"Шахтемир" жаслары
96 subscribers
3.01K photos
340 videos
49 files
1.41K links
Download Telegram
#Jańa_Ózbekstan_jaslar_mámleketi
#Shımbay_rayonı
#Ónermentshilik_ustaxanasına_sayaxat

Festival sheńberinde Respublikalıq úgit-násiyatshıları hám rayon jasları rayondaǵı ónerment Azamat Turekeevtıń úy ustaxanası hám úy muzeyinde sayaxatta boldı.

Sayaxat dawamında miymanlar hám jaslar xalqımızdıń milliy úrp-ádet dástúrlerin ózinde jámlegen “Qara úy”dıń jasalıw usılı menen jaqınnan tanıstı. Sonday-aq, qaraqalpaq xalqınıń milliy kiyimleri hámde milliy ónermentshilik buyımları haqqında keń túrde maǵlıwmatlarǵa iye boldı.

👉👉https://t.me/krshimbay
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жаслықты еслеп...

Қайтпас дәýирлер.Бүгинги балалардың қайтпас дәyирлери болса телефонға үңилиý менен өтип атырғандай емес пе.Ертең олар нени еслейди екен🤨
🔰 Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған  қандай жеңилликлер бар?

Президентимиздиң 2020-жыл 8-июндағы ПҚ-4742-санлы “Исблерменлик жумысы ҳәм өзин өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилип, усы пуқараларға қолайлықлар, кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер берилди. 

Атап айтқанда:

🔹 өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў бийпул болып, олар “Soliq” мобил косымшасы арқалы дизимнен өтеди ҳәм дизимнен өткенлиги ҳаққында матрицалы штрих код (QR-код) лы гуўалық бериледи.

🔹  өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслардың жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди ҳәм тапқан дәраматы салыққа тартылмайды.

🔹  өзин өзи бәнт еткен пуқаралар жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында (2023-жыл 1-майдан баслап 330 000 сум) социаллық салықты төлейди ҳәм пуқараға жыллық мийнет стажы есапланады ҳәмде пенсияға шыққанында пенсия муғдарын тайынлаўда төлеген салыклары есапқа алынады.

Қарақалпақстан Республикасында
қарар қабыл етилгеннен кейин 65 435 пуқара, соннан, 2023-жылда 14 669 пуқара өзин өзи бәнт еткен пуқара сыпатында дизимге алынды.

❗️ Түсиндирме

2023-жыл 1-майдан баслап жыллық 330 000 сум социаллық салық ҳәр айда 27 500 сумнан туўра келеди.

Ҳәзирги ўақытта бул өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў керексиздей көриниўи мүмкин деген менен, пенсия жасына жеткен ўақытта мийнет стажының аз болыўы ямаса болмаўы себепли пенсия муғдарының аз болыўы менен байланыслы машқала келип шығыўы мүмкин. Бүгинги күнде усы пенсия муғдарының азлығы бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

Усындай машқалалардың алдын алыўды ойлаған ҳәр бир өзин өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өтсе келешекке тийкар жаратқан болады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#GALA_KONCERT

Bárshe rayonımız jasların mirát etemiz!

📌Ótkeriliw ornı: Amfiteatr
🕐Ótkeriliw waqtı: 8-iyun, saat 19:00

👉 https://t.me/shaxtemir
#Jaslar_aylıǵı
#Jańa_Ózbekstan_jaslar_mámleketi
#Shımbay_rayonı
#Bilim_ring_inlellektual_turniri

Usı jıldıń 5-iyun kúni Shımbay kásip-óner mektebinde Jaslar isleri agentligi Shımbay rayonlıq bólimi tárepinen jaslardıń bos waqıtların mazmunlı ótkeriw, olardı kitapqumarlıqqa qızıqtırıw maqsetinde rayon kóleminde usı jıldıń fevral ayınan baslap basqıshpa-basqısh ótkerilip kiyatırǵan “Bilim ring” intellektual turniniń FINAL basqıshı oyınları ótkerildi.

Jarıs qızıqlı hám keskin dodalawlarǵa bay ótti.

Oyın juwmaǵına kóre;
1-orın “Shaxtemir” máhállesi
2-orın “Kónshi” máhállesi
3-orın “Qamıs arıq” máhállesi jasları iyeledi.

Jeńimpaz bolǵan komandalar Jaslar isleri agentligi Shımbay rayonlıq bólimi tárepinen qımbat bahalı sawǵalar menen sıylıqlandı.

Kanalǵa aǵza bolıw 👉👉https://t.me/krshimbay
Ассалаума алейкум Хурметли пукаралар! Нокис каласы "Ишга мархамат" МОНООРАЙЫ 3 айлык окыу муддети менен "Хожалык техникалырын онлау устасы", "Жук котериу машиналары операторы" (крановщик), "Кепсерлеу ислери устасы" (сварщик), "Сантехника хам слесарьлык ислери устасы", "Ыссыхана" (теплица) касиплери бойынша пукараларды окыуга кабыллау дауам етип атырганлыгын хабарлаймыз! Окыуды калеуши, бантлиги тамийинленбеген (жумыссыз) пукараларымыз бийпул, Бантлиги тамийинленбеген хам биржанын жолламасы тийкарында окыуга кабылланган майыплыгы болган пукараларымызга окыу бийпул хам Биржа тарептен степендия толенеди. Бантлиги тамийинленген пукаралырымыз ушын окыу толемли болып, улыума толем мугдары 990 000 сум (2-3 болип толеу имканияты берилген). МОНООРАЙымызды питкерген пукаралар ушын Мамлекетлик улгидеги СЕРТИФИКАТ бериледи. Косымша маглыумат ушын тел 90 5747457, 91 3717457.
#Jaslar_aylıǵı
#Jaslar_isleri_agentligi_kubogı
#Shımbay_rayonı

Búgin Shımay rayonında "Jaslar aylıǵı" sheńberinde sporttıń shaxmat túrinen "Jaslar isleri agentligi kubugi" Respublika turniriniń sektor basqıshları bolıp ótti.
Jarısta turnirdiń máhálle basqıshlarında jeńimpaz bolǵan qatnasıwshılar kùsh sınastı.
Jarıs juwmaǵına kóre jeńimpaz bolǵan qatnasıwshılar jarıstıń 13-iyun kúni ótkeriletin rayonlıq basqıshına jollama aldı.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Shimbay rayoni oqiwshilar ushin

https://t.me/keleshek_mektebi
Дыққат!

Дағаза!

Сиз қурылыс жумысларынан хабардарсыз. Бирақ, өзиңизге қолайлы жумыс излеп атырсыз ба?

Асығың!

“Янги замон” ири қурылыс компаниясы Сизди Ташкент қаласына жумысқа шақырады.

Компания сизге төмендегилерди усыныс етеди:

-Рәсмий жумысқа жайласыў;
-Өз ўақтында төленетуғын мийнет ҳақы;
-Бийпул турақ жай;
-Үш мезгил ыссы аўқат;
-Мәўсимлик бийпул арнаўлы кийим-кеншек.

Айлық мийнет ҳақылар қанша дейсиз бе?

Жумысшылардың уқыбына қарап 3 500 000 нан 7 000 000 ға шекем.

Қай жерге хабарласыў керек?

Шымбай районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлимине хабарласыўыңыз мүмкин.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети