Shimbay.uz
6.13K subscribers
25.4K photos
3.96K videos
23 files
9.67K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қытай Халық Республикасында болып турған Қарақалпақстан делегациясы Шинжон экология ҳәм география институтында болып, институт директоры Чжан Юаньмин менен ушырасты

Онда Қытайда шөллениўге қарсы гүресиў бойынша исленип атырған жумыслар, соның менен бирге Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы менен биргеликте әмелге асырылып атырған қоспа жойбарлар презентациясы болып өтти.

Ушрасыуда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Президентимиздиң басламасы менен Аралбойында, атап айтқанда Арал теңизиниң қурыған ултанында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар, яғный 1 миллион 700 мың гектар майданда пайда етилген жасыл тоғайлықлар ҳаққында атап өтти.

Өз гезегинде институт директоры Чжан Юаньмин бул бағдардағы жумысларда еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди еледе раўажландырыўдан мәпдар екенлигин билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылығындағы делегацияның Қытай Халық Республикасына болған әмелий сапары даўам етип атыр

Сапар даўамында делегация ағзалары бир қанша ири компаниялар менен перспективалы шәртнамаларға қол қойды. Бул әлбетте елимиздиң раўажланыўы жолындағы әҳмийетли адымлардың бири болды.

Делегация ағзалары сапар даўамында ШУАР партия комитети секретары Ма Синжуй менен ушырасты.

Ушырасыўда ШУАР партия комитети секретары Ма Синжуй усы жылдын март айында мәмлекетимиз басшысы менен ушырасқанын, бүгинги күнде Өзбекстан социаллық-экономикалық жақтан жедел пәтте раўажланып атырғанын айрықша атап өтип, аймақлар арасындағы бирге ислесиўде бул раўажланыў оғада әҳмийетли екенине исеним билдирди.

Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай регионымыздың екинши тийкарғы импрот етиўши мәмлекет болып, ең ири сыртқы саўда шеригине айланғанын атап өтти ҳәм жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын өзиниң миннетдаршылығын билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қытайдағы әмелий сапар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы басшылық етип атырған делегация Қытай самал турбинасын ислеп шығарыўшы "Gold wind" компаниясында болып, компания директоры менен сәўбетлести

Сәўбетлесиў даўамында компания директоры Қарақалпақстанның Устирт тегислигинде күшли самал басымы бар екенлигинен хабардар екенин атап өтти.

Сондай-ақ, Қарақалпақстанда 2,5 мың гегаваттлы Самал электр станциясын қурыў ушын үйрениў жумысларын алып барыў бойынша компания директоры менен келисимге ерисилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи компания менен Қарақалпақстанда Самал электр станциясы ушын керекли аўысық бөлеклер ислеп шығарыў бойынша 30 млн. долларлық шәртнама дүзилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласындағы "NUKUS MED TEX" қоспа кәрханасы “(ШПРИЦ ЗАВОД) жумысқа шақырады

#Фоторепортаж

Ҳүрметли район турғынлары сиз көрип турған фото көринислер "NUKUS MED TEX" қоспа кәрханасының жумыс ислеӯ процессинен сүӯретке алынды

Толық :
https://t.me/shimbayrk/31587
https://t.me/shimbayrk/31594

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.me/shimbayrk
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн

#Гүжимли

"Гүжимли" мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Хожамуратов Сарсенбай аға үй қапталындағы ыссыханасында редиска көк пиязларды жетистирип мол өним алмақта


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.me/shimbayrk‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нағыз дийқан ўақыт мәўсимге қарамай мийнет ете береди

#Гүжимли

"Гүжимли" мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Хожамуратов Сарсенбай аға үй қапталындағы ыссыханасында  редиска көк пиязларды жетистирип мол өним алмақта


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.me/shimbayrk‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
епортаж_24

Интервью : Наргиза Толыбаева Шымбай районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети  баслығы

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 
@shimbayrk
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан делегациясы сапар шеңберинде Қытайдың аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық тараўында алып барып атырған жумыслары менен де жақыннан танысты

Атап айтқанда, Қытайдың Аксу қаласындағы "Hualing Group" шарўашылықты раўажландырыў бойынша ири кластер компаниясында болды. Онда усы компания менен Қарақалпақстанда шарўашылық тармағын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасына қарамал жеткерип бериў, жасалма жол менен нәсил алыў, сүтти қайта ислеўди жетилистириў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары көрип шығылды.

Компания басшылары бул бағдардағы бирге ислесиўди жолға қойыўдан мәпдар екенлигин билдирди ҳәмде өз-ара бирге ислесиўдиң кейинги перспективаларын көрип шығыў ушын декабрь айында өз делегациясын Қарақалпақстан Республикасына жиберетуғынын атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM