"Шахтемир" жаслары
96 subscribers
3.01K photos
334 videos
49 files
1.41K links
Download Telegram
#Jaslar_aylıǵı
#Jańa_Ózbekstan_jaslar_mámleketi
#Shımbay_rayonı
#Bilim_ring_inlellektual_turniri

Usı jıldıń 5-iyun kúni Shımbay kásip-óner mektebinde Jaslar isleri agentligi Shımbay rayonlıq bólimi tárepinen jaslardıń bos waqıtların mazmunlı ótkeriw, olardı kitapqumarlıqqa qızıqtırıw maqsetinde rayon kóleminde usı jıldıń fevral ayınan baslap basqıshpa-basqısh ótkerilip kiyatırǵan “Bilim ring” intellektual turniniń FINAL basqıshı oyınları ótkerildi.

Jarıs qızıqlı hám keskin dodalawlarǵa bay ótti.

Oyın juwmaǵına kóre;
1-orın “Shaxtemir” máhállesi
2-orın “Kónshi” máhállesi
3-orın “Qamıs arıq” máhállesi jasları iyeledi.

Jeńimpaz bolǵan komandalar Jaslar isleri agentligi Shımbay rayonlıq bólimi tárepinen qımbat bahalı sawǵalar menen sıylıqlandı.

Kanalǵa aǵza bolıw 👉👉https://t.me/krshimbay
Ассалаума алейкум Хурметли пукаралар! Нокис каласы "Ишга мархамат" МОНООРАЙЫ 3 айлык окыу муддети менен "Хожалык техникалырын онлау устасы", "Жук котериу машиналары операторы" (крановщик), "Кепсерлеу ислери устасы" (сварщик), "Сантехника хам слесарьлык ислери устасы", "Ыссыхана" (теплица) касиплери бойынша пукараларды окыуга кабыллау дауам етип атырганлыгын хабарлаймыз! Окыуды калеуши, бантлиги тамийинленбеген (жумыссыз) пукараларымыз бийпул, Бантлиги тамийинленбеген хам биржанын жолламасы тийкарында окыуга кабылланган майыплыгы болган пукараларымызга окыу бийпул хам Биржа тарептен степендия толенеди. Бантлиги тамийинленген пукаралырымыз ушын окыу толемли болып, улыума толем мугдары 990 000 сум (2-3 болип толеу имканияты берилген). МОНООРАЙымызды питкерген пукаралар ушын Мамлекетлик улгидеги СЕРТИФИКАТ бериледи. Косымша маглыумат ушын тел 90 5747457, 91 3717457.
#Jaslar_aylıǵı
#Jaslar_isleri_agentligi_kubogı
#Shımbay_rayonı

Búgin Shımay rayonında "Jaslar aylıǵı" sheńberinde sporttıń shaxmat túrinen "Jaslar isleri agentligi kubugi" Respublika turniriniń sektor basqıshları bolıp ótti.
Jarısta turnirdiń máhálle basqıshlarında jeńimpaz bolǵan qatnasıwshılar kùsh sınastı.
Jarıs juwmaǵına kóre jeńimpaz bolǵan qatnasıwshılar jarıstıń 13-iyun kúni ótkeriletin rayonlıq basqıshına jollama aldı.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Shimbay rayoni oqiwshilar ushin


https://t.me/keleshek_mektebi
Дыққат!

Дағаза!

Сиз қурылыс жумысларынан хабардарсыз. Бирақ, өзиңизге қолайлы жумыс излеп атырсыз ба?

Асығың!

“Янги замон” ири қурылыс компаниясы Сизди Ташкент қаласына жумысқа шақырады.

Компания сизге төмендегилерди усыныс етеди:

-Рәсмий жумысқа жайласыў;
-Өз ўақтында төленетуғын мийнет ҳақы;
-Бийпул турақ жай;
-Үш мезгил ыссы аўқат;
-Мәўсимлик бийпул арнаўлы кийим-кеншек.

Айлық мийнет ҳақылар қанша дейсиз бе?

Жумысшылардың уқыбына қарап 3 500 000 нан 7 000 000 ға шекем.

Қай жерге хабарласыў керек?

Шымбай районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлимине хабарласыўыңыз мүмкин.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉 https://t.me/shaxtemir
🔰 Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған  қандай жеңилликлер бар?

Президентимиздиң 2020-жыл 8-июндағы ПҚ-4742-санлы “Исблерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, усы пуқараларға қолайлықлар, кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди. 

Атап айтқанда:

🔹 өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў бийпул болып, олар “Soliq” мобил косымшасы арқалы дизимнен өтеди ҳәм дизимнен өткенлиги ҳаққында матрицалы штрих код (QR-код) лы гуўалық бериледи.

🔹  өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслардың жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди ҳәм тапқан дәраматы салыққа тартылмайды.

🔹  өзин өзи бәнт еткен пуқаралар жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында (2023-жыл 1-майдан баслап 330 000 сум) социаллық салықты төлейди ҳәм пуқараға жыллық мийнет стажы есапланады ҳәмде пенсияға шыққанында пенсия муғдарын тайынлаўда төлеген салыклары есапқа алынады.

Қарақалпақстан Республикасында
қарар қабыл етилгеннен кейин 65 435 пуқара, соннан, 2023-жылда 14 669 пуқара өзин өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимге алынды.

❗️ Түсиндирме

2023-жыл 1-майдан баслап жыллық 330 000 сум социаллық салық ҳәр айда 27 500 сумнан туўра келеди.

