ustaz+
27 subscribers
136 photos
30 videos
7 links
Қызықлы мағлыуматлар, жәмийетлик турмыстағы уақыяларға мүнәсибет
Download Telegram
Усыны биреў анекдот түринде айтқанда да исенбес едим. Бирақ… саў болың авторлар. Сизлерден өтиниш, куб формасындағы мәйек туўатуғын таўық жаратыў бойынша ислеп атырған «илимпазларға» қатырып бир усиликалық қолланба жазып бериңлер…қуда қалесе шнобель сыйлығын аласызлар.

Бахыт Жоллыбеков
@ustazplus
👍4
Zliyxa:
Assalawma aliykum.Men Xojeliden baslawish klass mugallimi Joldasova Zliyxaman.Men biyil 1-klass oqitip atirman.Alipbe kitapti oqitiwda qiyinshiliqlarga dus keldik.

Birinshiden alipbe kitapta hariplerge arnalgan suwretler Qaraqalpaqstan rayon atlari menen berilgen.Jana oqip uyreip atirgan balaga bul rayon atlarin oqiw qiyinshiliq tuwdiradi.Olarga apiyawi,kunde korip jurgen apiwayi narselerdi oqip uyrengeni jaqsi bolar edi.Olarga rayon atlarin hazir alipbe kitaptan oqiw shart emes edi.Dawisli ham dawissizdi ayirip bilsin.Biraq seslerdi juwan ,jinishkege unli unsizge ayiriwdi uyretiw qiyinshiliq tuwdirdi.Olar bulardi uyrene almaydi.Tekstler kolem jaginan ulken.Bul alipbe kitap talapqa juwap bermeydi dep oylayman.
@ustazplus
👍3
Бурынғы "Әлипбе" китабының биринши муқабасынан баслап ақ он алты ҳәрип сүўретлери менен жайластырылатуғын еди. Сол сүўретти көрип ақ оқыўшы алма дегенде "А" келеди деп баслар еди.
2021-жылғы басылымдағы :"1SENTYABR-ÓZBEKSTAN RESPUBLIKASÍNÍŃ ǴÁREZSIZLIK KÚNI" темасына байланыслы таңлаған сүўрети маған унады. Себеби пайтахтымыздың көриниси анық сәўлелениўин тапқан. Сынап көриў мақсетинде мектепке жақын жерде ойнап жүрген балалардың ишинен қайсысы 1-класс екенлигин сорап билип алдым ҳәм еки Әлипбениң де усы темаға бацланыслы бетин ашып көрсеттим және қайсы бири саған унады? деп сорадым. Бала суқ саўсағы менен 2021-жылғы китапшаны көрсетти.
Балам,не ушын саған екинши китап унады десем:
-қуяш,аспанда пәрўаз етип атырған қуслар, желбиреп турған байрақлар,ондағы жулдызлар,имаратлар, Ақ сарай,ондағы бабамыздың ҳәйкели,тереклер ,олардың жасыл тәбиятымызға көрик берип турғанлығын, ғәрезсизлик күнинде балалардың " миллий ойынлардың бири "Шабандоз" ойынын ойнап атырғанлығын әстен ғана айтып берди. Қасымдағы бирге шыққан устаз да берген жуўапларына ҳайран қалды.
Қой,бул баланы ойынынан қалдырып,көп ирке бермейик деп ,мектепке қайттық.
Және китап бетлерин ашып,салыстыра басладық.
"Алтын қағыйда" жүдә жақсы берилген Себеби биз балаға биринши қәдем қойған күнинен баслап отырыў әдебин,ручканы қалай услаў әдебин үйретемиз. Дурыс,бирең-сараң шеп қол менен жазатуғынлар ушырасып турады. Сол оқыўшыларға да ручканы қалай услаў қағыйдасы жүдә жақсы берилген "Мектепте өзин тутыў қағыйдалары" да жүдә орынлы, қосық қатарлары реңли сүўретлер менен уйғынласқан. Гүз мәўсиминдеги сүўретлерди де жақсы түсиндирсек болады. Себеби бир ғана сүўреттиң өзин оқыўшыға жетик түрде түсиндириў оқытыўшының шеберлигине байланыслы деп ойлайман.
