ustaz+
27 subscribers
136 photos
30 videos
7 links
Қызықлы мағлыуматлар, жәмийетлик турмыстағы уақыяларға мүнәсибет
Download Telegram
УСИЛИКАЛЫҚта баспахана айыплы ма?!

Тақыр жерде буғыудың әдисин ең епшиллерде алалмайды. Себеби, типографияның уазыйпасы автор тәрепинен берилген өнимди шығарып бериу болып есапланады.
Узын гәптиң келтеси, бул китапқа авторлық ийелик хуқықы (бул хуқық муқабаның ишки бети төменинде шеңбер ишиндеги С хәриби менен РЕСПУБЛИКА БИЛИМЛЕНДИРИУ ОРАЙЫ, 2021. деп аттың қасқасындай етип көрсетилген) берилген адам, шөлкем, мекеме жууап береди.
Буннан тысқары, китаптың редакторы Гүлжәхән Пирназарова хәм корректоры Салима Қәдиримбетова да қәте ушын жууапкер.
Бул китаптың тийкарғы дүзиушилери Ш. Әбдиназимов, Ж. Успанова, Х. Абдижаппарова, Н. Сахиева, М. Тилеуоваларда "министрдиң қол-аяғы болған биринши орынбасар орны он айдан бери вакант" сыяқлы бәнеге мүрәжат етиуи орынсыз.
Негизинен кемшиликсиз ис болмайды. Деген менен мектеп сабақлықлары бойынша қәте жибериуге хеш кимниң хақысы жоқ. Бул ибаратлы исте билимлендириу министринен баслап, әпиуайы баслауыш класс оқытыушысы да жууапкер. Хәр бир педагог балаларымыздың тыянақлы билим алып, мәмлекетимиздиң жарқын келешеги ушын хызмет етиуи шәрт.
Бундай қәте-кемшиликлер тек ғана биринши класс сабақлықларында ушырасып атырмағанлығы аянышлы.
Буған бирден бир себеп, қарақалпақ тилиндеги мектеп сабақлықларының Ташкент типографияларында басылып шығып атырғанлығы болса, екиншиден, редактор хәм корректорлық хызметиниң республикалық билимлендириу орайына берилгенлигинде көринеди. Бул орайдағы хызметкерлер улыума редакторлау, корректорлық иси менен бурыннан шуғылланбағанлығы салдарынан кемшиликлер орын алмақта.
Усындай бийабырай етерлик истиң алдын алыудың бирден бир жолы Қарақалпақстан Республикасында китап баспасына мүнәсип заманагөй типография өндирисин жолға қойыу бүгинги күнниң зәрүр шәрти болып табылады.
@ustazplus
👍4
Устазлар пикир айтқанда

Ана тили ҳәм оқыў саўатқанлығы китабы хаққында (2-класс)

Сабақлықлар бойынша ҳәр оқыу жылында муғаллимлер пикир билдиремиз.Бирақ жылдан -жылға сабақлықлардағы кемшиликлер артып кетти.Быйылғы (2021-жыл .Дүзиўшилер Ш Абдиназимов ,Б Қутлымуратов, З Исмайлова , П Салиева , Г Қутлымуратова) 2-кластың Ана тили ҳәм оқыў саўатқанлығы китабында бурынғы ана тил ҳәм оқыў пәнин қысқартып бир пән ,бир китап болып шықты. Жане китап оқыў жылы басында тайын болмады деп, екинши шерекке шекем оқыўшыларға берилмеди .
Ана тили ҳәм оқыў сауатқанлығы китабы бойынша айтатын болсақ , бул китап ишинде дерлик ҳәмме пән бар. Тәбияттан ҳайўанатлар дуньясы да,жәнликлер дуньясы бари бар.Сүўрет пәнинен реңлер дуньясы бойынша да ,технология пәнинен де темалар бар улыўма бир сабақлықты баслаўыш класслардың барлық пани менен байланыстырған, бул оқыўшыларды шалғытып атырғанын көрип атырмыз.Басқа пәнлер менен байланыстырғаны жақсы, бирақ ҳәриплердиң жазылыўы, сөздеги өзгериўи бойынша улыўма берилмеген.Айрым устазлар пикир билдирип атыр , муғаллим буларды өз шеберлигинен келип түсиндириў керек деп.
