"Шахтемир" жаслары
88 subscribers
3.04K photos
368 videos
49 files
1.43K links
Download Telegram
Forwarded from Uzbekistanofficial | Расмий канал Тезкор Xабарлар ва Янгиликлар
Қорақалпоғистонда 2023- йил қайси туман раҳбари фаол ҳаракат қилиб, муаммоларни тезда ҳал қилиб, фаол ишлаган, аҳолининг талаб ва истакларини  амалга оширишда етакчи бўлган

«ЭНГ ФАОЛ ҲОКИМ 2023 » аниқланг!

Сўровномада энг кўп овоз тўплаган 1 нафар номзод кейинги (2-босқич )босқичида қатнашади

2-босқич cўровнома ғолибига сертификат, махсус статуэтка ва қимматбаҳо совға топширилади

Сўровнома 10- Декабрь 23:59гача давом этади

👉
ОВОЗ БEРИШ
Forwarded from Shimbay.uz
Húrmetli jaslar hám isbilermenler!

Shımbay rayonında isbilermenlikti qollap-quwatlaw hám rawajlandırıw maqsetinde rayon orayında jaylasqan “Jaslar sanaat zonası”nan auktsion sawdasına 19 lot hámde “Kóksh qala” hám “Kónshi” MPJ aymaǵanda jaylasqan “Kishi sanaat zonası”nan 7 lot qoyılǵanlıǵın xabarlaymız.

📩 Qızıǵıwshı jaslar bolsa 1) https://e-auksion.uz/lots?group=6&category=69&index=1&page=2&lt=0&at=0&order=0&region=13&area=173&q=
2) https://e-auksion.uz/lots?group=6&category=72&index=1&page=1&lt=0&at=0&order=0&region=13&area=173
saytınan hámde rayonlıq investiciyalar, sanaat hám sawda bólimine múrájat etseńiz boladı.

☎️ Múrájat ushın telefonlar:
(91) 265-03-03.
(91) 399-99-92

Shımbay rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
Forwarded from Shimbay.uz
Дыққат!

Хабарландырыў

Ҳаялларда сүт бези қәўипли рак кеселли алдын алыў ҳәм
ерте диагностика ушын районымыздағы 45 жастан 65 жас аралығындағы ҳаял-қызлар Маммограф аппаратында тексериў ушын  усы жыл 5-6 декабрь күнлери акция болып өтеди.

Шымбай районы медицина бирлеспесине жоқарыда көрсетилген жастағы ҳаял-қызлар паспорт менен келиўи соралады.
Forwarded from SHIMBAY JASLARI
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
‼️‼️Tez kunlerde AralChess professional shaxmat mektebinde sporttıń shaxmat túrinen 14 jasqa shekemgi bolģan balalar hám qızlar arasında jarıs bolıp ótedi
🥇-orın Iphone 15 Pro
🥈-orın Notebook
🥉-orın Planshet
Arnawlı sıylıqlar
Qiz balalar 10 sportshıdan az bolmaģan jaģdayda
🥇-orın Iphone 15 Pro
On jasqa shekemgi balalar
🥇-orın Redmi A2+
On jasqa shekemgi qizlar
🥇-orın Redmi A2+
АЯҚ ОЙЫНЫНЫҢ СУЛТАНЫ

