"Шахтемир" жаслары
89 subscribers
3.04K photos
367 videos
49 files
1.43K links
Download Telegram
#_Bilesiz_be ?
#Kún_tariyxı

🎊 BAYRAMLAR 🎊

🌏 Esvatinida ǵárezsizlik kúni;
🌏 Chilida milliy birlik kúni;
🌏 AQSHta oqıw kúni;
🌏 Kanadada miynet kúni.


🔷 Tariyxıy waqıyalar 🔷

🔰 1689 -jıl Rossiya hám Qıtay ortasındaǵı birinshi shártnamaǵa qol qoyıldı;


🔰 1852-jıl Manchesterda Ullı Britaniyanıń birinshi biypul kitapxanası ashıldı;

🔰 1873-jıl Shotlandiya futbol federatciyası dúzildi, ol dúnyadaǵı eń áyyemgi federatciyalardan biri esaplanadı;

🔰 1899 -jıl AQSh Qıtay ushın "ashıq esikler" siyasatın járiyaladı;

🔰 1952-jıl Xalıqaralıq avtorlıq huqıqı konvenciyasına qol qoyıldı;

🔰 1987-jıl Baltimorda birinshi siam egizikleri xirurgiyalıq jol menen ajıratıp alındı.

📲 https://t.me/shaxtemir
⚡️Nızamshılıqta jaslarǵa berilgen ayırım jeńillikler

▪️Miynet kodeksinde jaslar ushın óz aldına kepillikler belgilengen, atap aytqanda 16 dan 18 jasqa deyingiler ushın jumıs waqıtı háptesine 36 saattan aspawı kerek.

▪️Kontrakt tiykarında oqıp atırǵan studentlerge tálim krediti beriledi.

▪️Jaslar máseleleri menen islesiwdiń jańasha sisteması - «Jaslar dápteri» jolǵa qoyılǵan.

▪️«Jaslar dápteri»ne kirgizilgenlerdiń mayıp shańaraq aǵzalarına dári-dármaq, mayıplıq arbashaları, esitiw apparatları hám ortopediyalıq ónimler satıp alıw ushın BEMniń 5 esesi muǵdarında járdem kórsetiledi.

▪️Mayıplıǵı bolǵan jaslarǵa oqıw, jasaw hám transport qárejetlerin tólew ushın 15 mln somǵa deyin subsidiya ajratıladı.

▪️Mámleketlik joqarı oqıw orınlarına kiriwde eń joqarı ball toplaǵan 200 jaslar ushın Prezident grantı engizilgen.

▪️Sociallıq belsendi jaslarǵa JOOna oqıwǵa kirisiwde jeńillikler beriledi.

▪️Máhálledegi jaslar jetekshileri usınısı tiykarında jaslarǵa
20 túrdegi járdem beriledi.

▪️Ayırım jaslar JOOna oqıwǵa qabıllawda test sınaqlarında qatnasıw ushın óndiriletuǵın tólemlerden azat etiledi.


#Nızamshılıqdaǵı_jańalıqlar

Telegram | Instagram | You Tube | Fecebook
⚡️“Besh tashabbus olimpiadasi"ning ikkinchi mavsumi doirasidagi tanlov va musobaqalari boshlanishiga 4 kun qoldi

Faol bo'ling va safimizga qo'shiling!

Ro'yxatdan o'tish uchun: @beshtashabbusbot

@beshtashabbus_uz 👈
📝 ⚡️Biz haqıyqattı ómirden aldıq. Hámmeden aldın shaxs ózin tanısın! Sebebi, “Ózin bilmegen ózgeni bilmes” sózi turmıs anasınıń dárt shegip tuwǵan túnǵısh ulıdır...

Álbette usı sıyaqlı ibratlı sózlerdi Jadidler kitabında oqıwıńız múmkin.

Búgin Jaslar isleri agentligi baslaması menen baspadan shıǵarılǵan Jadidlar toplamı kitabı Shımbay rayonında jaylasqan 48 ulıwma orta bilim beriw mekteplerine tapsırıldı.