Муғаллим түсиндирип өтиўи мүмкин , бәрибир сабақлықта булар жоқ болса, оқыўшы толық түсиникке ийе болмайды.Себеби, ана тили ҳәм оқыу саўатқанлығы китабында бундай темалар берилмеген.
2-класста ана тилинде ҳәриплердиң жазылыўы және де өзгериске ушырайтуғын ҳәриплер Қ-Ғ , П-Б, К-Г
жазылыўы , гәптеги сөзлердиң дурыс қолланыўы ,мәниси бойынша үйренилип барылатуғын еди.Бул оқыўшылардың жазба саўатлылығын раўажландырып барады. Ана тили ҳәм оқыў сауатқанлығы китабына тәбият, сүўрет , экономика ,тарийх пәнлерин қосып бир сабақлық етип оқыўшыларды өз ана тилин толық түсинбей атырғанда бундай байланыстырыўлардың не кереги бар.
Оқыўшыларға билим берип барыўымызда сабақлық тийкарғы көргизбемизге киреди.Сабақлыққа тийкарланып теманы өз шеберлигимиз бенен оқыўшыларға жеткерип бериў биз устазлардың баслы мақсетимиз.
Жан күйдирип пикир билдирип атырған устазлар өзлерин емес оқыўшылардың ертеңги келешегин ойлап атырған шығар.Пикир билдиргени сабақлықтан шеберлик пенен пайдалана алмайды дегени емес мениңше.
Со (усиликалық қолланба) келмей атырып -ақ әлипбени шеберлик пенен кемшиликлерин билдирмей жеткерип берген устазлар.
Енди ойлап көриң , егерде мектепте муғаллим сабақ ўақтында (усиликадай) усындай үлкен қәтеликке жол қойса қандай пикир билдирген болар екен?
Авторлар күйип писип өзлерин ақлап атыр ,пикир билдиргенлер бәри сабақ өтеалмай жүрген муғаллимлер деп. Демек ҳеш үндемей сол сабақлықлардан ,яки усиликалық қолланбалардан пайдаланып өтсек саўатлы муғаллим боламыз ба?
@ustazplus
👍11
Qollanba atı ózgertildi!
👍1
Устазлар пикир айтқанда

Kim bolsańızda Assalawma áleykum.Saw barsız ba?
Biz qálemedikpe ? - ózimizde tipografiya bolıwın.Álbette,kerek,sebebi óz biyligimiz bolsa, erkinligimiz bolsa....
Leken ápiyayı muǵallimlerdiń shırlaǵanı menen qollap-quwatlawshı istiń kózin biletin basshı qáne.Xalqım ushın xızmettemen,xalqıma tipografiya óndirın jolǵa qoyıwǵa bel baylaytın basshı qáne.Neshe jıllardan berli,sabaqlıqlar ústindegi qáteler aytılsa da.Kelesi oqıw jılında sonday bolıp keldi.Qáne klass basshılar... deńdi. Ash-qulaqta ,tınısh qulaqqa ótti,aqırı bári.
Qaraqalpaq xalqı da kórkeymekte,xalıq sanı allaǵa shúkir óspekte.Bizge ózimizde sabaqlıqlardıń shıqqanı ketek.Eger bizdi tıńlaytuǵın,esapqa alatınlar bar bolsa.Sol sabaqlıqlardı shıǵaraman dep qansha waqıtları ketip atır.Bul kimge payda,kimge zıyan... Bunı ózlerińizde aytpayaq bilesizler.Mende baslawısh klass muǵallimimen.Atımdı jasırıpta otırmayman. Keleshek áwladttıń sawatlı bolıwın qáleymen.Qánekey endi,barlıq sabaqlıqlar qátesiz qolaylı bolsa eken.Muǵallimlerge metodikalıq qollanbalarda kerek.Seniki qáte,meniki duris dey bergennen ne shıǵadı.Ońıń ornina Ministirlik tárepten nege soralmaydı.Tipografiya álbette xalıq xızmetine kerek dep.Bir qansha dáleller menen kórsetilip talap etilmeydime?
