ustaz+
27 subscribers
136 photos
30 videos
7 links
Қызықлы мағлыуматлар, жәмийетлик турмыстағы уақыяларға мүнәсибет
Download Telegram
Екинши класска сабак бердим баягы бир жыллыкта хайуанлар менен таныстырып атырман. Сойтип окыушыларга каскырдын сууретин корсеттим, мынау кандай хайуан рус.тили сабагы волк деди биреуи кк.тилинде кайтип айтылады десем бори дейдиго. Себеби китапта озбек тилинде бори деп жазылган. Соннан кейин ойланып калдым булар усы барысында каракалпакша атларында умытып кетедиго деп. Сол уакытта тусиндирип айтылдыго волк каскыр, лев шер емес арыслан екенлиги.
Қатийша Махаматдинова
@ustazplus
👍3
Катиша Махаматдинова солго, билип исленип атырган ис бари. Мектеплерге, институтларга программага киргизилди озб тили. Жаслардын коби араластырып сойлейди, каракалпакша катесиз жазып билетини аз. Коркынышлы жагдай. Неге билимлендириу министри хам сол тарау жумысларын дурыс ислемейди, усы мектеп китапларын дурыслап тексерип басыу ен биринши уазыйпасыго олардын!
Aysultan Saipova
@ustazplus
👍1
Билимлендириу министрлигинин абыройыда калмады. Министрде сонша кемшиликлер болсада мынк етпейди. Уялыу керекго. Министрлик сауаты томен авторларга переводка береди. Мектеп китапларынын барлыгы уайран. Кате коп. Хар бир китап ушын авторлар сырттан сауатлы илимий дарежели канигелерден пикир алыулары керек. Президент карарында да бул корсетилгенго. Егер мектеп сабаклыкларды институт хам универ профессор-окытыушыларына аудармага берсе максетке мууапык болады. Онда бул нызамлы турде болып шартнама дузеди. Аудармашыга айлык толенеди. Бирак бул министрлик ушын жакпайды.....
Кар Кар
@ustazplus
Әлипбедеги қәте-кемшиликте министрдиң "айыбы" жоқ😳
Себеби, оның "қол-аяғы" болған биринши орынбасары он айдан бери вакант...
@ustazplus
ustaz+
Әлипбедеги қәте-кемшиликте министрдиң "айыбы" жоқ😳 Себеби, оның "қол-аяғы" болған биринши орынбасары он айдан бери вакант... @ustazplus
"Ассалаума әлейкум!
Бириншиден, Республикамыздың билимлендириу тарауына жанкуйерлигиңиз ушын рахмет! Бирақ, Сиз дым төменде жүрсиз. Сол Сиз көтерип атырған машқалаларды шешиу бир министрдиң қолынан келмейди. Дурыс, Р.Реймовты халық билимлендириу министри етип қойды, бирақ, оның аяғы-қолы хызметин атқаратуғын Зам министрлеринен бүгинги күнге шекем журдай етип қойды. Яғыный, ең тийкарғы билимлендириу сапасына жууапкер министрдиң биринши орынбасары лауазымы он айдан берли вакант болса, министрликтиң жүреги саналған финанс хәм қурылыс ислери бойынша орынбасары лауазымы он төрт айдан берли вакант. Усы жағдайда билимлендириу министрлигиниң жумыслары қалай алға илгерлеуи мүмкин. Бул барыста "билимлендириу министри де керек емес" деп шықпаса болар еди.
усы күнге шекем министрдиң биринши орынбасары ўазыйпасы жүклетилген хызметкер бар.Бирақ, бул буйрық тек министр Р.Реймов ушын ғана, демекшимен, жоқары турыушы басқа шөлкемлер тәрепинен тән алынбаған ( министрдиң биринши орынбасары сыпатында хеш қандай хуқық берилмеген) еди.
ххххххххх хххххххх
9хххххххх
Соцаллық тармақларда мениң атым менен шықпайды деген үмитте қаламан." ( автор тексти илтимасына көре қысман редакцияланған).

Ақыл ҳайран, тил лал..

Республикамызда ең үлкен министрлик деп мақтаныш етемиз ( тараў хызметкрелери саны жағынан, сапасы жағынан деп түсинилмесин). Бирақ ең әҳмийетли орынбасар лаўазымлары ваканты нес? Пүткил Қарақалпақстанда бул лаўазымларға ылайық вакант қәниге жоқ болса, Өзбекстан көлеминде вакант таңлаў жәриялайық ?!