Ҳәзирги ўақытта бул өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў керексиздей көриниўи мүмкин деген менен, пенсия жасына жеткен ўақытта мийнет стажының аз болыўы ямаса болмаўы себепли пенсия муғдарының аз болыўы менен байланыслы машқала келип шығыўы мүмкин. Бүгинги күнде усы пенсия муғдарының азлығы бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

Усындай машқалалардың алдын алыўды ойлаған ҳәр бир өзин өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өтсе келешекке тийкар жаратқан болады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
🏆Shımbaylı qızlar chempion!

⛹🏻‍♀️“Bes baslama olimpiadası”
sheńberinde Ferǵana wálayatında qızlar arasında sporttıń stritbol túri boyınsha ótkerilip atırǵan sport jarısında 22-26 jas kategoriyasında Shımbaylı qızlar komandası teńsiz dep tabıldı.

⛹🏻‍♀️Shımbay rayonı “Berdaq” máhállesi qızlarınan dúzilgen komanda jarıstıń Respublika basqıshında barlıq wálayatlardan kelgen sportshı jaslardı jeńip Ózbekstan chempionına aylandı.

Tabısıńız benen qutlıqlaymız Shımbay jasları!
💐💐💐

📲Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
! Шымбай районында айрым аймақларда ўақтынша газ өшеди

Шымбай районы газ тәмийнаты бөлими Сизге томендегилерди билдиреди себеби, Шымбай районы “Жипек жолы” мәкан пуқаралар жыйыны аймақларын табийғый газ бенен тәмийинлеп турған d-114 мм болған орта басым газ тармағында ремонт жумыслары жүргизилиўине байланыслы 2023-жыл 16-июнь күни саат 09-00 дан баслап саат 12-00 ге шекем “Жипек жолы” макан пукаралар жыйыны аймағында Е.алакоз, А.Тимур, Қырык кыз, Мамутов, Р.Зарипов, көшелери, “Көкши кала” макан пукаралар жыйыны аймағында С.Камалов, Каракулов,көшелери “Шахтемир” макан пукаралар жыйыны аймағында Тлеумуратов көшеси, “Дослык” макан пукаралар жыйыны аймағында Дослык көшелерине табийғый газ жеткерип бериў ýақтынша тоқтатылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз
Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң табийғый газ тәмийнаты қайта тикленеди газди ашып жағыў ўақтында тутыныўшылардан техника қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди соранамыз.

Шымбай районы газ тәмийнаты бөлими
<<Шамурат Өтемуратов>>

👉 https://t.me/shaxtemir
ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ ЕКИНШИ "ӨМИРБЕК ЛАҚҚЫСЫ".

Қарақалпақ халқыныӊ өткен әсирдеги Өмирбек лаққысы атанған Шамурат Өтемуратов 1929-жыл 1-июнь күни Тахтакөпир районында дүньяға келеди.
Кишкенелигинен көркем өнерге «бир ата жақын өскен» Шамурат Өтемуратов 1955-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүӯретшилик институтын питкергеннен соң, ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында актёр болып өзиниң мийнет жолын баслады ҳәм өмириниң ақырына шекем усы театрда хызмет етти.

Ол театр сахнасында айрықша өз жолына ийе мектеп жаратып, миллий театрымыз сахнасында жүзге шамалас образлар дөретти. Олар ҳәр қыйлы жанр ҳәм характердеги образлар болып, Шамурат аға кең диапазонға ийе актёр еди.

Солардыӊ ишинде Мольердиң «Скапенниң ҳийлеси»инде Скапен, Ж.Аймурзаевтың «Рәӯшан»ында Саттар, А.Бегимов, Т.Алланазаровлардың «Ғәрип ашық» ында молла, С.Хожаниязовдың «Сүймегенге сүйкенбе»синде Шыраз молла, К.Рахмановтың «Келин»инде Дарымбет, «Жаралы жүреклер»инде Сапар ата, О.Әбдирахмановтың «Өжет» инде Матирза, Т.Минулинниң «Әзирейлини алдаған адам» ында Әльмендер қусаған образларды күтә шеберлик пенен атқарып, халқымыздыӊ жүрек төринен айрықша орын ийеледи.

Ол Қарақалпақстан радиосында берилетуғын «Тикенек» сатиралық журналының ҳәм телевидениедеги телеминатюралар театрыныӊ тийкарын салыӯшылардың бири болды.

Сондай-ақ, Шамурат Өтемуратовтыӊ «Танк» кинофильминдеги атқарған образы пүткил мәмлекетимиздеги кино ықласбентлерин таӊ қалдырып, Ташкент қаласы ҳәм басқа ўәлаятларда жасаўшы әпиўайы халық Шамурат аға арқалы қарақалпақ халқыныӊ менталитетин билип алды десек асыра силтеген болмаймыз.

Шамурат Өтемуратов күтә мийирман, пүткил саналы өмирин қарақалпақ көркем өнерине арнаған, жаслардың устазы еди.

Оның қарақалпақ көркем өнериниң раӯажланыӯына қосқан мийнети өз ӯақтында баҳаланып, оған 1957-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, 1963-жылы Қарақалпақстан халық артисти, 1977-жылы Өзбекстан халық артисти ҳүрметли атақлары берилди.

1986-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, театр ҳәм кинода көплеген юмор-сатиралық рольлерди шеберлик пенен атқарып шыққан сүйикли актёрымыз Шамурат Өтемуратов өзиниӊ 77 жыллық өмири даўамында халқымызға айрықша руўхый заўық бағышлаған XX әсирдиӊ Өмирбек лаққысы болды десек қәтелеспеген боламыз.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

👉 
https://t.me/shaxtemir
Bes baslama olimpiadasi shenberinde sporttıń "Stol tennis" túri boyınsha Shaxtemir MPJdan Jumanova Albina Ayapbergen qızı  Ózbekstan Respublikası basqıshında 16-21 jas qız balalar arasında sıylı
3-orındı iyeledi.