Xalmuratova R
@ustazplus
Устазлар пикир айтқанда

Салем. Мен типография я баска зат тууралы айтып атканым жок. Жане ол☝️менин пикирим емес. Менде оны баска каналдан алып усы жерге тасладым, бирак айтып койганы дурыско. Мейли кате баспаханадан кеттиме я китап шыгарыушылардан ба,белгисизго. Сонда ла айтайын дегеним, асиресе 2-кластын китабы. Ана тили хам окыу сауатханлыгы пани хаккында. Не дегенине, мазмунына анык тусинип алган адам барма усы баслауыштын ишинде. Бир зат десен болды тек, дарриу шыга келеди, оз ойыннан токып шыгарып,фантазиянды иске салып сабакты кызыклы етип от деп. Хешбир мугаллим де сабагын зеригерли ямаса айтеуир уактым отсе болар деп отпейтин шыгар. Сонша халыктын баласын исенип тапсырганнан кейин,албетте харбир мугаллим ози ушын ак сабагын👍 етмп отиуге тырысады. Ал енди усы быйылгы тазадан шыккан китап бойынша айттын барго я, болды ТАМАМ!!! Сен сабак отиуге,окыушыларды кязыктыра алмайтугын бир ериншек пе ямаса не деймиз, косжакпас па, айтеуир сондай мугаллим боп каласан усы жерде отырган айырым "биреулерге" . Бурынгы китабымыз кандай 👍зор еди, айта берин. Ана тили оз аты менен ана тили пани. Бунда окыушыларга тил илиминин баслангыш турлери, атап айтканда: гаптин 1- хам 2-дарежели агзалары, олардын кагыйдалары, сораулары, сол агзаларды гап ишинен тауып,астын сызыу каделерине шекем уйретилетин еди. Ал хазир не? Тек кунде сууретке карап отырып гап куран,сорау койын,дауыслы хам дауыссыз сести табын деген сорауларды тапсырма етип бере беремизбе? Асиресе,2-класта ана тили панинде айырым дауыссыз сеслердин жазылыуы, созде ушырасыу орны,сондай-ак б-п,в-ф,ж-ш х.т.б сеслердин созлерде ушврасканда айтылыуы хам жазылыуы,еситилиуи деген кагыйдаларды ядлатып, окыушылар бираз маглыумат алар еди. Кайдем, бул менин жеке пикирим. Енди бир усыныс айтайын десен, дарриу кызыклы етип ашык сабак отип бер,корейик деп шыгады усы китапка АНЫК байланысы барлар. Иен калеген уактымда отип бераламан,коркатын жерим жок. Мысалы мен ойлайман, хешбир мугаллимде коркпастан аркайын отеди ашык сабакты. Ойтип ашык сабак отип бер демесе де, неше жылдан бери талай рет ашык сабакларды 👍етип отип журген мугаллимлерго хаммесиде бул жердегилердин. Жане сиз мени атын жасырып отыр деп ойласаныз, кателесесиз. Ол озимнин калеуим.
@ustazplus
👍11
Устазлар пикир айтқанда

Сапура Сапарова:
Билим тийкары баслаўышта.