ҚР Жоқарғы Кеңеси орынбасары А. И. Давлетов !

Мектепке шекемги билимлендириў министри дерлик 6 айдан берли ў.ў.а., Халық билимлендириў министрликте министрдиң үш орынбасары лаўазымлары вакант болса, бизде билимлендириўде илгерлеў, сапалы нәтийже қайдан болсын ?
Бул узақ мүддетке созылған еки министрликтеги вакант лаўазымлар Ў.Ў.А.(ўақтынша ўазыйпасын атқарыўшы) деген "тамғадан" қашан қутылады ?

Ҳүрметли ҚР ЖК баслығы
М. К. Камалов !

Орынбасарыңыз А. И. Давлетов кадрлар мәселесин сонша ўақыттан берли үйренип шығыўға үлгере алмай атырған болса, жеке өзиңиз ҚР МШБМде министр ҳәм ҚР ХББ министрлигинде министр орынбасарлары вакант орынларға кадрлар тайынланыўын қадалаўыңызға алыўыңызды сорап қаламан !

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
Àlipbe sabaqlıǵı

Mektepke eń dàslep qàdem qoyǵan oqıwshı qolına Àlipbe kitabın aladı. Bul súyikli kitabınan hàriplerdi tanıp, súwretlerdiń atların aytıp úyrenedi, sózlerdi qosıp oqıwdı, tekst, qosıq, jumbaq, jańıltpashlar menen tanısıp bilimin bayıtıp baradı.
Burınǵı Àlipbe kitaplarına qaraǵanda, 2021-jılǵı baspadan shıqqan kitap kóp ózgesheliklerge iye.
Kitap betleri reńli súwretler menen jaqsı islengen.
Dawıslı, dawıssız, juwan, jińishke seslerdi reńler menen ajıratıp berilgen. Olardı sabaq barısında úyretip barıw arqalı oqıwshınıń yadında kóbirek saqlanıp, seslerdi bir-birinen ajırata alıwına paydası kóp.
Sh hàribinde Hàpte kúnleri boyınsha qosıq altı kupletten ibarat. Oqıwshıǵa mazmunın túsindiriw hàm erkin pikirlewi ushın da bir tàrepten jaqsı bolıwı múmkin.
Rr hàribi ótilgen bette oqıwshı qız hàm balanıń artında taxtada yarım alma Apple sózi kórinip tur.
Yy hàribinde Yaqıp sózinde Pp hàribi ele ótilmegen.
Ss hàribinde Svetafor súwretinde sońında bir ketekshe qoyılmaǵan.
S hàribinen soń ashıq qızıl reń- jińishke dawıslı ses "e" hàribiniń ornına "v" hàribi tuwrı kelip tur.
59-bettegi keste.
Qq sesinde talaq sózi.
38-bette "ulıw" súwreti berilgen 2-klass Matematika sabaqlıǵında "suw ógiz" dep berilgen.
50-bettegi Kk kassir súwretiniń ornına Kk hàribinen baslanatuǵın súwret qoyılsa.
Ff hàribinde farsh, fakt sózleri oqıwshıǵa túsindiriwge qolaylı sózler berilse.
Cc ak-siya bolıp bólingen.
Qaraqalpaqstandaǵı rayonlar atları jaqsı berilgen, Respublikamızdaǵı rayon atları menen oqıwshılar da jaqınnan tanısıp baradı.
Sabaq ótken muǵallimlerdiń pikirinshe de, hàriplerge baylanıslı sózler kóp berilgen, hàrbir oqıwshıǵa oqıtıwda qıyınshılıq boldı degen pikirler bar.
Mambetniyazova Zamira
@ustazplus
Социаллық тармақларда Әлипбе китабы туўралы жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги тәрепинен
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ

Социаллық тармақларда Әлипбе китабы туўралы жәрияланған материал бойынша тийисли қәнигелер тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды. Үйрениў нәтийжеси бойынша тѳмендегилерди мәлим етип билдиремиз:
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 6-ноябрьдеги «Тәлим-тәрбия тараўын және де жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 4884-санлы қарары тийкарында Халық билимлендириў тараўында Миллий оқыў бағдарламасын енгизиў ҳәм жаӊа оқыў бағдарламасы тийкарында 1-11-класс сабақлықларын жаратыў ўазыйпасы белгиленип, 2021-2022-оқыў жылына 1-2-класс сабақлықлары ҳәм олардыӊ методикалық қолланбаларын жаратыў жумыслары алып барылды. Усы бойынша Өзбекстан Республикасы Бас министриниӊ орынбасары Б.Мусаев тәрепинен 2020-жыл 10-декабрьдеги «Улыўма орта билимлендириў мәкемелери ушын жаӊа әўлад сабақлықларын таярлаў ҳаққында»ғы 07-07/1-2472-саны менен тастыйықланған дизимге муўапық, усы сабақлық авторлары тастыйықланған.
1-класлар ушын “Әлипбе” сабақлығын оқытыў бойынша методикалық қолланба (муғаллимлер ушын) Ш.Абдиназимов, Ж.Успанова, М.Тлеуова, Н.Сахиева ҳәм Х.Абдижаббаровалар тәрепинен жазылып, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика билимлендириў орайына 2021-жыл 16-декабрь сәнесинде электрон көринисте тапсырылған. Деген менен, методикалық қолланбаның сыртқы бети (обложкасы) авторларға көрсетилмеген ҳәм басып шығарыў барысында авторлардан келисим алынбаған.
Тилекке қарсы, бул методикалық қолланба Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен көрип шығылмастан, ӨзРХБМ жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен туўрыдан-туўры Ташкент қаласындағы «Colorpak» баспасына басып шағарыў ушын усынылған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 26-февральдағы 108-санлы “Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика билимлендириў орайы жумысларын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Қарарында:
-Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги буйыртпасы тийкарында сабақлықларды жаратыўшы авторларды таңлаў, сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбалардыӊ бирден-бир макетлерин жаратыў;
-Жаратылған сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбаларды экспертизадан өткериў, билимлендириў тараўында қолланыў бойынша жуўмақ бериў;
-Улыўма орта билим бериў мәкемелери ушын сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбаларды жаратыў, экспертизадан өткериў, рецензия бериў ҳәм де оларға ис ҳақы төлеў мәселелери менен шуғылланыўы көрсетип өтилген.
Негизинде, сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбалардың қарақалпақ тилиндеги вариантлары баспаға тапсырылыў ўақтында, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайыныӊ пән методистлери ҳәм экспертлери тәрепинен көрип шығыў ушын киритилиўи, Орайдыӊ илимий-методикалық кеңесинде қарап шығылыўы ҳәм де баспа тәрепинен ақырғы (сигнал) нусқасы тастыйықлаў ушын берилиўи мақсетке муўапық болған болар еди.
Сондай-ақ, Ташкент қаласындағы “Colorpak» баспасы тәрепинен баспадан шығарылған 1-класлар ушын “Әлипбе” сабақлығын оқытыў бойынша методикалық қолланбасының (муғаллимлер ушын) сыртқы бетинде (обложкасында) “Әлипбе методикалық қолланба” сөзи орнына “Әлипбе усиликалық қолланба” сөзи менен 1056 дана методикалық қолланба баспадан шығарылып, «Транспорт ҳәм логистика хызмети» мәмлекетлик унитар кәрханасыныӊ Қарақалпақстан филиалы тәрепинен район(қала)лық халық билимлендириў бөлимлерине тарқатылған.
Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика билимлендириў орайына Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайының 2022-жыл 13-январьдағы 98-санлы хаты жиберилди.
Бүгинги күнде 1-класс ушын “Әлипбе” сабақлығының методикалық қолланбасы район(қала)лық халық билимлендириў бөлимлеринен қайта жыйнап алынып, тийисли тәртипте қәте-кемшиликлерин сапластырыў ҳәм методикалық қолланбаныӊ сыртқы бетин (обложкасын) қайтадан шығарыў режелестирилмекте.
Сондай-ақ, методикалық қолланбаны таярлаўда жуўапкершиликсиз қараған тийисли хызметкерлерге нызам шеӊберинде интизамий шара қолланылады.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Мәлимлеме хызмети
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириу министрлигиниң Рәсмий Мүнәсибети менен таныстық, лекин бул мүнәсибет усы уақытқа шекемги "Устаз жолы" газетасы тәрепинен берилген сын мақалаларға берилген дәслепки жууабы болып есапланады. Алдын газета тәрепинен айтылған мектеп сабақлықлары бойынша билдирилген бир неше қәте кемшиликлерге жууапты ким береди екен?! Яки олар және көширип басып отырған блоггерлер посты бойынша сол екилемши дереклерге жууап берип отырамекен?
Бул мениң нәзеримде билимлендириу тарауын сәулелендирип киятырған "Устаз жолы" газетасын Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириу министрлиги министринен баслап, барлық хызметкерлериниң алып оқымайтуғынлығынан, тарау жаңалықлары, қәте-кемшиликлерине, онда жәрияланған устазлардың жетискенлиги, сабақ исленбелери, мақалалары менен қызықпайтуғынлығынан дерек береди.
Сын пикирдиң тийкарғы дереги қайсы мәнзил екенлигин аңламаған министрликтиң бул шешимин қалай түсиниуимизге болады.
@ustazplus
👍3
Алдағы уақытта Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириу министрлигинде ислеуши лауазым ийелери, районлық (қалалық) халық билимлендириу бөлими баслықлары, орынлардағы мектеп директорларының "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы менен турақлы танысып барыуы бойынша мағлыуматты аудитория нәзерине усынамыз.
@ustazplus
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Артел кәрханаларының шақы бар ма?!
@ustazplus
УСИЛИКАЛЫҚта баспахана айыплы ма?!

