✈️ НӨКИС - СТАМБУЛ - НӨКИС жөнелисине 20% шегирме
Тек ғана 1 күнлик АКЦИЯ!!!
Ертең, 27-июнь күни "Uzbekistan Airways" Нөкис - Стамбул - Нөкис жөнелисине 20% шегирме жәриялады.
Дерек: @uzbekistanairways
👉 t.me/turizm_kr
Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube

Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине
Қәдирли дослар!
Бәринен бурын сизлерди 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни менен қызғын қутлықлаймыз.
Жәмийетимизде демократиялық қәдириятларды қарар таптырыў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған социаллық-сиясий процесслер, ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында оператив ҳәм дурыс мағлыўматларды жеткериўде сиз, ғалаба хабар кураллары хызметкерлериниң пидәйи мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.
Сизлердиң мийнетлериңиз себеп, мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары халқымыз турмысына жақын болып, елимиздиң жаңа демократиялық көринисин қәлиплестириўде оғада әҳмийетли орын ийелемекте.
Биз жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, өмир ҳәм кәсиплик тәжирийбеңизди жасларға үйретип, заманагөй пикирлейтуғын, Ўатан ҳәм халқымыздың мәпин муқаддес деп билген саламат ҳәм кәмил әўладты тәрбиялаўда сизлердиң мийнетиңизге сүйенемиз.
Сизлерди Ғалаба хабар қураллары күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Өзбекстанның туризм имкәниятлары Қытай-Евразия көргизбесинде инәм етилмекте
Усы күнлери Қытай Халық Республикасының Урумчи қаласында Қытай-Евразия көргизбеси болып өтпекте.
Бунда Туризм комитетиниң басламасы менен Өзбекстанның туризм имкәниятларын кең аудиторияға ашып бериўши презентация көрсетилди.
Презентацияда Қытай туристлик базарын тартыўда әхмийетли болған өнерментшилик өнимлер, гастротуризм, медициналық туризм, агротуризм, экстремал таў туризми, соның менен бирге, тарийхый естеликлер ҳәм сафари туризм имкәниятлары да кең үгит-нәсият етилди.
Мағлыўмат орнында, соңғы жылларды Қытайдан мәмлекетимизге кирип келип атырған туристлер саны бир неше есеге асып бармақта. Бул бойынша Өзбекстанның тарийхый қалаларынан Қытайдың бир қатар провинциаларына тўрыдан-туўры авиарейслердиң әмелге асырылып атырғанлығы әҳмийетли орын тутады.

Өзбекстанның туристлик потенциалы Россия телеканалларында еледе кең ўгит-нәсият етиледи
Туризм комитетиниң жәрдеминде усы жылдың 22-28 июнь күнлери “Первый канал” телеканалының кең аудиторияға ийе болған “Жизнь других” көрсетиўиниң дөретиўшилик топары Өзбекстанға келди.
Көрсетиўди сүўретке алыў ушын баслаўшы Жанна Бадоева басшылығындағы сүўретке алыў топары елимиздиң туризм потенциалын Россия Федерациясына кең үгит-нәсият етиў ҳәм бул мәмлекеттен келетуғын туристлер санын еледе асырыў мақсетинде бул сапар Самарқанд қаласының дыққатқа ылайықлы орынларында болды.
Сүўретке алыў процессинде Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министри Азиз Абдухакимов елимиздиң туристлик имкәниятлары ҳаққында кең көлемли мағлыўмат берип өтти.
“Жизнь других” көрсетиўи 2019-жылдын берли эфирге берилип, бүгинги күнде көрсетиўдиң улыўма тамашагөйлер саны 250 милионнан асады.
Дерек: Uzbektourism.uz