Ҳәзирги ўақытта Президентимиз Шавкат Мирзиёев мектеплерде тәлим ҳәм тәрбияны түптен өзгертип раўажландырып барыў тийкарғы ўазыйпамыз деп қойып атыр, оқыўшылар мектеп пайытында шет тилдиде анық үйренип шығыўы керек, бул бәрше билимлендириўге жуўапкершилик болып есапланады. Солай екен биз жоқарыда сөз етилип атырған <Әлипбе> сабақлығы бойынша <Методикалық қолланба> ның <Усиликалық қолланба > болып өзгерип кетиўи таң қалдырды. Сонша мийнетлери менен усы қолланба бойынша мийнетлери кеткен, аты аталып өтилген устазлардың сонша мийнетлери бар сонда бундай дәрежеде бийпарўа болып кеткен баспахана хызметкерлери екенлиги анықланды, мойынларына қойылған. Минекей усындай бийпарўалық қандай жолларға алып келингени қысыныспаға түсип атырған китап авторларына аян. Билимниң тийкары баслаўышта деп бийкарға айтылмаған, себеби жайдың тырнағы (фундамент) беккем болмаса тез тозып қулайтуғыны анық, солай екен әсиресе 1-класқа ақ қағаздай болып алдымызда көзлери жаўтаңлап отырған перзентлеримизге биз анық билим берип барыў жолларына тийкар қолланба, китаплардан пайдаланыуымыз керек. Бул жерде китап жазған устазлардан кеширим сорайман себеби биз билимлендириўде (алжаспайтуғын жақ, сүринбейтуғын туяқ болмайды) деген сөзлерди қолланбаймыз, себеби билим бериў изге қарай қайтыўға болмайтуғын, қайта балалар ушын қосымша жаңалықлар менен оларға тереңлестирип билим бериў болып есапланады. Баслаўыш кластың китапларындағы қәте кемшиликлер туўралы жоқарыда айтылған пикирлерге қосыламан, жетискенликлериде бар. Минекей усындай етип биз тек қәте кемшиликлер ҳаққында жылда айтып барамыз, мектеплергеде усыныс жазың дейди жазып берип жиберилип атыр негедур бундай пикирлер таўсылмайды, қайта жанланып бүгинлигинде <Усиликалық қа > айланып кетти. Неге дегенде булда итибарсызлықтан деп ойлайман. Себеби барлық истиң басы қасында дыққат итибарлы басшы болыўы шәрт, себеби бул келешегимиз даўамшылары болған перзентлеримиздиң келешеги болып есапланады <Не ексең соны орасаң> деп бийкарға айтылмаған. Биз балаға не үйретсек сол тийкарында көнлигеди. Солай екен бул мәселеде Билимлендириў Министрлигиниң итибары үлкен әҳмийетке ийе, себеби шығарылып атырған китаптың қандай бағдарда исленип атырғанлығы, қәте кемшиликлерин көзден өткерип биргелесип тийкарғы шешим менен китап баспасына усынылса мақсетке муўапық болған болар еди. Минекей усындай бийпарўалықтың кесири жети журтқа тийип атырғаны мәлим болып тур. <Сын дүзелмей, мин дүзелмейди> дегендей биз ҳәр бир исти сырттан емес туўыры айтып барылмаса еш зат дүзелмейди. Айырым баслаўыш класс оқытып атырған устазлар китаптағы қәте кемшиликлерди айтыўға қорқады себеби неге сен өйтип айттың деп басшылар изимизге түседи дейди. Мен 36 жыл баслаўыш класс муғәллими болп ислеп пенсияға усы жылы шықтым, енди үгит-нәсиятшы болып ислеп атырман. Мен әсиресе баслаўыш класс ушын жаным ашыйды. Бул жердеги тийкарғы мақсет китапларды Ташкентке емес өзимиздеги Нөкистеги баспахананың ислеўин жолға қойып, шығарылатуғын китаплардан басында турып ислеткенде жақсы болар еди. Сонша қаражетти шығарып материялы жақсы қағазларға китаплар шығарылса деймен, китапты қалай исленип атырғанына, итибар менен қарап, жақыннан хабар алып басқада машқалалар болмаўына пайдасы тийери сөзсиз ҳәм өзимиз бундай қысыныспаға түспеген болар едик. <Методикалық қолланба> атын өзгертиў шәртпе еди, егер өзгериўи керек болса усы жақта жазып жиберилиў керек еди, болмаса аты орнында тура берсин (Усыл қолланба> ямаса усыл тәжирийбе)

✍Соның менен бирге ғалаба халық қуралы болған газетамыз <Устаз жолы> газетасының халқымызға еткен хызмети 30 жылдан асты. Усы ўақыт аралығында елимизге белгили зиялы инсанлар қолларынан дөрелген мақала, қосық, дөретпелер жәрияланып келди, соның менен <Устаз жолы> деген аты менен танылған газета болды. Енди бүгинликке келип бул газетаға устазлардың бийпарўа қараўы булда Билимлендириў Министримиздиң дурыс жол жоба бермей бийпәрўа қарап барыўында болып тур.
👍5
Президент Ш.Мирзиеёы өз сөзинде газетаға мәжбүрий емес ал ҳәр бир устаз газетаға өз ықтыяры менен жазылып барыўы керек, деп айтып өтти, мен қулағым менен еситкенмен.