Тақыр жерде буғыудың әдисин ең епшиллерде алалмайды. Себеби, типографияның уазыйпасы автор тәрепинен берилген өнимди шығарып бериу болып есапланады.
Узын гәптиң келтеси, бул китапқа авторлық ийелик хуқықы (бул хуқық муқабаның ишки бети төменинде шеңбер ишиндеги С хәриби менен РЕСПУБЛИКА БИЛИМЛЕНДИРИУ ОРАЙЫ, 2021. деп аттың қасқасындай етип көрсетилген) берилген адам, шөлкем, мекеме жууап береди.
Буннан тысқары, китаптың редакторы Гүлжәхән Пирназарова хәм корректоры Салима Қәдиримбетова да қәте ушын жууапкер.
Бул китаптың тийкарғы дүзиушилери Ш. Әбдиназимов, Ж. Успанова, Х. Абдижаппарова, Н. Сахиева, М. Тилеуоваларда "министрдиң қол-аяғы болған биринши орынбасар орны он айдан бери вакант" сыяқлы бәнеге мүрәжат етиуи орынсыз.
Негизинен кемшиликсиз ис болмайды. Деген менен мектеп сабақлықлары бойынша қәте жибериуге хеш кимниң хақысы жоқ. Бул ибаратлы исте билимлендириу министринен баслап, әпиуайы баслауыш класс оқытыушысы да жууапкер. Хәр бир педагог балаларымыздың тыянақлы билим алып, мәмлекетимиздиң жарқын келешеги ушын хызмет етиуи шәрт.
Бундай қәте-кемшиликлер тек ғана биринши класс сабақлықларында ушырасып атырмағанлығы аянышлы.
Буған бирден бир себеп, қарақалпақ тилиндеги мектеп сабақлықларының Ташкент типографияларында басылып шығып атырғанлығы болса, екиншиден, редактор хәм корректорлық хызметиниң республикалық билимлендириу орайына берилгенлигинде көринеди. Бул орайдағы хызметкерлер улыума редакторлау, корректорлық иси менен бурыннан шуғылланбағанлығы салдарынан кемшиликлер орын алмақта.
Усындай бийабырай етерлик истиң алдын алыудың бирден бир жолы Қарақалпақстан Республикасында китап баспасына мүнәсип заманагөй типография өндирисин жолға қойыу бүгинги күнниң зәрүр шәрти болып табылады.
@ustazplus
👍4
Устазлар пикир айтқанда

Ана тили ҳәм оқыў саўатқанлығы китабы хаққында (2-класс)

