Forwarded from сарбиназ
Рахмет САУ болгайсыз 1-гезекте мугаллимлердин айталмай жургенин айтсада аузын даптырганын ашык айткан устаз сизге Рахмет керек болса мугаллимлер усы китап бойынша Ата -аналардан канша гап еситти илажы болса усы 2-класстын китапларын жыйнап алса озимиздин ана тили,окыу китабын кайтарып берсе жаксы болар еди.
👍11
Forwarded from 👩🏫👨👩👧👦
Duris.... 2-klass Ana tili pani haqqinda aytip oteyin mende 2-klass oqitaman...
Milliy baģdarlamaniñ da jaqsi tarepleri bar.. Asirese 1-klass Alipbesi ishinde milliylikke ùlken itibar berilgen, hammesi QARAQALPAQSHA suwretler milliy naģislar, milliy taģamlar, milliy asbap-ùskeneler... ayta bersek kòz quwandiratin nàrse kòp..
Biraq 2-klass Ana tili hàm oqıw sawatlılıģı paninde Ana tilimizge tiyisli hesh grammatika joq, oqıwshılarģa qaģıyda ùyretpesek durıs jazıwdı qalay ùyretemiz...???? Burınģı oqıw kitaplarında hàr bayram hàm màwsimge tiyisli qosıq taqmaqlar, gùrriñler, ertekler beriletin edi... Tarbıyalıq qàsiyetke iye gùrriñler kòp beriletin edi... al hàzirgi kitaptan eñ bolmaģanda Jaña jıl ushın taqmaq taba almadıqqo.... Hàr mawsim almasqanda beriletin birde bir gùrriñ, qosıq ,taqmaq joq... Mısalı Qıs keldi, yamasa Gùz kòrinisi sıyaqlı...
Meyli Milliy baģdarlamaģa òteyik, bul Albette jaqsı, biraq usı Milliy baģdarlamanı burınģı Ana tili hàm Oqıw kitabına kirgizsek ele de jaqsı bolar edi demekshimen.... òzi bar joģı 6 saat Ana tili bolsa... qashan durıs jazıp ùyrenemiz...?????

👍16
200 мың сумлық банкнота хәм 1000 сумлық теңгелерди ислеп шығарыу жолға қойылады.
Бүгин Орайлық банк басқарыуы баслығы Мамаырза Нурмуратов 200 мың сумлық банкноталарды ислеп шығарыу режелестирилип атырғанын айтты. Жаңа купюралар 2024-жылдан айланысқа енгизилиуи күтилмекте.
Сондай-ақ, нырқы 1000 сум болған теңгени шығарыу да жолға қойылады.
@ustazplus

👍1
Қарақалпақ халқының даңқлы батыры, миллий қахарманы ЕРНАЗАР БИЙ (алакөз) бүгинги әуладтың мақтанышы.
Бул китап арқалы миллет қахарманы жүзине ширкеу, қара күйе жағыу менен бир халық пенен екинши халықтың дослығына шек келтириуди нийет еткен шала сауат, сиясий сауатсыз илимпазсымақ авторлар.

Ерназар Алакөз – қарақалпақтың миллий батыры, халық қаҳарманы, улысты изине ерткен ҳәм қорғаған тарийхый тулға, бизиң мақтанышымыз ҳәм жол көрсетиўши жулдызымыз. Қарақалпақтың маңлайына тиккен шамшырағы. Уллы бабамыз. Усылай болған ҳәм усылай болып мәңгиге қалады. Халқымыз улына Ерназар деп ат қойса, усы бабамыздың естелигине қойған, бабамыздай қорықпас, қайтпас, айбатлы, күшли болсын деген. Айдос бабамыз да не ислесе тек ғана қарақалпақ халқы ушын ислеген, азат ел болсын, ҳеш кимнен езилмесин, хор болмасын деп қолына қурал алған.
Ал, енди гей бир шала жазғышлар не деп қойыпты? Бул исик мий, қара бет мал базарлар, бийпарасат ҳарам гөш гөристанлар өзлерин ким деп ойлаған? Бул олардың патриотизми ме сонда? Хийўа ханлығының басымынан қутылғысы келип, азатлық ушын гүрескени ушын бабаларымыз усындай болып қалды ма?
