ШЕЖИРЕ
Румянцевский обелиск. Канал👉 @shejireqr
ЕСКЕ САЛЫЎ
Раўажланған еллер әмелиятында өтмиши халқына жат болып кетпеўи ушын елиниң тарийхында жүз берген қанлы саўашлар ҳәм оған басшылық еткен әскербасылары ҳүрметине обелиск қойыў мәденияты қәлиплескен. Мәселен, сүўреттеги обелиск (арх.В.Ф. Бренн) Петербургтағы Марсово поледе 1798-1799-жылы россиялы генерал-фельдмаршал, рус-түрик урысының жеңимпазы П.А.Румянцев - Задунайскийдиң (1725-1796) ҳүрметине орнатылып, соңғы заманларда Университетская набережнягэға көширилген. Петербурглилер мине еки әсирден берли обелискти қәстерлеп, әтирапын абаданластырып, бүгинлигинде Румянцев скверине айландырып, ҳәр қыйлы мәдений-ғалаба илажлар өткерип келмекте.
Буны айтып атырғанымыз, быйыл халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси сессиясының қарары, жоқары басқарыў уйымларының мақуллаўы менен Халқабад поселкасындағы көшелердиң бирине-тарийхый әскербасы Ханмақсымның (1887-1956) аты қойылған еди, белсенди пуқаралардың басламасы менен баннер, тақтайшалар илдирилди ҳәм олар туўралы каналымызда материаллар да жәрияланды. Усы жумыслар барысында район ҳәкими Дәўлетбай Өтемуратовтан "Нөкис - Шымбай" жолы бойына жоқарыдағыдай обелиск қурыў идеясы да айтылды ҳәм мақулланғандай болынды.
Тилекке қарсы, усыныс авторлары елеге шекем район ҳәкиминен я бир рәсмий жуўап, я әмелий ҳәрекет көрмей атыр. Қыйналған деўге оншелли көп қаржы талап ететуғын қурылыс емес, ықлас болса жергиликли исбилерменлердиң күши менен де ислесе болатуғын жумыс. Сиясий әҳмийетинен айбынған деўге бундай обелиск Нөкистиң гөне қаласында жақын жылларға шекем турды, Шымбайдың "Тазғара"сында ҳәзирде тур. Бир айтқанды қайта-қайта айта бериў, район ҳәкиминиң үстинен Мурат Камаловқа шағым етиўге усыныс авторлары арсынады.
Солай болса да күни ертең М.Камалов "Қумшүңгил" АПЖға барып, "Тилеўбай газши"ниң тереги астында Кегейли районының қәтқудалары менен ушырасыў өткереди екен деген гәп елге тарап атыр. Шын гәп болса. ушырасыўға шақырылған қәтқудалардан биреўи болмаса биреўи усы мәселени де көтерип қалар деген үмит пенен усы мақала таярланды. Өйткени, ушырасыў өткергендеги мақсетлердиң бири де-усы емес-пе?
Канал👉 @shejireqr

Ашамайлы руўы ҳаққында билгим келеди. Әсиресе бөлиниўин егер усы руўды жақсы билген адам болса Бекполат деген тийреси бар. Соны терекке бөлгенде киргизбеген. Байполат Бекполат деген тийреси ҳаққында мағлыўмат болса деп едим. Алдыннан рахмет! Гаўҳар Утеўлиева…
Ассалаўма алейкум!
Каналға 06-август күнги қойылған Қарақалпақлар "руўылары кестеси" менен 08-август күнги Қарақалпақ руўлары терек көринисиндеги тийрелерде парқы яки айырмашылығы қаншелли? Сораўымның себеби, кестени 1980 жыллары, теректеги тийрелерди 2015 жыллар атырапында көрген едим. Авторлары бир адамба, яки мапдар ҳәр ким-бе?
Руўлардың қайсы бири қайсы әсир тарийхында ушырап баслағанына қарап қайта дүзиў имканы бар. Илимпаз тарийхшылар проект ислеп көргенинде анығырақ боларма еди деп ойлап қалдым. Кеширимли болсын.
Муратбай Азирбаевич

