап киятырған сөзим: "Сөзлерди имлалық жақтан дурыс жазыўда бир тоқтамға келетуғын ўақыт келди. Қашанға шекем даўам етеди. Пән муғаллимлери сүйенетуғын негиз жаратылыўы шәрт, бәсекиде жүрген сөзлерди дурыс орнына қойыў – бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасы".
👍7
Оннан басқа да тек тилимизде емес, әдебият пәни сабақлығында да бундай кемшиликлер ушырасады. Мысалы, бабамыз Әжинияз шайырдың туўылған жылы 1827-жыл деп берилген. Қарақалпақ әдебияты байтереги И.Юсупов, Т.Қайыпбергеновтың "Өзбекстан Қаҳарманы" атағын алыўы сабақлықларда түрлише берилген. Биз бундай кемшиликлерди сабақ барысында дурыслап барамыз. Бирақ оқыўшылар китаптағы хроникалық кестелерге көбирек нәзер аўдарады.
Xl әсирде жасаған данышпан бабамыз 7-класс әдебиятында Ҳас Ҳажиб, К.Мәмбетовтың китабында Хас Хажиб, айырым текст, үзиндилерде Ҳас Ҳәжип, Ҳас Ҳәжиб түринде түрлише берилген. Бабамыздың атын жазыўда да белгили тоқтамға келе алмай әўеремиз.
Әлбетте, мениң бул айтқанларым "Қамыр ушынан пәтир". Буны тоқтатпасақ жамала береди. Мектеп муғаллимлери бул кемшиликлерге күнде дус келеди. Көнлигип те кеткен. Сол ушын оқытыўшылар бул кемшиликти сапластырыў ушын "Бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып" даўысымызды көтермесек, үнимиз шықпай усылайынша даўам ете береди. Билимниң тийкары есапланған сабақлықларда бундай қәтелердиң ушырасыўы тийкарынан саўатсызлыққа алып барады. Мине, саўатсыз бала қаяқтан шығады...?
Ерназар АЙНАЗАРОВ.
@ustazplus
👍6