БЛИЦ - ИНТЕРВЬЮ
Бағана Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстанның шегаралас аймақларында бирден ток өшип қалды. Кимге пайда, кимге қорқыныш?
ЗОР БОЛДЫ.
Светефор, радарлар ислемейди, штраф төлемеймиз.
(Автомашина айдаўшысы)
ШҮКИРЛИК ҚЫЛАМАН.
Аўылда жасағаныма шүкирлик қыламан. Ток өшкен ўақта Ташкенттиң лифтинде, метросында, пробкасында, Бостанлықтағы Чарвак ямаса Белдерсай аспа жолларының биринде қалып кеткенимде қәйтер едим?
Канал👉 @shejireqr

ШЕЖИРЕ
https://telegra.ph/NA%D2%92ADAJ-BIJDI%D2%A2-URPA%D2%9ALARY-01-22 «Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы Канал👉 @shejireqr
НАҒАДАЙБИЙ - НАНГУТАЙ ЕМЕС.
(Бердақ . "Шежире".6-бап)
179. Нағадайбий минди тулфар
Салды туйғун, лашын, шуңқар,
Шуңқар тулəткəн туғур бар,
Туғур кимде қалған екəн.
180. Тəкəббирлик таўазъны
Ҳақ кечурсун йазықыны,
Ол туғурның қазықыны,
Бурунждан сафлаған екəн.
181. Тарийфини десəм башдың,
Əрмансыз ат билəн қушдың,
Нуқыра алтын, күмүшдиң,
Туғурны қафлаған екəн.
182. Падшахлық уллы дəстгаҳдиң,
Көрдүм қағазда нусхадың,
Шаббаз ўəлийдиң башқадың,
Нәтийже табмаған екəн.
184. Ҳақ бизиң йаратды инсан,
Мүшкилимни əйла асан,
Нағадайның уғлы Досан,
Досан батыр болған екəн.
188. Бабасыдүр бий Нағадай,
Досан батыр, батыр Естай,
Оразай, Мамыр бий Чалысбай,
Алты ата болған екəн.
189. Дəўлетлидән дəўлет кетди,
Бийдəўлеткə нəўбет йетди,
Бир он йети батыр өтди,
Ол Досанның зүрйады екəн.
1894-жыл. Аққала
Р.S. Нағадайбий - Алтын Ордадан Хорезм журтына тарийхта биринши мәрте қоңыратларды баслап келген қаткуда, шығысы - қоңыратлардың балғалы руўынан екенлиги, қарақалпақ ҳәм араллы өзбеклер қурамындағы қоңыратлар, сондай-ақ орта жүз қазақлары менен тәжикстанлы лақайлар қурамындағы қоңыратлардың түп-бабасы екенлигин жоқарыда айтқан едик (қайта оқып алың ҳәм еслеп қалың).
Хийўа ханлары шежиресиндеги қоңыратлар династиясы (1863 -1920) усы кисиниң урпақлары (Мунис. "Фирдавс - ул икбал". Оқың). НАҒАДАЙ бийдиң брендке айланған қус қондырыўшы туғыры отыз улы ишинде - жоқарыдағы Досан батырға мийрас қалған (Бердақ. "Шежире". Оқың).
Деген менен гөне үргенишли Хусейн суўпы ҳәм Юсип суўпы (үшиншисиде бар, аты анықланбаған) усы кисиниң урпақлары деген айырым авторлардың пикирине қосылмайман.
Суўпылар династиясы Нағадайбий менен бирге келип Бакырғанийге қоныс басқан пири - Сейит Ата нәсилинен болса керек. Сейит Ата-қарақалпақ хожаларының түп бабасы, Өзбекханды (1313-1342) исламға тартқан улама.
Нағадайбий 1289-жылы ҳәзирги Украинаның Черкас қаласында, Кременчуг суўақдағышы бойында черкеслер арасында туўылған. Әкеси (Ағытай баҳадыр) менен атасы (Ногайноян) бир саўашта бир күнде қаза тапқанда 11-жастағы бала болған. Кейин болажақ Өзбекханның (1313-42) қолында тәрбияланып, ноян (бас әскербасы) ҳәм бий (бас ўәзир) дәрежесине жеткен.
Жәнибекхан (1342-57) ҳәм Бердибекханның (1357-1359) заманларында Хорезмде болған. Алтын Ордаханлығы қуламасынан ҳәм Хорезмге Әмир Тимур атланысларынан бурын өлип кеткен.
Редакция.