Белгили бир инсанды, оның ислеген ислерин қағазға түсирер болсаң бас-аяғын жыйнай алмай қалатуғын мәўритлер болады. Мен сѳз етпекши болған қаҳарманымның 80 жыллық ѳмирине толық тоқтап ѳте алмаслығым анық болғанлықтан, тек жүрегиме жақын алған еслеўлерин ғана қаралап баслайман.
Шымбайлы Досымбет ийшанның улы Шәмшет ѳз дәўириниң дәслепки муғаллимлериниң бири болды. Ол 1936-жылы Тѳрткүлдеги педагогикалық училищесин питкерип келип, 1938-жылы Москваға оқыўға жибериледи. Сол дәўирде ѳзи менен бирге оқыған қыз кейин ала оның ѳмириниң бир бѳлегине айланады. Москваның заманагѳйлиги, ол жердеги билим-илимге қуштарлық бәри-бәри жас жигитти жигерлендирди ме:
—Егер уллы болсам баламды Москвада оқытаман-деп әрман етеди. «Жақсы тилек-ярым ырыс» дегени рас екенине кейинирек тоқтап ѳтемиз.
Ѳз дәўириниң билимли, тәрбиялы шаңарағы қурылып, изли-изинен еки ул туўылады.
1942-жылы қыс күнлери Шымбай топырағына киндик қаны тамған перзентке Полат деп исим қояды. Урыстың ҳәўижге минген күнлери халықтың жағдайы тѳменлесип, елде жоқшылық басланған дәўирлер еди. Аўылдағы ҳәмме ерлер урысқа кетеди. Енди ғана 4 жасқа шыққан Полаттың әкеси 29 жасында ойламағанда аманатын тапсырады. Екинши дүньяжүзилик урыс пүткил елге ѳз «ойқанын» салып, ҳәмме жерди бүлдирип болған пайытлары еди. Урыс тамам болған соң да елдиң тиклениўи кѳп жылларға созылғанына тарийх гүўа. Еки улы менен жаслай жесир қалған жас келиншек Кегейлидеги ѳз ата үйинен пана излейди.
Дайы атасы Ғайбулла еки жетимди ѳз баўырына басады. Үйде булар менен он бир жан болады.
Әмийна дайы апасы 10 перзентти дүньяға келтирген, аўзы дуўалы ҳаял еди. Ғайбулла атасы болса ѳз дәўириниң исбилермени, мәрт инсаны болды.
Ҳалўа ислейди, балық сатады. Үйиниң қасы жүзимзарлық еди. Оннан вино соғады. Тарийхта аты белгили Матеке Жуманазаров пенен ѳкшелес, сәўбетлес бул инсан шынында да ѳзгеше еди. Бир ўақытлары Қазақстаннан пана излеп, елге кѳплеген қазақ ағайинлердиң келип, жасап қалғанын кѳпшилик билсе керек. Қазақстаннан журт асып келген, он жетим баланы қарамағына алады.
—Үлкен сейисханаға сабан тѳсеп, сол балаларды жатқаратуғын еди. Кейин ала бәри Москваға оқыўға кетеди. Соннан тек Мәлик деген бала елге қайтты. Кейин ала ол банкте баслық болды-деп еслейди Полат сол балалығын. Полаттың жумысы от орады, ешек пенен оларды әкеледи. Гейде от сатып, киноға киреди. Оқыўға ықласлы болды. Муғаллимлер қатты қолма, яки балалардың билимге ықласы күшли ме ата-анасынан кѳре муғаллимниң ҳәр бир сѳзи оқыўшы ушын нызам еди.
Полат жаслайынан әдебиятқа қызықты. Дәстанлардың кәмине келтирип оқылыўларына аңсары аўып, ирети келсе ѳзи де шүтик шыра қасында жатып, китаплар оқыйды.