<Өзимизде бардың қәдири жоқ> деп бийкарға айтылмаған. Себеби бир мысал: билимлендириў тараўында ислеп атырған устазлар сиз өзиңизге керекли болған <Устаз жолы> газетасынан жырақта болып атырсызлар. Өткен жылы <Қарақалпақстан муғәллими> газетасы шықты, бул газета ҳаққында бәршениң хабары бар Министр А.Аяповтың Билимлендириў Министри ўақтында шығарған газетасы еди сол азғана ўақыт арасында алҳа ал <Қарақалпақстан муғәллими> газетасына ҳәр бир мектепке жазылыўы шәрт деп барлық муғәллимлерди мектеп директорлары мәжбүрий ақ жаздырды, еш ким еш зат демей ақ барлық муғәллим жазылды. Ал енди сол <Қарақалпақстан муғәллими> газетасы қайда? ҳәзирги ўақытта ол газета
шықпай қалды енди бизде <Устаз жолы> газетамыз қайда екен деп отырған басшы барма екен? Бул мәселе бойынша кимлердур басы аўырама екен? Бул газетаның жанланып раўажланып барыўында билимлендириў мекемелериниң үлкен орны бар, бирақ не ушын Билимлендириў Министри Р.Реймов тәрепинен қоллап қуўатланбайды, ямаса муғәллимлер ушын гатета оқып, өз дөретпе, сабақ исленбе, мақалаларын жарытып барыўы ушын керек емеспе?
Ҳүрметли билимлендириў тараўы ўәкиллери мениң бул усынысларым бойыншада ойланып бир жуўмақ шығарады деген үмиттемен.

С. Сапарова
Үгит-нәсиятшы

~~~~
@ustazplus
👍2
Forwarded from сарбиназ
Рахмет САУ болгайсыз 1-гезекте мугаллимлердин айталмай жургенин айтсада аузын даптырганын ашык айткан устаз сизге Рахмет керек болса мугаллимлер усы китап бойынша Ата -аналардан канша гап еситти илажы болса усы 2-класстын китапларын жыйнап алса озимиздин ана тили,окыу китабын кайтарып берсе жаксы болар еди.
👍11
Forwarded from 👩‍🏫👨‍👩‍👧‍👦
Duris.... 2-klass Ana tili pani haqqinda aytip oteyin mende 2-klass oqitaman...
Milliy baģdarlamaniñ da jaqsi tarepleri bar.. Asirese 1-klass Alipbesi ishinde milliylikke ùlken itibar berilgen, hammesi QARAQALPAQSHA suwretler milliy naģislar, milliy taģamlar, milliy asbap-ùskeneler... ayta bersek kòz quwandiratin nàrse kòp..
Biraq 2-klass Ana tili hàm oqıw sawatlılıģı paninde Ana tilimizge tiyisli hesh grammatika joq, oqıwshılarģa qaģıyda ùyretpesek durıs jazıwdı qalay ùyretemiz...???? Burınģı oqıw kitaplarında hàr bayram hàm màwsimge tiyisli qosıq taqmaqlar, gùrriñler, ertekler beriletin edi... Tarbıyalıq qàsiyetke iye gùrriñler kòp beriletin edi... al hàzirgi kitaptan eñ bolmaģanda Jaña jıl ushın taqmaq taba almadıqqo.... Hàr mawsim almasqanda beriletin birde bir gùrriñ, qosıq ,taqmaq joq... Mısalı Qıs keldi, yamasa Gùz kòrinisi sıyaqlı...
Meyli Milliy baģdarlamaģa òteyik, bul Albette jaqsı, biraq usı Milliy baģdarlamanı burınģı Ana tili hàm Oqıw kitabına kirgizsek ele de jaqsı bolar edi demekshimen.... òzi bar joģı 6 saat Ana tili bolsa... qashan durıs jazıp ùyrenemiz...?????
👍16
200 мың сумлық банкнота хәм 1000 сумлық теңгелерди ислеп шығарыу жолға қойылады.

Бүгин Орайлық банк басқарыуы баслығы Мамаырза Нурмуратов 200 мың сумлық банкноталарды ислеп шығарыу режелестирилип атырғанын айтты. Жаңа купюралар 2024-жылдан айланысқа енгизилиуи күтилмекте.