"Мениң шаңарағым" ҳәм "Туўысқанлық қатнаслары" темалары да математика менен байланыстырылып жазылған. Бул арқалы оқыўшы өзлериниң шаңарағындағыларды санап,ҳәтте айырымлары олардың неше жаста екенлигин де айтып бере алады.
Ҳәриплерге келетуғын болсақ, 10 беттен басланған. Сүўретлердиң жайластырылыўы жақсы, ҳәтте математика,тәбиятымыз бенен де байланыслы жақсы таңланған,Бирақ ҳәрип жасырылған кетекшелер мениңше бурынғы китаптағы сыяқлы ақ болғаны мақул болар еди. Себеби қара қәлем менен жазылған жағдайда ҳәрип анық көринип турғаны жақсы деп ойлайман.
12-бетте "Nn"ҳәриби берилген. Суўретлер жақсы берилген,бирақ бунда да жасырынған ҳәрипти муғәллим қара қәлемде жазып көрсеткенде анық көринип турғаны мақул деп ойлайман.
"Tt"ҳәрибине байланыслы қосық қатарлары оқыўшыға аўыр келеди. Өйткени бир класта 30,32 оқыўшы болса, биримлеп оқытып отырыўдың өзи болмайды. Соның ушын сабақтан кейин сорап үлгере алмай қалған оқыўшыларымызды алып қалып,сорап отырамыз. Мәселен:мектебимизде 37 оқыўшысы менен оқытыўшымыз қатты қыйналды. "Оо" ҳарибине байланыслы 17 бетте де сол жағдай. Мениңше екинши бетине де сүўретлери менен қоса азырақ тапсырма жазылыўы керек.
20-беттеги "Ll" ҳарибине байланыслы Лампочка керек емес деп ойлайман. Иләжы болса қарақалпақша атамадағы мысаллар қойылғаны мақул. Унаған жери Өмирбек лаққының сүўретин сораў ретинде қойғаны унады. Өйткени кишкенелигинен баслап өзимиздиң Өмирбек лаққы ҳаққында билип,танысып барғаны мақул. Енди қолланбаны өзим еле көргеним жоқ,егер Өмирбек лаққы ҳаққында түсиник берилген болса,онда жүзикке қас қондырғандай болар еди.
"Bb" ҳәрибине келетуғын болсақ,ондағы сүўретлер де ,сөзлер де жақсы,бирақ балаға сәл көплик етеди деп ойлайман. Өйткени тап усы ҳәрипти өтип атырған күни беккемлеў сабағына кирип,анализ жасағанман. Баланың үлгерип,бәрин оқыўы көп ўақытты алып атыр.
"Qq" ҳәриби балаларға қолайластырылған, сүўретлери де ықшам.
"Rr" ҳәриби берилен сөзлерди де сәл ықшамластырыў керек.
"Ss" ҳәрибине байланыслы сөзлер де бираз көплик қылады,себеби бул ҳәрип бойынша басқа муғәллимлердиң де пикирин тыңладым.
👍1
33-беттеги "Taqıyatas-bay rayon" деген сөздеги ",bay"деген сөзди өзгертсек қәйтеди?
Болмаса сүўретлер де,сөзлер де жақсы,унамлы дәрежеде.
"Mm"ҳәрибине байланыслы сөзлери унады,әсиресе:"Aral qayaqta?
Moynaqqa qalay baramız?
Qarma- ?
Ҳәзирги күнде балалар Мойнақ ҳаққындағы өзгерислерди,жақсы жаңалықларды жақсы биледи,себеби Мойнақ ҳаққында ата-аналары айтысатуғынлығы анық.
"Dd"ҳәрибине байланыслы дигирманның сүўретин киргизгенлиги унады,себеби дигирман қандай нәрсе?
Оннан ата+бабаларымыз қалай ҳәм не ушын пайдаланғанлығы ҳаққында оқыўшыға айтып өтеди Бул арқалы дәстурханға нан болып таяр ҳалына келемен дегенше дийханлардың аўыр мийнетлери менен танысады ҳәм нанды қәдирлеў кереклиги бойынша түсиниги және де кеңейеди.
"Zz" ҳәрибине келетуғын болсақ, "Bozataw"ҳаққында қосқаны мақул,бирақ сөзлер бираз көбирек,балаға аўырлық етеди.
"Ǵǵ"ҳәрибине байланыслы өзгерислерге келсек, зағара,ғозалардың сүўретлерин қосқанлығы унады.
"Ee" ҳәрибине келетуғын болсақ, "Ernazar batır" темасындағы сөзлер көбирек болғанлығы ушын,баланың үлгериўи ушын көп ўақытты талап етеди. Ерназар батыр ҳаққындағы мағлыўмат методикада берилип,муғәллимниң қосымша түсиндиргени мақул деп ойлайман
"Íi" ҳәрибине байланыслы "Internette" атлы тема да 1-класс балаларға аўырлық етти. Мениңше сөзлерди қысқартып,ықшамластырыў керек.
"Shsh" ҳәрибине байланыслы "Hápte kúnleri" атлы қосық қатарларын тек қолланбаға киргизип қойсақ қалай болар екен?
Себеби мынаның бәрин оқыўым керек,муғәллим айтты деп қыйқаң салып,жылағанын еситкенмен. Алты куплет балаға бирден оқып келиўге аўырлық етеди. Өйткени 62-бетте берилген тапсырманың өзи жеткиликли,бирақ ҳәпте атларын атамасы менен қойылғанлығы орынлы.
"Ff"ҳәрибине келетуғын болсақ "Qaraqalpaq folklorı" темасын қосқанлығы жүдә орынлы болған.
Улыўмаластырып айтқанда китапты баспадан шығармастан алдын жети рет өлшеп,бир кесип дегендей,бәрше-бәрше тәжирийбели муғәллимлер мойынларын тарта бермей,өз пикирлерин ашық айтыўға әдетленсе,мақсетке муўапық болар еди. Себеби бизде бир жаман әдет бар, ис питкеннен кейин ақыллы болып,айға балта ылақтырамыз,. Ҳүрметли баслаўыш класс устазларым. Сизлерден илтимас,ендиги жағында бир жағадан бас,бир жеңнен қол шығарып,"Әлипбе" китабымыз ушын өз билгенлеримизди,усынысымызды ашық,айдын айтыўға әдетленсек!
Ҳүрмет пенен Гулжамал Тилепова.
Нөкис қаласы
42-санлы мектептиң баслаўыш класс оқытыўшысы
@ustazplus
Forwarded from Аа Вв
Айтканнын да, жазганнын да 1тийнлык пайдасы жок. Усы быйылгы окыу жылы басланганнан сол гап болды. Бирак айырым биреулерге жакпады сол "асиресе китап шыгарыуга катнаскан,жазган хам рецензия берген"лерге. Мен корсетип откен кемшиликлерди айтсам, дарриу аузыма ургандай етип, "бизлер жазы менен куннин ыссысында не деген кыйналып жаздык оны, сенин озиннин фантазияна байланыслы сабакты отиу усылын" деп шыкты. Жане биреулери шыкты, "уай бай, мен бундай жаксы сууретли китап кормедим хеш, хар сабагымда озимнен хар кыйлы методларды пайдаланып отип атырман" дер. Бурынгы алипбе китабы да жаман емес еди менин ойымша кайдем. Неше жыл дауамында сол китаптан пайдалады хамме баслауыш класс мугаллимлери, быйыл мына китап шыгып еди, сразу бурынгы китап ондай еди,бундай еди,хазиргиси жуда жаксы зор екен десип. Кайдем,енди ол харкимнин озинин пикири,ал менин жеке пикирим, тап сол бурынгы китапка киргизсин еди, анык озгерис киргизиу керек болса. Жуда бир ондай айтарлыктай кемшилиги де жок еди.