Ол Кегейлидеги бурыңғы М.Горький атындағы мектепке барады. Сабақтан жақсы оқығаны ушын оқыўдан қалғысы келмейди. Әжағасы екеўине бир туфли. Оны күтсе сабағынан кеш қалады. Сонлықтан жалаң аяқ мектепке қарай жуўырады. Жерде қар жатсада «жас кѳкирек» ойын баласы емес пе, мектепке шекем аяғы тоңып, жансызланып қалады. Мектепте темир пеш жанып турады. Келе салып, тоңлап турған аяғын темир пешке баса қалады. Ҳәр басқанда табаны «быж» етеди.
Бир күни еки киси мектепке излеп келип, оған таза туфли береди. Жалаң аяқ жүрип кир болғанлықтан туфлиди күйиўге кѳзи қыймай қушақлап, үйине келеди.
Булар әкесиниң жоралары екен. Олар тѳртеўи жыйналып, оған туфли әперипти.
Бир күни радиодан Тақыятаста қурылыс училищеси ашылғанын еситип қалады. Ғайбулла баласын алып, сол жерге барады. Директорына сада ғана ғарры:
—Мениң ақлығым «сүйеги» таза, жақсы бала. Уста болып, маған жай салып береди—деп, оқыўға таслап келеди. Бул жерде ол спорт, сүўрет салыў дѳгереклерине қатнайды. Бирге оқыйтуғын Шарап Уснатдинов деген шайыр бала менен танысады. Кейин ала булар екеўи де елге танылған инсанлар болады. Олар жақын досларға айланады. Бул 1958-жыллар еди. Училищени питкерип, театрда от жағар болып жумысқа ѳтеди. Айлығы 32 сум еди. Қыс таўсылған соң оның жумысы да тамамланады. Кейин 40 сумлық айлығы бар уста болып ислейди.
Театрға келгенде ол елге танылып актёрлардың таярлығын тамашалап отырар еди.
«Айгүл-Абат» спектакли қойылып атырғанда ондағы ойынларды сахналастырып атырған балетместери Андреевтиң жигит-қызларының ҳәрекетлерине ҳәўес пенен қарап отырады. Ҳәрекетлерди ислей алмай атырған жигитлерге сыртлай күйинеди.
—Мине, мынандай етип ислеў керек-деп кѳрсетеди. Буны аңлап қалған балетместер оны қасына шақырады. Спортты сүйген, жақсы сүўрет салыўға қызыққан, усташылықтың сырларын үйленген жас жигит ҳеш қашан аяқ ойыншысына айланаман деп ойламаған еди. Ѳзиндеги уқыплылық па, шаққанлық па оны усы тараўға усы күннен баслап «мықлап» байлады.
Кейин Ташкенттеги Хореография билим журтына оқыўға жибереди. Ол жерде Иван Матвеевич, Рафик Султановтай ѳз ислериниң устасы, белгили устазлардан сабақ алады.
Ташкентте оқыған қәлеген студент қосымша жумыс ислемесе жасаўына пул жеткере алмайды. Бир сапары мәрдикарлыққа шықса бир киси келип тандыр соғып билесиз бе?—дейди. Тамақ аш. Басқа жумыс болмағаны ушын аўа-деп жуўап береди. Дийўалға жабысып, аўзы ѳзиңе қарап туратуғын тандырды бурынлы соңлы салып кѳрмеген еди.
Тәўекел баслап атырса қоңсы киси келеди. Ол тандыр салыўдың тәсилин айтады. Сол бойынша тандырды қурады. Жорасы екеўи үй ийеси берген 2 кесе мәштабаға қарны тойып, 3 сумды алып қайтады. Биринши ҳәм кейинги тандыр салыўы болды.
