Ассалаума алейкум. Бизлер Ақшолақтанмыз 6 - қарақалпақ класс оқыўшыларының китап мәселеси қыйын болып тур.
Қ.Р. Халық билимлендириў министирлиги итибарға алсаңыз!
Зияд Арзиев
Канал👉 @shejireqr

ШЕЖИРЕ
ИЗБАН ПАТРИОТ БОЛҒАН. Избан қарақалпақтың тарийхында болған адам. Бурынғы Қараөзекте мениң еситиўим жақсы адам болып елдиң арына тартып патриот болған. Соның ушын Совет власты оны қоймаған. Избан бир күни кеште үйинде соңғы мәрте бала-шағасы менен аўқатланып…
ИЗБАН ИРАНҒА КЕТПЕГЕН
Избан қарақшы патриот болған, Иранға қашып кеткен дегенлер нырыққа сыймайтуғын түсиниклер. Себеби ишки ислер уйымы хызметиниң отставкадағы подполковниги, тарийх илимлери кандидаты Таумуратовтың анықлаўынша, Избан қарақшы Қараөзек районында милиция хызметкери Рейим Тәжимуратов тәрепинен атып өлтирилген. Избан қарақшы туўралы анықланған басқа да илимий дереклер менен Қарақалпақстан ИИМ жанындағы музей материалларынан толығырақ танысса болады.
А.Боранбаев.

Ҳәзирги ўақта дүнья еллериниң нәзери Нөкистеги халықаралық аэропорттың атамасына да, Избан қарақшыға да емес, ал Аўғаныстанға, талибанларға қаратылған. Өйткени, дүнья еллери заманагөй машқалаларды таллап, раўажланыў жолларын қарастырып атырған бир ўақта, бийлик басына шыққан талибанлар бир тутас елди уўысында услап артқа, орта әсирлерге қарай сүйреўге умтылмақта. Сонлықтан, талибанлардың нийетин түсиниў ушын олардың келип шығыўына себеп болған аўған урысының тарийхын қайта үйренип шығайық. Каналымыздан узақласпаң!
Канал👉 @shejireqr
Канал👉 @shejireqr
ЖЫЛАМАҒАН БАЛАҒА ЕМШЕК ҚАЙДА?
Қарақалпақстанда жасап ҳәм мийнет етип отырған ата-аналардың «жасаў орнымыздан
қарақалпақ классын ашып берин» деген арызын каналымыз арқалы басшыларымыздың алдында мәселе етип көтергенимиз-сыртқы қулақтан дым уят болды. Уят болса да, жумыс питипти. Қоңырат районындағы Ақшолақ посёлкасында жасаўшы ата-аналардан алынған мағлыўматқа қарағанда, жаңа оқыў жылында 31-санлы орта мектептен өзбек ҳәм рус класслары қатарында биринши қарақалпақ классы да ашылып, жас жеткиншеклер мектеп парталарына отырыпты.