Ushırasıwda mekteplerdiń ruwxıy-aǵartıwshılıq isleri boyınsha direktor orınbasarları qatnastı hám juwapkerler menen birgelikte 2022/2023 oqıw jılında jaslar menen islesiw barısında ámelge asırılıwı tiyis máseleler dodalandı hám wazıypalar belgilep alındı.

👉👉https://t.me/krshimbay
⚡️ Bes baslama olimpiadasında 2-máwsim máhálle basqıshlarınıń baslanıwına 4 kún qaldı

👉👉
https://t.me/krshimbay
Ҳурматли ота-оналар, мактаб таълими сифатига бефарқ бўлмаган юртдошлар, ўқитувчи домлалар!

Ҳозирда Президент Администрацияси ҳузурида тузилган ишчи гуруҳ мактаб дарсликлари, ўқув режалари ва китобларнинг унга мослиги, бу соҳадаги муаммолар ва унинг ечими юзасидан ўрганиш ишларини бошлади. Агарда сизда шу йўналишдаги муаммолар, уларнинг ечими ҳақида таклифлар бўлса, илтимос, менинг k.allamjonov@adm.gov.uz электрон манзилимга юборишингизни сўраймиз.

Сизнинг маълумотингиз ва таклифингиз бизга албатта ҳолатга аниқ диагноз қўйиш ва унинг давосини белгилашда катта ёрдам бўлади.

👉👉https://t.me/krshimbay
👋"Besh tashabbus olimpiadasi" ikkinchi mavsumidagi tanlov va musobaqalar nizomlari bilan tanishing.

1. "Yosh kitobxon" tanlovi.
2. Kibersport musobaqasi.
3. "Quvnoqlar va zukkolar".
4. "Milliy va zamonaviy cholgʻu ijrochiligi" tanlovi.
5. "Yoshlar raqs" festivali.
6. "Zakovat" intellektual oʻyini.
7. Sport musobaqalari.

Oʻzingizga mos yoʻnalishni tanlang.
📲Roʻyxatdan oʻting va ishtirok eting.

🏃Shoshiling! Roʻyxatdan oʻtish 9-sentabrga qadar davom etadi.

👇👇👇👇👇
https://t.me/yetakchi_kundaligi
#_Bilesiz_be ?
#Kún_tariyxı

🎊 BAYRAMLAR 🎊

🌏 Xalıqaralıq urıs oyınshıqların joq etiw kúni;
🌏 Braziliyada ǵárezsizlik kúni;
🌏 Ukrainada áskeriy razvedka kúni;
🌏 Mozambikte jeńis kúni;
🌏 Avstraliyada joǵalıp ketiw qáwipi astında turǵan haywanlar kúni;
🌏 Fijida konstituciya kúni;
🌏 Armeniyada áskeriy injenerler kúni;
🌏 Pákistanda áskeriy-hawa kúshleri kúni;
🌏 Ukrainada kibersport kúni.

🔷 Tariyxıy waqıyalar 🔷

🔰 1822-jıl Braziliya Portugaliyadan ǵárezsizligin járiyaladı;


🔰 2002-jıl AQSh áskeriy hawa kúshleri Nyu York hám Vashington aspanında patrullik iskerligin qaytadan basladı;

🔰 2007-jıl Rossiya Federaciyası prokuraturası janında Tergew komiteti dúzildi.

📲 https://t.me/shaxtemir
⚡️12-17 sentyabr kúnleri Joqarı oqıw orınlarında esabat-saylaw májilisleri hápteligi dep járiyalandı.

Sol múnásibet penen barlıq joqarı oqıw orınları baslanǵısh shólkemlerinde:

– 12-13 sentyabr kúnleri toparlarda topar jetekshileri saylawları kúni;
– 14-15 sentyabr kúnleri fakultetlerde esabat-saylaw májilisleri, fakultet Keńesi hám fakultet jetekshileri saylawları;
– 16-17 sentyabr kúnleri joqarı oqıw orınları baslanǵısh shólkem esabat-saylaw májilisleri, Keńes aǵzaları hám Jaslar jetekshisi saylawları ótkeriledi.

Barlıq student-jaslardı esabat-saylaw májilislerinde belsendilikke shaqıramız!

