"Шахтемир" жаслары
90 subscribers
3.04K photos
361 videos
49 files
1.43K links
Download Telegram
Ассалаума алейкум хурметли "Шахтемир" МПЖ пукаралары бугин тустен кейин саат 17:00 де 8-санлы музыка мектебинде Ташкент каласы "ЯНГИ ЗАМОН" ЖШЖ курылыс карханасында бугинги кундеги бос жумыс орынлары менен танысыу болып отеди. Егер жумыссыз пухараларга унаса сол жердин озинде шартнама дузип жумыска кабылланады. АЙЛЫК ИС ХАКЫлары рабочийларга 3-7 миллионга шекем, тажирийбели канийгелер болса 7-10 млн.сумга шекем жол хакы, жатак жай хамде 3 мезгил ыссы аукат пенен таминленеди
Казакстан хам Россия мамлекетлерине барып жумыс ислегеннен озимизге жакын Ташкент каласында сизин хукык хам еркинликлериниз нызам менен кепилленеди ХУРМЕТЛИ ПУХАРАЛАР!!!
Мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларға қосымша қосымша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ажыратылатуғын 2000 орын ушын усыныснама алыў мақсетинде талабанлардан арзалар 2023-жыл 30-майдан 8-июньға дейин https://xotin-qizlar.uz/ платформасы арқалы электрон формада қабыл қылынўы белгиленбекте.
Республика жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде жоқары мағлыўмат алыў нийетинде болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлардың таңлаўда қатнасыўы ушын усыныснама төмендеги критериялар тийкарында бериледи:
- кем тәмийинлеген шаңарақлардағы ҳаял-қызлар.Бунда кем тәмийинлеген шаңарақ дегенде, шаңарақтың ҳәр бир ағзасына жәми дарамат анықланатуғын дәўирде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 0,527 есесинен көп болмаған муғдарына туўры келетуғын бир айлық орташа жәми дараматқа ийе болған шаңарақ түсиниледи;
- толықсыз шаңарақта тәрбияланып атырған, яғный атасы яки анасы ямаса олардың екеўиде қайтыс болған соқоллап-қуўатлаўға мүтәж қызлар;
- бағыўшысы қайтыс болған, ер жетпеген перзентлерин жалғыз тәрбиялап атырған социаллық қоллап-қуўатлаўға түтәж ҳаяллар;
- нәгиранлығы болған перзенти бар мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;
- еки ҳәм оннан көп перзентлерди тәрбиялап атырған, басқа ағайин-туўысқанларынан бөлек (ижарада) жасап атырған социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың қыз перзентлери;
- ата-аналарынан бири яки ҳәр екеўи де биринши яки екинши топар майыплылығы болған мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;
Усыныснама жоқарыдағы критерияларға мас келген сондай-ақ, улума билим бериў (11-класс негизинде) яки орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орынларын тамамлағанлығы ҳаққындғы ҳүжжетке ийе болған мүтәж шаңарақлардағы барлық талабан ҳаял-қызларға бериледи.
Жоқарыдағыларға бола арзалар https://xotin-qizlar.uz/ платформасы арқалы электрон формада талабанның өзи тәрепинен толтырылады.
Ассалау'ма әлейкум хүрметли аймақ жаслары Жеңиллетилген кредит алып өз исбилерменлигин басламақшы жаслар болса ертең саат 9:00 Академиялық лицейде Исбилерменлик тийкарлары бойынша оқыу' семинар болып өтеди барып катнасын, ертеңги күн кредит алыу'ыңызға имканият болады. Қосымша мағлыу'матлар алыу' ушын 90 652-00-77 номерине хабарлассаңыз болады.
🥳1-iyun  Xalıqaralıq balalardı qorǵaw kúni!

🐣Kózlerimiz quwanıshı, kewilimiz báhári bolǵan - áziz hám pák perzentlerimizdiń bayramı múbárek bolsın. Ómirimiz sizler menen gózzal!

🥰Kishkene úkelerimizge, sińillerimizge, perzentlerimizge sawǵa áperip, kewlin alıwdı umıtpań


👉 https://t.me/shaxtemir
Қутлықлаймыз

Ҳүрметли  Венера Сатуллаева

Сизди бүгинги 1- июнь күни туўылған күниӊиз бенен қутлықлаймыз.

Сизге беккем денсаўлық, шаӊарағыӊызға аманлық, халқымыз ийгилиги жолындағы жумысларыӊызда табыслар тилеймиз.

Ҳүрмет пенен, Шымбай районы "Шахтемир" мәкан пуқаралар жыйыны жәмәәти

👉 https://t.me/shaxtemir
Хүрметли пуқаралар отаққа барып қосымша қәрежет табыу' нийетинде болсаңыз азанда саат 7:00 де Азиза кафениң алдынан отаққа жыйналып кетеди.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📣📣DÍQQAT! DÍQQAT!

😍Búgin 4-iyun saat 19:00 de Nókis qalasında “Jaslar aylıǵı” sheńberinde “Jańa Ózbekstan jasları, birleseyik!” súreni astında jaslar seyili hám gala-koncert ótkeriledi.

🎙Koncert miymanları: Rayhon, Afruza, Sardor Toirov, “Bojalar”, “Marokand” toparı hám Qaraqalpaq estrada juldızları.

🗓Waqtı: 4-iyun kúni saat 19:00
📍Ornı: Savickiy atındaǵı Qaraqalpaqstan mámleketlik kórkem óner muzeyi qasında

Jańalıqtı doslarıńızǵa jiberiwdi umıtpań!
😉

📲Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
#Jaslar_aylıǵı
#Jańa_Ózbekstan_jaslar_mámleketi
#Shımbay_rayonı

🔹Búgin, 5-iyun kúni jaslar aylıǵı sheńberinde “Jańa Ózbekstan – jaslar mámleketi” súreni astında “Salamatlıq ushın 5000 qádem” akciyası bolıp ótti.

🔹Ilájǵa rayon kóleminde 650 den aslam jas qamtıp alındı.
#Jaslar_aylıǵı
#Jańa_Ózbekstan_jaslar_mámleketi
#Shımbay_rayonı
#Onlayn

Shımay rayonı qánigelestirilgen mektepte "Jaslar festivalı" sheńberinde Respublikadan kelgen ùgit-násiyatshılar hámde rayon jasları qatnasıwında ruwxıy-aģartıwshılıq ùgit-násiyat ilajı bolıp ótpekte.
#Jaslar_aylıǵı
#Jańa_Ózbekstan_jaslar_mámleketi
#Shımbay_rayonı
#Onlayn

Shımay rayonı sport  mektebi filialında  "Jaslar festivalı" sheńberinde sporttıń shaxmat túrinen "Jaslar isleri agentligi kubugi"  Respublika bellesiwiniń máhálle basqıshları bolıp ótpekte. 

Jarısta rayondaģı ekinshi hám tórtinshi sektor aymaģındaģı máhállelerdegi  7 jastan 70 jasqa shekemgi bolģan qatnasıwshılar kùsh sınaspaqta.