ҚУТЛЫҚЛАЎ Жаңа оқыў жылы басланды. Бүгиннен баслап мектеп, колледж, техникум, академиялық лицей, институт ҳәм университет есиклери билим алыўға қуштар жеткиншеклер ушын қайтадан айқара ашылды. Усы сәнеге байланыслы мектеп оқыўшыларын, арнаўлы орта оқыў…
ТЫҢ ПИКИР
«Шежире» каналы жаңа окыў жылына байланыслы бурынғы октябрятлар, пионер ҳәм комсомол шөлкемлери туўралы мақалалар сериясын жариялап, өзекли маселени көтерген. Себеби, усындай шөлкемлердин болмаўы салдарынан соңғы заманларда халықтың арасында жик айырылып, изимизден өсип киятырған жаңа аулад индивидуаль, жалпақ тил менен айтқанда, қара басының ғамынан басқасын ойламайтуғын өзимшил болып баратырған сыяқлы. Усы ўаққа шекем итибар бермеген болсаңыз, той-мереке, лазымларда қапталдан баклаў жүргизип, соңғы заманда пайда болған ҳәмелдарлар ҳәм исбилерменлер менен хызметте журген карапайым халык уакиллеринин (от жаккыш, бауырсак писириуши, конак, дастурхан, табак тасыушылар х.т.б.) озлерин услауы, бир-бирине, улыума жамийетке деген карым-катнасларына сер салып каран, корген тарбиялары арасында улкен парыкты байкайсыз.
Айтайын дегеним, кеуиллери ак кагаздай пак болган сонгы аулад уакиллери айырым келте пам зыялыларымыздын гаплерине ерип, совет дауирин жаманлаганы менен оны енди тарийх бетинен путкиллей оширип болмайды. Онын устине, совет дауири -олардын ата-аналарынын балалыгы хам жаслыгы, оган хурметсизлик –жеке отмишине, ата-аналарына болган хурметсизлиги. Солай екен, совет дауириндеги окыу-тарбия жумысларын шолкемлестириу усылларынын бари дартке аспай калгандай емес, ал арасында бугинги аулад орнек алгандай жаксы тареплери де бар демекшимен.
Туўры, қалған жағында аталмыш шолкемлерди галаба коширмелеу шарт емес, ал малим бир аймакларда салт-дастур туринде жанаша коринисте жетилистириудин ози жеткиликли. Өйткени, бугинги кунге бизиң революциялык жол менен емес, ал СССРдын таркауына байланыслы эволюциялык жол менен ерискенимизди, ягный бугинги жамийет бурынгы конституциялык дузимнин логикалык дауамы екенин жасларымыздын сана-сезимлерине мукыятлап куйыу керек. Өтмишти қаралаған менен оннан мамлекетке де, халыкка да келетугын пайда шамалы.
Тарийх, данышпанлар айтканындай,-отмиштин бай газийнеси, бугинги аулад ушын-сабак хам улги, келешек турмысында- саклыкка шарлаушы ым-ишара дарежесинде калыуы керек. Маселен, заман қандай багыт алмасын тарийхы, салт-дастури, урип-адети хам жасаў таризине садык калган Кытай мамлекети, асиресе Япониянын рауажланыў барысын көз алдынызға бир келтирип көриң ! Бирақ, булар мениң жеке пикирлерим ғана. Ким биледи, басқалар не ойларын?
Жеңис Қойлыбаев. халқабадлы пенсионер.

«Если народ начал борьбу за сохранение языка, значит это его последний шанс: если он потеряет и язык, ему наступит конец»
Абульфаз Эльчибей
Канал👉 @shejireqr
Абульфаз Эльчибей
Канал👉 @shejireqr
https://telegra.ph/%D2%92ARRYLY%D2%9A-%D2%9AANDAJ-BOLADY-EKEN-09-08
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы
Канал👉 @shejireqr
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы
Канал👉 @shejireqr
Telegraph
ҒАРРЫЛЫҚ ҚАНДАЙ БОЛАДЫ ЕКЕН?
(еркин социологиялық изертлеў жуўмағы) 1. Қартайған гезде адамның шашы-ағарады, тиси- сарғаяды, кеўили-көтериледи, көзлери-қызарады екен. 2. Адамның жасы- қартайса да, кеўили-қартаймайды екен. 3. Адам қартайған шағында үйге де, дүзге де сыймай қалады екен.…
ЖАРАТҚАНҒА ЖҮГИНБЕСТЕН АЛДЫН, ӨЗИҢДИ - ӨЗИҢ ТАНЫП АЛ !
Муҳаммед Ғаззалий. (1058/59-1111).
иранлы мусылман дин таныўшысы, ойшыл ҳәм мистик.
Канал👉 @shejireqr
Муҳаммед Ғаззалий. (1058/59-1111).
иранлы мусылман дин таныўшысы, ойшыл ҳәм мистик.
Канал👉 @shejireqr
ҲҮЖДАН - СОНДАЙ БИР ФИЛОСОФИЯЛЫҚ ТҮСИНИК, ОЛ - ҲҮЖДАНСЫЗ, АРСЫЗ, НАМЫССЫЗ, УЯТСЫЗЛАРДЫ ЕМЕС, АЛ КЕРИСИНШЕ ҲҮЖДАНЛЫ, АРШЫЛ, НАМЫСШЫЛ, УЯТЛЫ АДАМЛАРДЫ ҚЫЙНАП АТЫР.
Блогерлер ҳаўазы.
Канал👉 @shejireqr
Блогерлер ҳаўазы.
Канал👉 @shejireqr
ШЕЖИРЕ
https://telegra.ph/KOMSOMOL-ZHETEKSHISI-09-07 «Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы Канал👉 @shejireqr
Айбектиң жасы үлкенин таныдым . Шынында да комсомолдан, шымбайлы кенегеслерден шыққан Генжебай Тажетов деген әдил, халықшыл, омыраўлы басшы болды. Бәлки, ондай жигитлер ҳәзирги жаслар жетекшилериниң арасында да бар шығар. Бирақ, мен омыраўлы иси менен елдиң аўызына илингенлерин еситпедим.
Парахат комсомол.
Канал👉 @shejireqr
Парахат комсомол.
Канал👉 @shejireqr
АНА ТИЛДИҢ АРЫНА ШАЎЫП, ГУРЕСКЕ ТҮСИЎИ - МИЛЛЕТТИҢ ЕҢ СОҢҒЫ МҮМКИНШИЛИГИ, ГҮРЕСТИҢ ТОҚТАЎЫ МЕНЕН МИЛЛЕТТЕ ЖОҒАЛАДЫ.
Абдулфайз Элчибей. Азербайжанның экс-президенти.
Канал👉 @shejireqr
Абдулфайз Элчибей. Азербайжанның экс-президенти.
Канал👉 @shejireqr
Нөкистеги Улуғбек естелиги алдындағы тротуарға қуйма брусчатка плитка жатқарылғанына бир жылда болған жоқ. Бүгин өтип баратырсам, елликалалыма, төрткүллиме қурылысшылар бригадасы брусчаткаларды алып таслап, орнына қара бетон қуйып атыр. Сонда тандыры шыққырлардың нөкислилерди брусчаткалы тротуарда жүриўге ылайық көрмегени-ме?
Я, мен тусинбеген басқа тәреплери бар-ма?
Айзада жолаўшы. 07.09.2021.
Канал👉 @shejireqr
Я, мен тусинбеген басқа тәреплери бар-ма?
Айзада жолаўшы. 07.09.2021.
Канал👉 @shejireqr
ИНДЕМЕСЛЕР ДЕГЕНИ КИМЛЕР?
Дүньяның бузылыўына - Ыдыратыўшы емес, ал оның жаман пейлин биле тура, билгенин ишинде жутып қалған - Индемеслер себепши болады.
Альберт Эйнштейн немис физик-теоретиги.
(шоманайлы Байрам баймақлыдан).