Telegram | Instagram | You Tube | Fecebook
⚡️“Bes baslama olimpiadasıˮnıń ekinshi máwsimi sheńberindegi tańlaw hám jarıslardıń baslanıwına 3 kún qaldı.

Belsendi bolıń hám qatarımızda bolıń!

Dizimnen ótiw ushın: 👉@beshtashabbusbot


⚡️Bes baslama olimpiadası sheńberinde ótkeriletuǵın tańlawlar haqqındaǵı video qollanbalar menen usı silteme arqalı tanısıń:
👁
Video qollanba

Olimpiada sheńberinde ótkeriletuǵın tańlaw hám jarıslar haqqında maǵlıwmattı usı silteme arqalı brifingde kóriwińiz múmkin:
👁 Brifingdi kóriw

#besbaslamaolimpiadası #ekinshimáwsim

Telegram | Instagram | You Tube | Fecebook
ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТАРИЙХЫ.

Ассалаўма әлейкум, каналдағы досларымыз тәрепинен соралған тема, яғный, XIX әсир басларында Қарақалпақлар Хийўа ханлығы қурамына кирместен алдын да бул жерлерде жасаған ба?

Бул темаға айдынлық киргизиў ушын, әлбетте, Қарақалпақлар тарийхына нәзер таслаў керек. Қарақалпақлар тарийхы бойынша бул халықтың ертеден, орта әсирлерде Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрья, Сырдәрья бойларында жасаған Сак ҳәм Массагетлер менен басланады.
VII-VIII әсирлерде Арал әтирапында Сак, Массагет, Апасиак ҳәм Гунлар алып келген Сармат, Алан қәўимлериниң араласыўы нәтийжесинде түркий Печенег [Бижанак] қәўими пайда болады. Печенеглер болса Қарақалпақ халқының этногенезиндеги тийкарғы буўын болып есапланады. Махмуд Қашғарийдиң <<Түркий тиллер>> китабында Булгарларлардың ҳәм Суварийлердиң [Қыпшақ ҳәм Оғуз тилине жақын тил] тилине жақын тил делинген.

IX-XI әсирлерде де Печенеглердиң қәўимлик дүзилисинде түркий емес Сармат, Угор қәўимлериниң әўладлары болған.

Печенеглердиң жерлери болса Оғузлардың мәкан жайы менен тутас қоңсы болған, ҳәттеки, печенеглердиң түслик бөлеги айырым пайытларда Оғузлардың аўқамына да кирип олар менен бирге жасаған. Х әсирде Печенеглердиң батыс шегарасы Арал бойындағы Мадьярлар жерине шекем ҳәм Хазар Қаҳанлығына шекем жетип барған. Византия дәреклерине қарағанда Печенеглер Волга менен Урал дәрьяларына жақын жерлерде жасаған ҳәм Хазарлар ҳәм Оғузлардың қоңсысы болған. Ибн Фадлан Үстирттен Волгаға дейинги барған жолында Эмба ҳәм Урал дәрьясы аралығында Печенеглерди ушыратқан. Хорезмниң түслигинде жасаған Печенеглер IX әсирде Сырдәрьяның түслигинде жайласқан Оғузлар, Қиймақлар, Қарлуқлар менен қырғын урыслар алып барған. Византия тарийхшылары Печенеглердиң бир бөлими өз атамасынан басқа "Қанғар" [Қаңлы] деген улыўма атамаға да ийе болған Печенеглер далаларын "Ката" деп атаған, яғный ески Хоезмдеги "Кат"-- шәҳәр сөзине сай келеди. Хорезмниң әййемги пайтахты Қыят шәҳәри де сол Кат сөзинен келип шыққан. IX әсирдиң ақырында Х әсирдиң басында Оғузлар Хазарлар менен бирлесип Печенеглерди Волганың батысына, арқа Рус саҳраларына қысып шығарады. Сондай етип олар, Печенеглердиң үлкен бир бөлими Сырдәрья ҳәм Арал бойларынан көшип кетти. Буннан Оғузлардың қарақалпақларға байланысы жоқлығы ҳаққында пикир туўмаслығы керек, себеби, XII әсирдеги Рус жылнамаларында айтылған Қарақалпақлардың ата-бабалары болған <<Черные клобуки, яғный Черные шапки>> лер де Оғуз Печенеглерден келип шыққан.