1957-жылы Ташкентте «Қарақалпақ күнлери» ѳткерилиўи керек еди. Сол себепли Қарақалпақстанға Лизаханым келеди. Солай етип «Қосық ҳәм аяқ ойын» ансамблине тийкар салынады. Аўылма-аўыл жүрип, ҳәўескерлер дѳгерегине барып, жигит-қызларды жыйнайды. Булардан Полат хабардар еди. Себеби, 1960-жыллары театрда ислегенде Лизаханымның таярлықларын кѳреди. 1964-жылы питкерип келип, оған жумысқа аласыз ба десе орын жоқ- дейди. Театрға барса және усташылық жумысы бар екен. Кейин ала Нѳкис мәденият училищесине муғаллим болып келеди. Сол дәўирдеги Ѳзбекстан Мәденият Министри Кәримбай Худайбергенов оны филармонияға жумысқа шақырады. Бул жерден Полатты Москваға оқыўға жибереди. Әне, сѳзимиздиң басында айтып ѳткен әкесиниң әрманы усы күни орынланады. Себеби, анасы ара-тура Москваға барып оқыўың керек. Әкең соны әрман еткен-деп айтып қояр еди.
Шынында да ол аяқ ойын бойынша ҳақыйқый сабақты Москвада алады. Ѳзиниң сахналастырған дәслеп «Шабондоз», «Қаракѳз» ойынлары оның соңын ала Қарақалпақтың мақтанышы болған Полат Мадреймов деп тән алыныўына қойылған қәдемлери еди.
Шетте жүрип алған билимлери, устазларының «шайнап салған» тәжирийбелери бәри-бәри Полатты шынықтырып, ѳз кәсибине болған исенимин арттырады.
—Хореография-грекше сѳз болып ойынның жазылыўы дегенди билдиреди. Бул тараўға кирип келдиң бе, әлбетте дәслеп миллеттиң тарийхын үйрениўиң, билиўиң керек.
Сондай-ақ, бул жерде жазылған-жазылмаған қағыйдалар кѳп. Биринши ирет ойынды сахналастырыў ушын ўақыя табыўың зәрүр. Оны жазып, түсиндире алыўың шәрт. Ойынның ең зәрүр және бир қағыйдасы-кийим. Кийим-хореографияның акцентин берип турады. Москвада устазларымнан үйренгенлеримниң бәрин ѳз елиме келип, тәжирийбемде қоллана басладым.
Музейлерге бардым. Қарақалпақ жигитлериниң, ҳаял-қызларының мәўсимлик кийимлериниң, бас кийимлериниң саны кѳп. Буны тиктириў ушын художник дәслеп эскизин сызады. Бәрин жазып, таярлаған соң оны жақсы тигиўшиге бересең. Ер жигитлер ушын тѳбелик, тақыя, дегелей, шѳгирме, ҳаял-қызлар ушын сәўкеле, тақыя, булардың бәриниң де ѳз тарийхы, тигилиў усыллары бар. Кийимлер жѳнинде кѳп излендим. Нәтийжеде әсте-әсте ансамблге буларды ендире алдым. Гүлнара Ембергенова ойыншыларының кѳплеген кийимлерин тиге билетуғын тигинши. Жаңа айтқанымдай ўақыя табыў ушын да және изленесең. Басыңда 24 саат нама шертилип турады. Писти деген ўақытлары ойынның қойылыўын қағазға түсиресең. Енди жигит-қызларды таңлап алып, оларға ѳз ўазыйпаларын тапсырасаң. Ғаз-қатар дүзилген, сулыў кийимлердеги, ҳәммеси бирдей ҳәрекеттеги 24 кѳркем жигит-қызлардың сахнаны толтырып ойнағанын кѳрип, ҳәўесленесең. Солардың ҳәр бир ҳәрекети, қол-аяқлары, кѳз-қас арқалы айтажағын жеткерип бериўлери ѳз-ѳзинен болмайды. Ең аз дегенде 2 саатлап қолларын «сындырасаң».
Балетмейстердиң дәслеп ѳзи терлеп, соң ойыншылар терлемесе ол ойын ҳеш қашан жақсы шықпайды.