https://telegra.ph/%D2%92ARRYLY%D2%9A-%D2%9AANDAJ-BOLADY-EKEN-09-08 «Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы Канал👉 @shejireqr
Изертлеў жуўмағын қызығып оқыдым. Ишиндеги "қартайғанында қайсы баласы бақса, соны көбирек жаманлайды екен" деген гәпти бизиң кемпир-ғарры айттыма деп гуманланып та қойдым. Себеби, уллары-басқа, қызлары-турмысқа шығып, үлкен үйдиң аўырманлығы маған қалған.
Уятты қойып, өзлеринен де сорадым. "Маған кеўлиңиз толмай атыр-ма? Мени жаманлап жүрсиз-бе?" деп. "Яқ, биреўлер айтқанды да" деседи. Бирақ, оның менен урыс-қағыс шығып, хожалықтың берекети қашпады, жай ғана қызық екенин жазып атырман.
Муратбек уста

АРКТИКАЛЫ ҚАРАҚАЛПАҚЛАР
Арктиканы қорғаў бойынша Красноярск үлкесиниң Норильск қаласы жанында болып атырған әскерий машықта бүгин россиялы МЧС министри Е.Зиничев ҳәм кинооператор Мельников қаҳарманларша қаза тапты деген қайғылы хабар келип атыр. Айтайын дегенимиз, қарақалпақ қыпшақларының қаңлы руўы ашамайлы тийресине дерек Сейтмуратовлар шаңарағы усы қаланың 1945-жылдан берли отырықшы халқы. Соннан усы шаңарақта туўылып өскен ул-қызларынан Султан ҳәм Жумагүл өз алдына семьялары менен ҳәзирде жасайды. Мәселен, қарақалпақ қызы Жумагул Сейтмуратова-Норильск қаласы мэри болмағаны менен оның орынбасарларынан бири саналады. Әже-апалары усы қалада туўылып, орта мектебин питкергеннен кейин оқыўларын Нөкис қаласында даўам етти, турмысқа шықты ҳәм бала-шағалы болып Қарақалпақстанда жасап қалды ҳәм ҳәзирде жасап киятыр. Мине, арктикалы қарақалпақлар дегенимиз усылар еди.
Жандулла қаңлы.