СӨЗЛИК
(Алтын орда ханлығының қалалары)
Сарай-Бату (Гөне, яғный Батыл сарай) - орта әсирлердеги (1254-1480) қала, Алтын Орда ханлығының биринши пайтахты. Қарабаханалары РФ Астрахан областы Селитренное аўылында. Турақ жайлардың, сарайлар, мешитлер ҳ.т.б. қалдықлары. Қалаға Шынғысханның ақлығы, Жошының екинши улы Батыйхан (1207-1255) тийкар салған.
Сарай Берке (Жаңа, яғный Берекели сарай) - орта әсирлердеги (1260-1395) қала, XIV - әсирдиң биринши ярымынан баслап Алтын Орданың пайтахты. Қарабаханалары РФ Волгоград областы Царев аўылында. Турақ жайлардың (кварталлар), монета, керамика қалдықлары. Қалаға Батыйханның иниси, Жошының үшинши улы-Беркехан (1209-1266) тийкар салған.
Сарайшық (Киши Сарай) - орта әсирлердеги (XIV-XVI-әсирлер) Алтын Орда, кейин Ноғай Ордасының қаласы. Қарабаханалары Қазақстанның Атыраў областы Сарайшық аўылында. Турақ жайлар, өнерментлик устаханалары, керамика, ҳ.т.б. қалдықлар.

НАҒАДАЙ БИЙДИҢ ШЫҒЫСЫ
(қосымша түсиниклер)
Нангутай (Нангудэй деймизбе) - бизлер тилге алған Нағадай бийдиң өзге тиллердеги, бәлки моңғолша транскрипциясынан келип шыққан түсиник болса керек. Өйткени, Нағадай - қолымызда бар Шығыс классик әдебиятларының бәринде усылайынша айтылған. Еледе түсиниклирек болыўы ушын сол дереклер негизинде Нағадай бийдиң шығысына тоқтап өтейин.
Нағадай бийдиң түп-бабасы ҳәзирги Моңғолиядагы Қула дәрьясының кенарын жайлаған қоңыратлар елиниң ханы Қалшыдай балғалы деген адамнан басланады. Моңғолияның сол заманлардагы халқын, кытай жазба дереклеринде бир ат пенен -татарлар деп атаған, ҳәм сары татарлар (ҳәзирги татар, башкуртлар х.т.б. бабалары), қара татарлар ҳәм жабайы татарлар (көшпели маңғытлар, кенегеслер ҳ.т.б) деп үш тайпаға бөледи. Соннан қоңыратлар - 32 руўлы қара татарлардан бири.
Демек Нағадай бий - қоңырат балғалы, бирақ қоңыратлардың бәри - балғалы емес, олардың ишинде шежиремиздеги қатаған, шылжуўыт, қыят қоңыратларының бабаларыда бар. Қалшыдай ханнан - Қәден хан, оннан - Қаўшын оннан - Сабантой Тимур, оннан - Ағынай хан, оннан - Жайылған туўылған. (Мунистен). Соннан "Жайылған баба гүлли қоңыратқа уран болды" деп жазады Бердақ шайыр.
Жайылган бабаның Мүнке деген бир улы ҳәм Орынша ,(оружа) қатын деген бир қызы болады. Орынша қызды Шыңғыс ханның ушинши атасы - Қабыл Туманахан улы ҳаяллыққа алады ҳәм олардан алты ул туўылады. Ел сол алты улды - қыятлар деп атайды ҳәм барлық қыят халқы усылардан тарайды.
Мүнкеден - Арыслан оннан - Дартай батыр (моңғол дереклеринде - Даян ноянхан) туўылады. Дартай батырдың Қыяхан, Түрикаман (Түрикомул), Таўасар (өзбекшесинде - Тогочар) деген үш улы ҳәм Бөрте қошын қатын деген бир қызы болады. Бөрте қошын - Шыңғыс ханның байбишеси. Олардан - Жошы хан, Шығатай хан, Оқтай қаған (Угэдэй) ҳәм Тулы хан туўылады.
Дартай батырдың үш улы қоңыратлардың үш елине хан болады. Әкеси өлгеннен кейин орнына Түрикаман мийрасхор хан болып қалады ҳәм булардың барлығы Моңғолияда жасап өткен, Орта Азия, Хорезмге келип көрмеген туқым - теберрик қоңыратлар. Тарийхтың бул басқышларында Қубла Арал бойларында, Тахтакөпир далаларында Селжукбек ҳәм оның урпақлары басшылығында араллы қаңлылар, қыпшақлар, қытайлардың Бухарадағы саманийлер мәмлекети (875-999), аўғаныстанлы Маҳмуд Газнавий менен шайдай айқасып атырған заманлары болады.
(Даўамы бар)