Бүгин саат 21.00де Игорь Савицкий музейи майданында “Eurasian Creative Week” VIII халық аралық фестивали шеңберинде "Жипек жолы ғәзийнеси" атлы илаж өткериледи.
Илажда бүгинги күнде музейде сақланып атырған ҳәмде сырт елли художниклер картиналарының проекция арқалы өзгеше форматтағы көргизбеси өткериледи. Иммерсив форматтағы бул көргизбе даўамында жанлы ҳаўаздағы концерт бағарламасы да болып өтеди.
👉 t.me/turizm_kr
Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Илажда бүгинги күнде музейде сақланып атырған ҳәмде сырт елли художниклер картиналарының проекция арқалы өзгеше форматтағы көргизбеси өткериледи. Иммерсив форматтағы бул көргизбе даўамында жанлы ҳаўаздағы концерт бағарламасы да болып өтеди.
👉 t.me/turizm_kr
Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Туризм тараўында жаңа стандарт қабыл етилди
Туризм комитети жанындағы “Туризм тараўында стандартластырыў” техник комитети тәрепинен “Туризм хызметлери. Модулли мийманханалар”. Классификация түрлери” миллий стандарты ислеп шығылды.
Миллий стандарт модули мийманханаларды классификациялаў системасын белгилейди.
Модулли мйиманханаларды тайыпалар бойынша классификациялаў төмендеги талаплар комплекслерине тийкарланған:
- имәратлар ҳәм оған тутас аймақ
- техникалық қураллар ҳәм әсбап-үскенелер
- номерлердиң санитар-гигиеналық үскенелер менен тәмийинленгенлиги
- номерлердиң техникалық үскенелер менен тәмийинленгенлиги
- номерлерди мебель ҳәм инвентарь менен тәмийинленгенлиги
- улыўмалық пайдаланыў ушын санитария объектлери
- жәмийетлик орынлары
- хызметлер
- аўқатланыў хызметлери
- жумысшылар ҳәм олардың таярлық дәрежесине болған талаплар
Тайыпалар үш түрге болинеди: “I”, “II” ҳәм “III” – тайыпа.
Жаңа стандарт 19-август күнинен енгизиледи.

Қәдирли жаслар!
Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды - Жаслар күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Мине усындай қуўанышлы күнде ең дәслеп соңғы жылларда елимизде жаслар менен ислесиўде жаңа система жаратылғаны, ул-қызларымыздың жәмийетлик белсендилиги, Ўатан ҳәм халық тәғдирине болған сезиминиң күшейип баратырғаны, жаңа Өзбекстанды қурыўда наўқыран әўладларымыздың мүнәсип қатнасып атырғаны айрықша атап өтиўге ылайық.
Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, олардың арзыў-умтылыслары, қәбилетин жүзеге шығарыў алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли ҳәм баслы жөнелиси болып, бул жолда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Әзиз жаслар!
Оқыў-үйрениў, турақлы излениў, илимге, раўажланыў шыңларын ийелеўге умтылып жасаў барқулла жолдасыңыз болсын.
Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге жаңа шеклер, бахыт ҳәм әўмет тилеп қаламыз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды - Жаслар күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Мине усындай қуўанышлы күнде ең дәслеп соңғы жылларда елимизде жаслар менен ислесиўде жаңа система жаратылғаны, ул-қызларымыздың жәмийетлик белсендилиги, Ўатан ҳәм халық тәғдирине болған сезиминиң күшейип баратырғаны, жаңа Өзбекстанды қурыўда наўқыран әўладларымыздың мүнәсип қатнасып атырғаны айрықша атап өтиўге ылайық.
Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, олардың арзыў-умтылыслары, қәбилетин жүзеге шығарыў алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли ҳәм баслы жөнелиси болып, бул жолда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Әзиз жаслар!
Оқыў-үйрениў, турақлы излениў, илимге, раўажланыў шыңларын ийелеўге умтылып жасаў барқулла жолдасыңыз болсын.
Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге жаңа шеклер, бахыт ҳәм әўмет тилеп қаламыз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Бүгин Амфитеатрда байрам концерти болады
30-июнь - Жаслар күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы орайлық амфитеатрда әжайып концерт бағдарламасы өткериледи.
Басланыў ўақты саат 19.00де
Каналға ағза болыў 👉 t.me/kar_anons

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
29-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының баслығы Гульбахар Изентаева Башқуртстан Туризм ассоциациясының баслығы, “Хазина Тур” кәрханасы баслығы Комил Сирожиддинов пенен ушырасты. Ушырасыўда дәслеп Қарақалпақстанның туристлик потенциалы ҳәм жаратылып атырған имкәниятлар ҳаққында мийманларға кең мағлыўмат берип өтилди. Буннан соң, келешекте Башқуртстан ҳәм Татарстан Республикаларынан елимизге туристлер ағымын жолға қойыў мәселелери талқыланды.
Илаждан соң мийманлар ушын Нөкис қаласы ҳәм Хожели районы бойлап инфотур өткерилди. Атап айтқанда, олар Мыздақхан тарийхый комплекси, Игорь Савицкий музейи, Қарақалпақ этно аўылы, “Дослық” каналы дем алыў мәсканы ҳәмде пайтахтымыздың инфраструктурасы менен танысты.
“Хазина Тур” кәрханасы 2007-жылы Уфа қаласында иске түсирилген. 17 жыллық тәжирийбеге ийе болған бул кәрхана бүгинги күнде Россия, АҚШ, Тайланд, БАӘ, Тунис ҳәм Европа мәмлекетлерине саяхатларды шөлкемлестирмекте.