Forwarded from Тлеу'баев Бахтыбай Ережепбаевич
#Қарақалпақ_халықының_илимпаз_жазыўшылары
Шамуратов Әмет
Әмет Шамуратов—шайыр ҳәм жазыўшы.
Ә.Шамуратов 1912-жылы Хожели районында туўылған. Ол Хожелидеги интернатта тәрбияланады, соң Шымбайда-гы "Коммуна" мектебинде оқыйды. Ә. Шамуратов 1931-жылы Москаваға оқыўға жибериледи, жумысшылар факуль-тетинде оқыйды ҳәм метрополитен қурылысында ислейди. 1938-жылы бул оқыў орнын тамамлап, Республика билим-лендириў министрлигинде инспектор, соң баспасөз орын-ларында ислейди. 1947-50-жыллары Әмет Шамуратов партия мектебин питкереди. Карақалпақстан Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, Нөкис қалалық партия комитети-нин биринши хаткери, Жазыўшылар аўқамының баслығы лаўазымларында ислейди. Оның "Сыйлық" (1940), "Ўатан ҳақкында қосықлар" (1943), "Бахыт" (1949), "Ески мектеп-те"(1940), "Бахыт қосықлары" (1949) сыяқлы поэзиялық, прозалық топламлары басылды. Жазыўшының Таңламалы шы-ғармалары бир неше мәртебе қайта басылды,(1954-63), (1962-72) "Ески мектепте", "Мениң жолбарыслар менен ушыра-сыўларым" повестьлери рус, өзбек тиллеринде жәрияланды.
Ә. Шамуратов "Арал қызы" (Ж. Аймурзаев пенен бир-ге), "Кырық қыз"(И Юсупов пенен бирге) пьесаларының авторы. Ол орден-медаллар, Өзбекстан ҳәм Карақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Ә. Шамуратов Карақалпақстан Респуб-ликасының Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланды.
Ә. Шамуратов 1941-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
#Әмет Шамуратов (1912-1953) ХХ әсирдиӊ 30-50-жыллары аралығында қарақалпақ әдебиятында шайыр, жазыӯшы, драматург, әдебий сыншы, дилмаш сыпатында өзиниӊ көркем дөретиӯшилиги менен әӯладларға өшпес әдебий мийрас қалдырған сөз шебери. Ол қарақалпақ әдебиятына, аӯыл хожалығына, экономикасына өзиниӊ салмақлы үлесин қосқан мәмлекетлик искер инсән болған. Оныӊ нәзик сезимлерге бай, өз дәӯириниӊ көтериӊки идеялары менен суӯғарылған көплеген қосықлары, «Ақшолпан-Палман», «Бахытлы заман» поэмалары, қарақалпақ сахналарында сахналастырылған «Қырық қыз», «Арал қызы» драмалары, балаларға арналып жазылған «Ески мектепте», бир қатар аӯдармалары ҳәм әдебий сын мақалалары бүгинги күнге шекем өз әҳмийетин жоғалтпаған.
Әмет Шамуратов 1953 жыл 18-майда 41 жасында қайтыс болды. Айымхан Шамуратова 36 жасында 7 перзент пенен қалды. Сонда еӊ кенже перзенти «Әмет, Айымхан Шамуратовлар» уй музейи директоры Айымгул Шамуратова 1 айлық нәресте еди.
Әмет Шамуратов қысқа өмир сүрди, бирақ тереӊ мазмунлы болды.