👍4
Екинши класска сабак бердим баягы бир жыллыкта хайуанлар менен таныстырып атырман. Сойтип окыушыларга каскырдын сууретин корсеттим, мынау кандай хайуан рус.тили сабагы волк деди биреуи кк.тилинде кайтип айтылады десем бори дейдиго. Себеби китапта озбек тилинде бори деп жазылган. Соннан кейин ойланып калдым булар усы барысында каракалпакша атларында умытып кетедиго деп. Сол уакытта тусиндирип айтылдыго волк каскыр, лев шер емес арыслан екенлиги.
Қатийша Махаматдинова
@ustazplus
👍3
Катиша Махаматдинова солго, билип исленип атырган ис бари. Мектеплерге, институтларга программага киргизилди озб тили. Жаслардын коби араластырып сойлейди, каракалпакша катесиз жазып билетини аз. Коркынышлы жагдай. Неге билимлендириу министри хам сол тарау жумысларын дурыс ислемейди, усы мектеп китапларын дурыслап тексерип басыу ен биринши уазыйпасыго олардын!
Aysultan Saipova
@ustazplus
👍1
Билимлендириу министрлигинин абыройыда калмады. Министрде сонша кемшиликлер болсада мынк етпейди. Уялыу керекго. Министрлик сауаты томен авторларга переводка береди. Мектеп китапларынын барлыгы уайран. Кате коп. Хар бир китап ушын авторлар сырттан сауатлы илимий дарежели канигелерден пикир алыулары керек. Президент карарында да бул корсетилгенго. Егер мектеп сабаклыкларды институт хам универ профессор-окытыушыларына аудармага берсе максетке мууапык болады. Онда бул нызамлы турде болып шартнама дузеди. Аудармашыга айлык толенеди. Бирак бул министрлик ушын жакпайды.....
Кар Кар
@ustazplus
Әлипбедеги қәте-кемшиликте министрдиң "айыбы" жоқ😳
Себеби, оның "қол-аяғы" болған биринши орынбасары он айдан бери вакант...
@ustazplus
ustaz+
Әлипбедеги қәте-кемшиликте министрдиң "айыбы" жоқ😳 Себеби, оның "қол-аяғы" болған биринши орынбасары он айдан бери вакант... @ustazplus
"Ассалаума әлейкум!
Бириншиден, Республикамыздың билимлендириу тарауына жанкуйерлигиңиз ушын рахмет! Бирақ, Сиз дым төменде жүрсиз. Сол Сиз көтерип атырған машқалаларды шешиу бир министрдиң қолынан келмейди. Дурыс, Р.Реймовты халық билимлендириу министри етип қойды, бирақ, оның аяғы-қолы хызметин атқаратуғын Зам министрлеринен бүгинги күнге шекем журдай етип қойды. Яғыный, ең тийкарғы билимлендириу сапасына жууапкер министрдиң биринши орынбасары лауазымы он айдан берли вакант болса, министрликтиң жүреги саналған финанс хәм қурылыс ислери бойынша орынбасары лауазымы он төрт айдан берли вакант. Усы жағдайда билимлендириу министрлигиниң жумыслары қалай алға илгерлеуи мүмкин. Бул барыста "билимлендириу министри де керек емес" деп шықпаса болар еди.
усы күнге шекем министрдиң биринши орынбасары ўазыйпасы жүклетилген хызметкер бар.Бирақ, бул буйрық тек министр Р.Реймов ушын ғана, демекшимен, жоқары турыушы басқа шөлкемлер тәрепинен тән алынбаған ( министрдиң биринши орынбасары сыпатында хеш қандай хуқық берилмеген) еди.
ххххххххх хххххххх
9хххххххх
Соцаллық тармақларда мениң атым менен шықпайды деген үмитте қаламан." ( автор тексти илтимасына көре қысман редакцияланған).

Ақыл ҳайран, тил лал..

Республикамызда ең үлкен министрлик деп мақтаныш етемиз ( тараў хызметкрелери саны жағынан, сапасы жағынан деп түсинилмесин). Бирақ ең әҳмийетли орынбасар лаўазымлары ваканты нес? Пүткил Қарақалпақстанда бул лаўазымларға ылайық вакант қәниге жоқ болса, Өзбекстан көлеминде вакант таңлаў жәриялайық ?!



ҚР Жоқарғы Кеңеси орынбасары А. И. Давлетов !