Тарийхты да усылай жаза ма? Және "Ўатан тарийхы" миш. Қарақалпақстан Өзбекстан емес пе? Бул Ўатан қарақалпақлардики де емес пе? Я китап авторлары Хийўа ханлығында жасай ма, бөлек пе? Неге жеке қатнасын, жеке эмоциясын тарийх бетине жазады, антурған? Неге өзлериниң иши қаралығын массалық әдебиятта, жаслардың оқыўлығында көрсетеди? Буған ким жол қойған? Халықтың қәҳәрин келтирип, тарийхты ойыншық қылып, уллы бабаларымыздың атын аяқ астына басып, олардың батырлығын қандай да бир жынаятқа шығарып, я? Усы ўақытқа шекем билинбей келген, себеби қарақалпақ вузларына ҳеш уақытта да оқыулық жетиспеген, бәри үлкенирек оқыў орынларында қалып қоя берген. Болмаса усы күнге шекем регионымыздан бир инсан көрмей ме буны? Ояқларда не жазылып атырғанын билмейди де екенбиз. Басқа да китапларын көрип шығыў керек бул авторлардың. Және нелерди жазып қойған екен.
Бул айтылып атырғын китапты болса бир де биреўин қалдырмастан жыйнап алып жоқ қылдырыў керек. Буннан соң улыўма қарақалпақ илимпазларының рецензиясысыз бир де бир тарийхый китапқа рухсат етилмеўи тйиис.
Сәкен Медетбеков

ТРЕНДТЕГИ “УСИЛИКА” ҲАҚҚЫНДА
Социаллық тармақларда ҳәзирги күнде трендке айланған сөз бул – “Усилика” болды. Бул сөз “Әлипбе” сабақлығын оқытыўға арналған методикалық қолланба муқабасында “методикалық қоллаба”ның “усиликалық қолланба” болып баспадан шығып Қарақалпақстан Республикасының ҳәмме мектеплерине тарқатылғаннан кейин социаллық тармақларда жәрия етилип трендке айланды.
Бул мәселеге Қарақалпақстан Халық билимлендириў министрлигининиң рәсмий мүнәсибети “узақ ойласықлардан кейин” жәрияланды. Рәсмий мүнәсибетте: методикалық қолланбаның сыртқы бети (обложкасы) авторларға көрсетилмеген ҳәм басып шығарыў барысында авторлардан келисим алынбаған.
Тилекке қарсы, бул методикалық қолланба Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен көрип шығылмастан, Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен туўрыдан-туўры Ташкент қаласындағы «Colorpak» баспасына басып шығарыў ушын усынылған...
Негизинде, сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбалардың қарақалпақ тилиндеги вариантлары баспаға тапсырылыў ўақтында, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайының пән методистлери ҳәм экспертлери тәрепинен көрип шығыў ушын киритилиўи, Орайдың илимий-методикалық кеңесинде қарап шығылыўы ҳәм де баспа тәрепинен ақырғы (сигнал) нусқасы тастыйықлаў ушын берилиўи мақсетке муўапық болған болар еди, делинеди. ( Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги “китаптың сыртқы бети (обложкасы)” – “китап муқабасы” делинетуғынлығын билмейтуғын усайды).
Бул рәсмий жуўап. Жуўапта болса “мақсетке муўапық болған болар еди” деп усыныс берилген. Бул жерде министрлик өз ўәкиллиги шеңбериндеги ҳуқықын талап ете алмаўшығы ашық көринип тур.
Сонлықтан журналистлик сорастырыўлар арқалы бул мәселениң “ақыбети”н емес “себеплери” излестирип көрилгенде сабақлықлар жаратыўдағы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайының “монополия”лығы анық болды.