«Даль+бай» кандай бас кийим?
Каракалпак халкынын материаллык мэдениятында озгеше хэм кийели, бийбаха мийраслардын бири- кийим болып табылады. Каракалпаклардын миллий кийимлери: Ер адамлардын кийимлери хэм хаял-кызлардын кийимлеринин сырлы, этнографиялык мозайкасы, озгешелиги, айырмашылыгы тууралы жахан хэм аймаклык илимпазлар, саяхатшылар назер аударып, озлеринин тан каларлык кеуил туйгыларын, жаксы ой-пикирлерин билдирмекте.
Каракалпак ер адамлардын кийимлеринин озгеше, ен коп кийиминин бири- Бас кийимлер болып есапланады. Бас кийимнин турлери хэм улгилери Каракалпакстан Республикасы тарийхы хам маденияты музейинде сакланады. Бас кийимнин турлери кандай? Бул хаккында жазыўшы М.Нызанов ҳәм музей хызметкери Г. Нызанова жаксы пикирлер айтты. Лейкин, Бас кийимлерден «белгисиз» ? «Дал+бэй», « Дэр+бай» х.т. баскада .идентивлигинде кийим бар екен?,
Орайлык Азия халыкларынын кийимлери контекстинде, Арал бойы халыклардын бас кийимлери: жаз айында: такыя хэм калпак кийген болса, гузги хэм кыс айларында :Борик,телпек, мала+хэй, шогирме, кураш, соппас, дегелей,папак хам баскада уксаслары , атамадагы бас кийимлердин этнографиялык сырларын келешекте аныклау зэрурли. Сондай-ак, ата-бабаларымыз кус+ ангшылык хожалык турмыста: Бизге «белгисиз» фаунлардынг( кус тури) образында, Кыргый сулдердеи: «Далбай» атамадагы бас кийим кийген? Отмишке саяхат: Ерте орта асирдеги « Кардар-Кердер- Курдар- Кард» патшасы тажында ,озгеше.сакраль бас кийимде « кус+сулдери- «КЫРГЫЙ» ( ? ) образы орын алган. Бунын сыры неде? Арал дияры этнодастанда ҳәм халық қосыгында « далбай» былгап шакырсам, кел- ҳә, кел қуба қус!!!,-деген катарлар бары анык. Аранг-Устюрттинг Шол кусынынг бирин :« Дар», «Дэл», «Дур», «Дэр», «Тур» атамада шакырган! Уллы дала, Аранг кыры- шол, Дешти- сахрайы «Кыргый» кустынг бир пародасы- Дэл+бэй, Дар+бах болган? Ол кандай кус, «Дэл+бей»- « Дэр+бек» тынг идентивлик сыры неде екен?
09.09. 2021. О.Юсупов.

САПАРБАЙ ШАЙЫРҒА АРНАЎ
(ҳәзил қосық)
Мақсымлыққа келсе жүда алықсан,
Еки илимди де ишип алыпсаң,
Қайсысы еди, сени халыққа танытқан,
Шайырлық-па? Мақсымлық-па? Айт бала.
"Шежире"де шықты жазған қосығың,,
Қосықтың филибр жаздың усылын,
Мақсымлықта көп болса да түсирим,
Шайырлықтың изин даўамла, бала!
Халық ядлаған қосықларың дайыңның,
Мәртебеси бәлент болар шайырдың,
Дайыңдай жазғаның елге жайылсын,
Шайырлықтың изин даўамла, бала!
Қурбанбай Омаров Халқабад.
Канал👉 @shejireqr
(ҳәзил қосық)
Мақсымлыққа келсе жүда алықсан,
Еки илимди де ишип алыпсаң,
Қайсысы еди, сени халыққа танытқан,
Шайырлық-па? Мақсымлық-па? Айт бала.
"Шежире"де шықты жазған қосығың,,
Қосықтың филибр жаздың усылын,
Мақсымлықта көп болса да түсирим,
Шайырлықтың изин даўамла, бала!
Халық ядлаған қосықларың дайыңның,
Мәртебеси бәлент болар шайырдың,
Дайыңдай жазғаның елге жайылсын,
Шайырлықтың изин даўамла, бала!
Қурбанбай Омаров Халқабад.
Канал👉 @shejireqr
ӘНЕ, ЖАҢАЛЫҚ!
Қәрекеңниң Анна Ахматова, Белла Ахмадуллинасы..! Ҳәўескер шайырымыз Базаргүл Зибарованың шабытынан дөреген қосықларына қазақ, татар, француз, англичан тиллес аўдармашылар қызығыўшылық билдирип, аўдармаларын дүнья еллерине таратып атыр. Олар менен сизде шайыраның телеграмм-каналдан ашқан "Поэзия булағы" бетинен танысың!👇👇👇👇
https://t.me/joinchat/r-bshjUwE9hlYzky
Базаргүл Зибарова каналы