ИНСАН ҚӘДИРИ
Мектептиң бир оқыўшысы ушын темир жол станциясы үш жыл ислеп турды.
2013-жылы темир жол басқармасы жолаўшысы болмаған бир темир жол станциясын жабыў бойынша қарар қылды. Соның арасында әйне усы станциядан бир қыздың ҳәр күни мектепке қатнаўы мәлим болып қалды. Оны еситкен жергиликли ҳәкимият қыздың кеўилин жықпай станцияның ислеп турыўын даўам етиў бойынша шешимге келди.
Соннан баслап поезд Хоккайда атаўының Ко-Широкита станциясында ҳәр күни еки мәрте, онда да усы қыз ушын тоқтап өтетуғын болды. Поезддың тоқтаў ўақты қыздың оқыўға барыў ҳәм қайтыў ўақтына қарай белгиленди.
Бир ғана қыз ушын станция ҳәр жылы қайта жөнлеўден өткерилип барылды, платформа қардан тазаланып турылды. Қыз 2016-жылы мектепти питкерди ҳәм соның менен станцияда жабылды.
Р.S. Инсан қәдири, мәртебесине итибар деген усындай-ақ болар!
Бизлерде - ше... Айтары жоқ!
Канал👉 @shejireqr
Мектептиң бир оқыўшысы ушын темир жол станциясы үш жыл ислеп турды.
2013-жылы темир жол басқармасы жолаўшысы болмаған бир темир жол станциясын жабыў бойынша қарар қылды. Соның арасында әйне усы станциядан бир қыздың ҳәр күни мектепке қатнаўы мәлим болып қалды. Оны еситкен жергиликли ҳәкимият қыздың кеўилин жықпай станцияның ислеп турыўын даўам етиў бойынша шешимге келди.
Соннан баслап поезд Хоккайда атаўының Ко-Широкита станциясында ҳәр күни еки мәрте, онда да усы қыз ушын тоқтап өтетуғын болды. Поезддың тоқтаў ўақты қыздың оқыўға барыў ҳәм қайтыў ўақтына қарай белгиленди.
Бир ғана қыз ушын станция ҳәр жылы қайта жөнлеўден өткерилип барылды, платформа қардан тазаланып турылды. Қыз 2016-жылы мектепти питкерди ҳәм соның менен станцияда жабылды.
Р.S. Инсан қәдири, мәртебесине итибар деген усындай-ақ болар!
Бизлерде - ше... Айтары жоқ!
Канал👉 @shejireqr
ШЕЖИРЕ
https://telegra.ph/NA%D2%92ADAJ-BIJDI%D2%A2-URPA%D2%9ALARY-01-22 «Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы Канал👉 @shejireqr
НАҒАДАЙ БИЙДИН ШЫҒЫСЫ
(даўамы)
Парсы тарийхшысы Мирхондтын (1433-1498) "Бинокатий" хам"Раузату ус-сафа" китабында жазыуынша, Шынгысхан патшалык тахтына отырганнан кейин конырат Түрикаман ханнан Тауасар бахадырды сорап алып, өзине лашкербасылыққа тайынлайды. Орта Азияга жасаган атланысы барысында Тауасар бахадырды Жабан ноян хам Субитай бахадырдын шериклигине косып, елин таслап Иранга кашкан султан Мухаммед хорезм шахтын изинен атландырады.
Тауасар (Тогашар, Тобашар) Памир тауларынын устиндеги сауашта каза табады.
Хазирги Ташкент уалаятындагы Ангрен каласынан тажиклер журтына кире беристе озбеклескен коныратлар жасайтугын бир кышлак бар.
Усы бахадырдын хурметине хазирде -Тобашар деп аталады. Дартай батырдын ортаншы улы Турикаманнан торт ул қалады. Тыным кураган, Елши ногай, Ашай хам Тоган (тоңыртқа) деген.