Орай сабақлық ҳәм методикалық қолланбалардың авторларын ҳеш қандай таңлаў жәрияламастан өзлери таңлайды екен. Авторлар да ҳеш қандай рәсмий келисим ямаса шәртнама дүзбестен ең дәслеп 2020-жыл ноябрь айларында “Әлипбе” сабақлығын дүзип Орайға көрсетип отырмастан Нөкис қаласындағы “Билим” баспасына тапсырып отырған. “Билим” баспасы коммерциялық буйыртпалардың көп болғанлығы себепли “Әлипбе”ге итибарсыз қараған. Сабақлық 5 айлар шамасы баспаханада ҳәрекетсиз турғанлығы себепли. Ташкенттен “исбилермен баспахана” (дыққат аўдарың баспа – издательство емес типография)дан қоңыраў болып “Билим” баспасында жатып қалған сабақлықты алдырады. Соң Ташкенттеги баспахана (типография) менен тиккелей авторлар ислесип баслаған. “Әлипбе”ден кейин “Әлипбени оқытыў методикасы” жаратыў бойынша баспахана менен авторлар аўызеки (телефон арқалы) келисим дүзип методикалық қолланба ислейди. Қағыйдасында сабақлық ямаса методикалық қолланбалар жаратыўда баспа жуўапкер болса да, кейинги ўақытлары бул жуўапкерликти Ташкент қаласындағы “Colorpak” баспаханасы “ийелеп” авторларға тапсырмалар берип отырған. Қызығы, “Өзбекстан” баспа полиграфиялық дөретиўшилик үйи” баспасы ортадан шығып қалған. (Бирақ китапта бул баспаханадан басып шығарылды деп көрсетилип тур). Ақыбетинде баспахана хызметкерлери авторлардың рухсатысыз китап муқабасын өзлери ислеп, өзлери басып шығарған... Қызық тәрепи методикалық қолланбаның ҳеш жеринде “Colorpak” баспаханасының аты көрсетилмесе де баспахана бул қәтени мойнына алып китаптың муқабасын қайта басып шығарыўды мойнына алыпты (Министрликтиң жуўабында “Colorpak” баспахана емес баспа деп көрсетилген!) Бул методикалық қолланбада және бир қәте-кемшиликти дүзетиўди баспахана мойынына алмаған. Яғный сабақлықлардың соңғы бетиндеги мағлыўматлар “Ташкент қаласындағы “Colorpak» баспаханасы”ның қатаң тапсырмасы менен өзбек тилинде жазылыўы керек екен. Буған сабақлық авторларының келисими керек емес екен. Бул жағдай усы баспадан шыққан “Әлипбе”де де орын алған...

👍3
Булардың барлығы Қарақалпақстан Республиксы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм авторлардың ҳуқықый саўатсызлығынан басланады. Егер Қарақалпақстан Республиксы Халық билимлендириў министрлиги өзиниң ҳуқықын билип, оны талап еткенде, авторлар да “Авторлық ҳуқық ҳаққында”ғы Нызамдағы өз ҳуқықларын талап еткенде бундай ақыбетлерге алып келмес еди.
Қысқасын айтқанда, бул Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги өз жуўапкерлигиндеги ўазыйпаларды орынламағанлығынан ҳәм Қарақалпақстан Республикасында китап басып шығарыўшы бирде типографияның болмағанлығынан келип шығып отыр.
P.S.: Бул “усилика” ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен басқа бирде халық билимлендириў тараўына жуўапкер ямаса бийпарқ болмаған мәмлекетлик басқарыў уйымлары, сенаторлар, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, район ҳәм қалалық Кеңес Халық депутатлары, Мәмлекетлик тилди раўажландырыў Департаментиниң де пикир билдирмей ҳәрекетсиз отырғаны бизиң елимиздиң “қаймақлары”ның сиясий белсендилигин белгилеп бермекте.
Және де бул “ўақыя”ға интернет басылымлары менен социаллық тармақлардан тысқары ҒХҚ болған газеталар, радио ҳәм телевидение, ҳүкиметлик сайтларда да үнсизлигин даўам етип отыр.
Абдимәлик Хожаназаров

👍5
#Пост: 2010-жылғы китапта бабамыз Ерназар Алакөздиң иши қара екенлиги жазылыпты. Оның батырлығын көре алмаған кимниң иши қара?
Толтырылған, екинши баспа есапланған "Ўатан тарийхы" китабының 118-бетинде Ерназар бабамызды тәбияттан иши қара, ойсыз деп тәриплейди авторлар. Президент Ерназар Алакөзди халық батырлары қатарында атаған ўақытта булардың қулағы қай жерде қалды екен?