Сондай-ақ, нырқы 1000 сум болған теңгени шығарыу да жолға қойылады.

@ustazplus
👍1
Қарақалпақ халқының даңқлы батыры, миллий қахарманы ЕРНАЗАР БИЙ (алакөз) бүгинги әуладтың мақтанышы.
Бул китап арқалы миллет қахарманы жүзине ширкеу, қара күйе жағыу менен бир халық пенен екинши халықтың дослығына шек келтириуди нийет еткен шала сауат, сиясий сауатсыз илимпазсымақ авторлар.
@ustazplus
Ерназар Алакөз – қарақалпақтың миллий батыры, халық қаҳарманы, улысты изине ерткен ҳәм қорғаған тарийхый тулға, бизиң мақтанышымыз ҳәм жол көрсетиўши жулдызымыз. Қарақалпақтың маңлайына тиккен шамшырағы. Уллы бабамыз. Усылай болған ҳәм усылай болып мәңгиге қалады. Халқымыз улына Ерназар деп ат қойса, усы бабамыздың естелигине қойған, бабамыздай қорықпас, қайтпас, айбатлы, күшли болсын деген. Айдос бабамыз да не ислесе тек ғана қарақалпақ халқы ушын ислеген, азат ел болсын, ҳеш кимнен езилмесин, хор болмасын деп қолына қурал алған.
Ал, енди гей бир шала жазғышлар не деп қойыпты? Бул исик мий, қара бет мал базарлар, бийпарасат ҳарам гөш гөристанлар өзлерин ким деп ойлаған? Бул олардың патриотизми ме сонда? Хийўа ханлығының басымынан қутылғысы келип, азатлық ушын гүрескени ушын бабаларымыз усындай болып қалды ма?
Тарийхты да усылай жаза ма? Және "Ўатан тарийхы" миш. Қарақалпақстан Өзбекстан емес пе? Бул Ўатан қарақалпақлардики де емес пе? Я китап авторлары Хийўа ханлығында жасай ма, бөлек пе? Неге жеке қатнасын, жеке эмоциясын тарийх бетине жазады, антурған? Неге өзлериниң иши қаралығын массалық әдебиятта, жаслардың оқыўлығында көрсетеди? Буған ким жол қойған? Халықтың қәҳәрин келтирип, тарийхты ойыншық қылып, уллы бабаларымыздың атын аяқ астына басып, олардың батырлығын қандай да бир жынаятқа шығарып, я? Усы ўақытқа шекем билинбей келген, себеби қарақалпақ вузларына ҳеш уақытта да оқыулық жетиспеген, бәри үлкенирек оқыў орынларында қалып қоя берген. Болмаса усы күнге шекем регионымыздан бир инсан көрмей ме буны? Ояқларда не жазылып атырғанын билмейди де екенбиз. Басқа да китапларын көрип шығыў керек бул авторлардың. Және нелерди жазып қойған екен.
Бул айтылып атырғын китапты болса бир де биреўин қалдырмастан жыйнап алып жоқ қылдырыў керек. Буннан соң улыўма қарақалпақ илимпазларының рецензиясысыз бир де бир тарийхый китапқа рухсат етилмеўи тйиис.
Сәкен Медетбеков
@ustazplus
👍12
ТРЕНДТЕГИ “УСИЛИКА” ҲАҚҚЫНДА
Социаллық тармақларда ҳәзирги күнде трендке айланған сөз бул – “Усилика” болды. Бул сөз “Әлипбе” сабақлығын оқытыўға арналған методикалық қолланба муқабасында “методикалық қоллаба”ның “усиликалық қолланба” болып баспадан шығып Қарақалпақстан Республикасының ҳәмме мектеплерине тарқатылғаннан кейин социаллық тармақларда жәрия етилип трендке айланды.
Бул мәселеге Қарақалпақстан Халық билимлендириў министрлигининиң рәсмий мүнәсибети “узақ ойласықлардан кейин” жәрияланды. Рәсмий мүнәсибетте: методикалық қолланбаның сыртқы бети (обложкасы) авторларға көрсетилмеген ҳәм басып шығарыў барысында авторлардан келисим алынбаған.