Соннан Тыным коныратты Шынгысхан унатып калады, оган Тумалан деген кызын берип, озине куйеу бала кылады хам "кураган" (монголша-куйеу бала дегени) деген лакап тагады. Тыным кураган лашкерлери менен султан Жалаладдин Мангубердинин изинен кууып Ауганыстандагы Герат каласына жеткен жерде бетпе - бет келеди хам кахарманлык корсетеди. Соннан кейин Шынгысхан Тыным кураганды Жошы улысына ноян (бас аскер басы) етип тайынлайды.
Жошы ордасы-Орайлык Казакстанда жайласкан болады хам кабири басына мавзолейде курылган. Тыным кураган усы жерде дуньядан отеди. Изинде Муса кураган деген жалгыз улы калады.
Муса кураган-Жолынын улы Батый ханнын (1207-1255) колында тарбияланады, хан оган жокарыда айтылган Тулы ханнын улы Хулагу ханнан (1217-1265) тууылган Торгай катын деген кызын алып береди. Муса кураган Волгоградта, Берке ханнын (1255-1260) кургызган "Сарай-Берке" каласында дуньядан отеди.
Изинде Ногай ноян деген улы хам Тудағук атын деген кызы калады.
Ногай ноянды еситкен шығарсыз. Берке хан олгеннен кейин Дон хам Дунай дарьялары арасындагы аралыктын (хазирги Украина) бийлиги Ногай нояннын кол астына отеди. Ногай ноян 1273-жылы Византия императоры Жетинши Михаил Палеологтын (1224-1282) Ефросинья деген кызына уйленеди хам черкеслер (карашайлар) елинин болажак хакими- Агытай бахады русы хаялынан тууылган. Ногай батыр рус князьлери, Полша Венгрия, Болгария хам Сербия мамлекетлери менен Аукам дузеди. Алтын Орданын ханы Телебуғаны (1287-1291) тахттан кулатып, орнына Токта (Токтогу, 1291-1312) ханды отыргызады.
Тоқта ханның ҳаялы Салшыдай деген уйгырдын кызы екен. Кайинатасынын гапине ерген Токта хан Ногай нояннан кутылыу жолларын карастырады, оган карсы урыс ашады. Усындай сауашлардан биринде Агытай бахадырды мангыт Сункурмырза арт жагынан атып олтиреди хам шериклиги менен Токта хан тарепке отип кетеди. Ал Ногайноян аскерлери болса урыста женилип, ози душпанлары колына туткынга туседи хам улы менен бир кунде дуньядан отеди.
Бул тарийхшылардын аныклауынша 1300-жылы хазирги Украина менен Россия шегарасындагы даулы Донецк хам Луганск областьлары аймагында болган уакыя екен. Ногай Ордасында жасаушы коныратлар менен мангытлар XV-асирдин екинши ярымынан баслап озлерин усы адамнын аты менен - ногайлар деп атай бастайды. Ногай Ордасы Каспий хам Арал тенизлеринин аркасынан Кама хам Тура дарьяларына, Волгадан Иртышка шекемги аралыкта косилип жатырган улкен мамлекет болады хам мангыт Едиге батыр тийкар салган бул мамлекеттин 600-жыллык юбилейин халкы 1996-жылы халык аралык колемде улкен дабдебе менен белгилеп өтти.
Мине Нагадай бий деп атырган балғалы конырат усы Ногай нояннын аклыгы, Агытай бахадырдын улы екен.
.
Р.S. Жокарыдагы баянлама тек гана Мунис ямаса Бердак шайыр жыйнаган дереклер емес, ал олар орта асирлердеги Шыгыс классикалык адебиятларынын айтып бериушилери. Тарийх таныу илиминде де усындай тусиниклер кабыл етилген. Солай болсада илим жетискенликлери, Шыгыс классикалык адебиятлары, Мунис пенен Бердак шыгармаларына исенбеушилер (ийман-арабшада "исеним") болса, ерикти озлерине калдырамыз.
Редакция