Үш-төрт күннен берли усы тема тармақларда айланып атыр, бирақ тарийхшылар елеге шекем ләм-мим? Қәне, ўатан тарийхын жазған тарийхшыларымыз? Балаларымызға Ерназарды солай үйретип келгенбедик? Биз тарийхый үлкен қәтеге жол қойып болдық. Енди оған ким жуўап береди? Төлепберген Қайыпбергеновтың "Қарақалпақ дәстаны"нда Ерназардың қандай шахс болғаны ашық-айдын жазылған. Демек, тарийхты бурмалаўға, оны өз жолына салыўға ҳеш кимниң ҳаққы жоқ. Тарийх тоқымалардан ибарат емес, ол болған ҳәдийсе, ҳақыйқатттан ибарат.
Сол ушын өзимиздиң Ерназар шахсы китапта қайта тикленсин!
Shaxzada Allamuratova

👍8
Усы сыясаттан сон Озбекстанды Уатан деп калай жаксы коресен. Бул алдынгы басшымыздын фамилиясын дурыс жазыу ушын Wernias емес Ернияз деп жазылсын деген ЖК Указы шыгаргандай сыясатынын акыбети. Даслепки басылымда авторлар И.Каримовтан эпиграф келтирген болыуы керек. Миллий жикшиликти шыгаратугын кара нийетли авторларды Камшыктан откерией камшылап, "Жаслык"та мийман етиу керек.
Orazbay Abdiraxmanov
@ustazplus
Orazbay Abdiraxmanov
@ustazplus
👍4👎1
Андижон Университети тарийхшысы бул маглыуматты каерден алган. Неге бизлердин тарийхшы алымларымыз ундемей отыр? Тарийхты каралаудан алдын сол миллеттин арын арлап шыкканбекен сол тарийхшы? Бобурнамасын окып журе берсин Ерназар алакозди тынш койсын. Тарийхшы алымларымыздан жууап талап етемиз
Roza Qudaybergenova
@ustazplus
Roza Qudaybergenova
@ustazplus
👍7
Бундай жазыўлардың китаплардың келип шығыўы Қарақалпақ басшыларының батырларын уллылап ҳүрметин орнына қоймағаның себеби Улкен етип республикамыз орайына Ат үстинде турған ҳәйкелин қойғанда Кино фильмлер истегенде жазып атырған қандай саўатсыз болсын информация излейди Биринши Бир халыктын батырларын ҳүрмет еткениң көрип ким болсада ойланар еди Мынандай етип жазсам бўл адамның артыңда халық турғанын билер еди басқалар
Bayram
@ustazplus
Bayram
@ustazplus
👍7
2000 жылы банк-финанс академиясында окып жургенимде, бизлерде демократия деген сабак бар еди, устазымыз Акрамов деген еди. Сол сабакта мен " сизлер Мангуберди ни уллылап коипсызлар ол болса Македонскийдын адасып, калып кеткен бир отрядын женген тек, мен болсам хорезм ханына боисынбай карсы шыккан Ерназар алакоз батырдын ауладыман, леикин бизин халкымыз батырына я памятник ямаса бир фонд ашыуга, мектеплерде бул хаккында ауызымызды ашыуга рухсат жок, содан кеин кандаи демократия хаккында аитаин" дегенимде бул устазымыз Азамат, казир сиясат сондаи, мен сизлердин тариихынызды жуда жаксы билемен, лекин илаж канша деп жуап берген еди
Azamat Mambetnazarov
@ustazplus
Azamat Mambetnazarov
@ustazplus
👍5
<<ЕРНАЗАР АЛАКӨЗДИҢ ТОЛҒАЎЫ>>
Енеден қайта туўылып,
Дүньяға келиў енди жоқ,
Жүзеге шықпай буўлығып,
Кеўлимде кеткен әрман көп,
Сөз тийер деп пуштыма,
Дақ түсер деп атыма,
Ҳәмелиң менен сен жалшы,
Тырысып, тарлық етпедим,
Өзимиздиң қарекең...
Жаманлық шығар деппедим.
Батырлық берген қудайым,
Бизге сумлық бермедиң.