Ҳәр кәсиптиң ѳзине тән усылы, ѳзгешелиги, машақаты болғанындай аяқ ойынның да сахна артындағы машқаласы ѳз алдына бир дүнья. Сонша машақатлардан соң жаңа ойын «туўылады». Сахнада жасайтуғын «ѳмири узақ» ойынларың, әлбетте усы машақатлардың жемиси. Сондай етип изли-изинен «Алты қыз», «Дәли жигит», «Ғодалақ», «Жылўа» сыяқлы кѳплеген ойынлар сахналастырып, мениң бул тараўдағы тәжирийбем асып барды . «Ғодалақ» ҳәзил-дәлкек ойынын сахналастырыўымның да ѳз тарийхы бар. Трактор айдайтуғын Полат деген жигиттиң ойынға болған жасырын талантын байқап қалдым. Ҳәттеки оны жумысқа алып, үйимде сақладым. «Ғодалақ» тамашагѳйлерди бирден-ақ ѳзине бийлеп алды. Полат кеткен соң бул ойынды және сахналастырайын десем оны ойнайтуғын ойыншы таба алмадым. Кейин ала «Бес кемпир» (ҳәзил-дәлкек) ҳәм «Бес бармақ» ойынларын қояйын десем оған сәйкес келетуғын нама жетиспеди. Ойында кѳбирек байланыс керек, сондай-ақ ўақыяны таңлаў баслы ўазыйпаң болады.
Гейде ойындағы ўақыяны, байланысты кѳре алмай күйинесең. Бүгинги күни бизде 60 тай балетместр бар. Олардың ѳз усылы, ѳз жолы болғанлықтан қоятуғын ойынлары да ҳәр қыйлы.
Балетмейстер бир минут изленистен тоқтамаўы зәрүр.
Ѳзи де ўақтында шынығыўлар ислеп турыўы керек. Кәсибимниң усы сыяқлы мыңсап түрли сырлары бар—деди Полат аға менен болған еркин сәўбетлесиўимизде.
«Үлкемиздиң әжайып адамлары» китабының 3-томының таярлық жумыслары басланды. Полат Мадреймовты жазасаң дегенде дәслеп «қәйтип?» деп ишимнен екилендим. Костюмының еки жағасы ордени-медаллар менен толған, ғайбар, кѳрер кѳзге тик минезлеў бул ағаны үйине излеп бардым.
Оның бундай минезлилиги кѳп нәрсени билиўинде екенин сѳйлесип болған соң аңладым. Балалығында әдебиятқа бийкарға қызықпаған екен. Усы жасына шекем сонша китапларды оқыған, миллетимиздиң тарийхына елеге шекем қызығып, изленеди. Мәзи оқып қоймай оларды ѳзиниң ақыл «елегинен» ѳткереди. Ѳзи исенген, ѳзине жаққан мағлыўматларынан пайдаланып, оларды басқалар менен бѳлисетуғын әңгимешил оның бул жаста да еле ҳеш қашан изленистен тоқтамағанын кѳрип ҳәўеслендим.
«Айқулаш» деп 1972-жылы ат берген Байрам Муратовты да еслеп кеттик.
Бүгинги күни қәлеген елге барып, қәлеген үлкен сахналарда, қәлеген миллет ойыншылары менен беллесиўден шоршымайтуғын «Айқулаш жулдызлары» аяқ ойын ансамбли ѳткен жылы ѳзиниң 65 жыллық юбелейин белгиледи. Арадан кѳп ѳтпестен перзентлериниң басламасы менен 2022-жыл 15-январьда Полат Мадреймов 80 жыллық тойын берди. Полат аға 1956-жылғы класласлары менен түскен рамкиге салынған сүўретин кѳрсетти. Жыртық кубайкада, жыртық шалбарда, қыста жалаң аяқ, жалаң бас турған 14 жасар баланың бүгинги саўлатлы Полат Мадреймовқа айланатуғынын ким билипти.
—Мен илажы болғанынша перзентлеримниң аш болмай, ҳеш нәрсеге алаңламай оқыўларына имканият жаратып бердим.
Бүгин бес перзентимнен ѳзим берген әкелик тәрбияның жемисин кѳрип отырман. Ҳәзир 12 ақлық, 3 шаўлықтың атасыман. Москвада жасайтуғын балам ҳаса әкелип берип еди.