НОҒАЙ НОЯН ҲӘМ СУНКУР МЫРЗА
(қарақалпақ қоңыратлары ҳәм маңғытларының бабалары)
Мунистиң "Фирдавс ул - икбаль" китабында жазыўынша (негизинде дереклерди Мунис"Оғузнама" дәстанынан алған), Ноғай ноян Батый ханнын заманында (1227-1256) дуньяга келген. Берке хан (1257-1266) Иранға, Абакаханга атланганда оны манлай (аскербасы) етип алады. Ногай ноян Абаканың әскерлери менен Шируанда (Батыс Әзербайжанда) болған саўашта жарақат алады. Қанғыбас оқ бир көзине тийип лашкерлери жеңилип қалады.
Берке хан өлгеннен кейин оның омыраўлаўы менен Менгу Тимурхан (1266-1280) тахтқа отырады. Менгу Тимурхан онын қоллаўы менен лашкер тартып Булғар диярын жаулап алады. Ногай нояннын қол астына 30 мын уйли коныратлар хам 100 мын уйли отырыкшы ел берип. оган хаким етип тайынлайды.
Менгу Тимурден кейин тахтка Туда Менгу (1280-1287), оннан кейин Тулибугы хан (1287-1291) отырады. Бирак бул ханлардын заманларында тийкаргы бийлик конырат Ногай нояннын колында болады. Менгу Тимурханнын улы Тоқта агайин -туўганлары менен Туда Менгуден қашып Ҳажытархан (РФ, Астрахан) тарепке шыгынып кеткен болады. Сол шахзада жагдайын айтып Ногай ноянга хат жазады. Кулласы усы хат себеп болып, Ногай ноян Астраханга барады, жыллы кутип алынады, сарпай жамылады. Кулласы Ногай ноян коп узамай Алтын Орда тахтына Токтаны (1291-1312) келип отыргызады.
Токта хан Ноғай ноянды өзине аталык (мурындык ата) етип алады. Сан-салтанат пенен елине узатып салады. Токта ханнын хаялы уйгыр тайпасынан Салшыдай кураган дегеннин кызы екен. Ногай нояннын Кадак деген кызы Салшыдай кураганнын Жайлақ деген баласына тускен екен. Бирак куйеу баласы қолайсыз шыгып, Қадақ қызды орынсыз корлай береди олда коргенли жердин кызы емеспе бас ийе қоймайды. Еки арада жанжел шыгып, кыз акесине шагым етеди. Ногай нояннын кудаларына катты ашыуы келеди. Токта хан болса, кайин журтынын тарепин алады.
Ногай ноян шериклик жыйнайды. Улы Агытай бахадыр Болгар, Черкес, Казан аймакларына хаким екен. Олда барлын ногай елинен шерик жыйнап жетип келеди. Мангыт Сункурмырза Атил (Волга) бойындагы коныратлардын косеми еди, олда конырат улысынын шериклиги менен Агытай бахадырга косылады.
Еки арада кыргын урыс болады. Сункурмырза Агытай бахадырга зангилес жургени менен ишлей Токта ханга тарепдарлыгы бар екен. Сауаш рас кызган гезде Агытай бахадырды артынан атып олтиреди, басын кесип алып, лашкерлери менен хан тарепке отип кетеди.
Соннан Ногай нояннын лашкерлери баскы табады. Нояннын ози болса жуз атлысы менен коршауда калып кетеди, оны Орыс деген мугыл туткынга алып, ханнын алдына акеледи.
Ногай ноянга сол жерде улынын каза тапканы айтылады. Сууык хабарды еситкен Ноян сол жерде жан таслим кылады.
Ноғай ноянның жасы бирде-92, бирде-81 де еди бул ҳәдийсе ҳижрийдиң 913-жылы (1300-жылы) болған дейди автор
Ноғай ноянның жети улы болған. Бирақ Ағытай баҳадырдан басқаларының атлары умытылған. Ағытай баҳадыр қаза тапқанда 35 жасында болған (1266-1300). Изинде Нағадай деген жалғыз улы қалған екен.
Мунистиң бул китабы Ташкенттеги "Уқитувчи" баспасынан өзбек тилинде 2010-жылы жарыққа шыққан Академик. Х.Хамидов жасаған қаракалпакша аўдармасы" Әмиўдәрья" журналында жәрияланды, кейин "Билим" баспасынан китап түринде де шықты. Солай болсада, айырым терминлердиң оқыўшы ушын қыйын екенлигин есапқа алып, түп - нусқадан еркин аўдарма жасалды.