Сабақлықлар бойынша ҳәр оқыу жылында муғаллимлер пикир билдиремиз.Бирақ жылдан -жылға сабақлықлардағы кемшиликлер артып кетти.Быйылғы (2021-жыл .Дүзиўшилер Ш Абдиназимов ,Б Қутлымуратов, З Исмайлова , П Салиева , Г Қутлымуратова) 2-кластың Ана тили ҳәм оқыў саўатқанлығы китабында бурынғы ана тил ҳәм оқыў пәнин қысқартып бир пән ,бир китап болып шықты. Жане китап оқыў жылы басында тайын болмады деп, екинши шерекке шекем оқыўшыларға берилмеди .
Ана тили ҳәм оқыў сауатқанлығы китабы бойынша айтатын болсақ , бул китап ишинде дерлик ҳәмме пән бар. Тәбияттан ҳайўанатлар дуньясы да,жәнликлер дуньясы бари бар.Сүўрет пәнинен реңлер дуньясы бойынша да ,технология пәнинен де темалар бар улыўма бир сабақлықты баслаўыш класслардың барлық пани менен байланыстырған, бул оқыўшыларды шалғытып атырғанын көрип атырмыз.Басқа пәнлер менен байланыстырғаны жақсы, бирақ ҳәриплердиң жазылыўы, сөздеги өзгериўи бойынша улыўма берилмеген.Айрым устазлар пикир билдирип атыр , муғаллим буларды өз шеберлигинен келип түсиндириў керек деп.
Муғаллим түсиндирип өтиўи мүмкин , бәрибир сабақлықта булар жоқ болса, оқыўшы толық түсиникке ийе болмайды.Себеби, ана тили ҳәм оқыу саўатқанлығы китабында бундай темалар берилмеген.
2-класста ана тилинде ҳәриплердиң жазылыўы және де өзгериске ушырайтуғын ҳәриплер Қ-Ғ , П-Б, К-Г
жазылыўы , гәптеги сөзлердиң дурыс қолланыўы ,мәниси бойынша үйренилип барылатуғын еди.Бул оқыўшылардың жазба саўатлылығын раўажландырып барады. Ана тили ҳәм оқыў сауатқанлығы китабына тәбият, сүўрет , экономика ,тарийх пәнлерин қосып бир сабақлық етип оқыўшыларды өз ана тилин толық түсинбей атырғанда бундай байланыстырыўлардың не кереги бар.
Оқыўшыларға билим берип барыўымызда сабақлық тийкарғы көргизбемизге киреди.Сабақлыққа тийкарланып теманы өз шеберлигимиз бенен оқыўшыларға жеткерип бериў биз устазлардың баслы мақсетимиз.
Жан күйдирип пикир билдирип атырған устазлар өзлерин емес оқыўшылардың ертеңги келешегин ойлап атырған шығар.Пикир билдиргени сабақлықтан шеберлик пенен пайдалана алмайды дегени емес мениңше.
Со (усиликалық қолланба) келмей атырып -ақ әлипбени шеберлик пенен кемшиликлерин билдирмей жеткерип берген устазлар.
Енди ойлап көриң , егерде мектепте муғаллим сабақ ўақтында (усиликадай) усындай үлкен қәтеликке жол қойса қандай пикир билдирген болар екен?
Авторлар күйип писип өзлерин ақлап атыр ,пикир билдиргенлер бәри сабақ өтеалмай жүрген муғаллимлер деп. Демек ҳеш үндемей сол сабақлықлардан ,яки усиликалық қолланбалардан пайдаланып өтсек саўатлы муғаллим боламыз ба?
@ustazplus
👍11
Qollanba atı ózgertildi!
👍1
Устазлар пикир айтқанда

Kim bolsańızda Assalawma áleykum.Saw barsız ba?
Biz qálemedikpe ? - ózimizde tipografiya bolıwın.Álbette,kerek,sebebi óz biyligimiz bolsa, erkinligimiz bolsa....
Leken ápiyayı muǵallimlerdiń shırlaǵanı menen qollap-quwatlawshı istiń kózin biletin basshı qáne.Xalqım ushın xızmettemen,xalqıma tipografiya óndirın jolǵa qoyıwǵa bel baylaytın basshı qáne.Neshe jıllardan berli,sabaqlıqlar ústindegi qáteler aytılsa da.Kelesi oqıw jılında sonday bolıp keldi.Qáne klass basshılar... deńdi. Ash-qulaqta ,tınısh qulaqqa ótti,aqırı bári.
Qaraqalpaq xalqı da kórkeymekte,xalıq sanı allaǵa shúkir óspekte.Bizge ózimizde sabaqlıqlardıń shıqqanı ketek.Eger bizdi tıńlaytuǵın,esapqa alatınlar bar bolsa.Sol sabaqlıqlardı shıǵaraman dep qansha waqıtları ketip atır.Bul kimge payda,kimge zıyan... Bunı ózlerińizde aytpayaq bilesizler.Mende baslawısh klass muǵallimimen.Atımdı jasırıpta otırmayman. Keleshek áwladttıń sawatlı bolıwın qáleymen.Qánekey endi,barlıq sabaqlıqlar qátesiz qolaylı bolsa eken.Muǵallimlerge metodikalıq qollanbalarda kerek.Seniki qáte,meniki duris dey bergennen ne shıǵadı.Ońıń ornina Ministirlik tárepten nege soralmaydı.Tipografiya álbette xalıq xızmetine kerek dep.Bir qansha dáleller menen kórsetilip talap etilmeydime?
Xalmuratova R
@ustazplus
Устазлар пикир айтқанда