Мектепке шекемги билимлендириў министри дерлик 6 айдан берли ў.ў.а., Халық билимлендириў министрликте министрдиң үш орынбасары лаўазымлары вакант болса, бизде билимлендириўде илгерлеў, сапалы нәтийже қайдан болсын ?
Бул узақ мүддетке созылған еки министрликтеги вакант лаўазымлар Ў.Ў.А.(ўақтынша ўазыйпасын атқарыўшы) деген "тамғадан" қашан қутылады ?

Ҳүрметли ҚР ЖК баслығы
М. К. Камалов !

Орынбасарыңыз А. И. Давлетов кадрлар мәселесин сонша ўақыттан берли үйренип шығыўға үлгере алмай атырған болса, жеке өзиңиз ҚР МШБМде министр ҳәм ҚР ХББ министрлигинде министр орынбасарлары вакант орынларға кадрлар тайынланыўын қадалаўыңызға алыўыңызды сорап қаламан !

Каналға ағза болыў:@hoja_uz
Àlipbe sabaqlıǵı

Mektepke eń dàslep qàdem qoyǵan oqıwshı qolına Àlipbe kitabın aladı. Bul súyikli kitabınan hàriplerdi tanıp, súwretlerdiń atların aytıp úyrenedi, sózlerdi qosıp oqıwdı, tekst, qosıq, jumbaq, jańıltpashlar menen tanısıp bilimin bayıtıp baradı.
Burınǵı Àlipbe kitaplarına qaraǵanda, 2021-jılǵı baspadan shıqqan kitap kóp ózgesheliklerge iye.
Kitap betleri reńli súwretler menen jaqsı islengen.
Dawıslı, dawıssız, juwan, jińishke seslerdi reńler menen ajıratıp berilgen. Olardı sabaq barısında úyretip barıw arqalı oqıwshınıń yadında kóbirek saqlanıp, seslerdi bir-birinen ajırata alıwına paydası kóp.
Sh hàribinde Hàpte kúnleri boyınsha qosıq altı kupletten ibarat. Oqıwshıǵa mazmunın túsindiriw hàm erkin pikirlewi ushın da bir tàrepten jaqsı bolıwı múmkin.
Rr hàribi ótilgen bette oqıwshı qız hàm balanıń artında taxtada yarım alma Apple sózi kórinip tur.
Yy hàribinde Yaqıp sózinde Pp hàribi ele ótilmegen.
Ss hàribinde Svetafor súwretinde sońında bir ketekshe qoyılmaǵan.
S hàribinen soń ashıq qızıl reń- jińishke dawıslı ses "e" hàribiniń ornına "v" hàribi tuwrı kelip tur.
59-bettegi keste.
Qq sesinde talaq sózi.
38-bette "ulıw" súwreti berilgen 2-klass Matematika sabaqlıǵında "suw ógiz" dep berilgen.
50-bettegi Kk kassir súwretiniń ornına Kk hàribinen baslanatuǵın súwret qoyılsa.
Ff hàribinde farsh, fakt sózleri oqıwshıǵa túsindiriwge qolaylı sózler berilse.
Cc ak-siya bolıp bólingen.
Qaraqalpaqstandaǵı rayonlar atları jaqsı berilgen, Respublikamızdaǵı rayon atları menen oqıwshılar da jaqınnan tanısıp baradı.
Sabaq ótken muǵallimlerdiń pikirinshe de, hàriplerge baylanıslı sózler kóp berilgen, hàrbir oqıwshıǵa oqıtıwda qıyınshılıq boldı degen pikirler bar.