Тилекке қарсы, бул методикалық қолланба Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен көрип шығылмастан, Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен туўрыдан-туўры Ташкент қаласындағы «Colorpak» баспасына басып шығарыў ушын усынылған...
Негизинде, сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбалардың қарақалпақ тилиндеги вариантлары баспаға тапсырылыў ўақтында, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайының пән методистлери ҳәм экспертлери тәрепинен көрип шығыў ушын киритилиўи, Орайдың илимий-методикалық кеңесинде қарап шығылыўы ҳәм де баспа тәрепинен ақырғы (сигнал) нусқасы тастыйықлаў ушын берилиўи мақсетке муўапық болған болар еди, делинеди. ( Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги “китаптың сыртқы бети (обложкасы)” – “китап муқабасы” делинетуғынлығын билмейтуғын усайды).
Бул рәсмий жуўап. Жуўапта болса “мақсетке муўапық болған болар еди” деп усыныс берилген. Бул жерде министрлик өз ўәкиллиги шеңбериндеги ҳуқықын талап ете алмаўшығы ашық көринип тур.
Сонлықтан журналистлик сорастырыўлар арқалы бул мәселениң “ақыбети”н емес “себеплери” излестирип көрилгенде сабақлықлар жаратыўдағы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайының “монополия”лығы анық болды.
Орай сабақлық ҳәм методикалық қолланбалардың авторларын ҳеш қандай таңлаў жәрияламастан өзлери таңлайды екен. Авторлар да ҳеш қандай рәсмий келисим ямаса шәртнама дүзбестен ең дәслеп 2020-жыл ноябрь айларында “Әлипбе” сабақлығын дүзип Орайға көрсетип отырмастан Нөкис қаласындағы “Билим” баспасына тапсырып отырған. “Билим” баспасы коммерциялық буйыртпалардың көп болғанлығы себепли “Әлипбе”ге итибарсыз қараған. Сабақлық 5 айлар шамасы баспаханада ҳәрекетсиз турғанлығы себепли. Ташкенттен “исбилермен баспахана” (дыққат аўдарың баспа – издательство емес типография)дан қоңыраў болып “Билим” баспасында жатып қалған сабақлықты алдырады. Соң Ташкенттеги баспахана (типография) менен тиккелей авторлар ислесип баслаған. “Әлипбе”ден кейин “Әлипбени оқытыў методикасы” жаратыў бойынша баспахана менен авторлар аўызеки (телефон арқалы) келисим дүзип методикалық қолланба ислейди. Қағыйдасында сабақлық ямаса методикалық қолланбалар жаратыўда баспа жуўапкер болса да, кейинги ўақытлары бул жуўапкерликти Ташкент қаласындағы “Colorpak” баспаханасы “ийелеп” авторларға тапсырмалар берип отырған. Қызығы, “Өзбекстан” баспа полиграфиялық дөретиўшилик үйи” баспасы ортадан шығып қалған. (Бирақ китапта бул баспаханадан басып шығарылды деп көрсетилип тур). Ақыбетинде баспахана хызметкерлери авторлардың рухсатысыз китап муқабасын өзлери ислеп, өзлери басып шығарған... Қызық тәрепи методикалық қолланбаның ҳеш жеринде “Colorpak” баспаханасының аты көрсетилмесе де баспахана бул қәтени мойнына алып китаптың муқабасын қайта басып шығарыўды мойнына алыпты (Министрликтиң жуўабында “Colorpak” баспахана емес баспа деп көрсетилген!) Бул методикалық қолланбада және бир қәте-кемшиликти дүзетиўди баспахана мойынына алмаған. Яғный сабақлықлардың соңғы бетиндеги мағлыўматлар “Ташкент қаласындағы “Colorpak» баспаханасы”ның қатаң тапсырмасы менен өзбек тилинде жазылыўы керек екен. Буған сабақлық авторларының келисими керек емес екен. Бул жағдай усы баспадан шыққан “Әлипбе”де де орын алған...
👍3
Булардың барлығы Қарақалпақстан Республиксы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм авторлардың ҳуқықый саўатсызлығынан басланады. Егер Қарақалпақстан Республиксы Халық билимлендириў министрлиги өзиниң ҳуқықын билип, оны талап еткенде, авторлар да “Авторлық ҳуқық ҳаққында”ғы Нызамдағы өз ҳуқықларын талап еткенде бундай ақыбетлерге алып келмес еди.