Салем. Мен типография я баска зат тууралы айтып атканым жок. Жане ол☝️менин пикирим емес. Менде оны баска каналдан алып усы жерге тасладым, бирак айтып койганы дурыско. Мейли кате баспаханадан кеттиме я китап шыгарыушылардан ба,белгисизго. Сонда ла айтайын дегеним, асиресе 2-кластын китабы. Ана тили хам окыу сауатханлыгы пани хаккында. Не дегенине, мазмунына анык тусинип алган адам барма усы баслауыштын ишинде. Бир зат десен болды тек, дарриу шыга келеди, оз ойыннан токып шыгарып,фантазиянды иске салып сабакты кызыклы етип от деп. Хешбир мугаллим де сабагын зеригерли ямаса айтеуир уактым отсе болар деп отпейтин шыгар. Сонша халыктын баласын исенип тапсырганнан кейин,албетте харбир мугаллим ози ушын ак сабагын👍 етмп отиуге тырысады. Ал енди усы быйылгы тазадан шыккан китап бойынша айттын барго я, болды ТАМАМ!!! Сен сабак отиуге,окыушыларды кязыктыра алмайтугын бир ериншек пе ямаса не деймиз, косжакпас па, айтеуир сондай мугаллим боп каласан усы жерде отырган айырым "биреулерге" . Бурынгы китабымыз кандай 👍зор еди, айта берин. Ана тили оз аты менен ана тили пани. Бунда окыушыларга тил илиминин баслангыш турлери, атап айтканда: гаптин 1- хам 2-дарежели агзалары, олардын кагыйдалары, сораулары, сол агзаларды гап ишинен тауып,астын сызыу каделерине шекем уйретилетин еди. Ал хазир не? Тек кунде сууретке карап отырып гап куран,сорау койын,дауыслы хам дауыссыз сести табын деген сорауларды тапсырма етип бере беремизбе? Асиресе,2-класта ана тили панинде айырым дауыссыз сеслердин жазылыуы, созде ушырасыу орны,сондай-ак б-п,в-ф,ж-ш х.т.б сеслердин созлерде ушврасканда айтылыуы хам жазылыуы,еситилиуи деген кагыйдаларды ядлатып, окыушылар бираз маглыумат алар еди. Кайдем, бул менин жеке пикирим. Енди бир усыныс айтайын десен, дарриу кызыклы етип ашык сабак отип бер,корейик деп шыгады усы китапка АНЫК байланысы барлар. Иен калеген уактымда отип бераламан,коркатын жерим жок. Мысалы мен ойлайман, хешбир мугаллимде коркпастан аркайын отеди ашык сабакты. Ойтип ашык сабак отип бер демесе де, неше жылдан бери талай рет ашык сабакларды 👍етип отип журген мугаллимлерго хаммесиде бул жердегилердин. Жане сиз мени атын жасырып отыр деп ойласаныз, кателесесиз. Ол озимнин калеуим.
@ustazplus
👍11
Устазлар пикир айтқанда

Сапура Сапарова:
Билим тийкары баслаўышта.