Қарақалпақлардың келип шығыў тарийхын үйренген Татьяна Александровна Жданко да Сырдарья төменги ағымындағы Оғузлардың пайтахты болған Жаңакент қаласының атамасын Қарақалпақлардағы Мүйтенлердиң Кеңтанаў руўының атамасы менен байланыстырады. Қарақалпақлардың Жабы яки Ябы руўлары да Оғуз ҳүкимдарларының Жабғу, яғный Ябғу әўладлары делинеди.

VI-VII әсирлерде Сырдәрьяның ески арқа-батыс тармағы болған Қуўандарьяның суўы кемейгенлиги себепли усы әтирапта жасаған Жетиасар қәўимлериниң бир бөлеги Сырдарьяның қуяр аяғына көшип барады ҳәм <<Батпақлы далалар>> мәдениятын пайда етеди. Бул қәўимниң екинши бөлеги болса Әмиўдарьяның оң жағасына келип, усы жердеги қәўимлер менен араласып <<Кердер>> мәдениятын пайда етеди. Әмиўдарьяның оң жағасында Хорезмниң арқа тәрепиндеги кең саҳралар <<Кердер жери>> деп аталған. Кердер ҳаққында XI әсирде Араб-парсы тарийхый географиялық шығармаларында Кердер [Курдер, Кардар] атамалары көплеп ушырасады. Ол ўақытларда Арал теңизин де <<Кердер көли>> деп атаған. Кердер мәмлекетиниң пайтахты Кердер қаласы болып, ҳәзирги Қарақалпақстанның Нөкис районындағы Ҳәйўан қала артында болған.

1219-жылы Мавереннаҳрда болған орта әсирдеги араб географы Яқут аль-Хамайий ар- Румий: -<<Кердер Хорезмниң түриклери менен шегаралас жайласқан. Кердерликлердиң тили түркийше де емес, хорезмше де емес, ол жерде жүдә көп шарўаларға ийе көп санлы аўыллардан ибарат болған>>--деген.Қорғанша қаласы Қарақалпақстанның Тахтакөпир районынан 17 километр узақлықта жайласқан Кердер мәдениятына тийесили қала, халық арасында <<Қобыланды қала>> атын алған, яғный қаланы Қарақалпақ әпсаналарының бириндеги Қоблан батыр аты менен байланыстырады.
Хорезмшахлар дәўиринде Кердер ўәләят сыпатында салтанат қурамына кирген.
1221-жылғы Шыңғысханның Хорезмге болған жүрислери ақыбетинде Кердер де қатты зыян көрген, Гөне Үргеништи ийелеў пайытында Әмиўдәрья суў сақлағышы бузылыў себепли дәрья өз ағысын өзгертти. Сол себептен тийкарынан дийқаншылық пенен шуғылланған Кердер халқының үлкен бир бөлими суўсызлық ҳәм урыслар себепли Волга бойыларына көшип кеткен, қалған бөлими болса, дәрьяның жаңа арнасына барып жайласқан.

1317-жылы Волга бойларындағы Булгар қаласынан табылған жазыўда Кердерли алым Мухаммед Шайх аль-Кердерий аты ушырасады. Кердерли зыялыларға Кердерий атын бериў әдетий болған, мәселен, Енди аль-Ғафур Лухман бин Мухаммед Абу Муфахит аль-Кердерий.
Кердер қаласының дийўалындағы гербишлердеги теңгелердиң Ноғай ҳәм Қарақалпақтың қәўимлик тамғалары менен жақынлығы анықланған. Солайынша, Кердерликлер Волга жерлерине барып Қарақалпақлар этногенезине араласқан.