Көбинесе мәртлик туўралы - қорқақлар, жақсылық қылыў туўралы - иши қаралар, миллет туўралы - өзиниң қулқының (қара тамағын) ойлағанлар толғанып сөйлейди.
Лев Толстой
рус жазыўшысы
Канал👉 @shejireqr
Лев Толстой
рус жазыўшысы
Канал👉 @shejireqr
КЕЎИЛ АЙТЫЎ
Рәсмий каналлар таратқан хабарларға қарағанда усы жылы 27-январь күни сағат 16:00 лер шамасында "Нөкис - Шымбай" жолының 18-19 км аралығында "Кобальт" маркалы еки машина дүгисип, транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Авто авария нәтийжесинде республикалық медицина тараўы Ветеранлары Кеңеси баслығы Абдикарим Мәмбеткаримов, Қарақалпақстан мәденият тараўы ветераны Аманияз Жүзимбетов ҳәм Азамат Жүзимбетовлар дүньядан өткен Марқумлардың үй-иши ағайин-туўған, жақын - жуўықларына терең қайгырыў менен кеўил айтамыз.
"Шежире" руўхый-ағартыўшылық каналы.

ҚОҢЫРАТ
(намалы қосық)
Сылдырлап суў ағар Ленин арнадан,
Суўшы қызлар пахта атызын барлаған,
Тулпар минген жигитлери Қоңыраттың,
Бар ғайратын халық исине арнаған.
Сүйсиндирер дийханының ақылы,
Егин ексе тикке турар дақылы,
Барсаң орын берер отаў төринен,
Қоңыратлының болмас алыс жақыны.
Қурғын елат Қалликөлди жайлаған,
Көллеринде сары сазан ойнаған,
Гөззал тәбияты бийҳуш етеди,
Барған адам сейил етип тоймаған.
Түслигинде көк тулпарлар шабысар,
Үстинде суңқарлар қанат қағысар,
Жаз кешинде бағларында Қоңыраттың,
Жас жүреклер ынтық болып табысар
Сылдырлап суў ағар Ленин арнадан,
Суўшы қызлар пахта атызын барлаған,
Тулпар минген жигитлери Қоңыраттың,
Бар ғайратын халық исине арнаған.
Р.S. Қандай қосықлар еди?
Кимниң есинде? Сөзин ким жазған? Ким нама дөреткен? Биринши ким атқарып шыққан? Олар тәрийплеген қоныратлылардан бүгинги қоңыратлылардан қандай парқы бар?
Бүгинги қоңыратлылардың ядына салып қояйын дедим.
Искендер.

КОВИД
Бир маньяк бир буўат ири ақшаға вирус сүртип, қайыр сақаўат ретинде балалар үйине жиберипти.
Көп узамай нақ ақшадан ковид жуқтырған 5 ҳәмелдар ҳәм 7 алып сатар қайтыс болыпты. Балаларға болса зыяны тиймепти.

ТУРИСТЛЕР
Бир күни туристлер крокодиллер сейилин тамаша қылыўға теңизге шығыпты. Олар арнаўлы қайықта крокодиллерди тамашалап жүрсе крокодилхананың ийеси арғы жағыста турып бақырады.
-Кимде-ким өзин суўға атып ҳәм маған дейин тири жүзип келсе бир миллион доллар беремен.
Ҳәмме тым-тырыс қалады. Ҳеш ким жүрек ете алмайды. Соның арасында суўды шымбырлатып жүзип баратырған бир еркек пайда болады. Қудай жарылқап, крокодиллердиң ҳеш бири оған тийиспейди ҳәм ол арғы жағысқа аман-есен жетип алады.
Сонда крокодилхананың ийеси сөзинде турып, оған ўәде еткен ақшасын береди. Ерли-зайып мийманханаға мәзи-майрам болып келеди. Сонда баяғы еркек.
-Қудай беремен десе аяқ астында екен-аў, қатын. Болмаса, өллә-биллә суўға секирейин деп өзим секирмедим. Мени биреў арқамнан ийтерип жиберди,- деп қагынына жарылса, ҳаялы.
- Индеме, сол ийтерип жиберген адам- мен едим шабазым,- дейтуғын қусайды.
Р.S..Редакция дағазасында усындай турмыслық ўақыяларды жәриялап барғанда жазылыўшылары саны көбейген боларма еди.