Ҳәзирги ўақытта Президентимиз Шавкат Мирзиёев мектеплерде тәлим ҳәм тәрбияны түптен өзгертип раўажландырып барыў тийкарғы ўазыйпамыз деп қойып атыр, оқыўшылар мектеп пайытында шет тилдиде анық үйренип шығыўы керек, бул бәрше билимлендириўге жуўапкершилик болып есапланады. Солай екен биз жоқарыда сөз етилип атырған <Әлипбе> сабақлығы бойынша <Методикалық қолланба> ның <Усиликалық қолланба > болып өзгерип кетиўи таң қалдырды. Сонша мийнетлери менен усы қолланба бойынша мийнетлери кеткен, аты аталып өтилген устазлардың сонша мийнетлери бар сонда бундай дәрежеде бийпарўа болып кеткен баспахана хызметкерлери екенлиги анықланды, мойынларына қойылған. Минекей усындай бийпарўалық қандай жолларға алып келингени қысыныспаға түсип атырған китап авторларына аян. Билимниң тийкары баслаўышта деп бийкарға айтылмаған, себеби жайдың тырнағы (фундамент) беккем болмаса тез тозып қулайтуғыны анық, солай екен әсиресе 1-класқа ақ қағаздай болып алдымызда көзлери жаўтаңлап отырған перзентлеримизге биз анық билим берип барыў жолларына тийкар қолланба, китаплардан пайдаланыуымыз керек. Бул жерде китап жазған устазлардан кеширим сорайман себеби биз билимлендириўде (алжаспайтуғын жақ, сүринбейтуғын туяқ болмайды) деген сөзлерди қолланбаймыз, себеби билим бериў изге қарай қайтыўға болмайтуғын, қайта балалар ушын қосымша жаңалықлар менен оларға тереңлестирип билим бериў болып есапланады. Баслаўыш кластың китапларындағы қәте кемшиликлер туўралы жоқарыда айтылған пикирлерге қосыламан, жетискенликлериде бар. Минекей усындай етип биз тек қәте кемшиликлер ҳаққында жылда айтып барамыз, мектеплергеде усыныс жазың дейди жазып берип жиберилип атыр негедур бундай пикирлер таўсылмайды, қайта жанланып бүгинлигинде <Усиликалық қа > айланып кетти. Неге дегенде булда итибарсызлықтан деп ойлайман. Себеби барлық истиң басы қасында дыққат итибарлы басшы болыўы шәрт, себеби бул келешегимиз даўамшылары болған перзентлеримиздиң келешеги болып есапланады <Не ексең соны орасаң> деп бийкарға айтылмаған. Биз балаға не үйретсек сол тийкарында көнлигеди. Солай екен бул мәселеде Билимлендириў Министрлигиниң итибары үлкен әҳмийетке ийе, себеби шығарылып атырған китаптың қандай бағдарда исленип атырғанлығы, қәте кемшиликлерин көзден өткерип биргелесип тийкарғы шешим менен китап баспасына усынылса мақсетке муўапық болған болар еди. Минекей усындай бийпарўалықтың кесири жети журтқа тийип атырғаны мәлим болып тур. <Сын дүзелмей, мин дүзелмейди> дегендей биз ҳәр бир исти сырттан емес туўыры айтып барылмаса еш зат дүзелмейди. Айырым баслаўыш класс оқытып атырған устазлар китаптағы қәте кемшиликлерди айтыўға қорқады себеби неге сен өйтип айттың деп басшылар изимизге түседи дейди. Мен 36 жыл баслаўыш класс муғәллими болп ислеп пенсияға усы жылы шықтым, енди үгит-нәсиятшы болып ислеп атырман. Мен әсиресе баслаўыш класс ушын жаным ашыйды. Бул жердеги тийкарғы мақсет китапларды Ташкентке емес өзимиздеги Нөкистеги баспахананың ислеўин жолға қойып, шығарылатуғын китаплардан басында турып ислеткенде жақсы болар еди. Сонша қаражетти шығарып материялы жақсы қағазларға китаплар шығарылса деймен, китапты қалай исленип атырғанына, итибар менен қарап, жақыннан хабар алып басқада машқалалар болмаўына пайдасы тийери сөзсиз ҳәм өзимиз бундай қысыныспаға түспеген болар едик. <Методикалық қолланба> атын өзгертиў шәртпе еди, егер өзгериўи керек болса усы жақта жазып жиберилиў керек еди, болмаса аты орнында тура берсин (Усыл қолланба> ямаса усыл тәжирийбе)

✍Соның менен бирге ғалаба халық қуралы болған газетамыз <Устаз жолы> газетасының халқымызға еткен хызмети 30 жылдан асты. Усы ўақыт аралығында елимизге белгили зиялы инсанлар қолларынан дөрелген мақала, қосық, дөретпелер жәрияланып келди, соның менен <Устаз жолы> деген аты менен танылған газета болды. Енди бүгинликке келип бул газетаға устазлардың бийпарўа қараўы булда Билимлендириў Министримиздиң дурыс жол жоба бермей бийпәрўа қарап барыўында болып тур.
👍5