Ғапылда қалып халайық,
Биймәҳәл қылыш сермедим,
Адамнан ақыл ес кетсе,
Бийғамлық пенен мәсликтиң,
Шарабын ишә-иш болар.
Жақсы ҳаял менен әреби ат,
Жаман жигитке дус болар,
Бәдҳасылдан бий болса,
Ел тозып көшә-көш болар,
Атадан жаслай қалғанман,
Жаныма жигит жыйнағанман,
Әзелги ата душпаным,
Ханға қарсы даў урып,
Жаман атлы боламан.
Өзиме жоқ шапанға,
Шалғай менен жең болдым.
Жөнсиз кеткен бийлерге,
Төрелик айтып тең болдым.
Ақырында алпыс бий--
Алпысы келип мәмилеге,
Жыйналып бир төбеге,
Бир алманы бөлгенде,
Өзимде қурттай жеп едим,
Ханлықтан тәмем жоқ еди,
Кәтқуда болсам деп едим,
Хан көтерип Зарлықты,
Азғантай қарақалпақты,
Ел бола қойса деп едим,
Ол айтқвным болмады.
Антты бузып соңында,
Яшуллы бизиң оңбады,
Түйрелмей қалды жаўыма,
Анамның берген найзасы,
Өтип кетти-аў бәринен,
Ағайинниң берген ызасы,
Көп көрдим ханның зорлығын,
Аз болғандай бул маған,
Жаўдан көрген хорлығым.
Кисиге берип асыңды,
Хан алалмаған басымды,
Сен алдың-аў, аталас,
Әрманлы кеттим, аталас!
УЗАҚБАЙ ПИРЖАНОВ
@ustazplus
Енеден қайта туўылып,
Дүньяға келиў енди жоқ,
Жүзеге шықпай буўлығып,
Кеўлимде кеткен әрман көп,
Сөз тийер деп пуштыма,
Дақ түсер деп атыма,
Ҳәмелиң менен сен жалшы,
Тырысып, тарлық етпедим,
Өзимиздиң қарекең...
Жаманлық шығар деппедим.
Батырлық берген қудайым,
Бизге сумлық бермедиң.
Ғапылда қалып халайық,
Биймәҳәл қылыш сермедим,
Адамнан ақыл ес кетсе,
Бийғамлық пенен мәсликтиң,
Шарабын ишә-иш болар.
Жақсы ҳаял менен әреби ат,
Жаман жигитке дус болар,
Бәдҳасылдан бий болса,
Ел тозып көшә-көш болар,
Атадан жаслай қалғанман,
Жаныма жигит жыйнағанман,
Әзелги ата душпаным,
Ханға қарсы даў урып,
Жаман атлы боламан.
Өзиме жоқ шапанға,
Шалғай менен жең болдым.
Жөнсиз кеткен бийлерге,
Төрелик айтып тең болдым.
Ақырында алпыс бий--
Алпысы келип мәмилеге,
Жыйналып бир төбеге,
Бир алманы бөлгенде,
Өзимде қурттай жеп едим,
Ханлықтан тәмем жоқ еди,
Кәтқуда болсам деп едим,
Хан көтерип Зарлықты,
Азғантай қарақалпақты,
Ел бола қойса деп едим,
Ол айтқвным болмады.
Антты бузып соңында,
Яшуллы бизиң оңбады,
Түйрелмей қалды жаўыма,
Анамның берген найзасы,
Өтип кетти-аў бәринен,
Ағайинниң берген ызасы,
Көп көрдим ханның зорлығын,
Аз болғандай бул маған,
Жаўдан көрген хорлығым.
Кисиге берип асыңды,
Хан алалмаған басымды,
Сен алдың-аў, аталас,
Әрманлы кеттим, аталас!
УЗАҚБАЙ ПИРЖАНОВ
@ustazplus
👍4
Бир ағамыз сондай таңланыу менен: "-Еле мектеп көрмеген жеткеншектиң сап өзбекше, қазақша, орысша сөйлегенин көрип едим. Бирақ, украйнша сөйлегенин көрмеген екенмен. Баламыз мультфильм көрсин, деп нәрестесиниң қолына планшет услатқан ата-ана баласы уақыт өтип сондай хәң шығарыпты. Қараса, еркетайы украйн тилинде сөйлейтуғын қусайды. Әне, украйнша мультфильм көргенниң пайдасы", деп ел еситпеген жаңалықты бизлер менен бөлискен еди. Расында да, биз бүгинде балалар әдебияты, балалар газетасы, мультфильм, кино, балалар телеканалы менен жүзеге келген мүтәжиликти қанаатландыралмай атырған бир пайытта усындай "жаңалықлар" бой көрсете берери анық. Буған баслы айыпкер - өзимиз.