КИМ КҮШЛИ?
Жақында социальлық тармақлар күш сынасып қалыпты.
Фейсбук.
-Мен ҳәммени таныйман.
Википедия.
-Мен ҳәмме нәрсени билемен
Гугл
-Мен ҳәмме нәрсени табаман.
Ютуб
-Мен ҳәмме нәрсени көрсете аламан.
ВПН
-Тек ғана мен арқалы...
Интернет
-Мен болмасам бариңиз бир
тыйынғада қымбатсыз.
Электр токы
-Унлериңизди өширин, жуўернемеклер!

https://telegra.ph/TARIJHTY-%D2%AEJRENEMIZ-01-02 «Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы Канал👉 @shejireqr
https://telegra.ph/ABYL%D2%92AZY-N%D3%98ZHMIDDIN-KUBRA-TU%D0%8ERALY-01-29
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы
Канал👉 @shejireqr
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы
Канал👉 @shejireqr
Telegraph
АБЫЛҒАЗЫ НӘЖМИДДИН КУБРА ТУЎРАЛЫ
("Шажараи турк".3-баб) (1221-ж. Гөне үргениш. Жошыхан, Шығатай ҳәм Оқтай қаған басшылығындағы түрк- моңғоллар қаланы қамал қылмақта) ..Айта кетейин, Ҳәзирети Шайық Нәжиматдин Кубраның даңқы дүньяға жайылып кеткен еди. Сол себепли шахзадалар ҳәзирети шайыққа…
СУЎСЫЗЛЫҚ
Тарийхымызда агын суўдың кемтарлығынан ексе егин питпей масақлы дәнлер писпей ашлықтан халықтың бүлгиншиликке (миграция) ушыра6ан жыллары көп болған. Соннан 1999-2001 - жылларда жүз берген жасалма суўсызлық дәўирин ересек жастағы жерлеслеримиз көрген болсада, себеп-ақыбетлери толық үйренилмегенликтен
бүгинги аўладқа ертектей түйиледи. Болмаса, революциядан бурынғы жылларда болған суўсызлық жылының ақыбетлерин белгили фольклоршы илимпазымыз Қ.Айымбетов көзиниң тирисинде тайға таңба басқандай етип, тас баспаға басып - кеткен екен.
Каналымыздан узақласпаң!

СУЎСЫЗЛЫҚ Тарийхымызда агын суўдың кемтарлығынан ексе егин питпей масақлы дәнлер писпей ашлықтан халықтың бүлгиншиликке (миграция) ушыра6ан жыллары көп болған. Соннан 1999-2001 - жылларда жүз берген жасалма суўсызлық дәўирин ересек жастағы жерлеслеримиз көрген…
АҚ ҚАПШЫҚ ЖЫЛЫ
(Қ.Айымбетовтың "Халық даналығы" китабынан)
Ел елаттағы ашлық узаққа созылды. Отырған адамлар жазлаў - қыслаўын таслап дәрьяның өрине қарай көшти. Көпшилиги "бул елге қайтып келермиз - аў" деген үмит пенен "Көше- көштен арман қалмады, Көрпе арқалап, белде дәрман қалмады, Абад болсаң айланарман Кегейли", - деп Кегейли арнасынан дәрьяның өрине қарай тартты. Көшпей елде қалғанлар, көшип кеткенлердиң үй - ылашықларының ағашларын алып отын қылды, тереклерин, ағаш-әсбапларын ешеклерге артып Шымбайдың қаласына апарып отын орнына сатты. Оның пулына базардан он сери, қырқағары дән әкелип, бала - шағаларына аўқат етти. Гей бир жуқналы адамлар, ата-анасы ашлықтан өлген жас бала ямаса қызларды арбаға салып, қалаға апарып сатып турды. Дәрьяның өр бетиндеги (жоқары) халықлар қыз сатып алыў ушын арбалы, кемели келди. Жас өспирим қыз балалар қалаға толып кетти, қызғын саўда басланды. Жас қызларды тек ғана дәнге алмастырды. Ел - елат тумлы - тустан көшти, кими Мойнаққа, кими дәрьяны өрлеп жетелесип кетти. Халық үлкен булгиншиликке ушырады.
Ҳәр аўылда үш-төрт ғана үй қалды Бизлер базар күнлери базарға отын алып кеткенлердиң жолын күтемиз. Өйткени базарға кеткенлер денгене қылып бөлисиў ушын базардан өгиздиң қарынын алып қайтады. Бизлер менен аўылда кемпир - ғаррылар ғана қалған еди. Оларда - "мениң бүгин ийегим қышып тур, базаршылар базардан семиз өгиздиң қарнын алып келетуғын шығар" - деп қуўжынласып отыратуғын еди. (1914)
Ел - елат жетелесип көшкеннен кейин, елдиң сәни кетип, аўылдағы гөне тамларға байыўлылар уя басты. Той-тамаша, ғаңғыр-ғүңғир ойын - саўық, тамаша - күлки жоқ. Аўыл меңиреў далаға айланды.
Бир күнлери "Шымбайда Асқарбай менен Халмурат байлар Россиядан ақ қапшық пенен ун әкелдирип, пахта алыў ушын несийеге берип атыр, ҳәм ашырқаған әпендилерге арпадан жарма писирип берип атыр" деген хабарды қалаға кеткен базаршылар таўып келди.
Асқарбайдың ашларға үлестирген ардап жармасы бираз адамлардың жанын сақлаған, ал биразлары кеўип-исип өлипте кетти. Аш адамларға ардап жетпеген жағдайда Асқарбай суйық жарманың ишине, Кегейли арнасының ылай суўынан қосып араластырып қуйып берип тур екен- деп айтып келиўшилерде болды. Сол күнлери халық арасында Асқарбай ҳаққында айтылып жүрген қосықтан
Асқарбайлар алып келди қапшықты,
Ҳәр ким тапқан малын сатып жеп шықты,
Жармасынан ылай суўлар көп шықты,
Шықпас жанға себеп болган Асқарбай!, -
деген қатарлар ғана мениң есимде қалған екен.
Р.S. Мине халық тәрепинен "ақ қапшық жылы" деп ат берилген заманды көзи көрген ойын баласының соңғы әўладқа айтып кеткен еске түсириўи. Сонда бүгинги әўлад 1999-2001- жылларда жүзберген суўсызлыққа қандай ат берер екен?
Оның ақыбетлерин кейинги әўлад ушын ким хатқа түсирип кетеди?