Mambetniyazova Zamira
@ustazplus
Социаллық тармақларда Әлипбе китабы туўралы жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги тәрепинен
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ

Социаллық тармақларда Әлипбе китабы туўралы жәрияланған материал бойынша тийисли қәнигелер тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды. Үйрениў нәтийжеси бойынша тѳмендегилерди мәлим етип билдиремиз:
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 6-ноябрьдеги «Тәлим-тәрбия тараўын және де жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 4884-санлы қарары тийкарында Халық билимлендириў тараўында Миллий оқыў бағдарламасын енгизиў ҳәм жаӊа оқыў бағдарламасы тийкарында 1-11-класс сабақлықларын жаратыў ўазыйпасы белгиленип, 2021-2022-оқыў жылына 1-2-класс сабақлықлары ҳәм олардыӊ методикалық қолланбаларын жаратыў жумыслары алып барылды. Усы бойынша Өзбекстан Республикасы Бас министриниӊ орынбасары Б.Мусаев тәрепинен 2020-жыл 10-декабрьдеги «Улыўма орта билимлендириў мәкемелери ушын жаӊа әўлад сабақлықларын таярлаў ҳаққында»ғы 07-07/1-2472-саны менен тастыйықланған дизимге муўапық, усы сабақлық авторлары тастыйықланған.
1-класлар ушын “Әлипбе” сабақлығын оқытыў бойынша методикалық қолланба (муғаллимлер ушын) Ш.Абдиназимов, Ж.Успанова, М.Тлеуова, Н.Сахиева ҳәм Х.Абдижаббаровалар тәрепинен жазылып, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика билимлендириў орайына 2021-жыл 16-декабрь сәнесинде электрон көринисте тапсырылған. Деген менен, методикалық қолланбаның сыртқы бети (обложкасы) авторларға көрсетилмеген ҳәм басып шығарыў барысында авторлардан келисим алынбаған.
Тилекке қарсы, бул методикалық қолланба Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен көрип шығылмастан, ӨзРХБМ жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен туўрыдан-туўры Ташкент қаласындағы «Colorpak» баспасына басып шағарыў ушын усынылған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 26-февральдағы 108-санлы “Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика билимлендириў орайы жумысларын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Қарарында:
-Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги буйыртпасы тийкарында сабақлықларды жаратыўшы авторларды таңлаў, сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбалардыӊ бирден-бир макетлерин жаратыў;
-Жаратылған сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбаларды экспертизадан өткериў, билимлендириў тараўында қолланыў бойынша жуўмақ бериў;
-Улыўма орта билим бериў мәкемелери ушын сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбаларды жаратыў, экспертизадан өткериў, рецензия бериў ҳәм де оларға ис ҳақы төлеў мәселелери менен шуғылланыўы көрсетип өтилген.
Негизинде, сабақлықлар ҳәм муғаллимлер ушын методикалық қолланбалардың қарақалпақ тилиндеги вариантлары баспаға тапсырылыў ўақтында, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайыныӊ пән методистлери ҳәм экспертлери тәрепинен көрип шығыў ушын киритилиўи, Орайдыӊ илимий-методикалық кеңесинде қарап шығылыўы ҳәм де баспа тәрепинен ақырғы (сигнал) нусқасы тастыйықлаў ушын берилиўи мақсетке муўапық болған болар еди.
Сондай-ақ, Ташкент қаласындағы “Colorpak» баспасы тәрепинен баспадан шығарылған 1-класлар ушын “Әлипбе” сабақлығын оқытыў бойынша методикалық қолланбасының (муғаллимлер ушын) сыртқы бетинде (обложкасында) “Әлипбе методикалық қолланба” сөзи орнына “Әлипбе усиликалық қолланба” сөзи менен 1056 дана методикалық қолланба баспадан шығарылып, «Транспорт ҳәм логистика хызмети» мәмлекетлик унитар кәрханасыныӊ Қарақалпақстан филиалы тәрепинен район(қала)лық халық билимлендириў бөлимлерине тарқатылған.
Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика билимлендириў орайына Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайының 2022-жыл 13-январьдағы 98-санлы хаты жиберилди.
Бүгинги күнде 1-класс ушын “Әлипбе” сабақлығының методикалық қолланбасы район(қала)лық халық билимлендириў бөлимлеринен қайта жыйнап алынып, тийисли тәртипте қәте-кемшиликлерин сапластырыў ҳәм методикалық қолланбаныӊ сыртқы бетин (обложкасын) қайтадан шығарыў режелестирилмекте.