Қысқасын айтқанда, бул Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги өз жуўапкерлигиндеги ўазыйпаларды орынламағанлығынан ҳәм Қарақалпақстан Республикасында китап басып шығарыўшы бирде типографияның болмағанлығынан келип шығып отыр.

P.S.: Бул “усилика” ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен басқа бирде халық билимлендириў тараўына жуўапкер ямаса бийпарқ болмаған мәмлекетлик басқарыў уйымлары, сенаторлар, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, район ҳәм қалалық Кеңес Халық депутатлары, Мәмлекетлик тилди раўажландырыў Департаментиниң де пикир билдирмей ҳәрекетсиз отырғаны бизиң елимиздиң “қаймақлары”ның сиясий белсендилигин белгилеп бермекте.
Және де бул “ўақыя”ға интернет басылымлары менен социаллық тармақлардан тысқары ҒХҚ болған газеталар, радио ҳәм телевидение, ҳүкиметлик сайтларда да үнсизлигин даўам етип отыр.
Абдимәлик Хожаназаров
@ustazplus
👍5
#Пост: 2010-жылғы китапта бабамыз Ерназар Алакөздиң иши қара екенлиги жазылыпты. Оның батырлығын көре алмаған кимниң иши қара?

Толтырылған, екинши баспа есапланған "Ўатан тарийхы" китабының 118-бетинде Ерназар бабамызды тәбияттан иши қара, ойсыз деп тәриплейди авторлар. Президент Ерназар Алакөзди халық батырлары қатарында атаған ўақытта булардың қулағы қай жерде қалды екен?
Үш-төрт күннен берли усы тема тармақларда айланып атыр, бирақ тарийхшылар елеге шекем ләм-мим? Қәне, ўатан тарийхын жазған тарийхшыларымыз? Балаларымызға Ерназарды солай үйретип келгенбедик? Биз тарийхый үлкен қәтеге жол қойып болдық. Енди оған ким жуўап береди? Төлепберген Қайыпбергеновтың "Қарақалпақ дәстаны"нда Ерназардың қандай шахс болғаны ашық-айдын жазылған. Демек, тарийхты бурмалаўға, оны өз жолына салыўға ҳеш кимниң ҳаққы жоқ. Тарийх тоқымалардан ибарат емес, ол болған ҳәдийсе, ҳақыйқатттан ибарат.
Сол ушын өзимиздиң Ерназар шахсы китапта қайта тикленсин!
Shaxzada Allamuratova
@ustazplus
👍8
Усы сыясаттан сон Озбекстанды Уатан деп калай жаксы коресен. Бул алдынгы басшымыздын фамилиясын дурыс жазыу ушын Wernias емес Ернияз деп жазылсын деген ЖК Указы шыгаргандай сыясатынын акыбети. Даслепки басылымда авторлар И.Каримовтан эпиграф келтирген болыуы керек. Миллий жикшиликти шыгаратугын кара нийетли авторларды Камшыктан откерией камшылап, "Жаслык"та мийман етиу керек.
Orazbay Abdiraxmanov
@ustazplus
👍4👎1
Андижон Университети тарийхшысы бул маглыуматты каерден алган. Неге бизлердин тарийхшы алымларымыз ундемей отыр? Тарийхты каралаудан алдын сол миллеттин арын арлап шыкканбекен сол тарийхшы? Бобурнамасын окып журе берсин Ерназар алакозди тынш койсын. Тарийхшы алымларымыздан жууап талап етемиз
Roza Qudaybergenova
@ustazplus
👍7
Бундай жазыўлардың китаплардың келип шығыўы Қарақалпақ басшыларының батырларын уллылап ҳүрметин орнына қоймағаның себеби Улкен етип республикамыз орайына Ат үстинде турған ҳәйкелин қойғанда Кино фильмлер истегенде жазып атырған қандай саўатсыз болсын информация излейди Биринши Бир халыктын батырларын ҳүрмет еткениң көрип ким болсада ойланар еди Мынандай етип жазсам бўл адамның артыңда халық турғанын билер еди басқалар
Bayram
@ustazplus
👍7