АҚ ҚАПШЫҚ ЖЫЛЫ (Қ.Айымбетовтың "Халық даналығы" китабынан) Ел елаттағы ашлық узаққа созылды. Отырған адамлар жазлаў - қыслаўын таслап дәрьяның өрине қарай көшти. Көпшилиги "бул елге қайтып келермиз - аў" деген үмит пенен "Көше- көштен арман қалмады, Көрпе…
ЕЛЕ ЕСИМДЕ...
Сол заманларды көргенлердиң бири едим. Билгенлеримди айтып берейин.
1) Заман бузылғанда әскерликтен биринши болып өзбек балалар қашып келе баслады. Ташкенттен шығатуғын газеталарда олар туўралы мақалалар шығып турды. Совет Армиясын соңғы көргенлер 73-тиң балалары болды. 74-тиң балалары бармады.
2) Өзбекстан гәрезсизлигин жәриялаған болсада, жаңа Конституция, законларын қабыллайман (1991-1993) дегенше арадан еки жыл өтти. Айлықлар тоқтады, мәкемелер банкротқа ушырады. Мафия күшейди, адамлар шағым етиўге милицияға емес, ал "разборщиклер"ге қатнап баслады.
3) 1993-жылы қалың кар жаўды, районларға қатнаўшы транспортлар жүре алмай қалды. Адамлар қол ушы талап излеп Ашхабадқа, түркмен ағайинлер жолды жапқаннан кейин Қазақстан ҳәм Россияға қаңғалақлап кетти.
4) 1994-1995-жыллар болса керек СПТУ ҳәм институттан 47 бала Туркияға оқыўға жиберилди. Бирақ олар оқыўларын питкере алмай-ақ қайтарып әкелинди. Негедур ишинен көзге көрингендей соңғы жылларда бирде басшы шықпады.
Қулласы, усындай умыт болып баратырған басқа да ўақыялар көп болды.
Искендер. Нөкис.

И.А.КАРИМОВ (1938-2016)
Бүгин - Өзбекстан Республикасына тийкар салған тунғыш президенти Ислам Абдиғаниевич Каримовтиң туўылған күни. Арамызда болғанында бүгин 84-жасын толтырған болар еди.
Усы сәнеге байланыслы Өзбекстанның жаңа тарийхын өз бетимизше үйрениўди даўам етемиз.

ҲӘКИМ КИЯТЫР...
Турмехананың баслығы сақшыға жумыс тапсырып атыр.
- Дәрўазаның алдын жақсылап тазалат! Ҳәким киятыр...
-Ҳа-а, қасқан! Ақыры қолға түскен екен-дә!