XIII әсирде Моғуллар менен бирге Хорезм жерине келип қалған Маңғытлар бул жерде ақсүйек тайпаға айланған. Қарақалпақ ҳәм Ноғай халқының миллий мәмлекетин дүзген Едиге Мырза да батыс Арал теңизи жерлериндеги Төк таў [ҳәзирги Қарақалпақстанның Нөкис районы әтирапы] 1359-жылы Ақмаңғыт аўылында дүньяға келген, бул жер ҳәзирги ўақытта да усылай аталады. Едигениң өмирлик жолдасы Ақбилек айым да усы жерде дүньядан өткен. Батыс Арал бойларында жасаған Маңғытлар да соңынан Едиге ҳүкимдарлығы дәўиринде Волга жерлерине барып, ҳүкимдар әўладқа айланып, сол жердеги Ноғай, Қарақалпақ, Татарларға араласқан.

XVI әсирдиң екинши ярымында Әмиўдәрьяның және ески ағысы Арал теңизине қарап ағыўы нәтийжесинде бул жерлерге адамлар көшип келе баслаған. Олар тийкарынан Араллы өзбеклер ҳәм Ноғай Ордасы ыдыраўы ақыбетинде түсликке қарап көшкен Қарақалпақлардың айырым руўлары болған.

1714-жылы Араллылар Хийўа ханы Ядгар ханға бойсыныўдан бас тартып, Қарақалпақлардың ханы Ешмухаммедти Арал бойларын басқарыўға шақырды, лекин, хан болып сайланған Шерғазы хан Ешмухаммедти Арал бойынан кетиўге мәжбүр қылды, яғный, Ешмухаммедтиң Арал бойындағы ҳүкимранлығы узаққа созылмады. Лекин, азғана ўақыттағы ханлық дәўиринде бул жерлерде суўғарыў ислерин алып барған ҳәм ол қаздырған жап ҳәзирде <<Есим жап>> деп аталады.
Араллы Өзбеклердиң Хийўаға қарсы қозғалаңларында Аралдың батысында жайласқан Қарақалпақлар оларға жәрдем берип турғанлығы себепли Шерғазы хан Аралдың батысындағы Қарақалпақларға ләшкер жиберген, бул ҳүжимнен соң Қарақалпақлар Сырдарьяға көшиўге мәжбүр болған, бул ўақыялар, яғный, Шерғазыханның Арал бойына жасан ҳүжими ҳаққында Шермухаммед Мунис өзиниң <<Фирдаус ул-иқбол>> китабында жазған. Хийўа ханы Абулғазы өзи тәрепинен жазылған сөзлерге қарағанда XVII әсирдиң 20-жылларында Хабаш Султан менен гүреслерде жеңилип, Сырдәрья бойларындағы Қарақалпақлардың арасына барғанлығы айтылған.

XVIII әсирдиң екинши ярымындағы Дешти Қыпшақтағы тынымсыз урыслар себепли Сырдарья Қарақалпақлары Араллы Қарақалпақлар ҳәм Араллы Өзбеклер қурамына келип қосыла баслады.

1735-жылда Хийўа ханлығы Арал бойларында өзиниң ҳүкимранлығын қайта тиклегенде, ол жердеги Қарақалпақлар да Хийўа ханлығы қурамын кирди.

1740-жылы Нәдиршах Хорезмге жасаған ҳүжиминде Қарақалпақлар қатнасып, Хийўа ханы Елбарыс ханның нөкерлери қурамында хызмет еткен.

Нәдиршахтың тарийхшысы Мухаммед Қазының жазыўынша Араллы Өзбеклер ҳәм Араллы Қарақалпақлар оларға 6 мыңдай нөкер жыйнап берген. Нәдиршах пенен болған урыслар Қарақалпақ халық дәстаны <<Қырық қыз>>да да Хорезмликлер ҳәм Қарақалпақлар бир аўқамда болғаны айтылады. Араллы Өзбеклердиң ҳақыйқый аўқамласы Қарақалпақлар екнлиги ҳаққында Мунис Шермухаммед өзиниң шығармаларында жазған, яғный, Әмиўдәрьяның шығысында Арал теңизине қуятуғын Көкөзек дәрьясы бойында көп санлы Қарақалпақлар ҳәм Араллы Өзбеклер арасында күшли байланыс орнатылғанлығы айтылған.Россияның қоллаўынан айырылған ҳәм 1746-1747-жыллардағы Қазақлардың тоқтаўсыз ҳүжимлери себепли Сырдәрья Қарақалпақлары ғалаба түрде Қызыл қум арқалы батысқа, Жаңадәрья бойларына көше баслады, көшиўге қурбы жетпегенлер сол жерде Қазақлар менен бирге жасап қалды.
Қарақалпақлар Жаңадәрья бойларына келгеннен соң да бирқанша ўақыт Қазақлар менен урыслары даўам етти, бул урыста оларға Араллы Қарақалпақлар ҳәм Араллы Өзбеклер жәрдем берди. Солайынша, 1746-1810-жыллары Арал халқы ҳәм Жаңадәрья Қарақалпақлары Арал бирлеспеси ғәрезсиз жасады. Ҳәттеки, бул әтирап Арал ханлығы деп те аталған.