—Ҳеш қашан буған сүйенбеймен-деп ғаррылыққа еле жеңдириў нийетим жоқлығын айттым. Егер босасып, ана жерим аўырды десең аўырасаң. Және бир сырым, мен жақсы ҳаялға ѳмирлик жолдас болдым. Үйленемен деп еки үйге қызын сорап барғынымызда екеўи де қалың мал сорады. Менде де, апамда ҳеш нәрсе жоқ еди. Сол себепли ферғаналы Анталина Михайловнаға үйлендим. «Орысқа үйлендиң» деп қол шошайтқанлардың ҳеш бирине ашыўланбадым. Оның менен бир тараўда иследик. Рахман, Рахим, Рахмет, Зухра, Наргизадай билимли, ақыллы ул-қызларды маған инам еткениниң ѳзи мениң ушын таптырмас байлығым болды. Усы отырған гѳне жайымды 1990-жылы машинамды сатып, алған едим. Мениң бул дүньяда арттырғанларым перзентлеримниң орыс, инглис, француз тиллерин билип, ѳмирде ҳәр бири ѳзи қәлеген тараўларда ислеп, илим жолында жүргенлери ҳәм шәкиртлеримниң ерискен табыслары менен ѳзим қойған аяқ орынларым. Келинлерим де бәри жақсы. Инсан ушын шаңарақтың тынышлығы бахтың екен,-деди Полат аға биз сораған сораўларға жуўап иретинде.
Ойынлардың қойылыўында гейде әтираптағы онша итибар бере бермейтуғын кишкене бир кѳринислер де себепши болыўы мүмкин. Бир сапары ойыншы жигитлердиң бири қолындағы белбеўин секиртип ойнап турғанын кѳрген балетместр Полат дәрҳал ҳәмме жигитлерди жанына жыйнады. Сол жердеги табылған гилемшени тѳрт жигиттиң қол ушына услатып, үстине бир жигитти шығарса, бул да ѳзгеше кѳринис екен. Усыннан кейин және бир аяқ ойын дүньяға келди. Гилемшеде еки мәрте аўнап түсетуғын жигиттиң ойынын ҳәр кѳргенимизде бундай шеберликке және бир мәрте таң қаламыз. Сахнаға шығатуғын ойыншы жигит-қызларға қойылатуғын талап күшли болады. Ҳәр бириниң бой-сынына итибар менен қарап, он еки мүшесиниң дүзиўлигине жүдә әҳмийет бериледи.
Ҳәр бир балетместрде жүдә күшли талант болмаса ѳзиндеги бар сезимлерди ойынға кѳшире алмайды.
«Айқулаш» тың бармаған еллери, қалалары қалмады.
-Бир вагонды алып, 45 адам болып кете беремиз. Кәсибим себепли дүньяның дерлик кѳп жерлеринде болдым. Ҳәр бир елдиң ойынын, сахнасын кѳрген сайын менде жаңа идеялар туўылар еди.
Бүгинги күни 100 ден аслам аяқ ойынларын қойған болсам, олардың кѳпшилиги сахналарда ѳз «ѳмирлерин» даўам еттирип атыр-Полат ағаның бундай сѳзлерин еситкен сайын және де оннан кѳп мағлыўматларды алғың келе береди.
Аяқ ойын бойынша академик дәрежесине жетискен, профициональ балетместрдиң Қарақалпақстандағы бириншиликти еле де қолдан бермей киятырғанына қайыл қалмай илажыңыз жоқ.
Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, белгили балетместр Полат Мадреймовтың ѳз ели ушын ислеген ислери соншелли кѳп, бәрин кишкене мақалаға сыйдырып бере алмадық. «Устазы жақсының устамы жақсы» дегендей оның шәртлери де бүгинлиги устаз дәрежесине жетискен.
Жаңға жағымлы нама астында гѳззал қыймылары арқалы қәлбиңди бийлеп алатуғын қарақалпақ жигит-қызлары сахнаны дүр силкиндиргенде оның усы дәрежеге жетиўинде Полат Мадреймовтай балетмейстрдиң тынымсыз изленислери, мийнетлери, талантының жоқарылығы кѳринип турады.
Forwarded from Shimbay.uz
Húrmetli jaslar hám isbilermenler!