Мен Мырзамуратов Оралбай Нөкис қаласында тураман. Қарақалпақ тарийхын билгим келеди оқығым келеди. Бирақ енди ҳәзирги ўақытта турмыс машқаласы деймиз-бе я ериншеклигимиз-бе расы қолымыз тийе бермейди. Солай болсада жумыста жүрип гезлескен адамнан тарийхымыз ҳәзирги жағдайымыз ҳаққында сорастырып журетиним бар. Сөйтип жүрип тапқанларым усы. Не дейсиз булар басқа халық басқа миллетпе я түп тийкары Қарақалпақпа? Усы сораўға қосымша ҳәзир және бир қосықты ортаға тастайман нағыз қарақалпақтың тили бирақ басқа бул басқа миллет дейди, усы видеоны жиберген достым.
Канал👉 @shejireqr
Канал👉 @shejireqr
"Ески сууретлерде хаттеки кишкене детальдын ози улкен ахмийетке ийе"деп коп айтатугын едим!))Бир-еки кунликте кутилмеген ажайып пикирге козим тусип кетти.ФБ шы достым кози откир екен,мен итибар бермеген сондай нарсеге,кози тусип мынандай коммент калдырыпты:
"Сол уакта да стоянканы суу басып жатады екен го я?))"
Умит етемиз дым болмаганда усы маселе анык шешими тауылып хам наконец-то адамлар бир кууанып калар!))
Часто пишу,что в старых фотографиях даже маленькие детали могут рассказать о многом.Недавно мой ФБ ный друг,оставил коммент под этой фотографией "Оказывается проблема сточных вод на стоянке базара- древняя проблема!))" Действительно как я это раньше не заметил?))Сейчас вроде взялись за решением вопроса сточных вод на стоянке базара и надеюсь хоть этот вопрос наконец-то решиться!))
Адил Худайбергенов

Ҳүрметли "Шежире" каналының админлери ҳәм қатнасыўшылары, көптен берли бир мәселе бойынша пикиримди билдирмекши едим. Көп жыллардан берли "Бес қала" темасы бойынша тартысларға көзим түсип жүр ҳәм бул ҳаққында өзимниң бир ақсақалдан еситкен гәпи менен бөлиспекшимен. Ол адамның айтыўы бойынша ол "бес қала" конкрет мына бесеўи деп атларын келтириў қәте деп еди, себеби әййемги карўанлар жолында усы аймақта үлкен 5 қала болған, бирақ қайсы қалалар екенин изертлеў ҳәм анықлаў керек. Карўаншылар "Бес қала" елаты деген атаманы көп қолланған ҳәм усы атама тарийхта солар себеп қалған. Енди ҳәр ким ҳәзирги өзи жасап атырған қаланы сол 5 қаланың биреўи деп айтыўын түсинседе болады, себеби өзи туўылған қаласы менен мақтаныш еткиси келеди. Бирақ сол ҳәзирги айтып жүрген қалалар асып кетсе 200-300 жыллық тарийхқа ийе. Ал бизлер соның ушын келте ойламай, мың жыллық тарийхы бар қалаларды "Бес қала" лардың бири деп сөз етсек дурыс болмайма? Себеп пенен қарақалпақлар бул аймақта нешше мың жыллардан берли жасап киятыр деген гәпти жаслардың мийине қуйған болар едик!
Адил
Канал👉 @shejireqr
Адил
Канал👉 @shejireqr
Асыўдан асыў бел қайда?
Аралдан ескен жел қайда?
Еңиреп туўған ели ушын,
Еңсегей сынлы ер қайда.
Есикте малы мыңғырған,
Төрт жағы кубла шер қайда,
Азамат қәдирин билгендей,
Еңсеси бийик ел қайда?
"СЕРЕЛЕР" тобы.
Канал👉 @shejireqr
Аралдан ескен жел қайда?
Еңиреп туўған ели ушын,
Еңсегей сынлы ер қайда.
Есикте малы мыңғырған,
Төрт жағы кубла шер қайда,
Азамат қәдирин билгендей,
Еңсеси бийик ел қайда?
"СЕРЕЛЕР" тобы.
Канал👉 @shejireqr
Касымжомарт Токаев.
БИР КӘТТЕ ЖАТЫП УЙЫҚЛАЙМЫЗ, БИРАҚ ҲӘР ҚЫЙЛЫ ТҮС КӨРЕМИЗ.
Қытай халық нақылы.
Канал👉 @shejireqr
БИР КӘТТЕ ЖАТЫП УЙЫҚЛАЙМЫЗ, БИРАҚ ҲӘР ҚЫЙЛЫ ТҮС КӨРЕМИЗ.
Қытай халық нақылы.
Канал👉 @shejireqr
Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал (Админ)
#Хошхабар
🕌 Мешитлерде жума намазларын оқыў бойынша карантин шеклеўлери бийкар етилди.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ

Telegram
Paziyletuz | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Шоманай районының 5 совхозынан түркмен ағайинлерге берип жиберилген жерлерге анықлық киргизиўди сорағандай болып еди.
Даўамы бар...
Канал👉 @shejireqr
Даўамы бар...
Канал👉 @shejireqr
ШЕЖИРЕ
Ассалаума Әлейкум! Сизлерден бир өтиниш, буннан 10 яки 15 жыл бурын, Шоманай районының 5 совхоздың жерин Түркменлерге берип жиберди, сол туўралы анықлама берсеңиз? Алдын ала Рахмет! Тажатдин Мауленов Канал👉 @shejireqr
АЙБҮЙИРДИ САҒЫНАЙЫН ДЕДИҢ-БЕ?
Жоқарыда оқыўшыларымыздан Тәжетдин Маўленов бизиң заманымызға келгенде Шоманай районының 5 совхозынан түркмен ағайинлерге берип жиберилген жерлерге анықлық киргизиўди сорағандай болып еди. Шынында да, сайлап қойған басшыларымыз рәсмий баспа сөз арқалы халыққа усы мәселе бойынша түсиник бермегени менен жақын өтмиште болған ўақыя, оны елдиң бәри биледи. Сол себепли заманласларымыз соңғы әўладқа умыт болып кетпеўи ушын бүгинлигинде мәмлекетлер аралық питим бойынша түркмен ағайинлердиң нызамлы мүлкине айланып кеткен болса да, совет дәўиринде сол аймақта туўылып-өскен шайырымызға илҳам берип, қосық жаздырған, «тасларына сүйген қызының атын ойып жаздырған» Айбүйирдиң таўын ҳәзирше еске ала турсын!
САҒЫНЫШ
Гейде қыялларым толғанып жатты,
Изимнен келер деп-аў, ойларға баттым,
Сағынып жанымды отларға жақтым,
Жолларыңа гүл төседим, билмедиң.
Еринбестен тәкирарладым атыңды,
Жүрегиме орап, жазған хатыңды,
Қәстерледим туңғыш муҳаббатыңды,
Ынтықтырдың, талпындырдың келмедиң.
Жуўырып шықтым, Айбүйирдиң басына
Ҳәм атыңды ойып-аў, жаздым тасына,
Сәлем айтқан баҳар қарлығашына,
Кешиктирдиң сонша жуўап бермедиң.
Ләбизге исендим, келгениң қайда,
Ойларым жулқынар, сен жүрген жайға,
Бәлки барарман деп-аў, қыстағы тойға,
Мени дилгир еткен дилбар сенбе едиң?
1970-жыллардағы жаслардың «шлягер» қосығы.
P.S. Енди жерлеслеримиз «Айбүйирдиң басына жуўырып шыға алмайды», ата мәканына барса турист болып ғана барып мүмкиншилигине ийе. Онда да шегарашылар жиберсе! Сондай-ақ, бул қосық енди эфирлерден берилмесе де керек, егерде «Мамый дала»сында мал бағып жүрген бала саз даўысқа салып, кең даланы жанғыртып айта қоймаса!

Касымжомарт Токаев. БИР КӘТТЕ ЖАТЫП УЙЫҚЛАЙМЫЗ, БИРАҚ ҲӘР ҚЫЙЛЫ ТҮС КӨРЕМИЗ. Қытай халық нақылы. Канал👉 @shejireqr
Ассалаума Алайкум
Усы постка сал тусининкиремедим. Азгана тусиндирип бере аласызба?
Сораў бериўшиниң Ф.И.О көрсетилмеген.

https://telegra.ph/%D2%9AOSYMSHA-T%D2%AESINIK-08-11
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы
Канал👉 @shejireqr
«Шежире» руўхый-ағартыўшылық каналы
Канал👉 @shejireqr
Telegraph
ҚОСЫМША ТҮСИНИК
Айырым оқыўшыларымызғада таң қаласаң! Афоризмлерди қыйыннан қыйыстырып тапқанын ҳәм жеткерип бергенин аздай ҳәр бирине басма-бас қосымша түсиник (шарх, комментария) сорайды. Мейли бул да соңғы әўладты-мантыққа (логика, өз бетинше ойлаўға) үйретиўдиң орнына…
Хийўа қаласындағы талапкер қарақалпақлар.
1873-жыл. Хийўа. Сүўрет Россияның мәмлекетлик архивинен алынған.
БИР СҮўРЕТ - МЫҢ АЎЫЗ СӨЗГЕ ТАТЫЙДЫ.
(Москвалы патриот-коллекционер Адил Худайбергеновтиң ислерине тилеклеслик)

T.me/dartshil
РЕКЛАМА-ҚОЛЛАЎ.
Ала бурқан шаңғытлар,
Ким екен десең, маңғытлар,
Сол маңғытлар ишинде,
Камилжан қара маңғыт бар.
Канал👉 @shejireqr
РЕКЛАМА-ҚОЛЛАЎ.
Ала бурқан шаңғытлар,
Ким екен десең, маңғытлар,
Сол маңғытлар ишинде,
Камилжан қара маңғыт бар.
Канал👉 @shejireqr