Сондай-ақ, методикалық қолланбаны таярлаўда жуўапкершиликсиз қараған тийисли хызметкерлерге нызам шеӊберинде интизамий шара қолланылады.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Мәлимлеме хызмети
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириу министрлигиниң Рәсмий Мүнәсибети менен таныстық, лекин бул мүнәсибет усы уақытқа шекемги "Устаз жолы" газетасы тәрепинен берилген сын мақалаларға берилген дәслепки жууабы болып есапланады. Алдын газета тәрепинен айтылған мектеп сабақлықлары бойынша билдирилген бир неше қәте кемшиликлерге жууапты ким береди екен?! Яки олар және көширип басып отырған блоггерлер посты бойынша сол екилемши дереклерге жууап берип отырамекен?
Бул мениң нәзеримде билимлендириу тарауын сәулелендирип киятырған "Устаз жолы" газетасын Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириу министрлиги министринен баслап, барлық хызметкерлериниң алып оқымайтуғынлығынан, тарау жаңалықлары, қәте-кемшиликлерине, онда жәрияланған устазлардың жетискенлиги, сабақ исленбелери, мақалалары менен қызықпайтуғынлығынан дерек береди.
Сын пикирдиң тийкарғы дереги қайсы мәнзил екенлигин аңламаған министрликтиң бул шешимин қалай түсиниуимизге болады.
@ustazplus
👍3
Алдағы уақытта Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириу министрлигинде ислеуши лауазым ийелери, районлық (қалалық) халық билимлендириу бөлими баслықлары, орынлардағы мектеп директорларының "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы менен турақлы танысып барыуы бойынша мағлыуматты аудитория нәзерине усынамыз.
@ustazplus
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Артел кәрханаларының шақы бар ма?!
@ustazplus
УСИЛИКАЛЫҚта баспахана айыплы ма?!

Тақыр жерде буғыудың әдисин ең епшиллерде алалмайды. Себеби, типографияның уазыйпасы автор тәрепинен берилген өнимди шығарып бериу болып есапланады.
Узын гәптиң келтеси, бул китапқа авторлық ийелик хуқықы (бул хуқық муқабаның ишки бети төменинде шеңбер ишиндеги С хәриби менен РЕСПУБЛИКА БИЛИМЛЕНДИРИУ ОРАЙЫ, 2021. деп аттың қасқасындай етип көрсетилген) берилген адам, шөлкем, мекеме жууап береди.
Буннан тысқары, китаптың редакторы Гүлжәхән Пирназарова хәм корректоры Салима Қәдиримбетова да қәте ушын жууапкер.
Бул китаптың тийкарғы дүзиушилери Ш. Әбдиназимов, Ж. Успанова, Х. Абдижаппарова, Н. Сахиева, М. Тилеуоваларда "министрдиң қол-аяғы болған биринши орынбасар орны он айдан бери вакант" сыяқлы бәнеге мүрәжат етиуи орынсыз.
Негизинен кемшиликсиз ис болмайды. Деген менен мектеп сабақлықлары бойынша қәте жибериуге хеш кимниң хақысы жоқ. Бул ибаратлы исте билимлендириу министринен баслап, әпиуайы баслауыш класс оқытыушысы да жууапкер. Хәр бир педагог балаларымыздың тыянақлы билим алып, мәмлекетимиздиң жарқын келешеги ушын хызмет етиуи шәрт.
Бундай қәте-кемшиликлер тек ғана биринши класс сабақлықларында ушырасып атырмағанлығы аянышлы.
Буған бирден бир себеп, қарақалпақ тилиндеги мектеп сабақлықларының Ташкент типографияларында басылып шығып атырғанлығы болса, екиншиден, редактор хәм корректорлық хызметиниң республикалық билимлендириу орайына берилгенлигинде көринеди. Бул орайдағы хызметкерлер улыума редакторлау, корректорлық иси менен бурыннан шуғылланбағанлығы салдарынан кемшиликлер орын алмақта.
Усындай бийабырай етерлик истиң алдын алыудың бирден бир жолы Қарақалпақстан Республикасында китап баспасына мүнәсип заманагөй типография өндирисин жолға қойыу бүгинги күнниң зәрүр шәрти болып табылады.
@ustazplus
👍4