Shımbay rayonında isbilermenlikti qollap-quwatlaw hám rawajlandırıw maqsetinde rayon orayında jaylasqan “Jaslar sanaat zonası”nan auktsion sawdasına 19 lot hámde “Kókshi qala” hám “Kónshi” MPJ aymaǵanda jaylasqan “Kishi sanaat zonası”nan 7 lot qoyılǵanlıǵın xabarlaymız.

📩 Qızıǵıwshı jaslar bolsa 1) https://e-auksion.uz/lots?group=6&category=69&index=1&page=2&lt=0&at=0&order=0&region=13&area=173&q=
2) https://e-auksion.uz/lots?group=6&category=72&index=1&page=1&lt=0&at=0&order=0&region=13&area=173
saytınan hámde rayonlıq investiciyalar, sanaat hám sawda bólimine múrájat etseńiz boladı.

☎️ Múrájat ushın telefonlar:
(91) 265-03-03.
(91) 399-99-92

Shımbay rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
Forwarded from SHIMBAY JASLARI
📣📣📣Dıqqat,  dıqqat!

Jaslar orayında english hám rus tili dógerekleri ashılmaqta.

Siz english tili dógereginde baslanǵısh bilimnen baslap eń joqarı dárejege shekemgi bilimlerdi ózlestire alasız.

Dógerekte kórsetilgen sabaqlıq túrleri (Beginner, Elementary, Pre-intermediate,Intermediate, Upper-Intermediate, Advanced, Grammar, Listening, Reading, Speaking, Writing)  boyınsha IELTS,  Multilevel sertifikatina iye oqıtıwshı Omarova Nargiza oqıtadı.

Sonday-aq, rus tilinen sóylew mádeniyatı, grammatika sawatxanlıqlarına iye bolasız.

Baylanıs ushın telefon: +998 (61) -374-21-74

🤗Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
ЖАҚСЫЛАР ЖҮРГЕН ЖОЛЛАР ГӨНЕРМЕЙДИ