Смарттахта, компьютер хәм т.б. үскенелер менен тәмийинленген заманагөй мектеп пенен мақтанып, "жәннетмәкан" елдиң уллы келешеги хаққында бәлентпәруаз сөз айтыу сырты пүтин, иши түтиндей бир гәп, егер билимниң тийкары сабақлық талап дәрежесинде болмаса.
1-класс ушын арналған Музыка пәни сабақлығына дыққатыңызды аудармақшымыз. Дүзиушилери Надим Нархожаев хәм Гүлнара Ғаниева. Сабақлық мазмуны қарақалпақ тилинде берилген. 1-бап. Бизлер унатқан нама хәм қосықлар деп аталып, Қосық айтыу қағыйдалары бөлими менен басланады. Онда Узбекистон Республикаси давлат мадхияси, Қарақалпақстан Республикасы гимни орын алған. Екинши бөлим. Сеслер. Шауқымлы хәм музыкалық сеслер болып, онда "Андижон полкаси. Өзбек халық намасы. Ватонжоним - ватаним. П. Мумин сузи. О. Омонуллаева мусиқаси" берилген.
Усы тақылетте сөзи өзбек тилинде авторлар музыкасы таныстырылады.
Қулласы, бул сабақлықта сегиз қарақалпақша нама хәм қосық орын алған. Қалғанларының барлығы дерлик өзбек тилинде жазылған. Сонда мектеп оқыушыларына музыканы үйретиуде соншелли дәрежеде Қарақалпақстан музыкасы жарлы болғаны ма?!
Он жылдан соң миллий намамызды ким шертеди, қосығымызды ким айтады, заманласлар?!
Жеткербай Отегенов
"Устаз жолы" газетасы бас редакторы
Каналымызға ағза болың:
⬇️⬇️⬇️⬇️

Forwarded from ШЕЖИРЕ
ҲӘМЕЛ ТУҚЫМ ҚУЎАЛАЙМА?
Өткендеги "обкомның баласы - обком, шопанның баласы - шопан болыўы керек" деген заманлар қайта басландыма деймен!
Жақында еди бурынғы Әмиўдәрья райкомының биринши секретары Исмаил Қурбановтың баласын ден саўлықты сақлаў министри,
Елликкала райкомы биринши секретары Алымбай Примовтиң баласын суў хожалығы министри етип тайынлағаны. Енди болса баяғы Мадаминовтиң ақлығы Қоңыратқа ҳәким болыпты...
Абдираман гарры
Канал👉 @shejireqr

“ТУТИНГАН” ЎҒИЛ
Амал курсисида ўтирганингда ким энг кўп товонингни яласа, курсудан тушганингда ўша биринчи бўлиб, сендан юз ўгиради, деганлари қанчалик тўғри эканига ўзим ишонч ҳосил қилдим.
Бир қадрдоним бор эди. Кунора қўнғироқ қилиб, ҳафтага келиб турар, шифохонага тушиб қолсам, “овора бўлманг”, дейишимга қарамай ҳаммадан аввал етиб борар, таътил пайтида Ўзбекистоннинг қайси бурчагига дам олмай, топиб борар, “бир чўқимгина” ош қилмаса, кўнгли жойига тушмас эди… Буниси ҳам майли, икки гапнинг бирида “мен сизни отам деганман, сиз менинг отамсиз”, деб, Худони ўртага солиб қасам ичарди…
Мансабим жиндай ўзгарган эди, “боламни” йўқотиб қўйдим. Суриштирсам бошқа ота излаб юрган экан…
Ўткир Ҳошимов

Forwarded from Deleted Account
Нью-Йорк қаласы, 1931-жылы питкерилген "Эмпайр-Стейт-Билдинг" имараты.
@ustazplus
@ustazplus
👍1