Хийўа тахтына отырған Мухаммед Рахимхан Арал бойларын бойсындырыў ушын 1806-жылы урыс ашып Төремурат суўпыдан Қоңыратты тартып алған, лекин, Төремурат суўпы Жаңадәрья Қарақалпақлары жәрдеминде қаланы қайта ийеледи. Мухаммед Рахимхан Жаңадәрья Қарақалпақларын бойсындырмай турып Арал бойларын ийелец алмайтуғынын түсинди ҳәм оларды бойсындырыўшы ҳәрекетлерин баслады. Бундай ҳәрекетлер 1807-1809-жыллары алып барылды, лекин, пүткиллей Қарақалпақларды бойсындыра алмады.

Соң Мухаммед Рахимхан Әмиўдәрья бойындағы Қарақалпақлардың байланыстырыўы менен Жаңадәрья Қарақалпақларын 1811-жылы дипломатиялық жол арқалы оларды Хийўа қурамына алды ҳәм оларды Жаңадәрьядан Әмиўдәрья бойына мәжбүрий көширип әкелди. Буның себеби Әмиўдәрья бойында оларды басқарыў аңсат еди. Солайынша, Хийўа ханлығы өзине көп санлы Қарақалпақларды жәмлегенине қарамай Қарақалпақлар Волга бойларында, Қазақ далаларында, Ташкент, Фергана ойпатлықларында ҳәм Бухара ханлығы қурамында жасап қалды.

1-карта: Картада Печенеглер ҳәм Оғузлар мәмлекети, Руслар менен аўқамлас Қарақалпақлар [Черные клобуки].
2-карта: Жаңадәрья Қарақалпақлары.
3-карта: XIX әсирдиң екинши ярымындағы ҳалат.


KANALIMIZ ⤵️
https://t.me/shaxtemir
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
DÍQQAT! DÍQQAT!

“Bes baslama olimpiadası”nıń ekinshi máwsimine start berildi!

🏆 Olimpiada usı jıldıń sentyabr-dekabr aylarında máhálle-sektor-rayon (qala)-aymaqlıq-Respubliklıq basqıshlarda tómendegi jónelislerde ótkeriledi:

• “Jas kitapxan”;
• “Quwnaqlar hám ziyrekler”;
• “Jaslar ayaq oyın festivalı”;
• “Milliy hám zamanagóy saz; atqarıwshılıǵı” respublika tańlawları;

Sporttıń tómendegi jónelislerinde:
• voleybol;
• jeńil atletika;
• stritbol;
• shaxmat;
• shashka;
• stol tennisi;
• workout;
• gúres;
• kibersport boyınsha jarıslar ótkeriledi.

Sonday-aq olimpiada sheńberinde “Zakovat” intellektual oyını ótkeriliwi rejelestirilgen.

🔥 Olimpiadada qatnasıw ushın usı jıldıń 10-avgust sánesinen
9-sentyabr sánesine shekem @beshtashabbusbot arqalı dizimnen ótiwińiz múmkin!

Jeńimpazlardı ájayıp sawǵalar kútpekte.

Qatarımızda bol.

🙋🏻‍♂️Bes baslama olimpiadasınıń máhálle basqıshında kóriskenshe!

Telegram | Instagram | You Tube | Fecebook