Мийнеттен қабарып, жарылған, сүйкимсиз қолларын дәслеп көрген адам сәлемлескенде жақтырмаған түр билдириўи мүмкин. Деген менен усы қоллар нелерди ислемеди. Өзи де билмеген жағдайда атын дүнья таныды. Өмири даўамында өзи ушын дем алыстың не екенин билмей өткен Алланияз Өтениязов пенен студент пайытлары таныстым. Жазғы дем алыста студентлер дем алып атырғанда телевидениеде жүрген пайытларым еди. Ол жерде бизлерге кел де кет де демейди. Күнде жумысшылардай жүре бер ген соң камераны алып, Нөкис районына баратырған бир жур- налистиң изине ертип жиберди. Бийкар жүргеннен бир нәрселер үйренсек болды. Гербиши өрилип атырған қурылыстың қасына барып тоқтадық. Ол пайытлары ҳәзиргидей қурылыс жүдә көп болмас еди. Усталар екеў ғана. Биреўи мийнетте сомланған денеси қарайған, орта жаслардағы, маңлайына орамал байлап алған киси, екиншиси арықлаў кишкене бала. Сол дәўирде бул кисини ҳәмме таныйтуғын еди. Сүўретлери менен тез-тез газеталарда шығып туратуғын, теле-видениеде көринетуғын, сақаўатлы инсан Алланияз Өтениязов – бул.
Жақсылыққа жаны қумар мен оны жақыннан көрип, қуўанып, кеттим. Умытпасам, аўылға мектеп салып берип атыр екен. Айтар аўызға аңсат болған менен бул инсан қурылысты тиккелей өз күши менен салып питкерер еди. Жазда мийнет ҳақысын усындай ислерге жумсайды. Өзи он көзли қәлипте гербиш қуяды, өзи өреди, өзи басын бастырады. Басына ылай шығарады. Буннан соңғы жумыслар да аңсат емес. Жайдың ишин, сыртын сыбайды, поллайды. Енди жайдың ишине ыссылық, жақтылық керек. Буларды да өзи пул шығарып ислейди. Әйнек-қапысы және бар. Қулласы отыра беретуғын етип, ийесине тапсырады.
Бул не деген мәртлик, не деген ғайрат, не деген сақыйлық. Оның менен сәўбетлескенде үйинде анасы барын айтты. Анасы менен де сөйлесейик деген пикир пайда болып Алланияз аға жасайтуғын шаңараққа бардық. Усындай жанкүйер инсанды дүньяға келтирген анасын көргим келди. Нешше бир баспанасы жоққа жай салып берип жүрген, сақый инсанның гөне тозлаў шаңарағына кирип баратырып таңландық. Үйиниң ишлери қөренишлеў, мени қашан ҳәклер екен-деп турғандай. Ҳәр ийнинде бир бала отыратуғын, ертеклердеги кишигирим дәўдей көринген Алланияз ағаны дүньяға келтирген анасы кишкене ғана кемпир екен. Оның менен сәўбетлестик.
– Мына үйлерге қараўға да ўақты жоқ, баламның – деди. Әтирапқа алаңлап қарағанымызға. Баласының ислерине кесент ететуғын анаға усамас, оған пәтиясын берип отыратуғын анасы бәри бир мениң жас қәлбимде өзгеше қыялларда қалғаны ырас.
А. Өтениязовты көпшилигиңиз жақсы танысаңыз да ол ҳаққында толығырақ мағлыўматларды келтирип өтиўди мақул көрип отырмыз. Ол 1936-жыл 1-июньде Кегейли районында туўылған. Нөкиске келип педагогика институтының инглис тили жөнелиси бойынша оқыўға киреди. Оны 1962-жыл тамамлайды. Студент дәўиринде «Комбайн» деген лақапты да алғанын айтып өтиўимиз керек. Алланияз терип кеткен пахталарды кешке шекем жыйнап өлшетсе, ҳәммеден 2 – 3 есе зыят пахта тапсырар еди.
А. Өтениязов Нөкис районындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде инглис тили муғаллими болып иследи.
Усы жылларды есаплап шығар болсақ, ол 40 жыл даўамында жазда алатуғын мийнет дем алысының пулларын тек сақаўат ислерине жумсаған екен. Өзиниң қайыр-сақаўатлық ислерин 20 жасында баслаған болса бир ийиннен 40 тан аслам жайды ийелерине тапсырғанын тарийх бизлерге бирме-бир сөйлеп бере алады. Және де балаларға 2 мектеп, 2 балалар бақшасы, 2 шыпакерлик пункти, 1 китапхана имаратын тырнағынан баслап тиклеп, таяр болғанда тапсырған.
Бағыўшысынан айырылған ҳаяллар, ата-анасы жоқ жетим-жесирлер, жәрдемге мүтәж жалғыз баслы кемпир-ғаррылар оның ҳеш қашан нәзеринен қалмаған.
Сонша жайларды питкерип, ийесине тапсырғанын көрип биразлар оның ислерине ҳайран қалып қарасқаны бар.
– Еси дурыс емес шығар-деўшилер де болды. Бундай гәплерди тыңлап, оған ўақтын бөлип, басын аўыртыўға Алланияз ағада ўақыт жоқ еди. Ол бәрқулла жүреги буйырған ислерди ислеўди ғана өзине еп көрди. «Демек өмир қысқа екен, алдыма қойған мақсетилериме жетиўим керек» деген өз мақсетлери менен жасады. Оның менен соңғы дәўирлерде де көп ушырасып, сәўбетлестик.
Алланияз аға редакцияға тез-тез келип турар еди. Туўры мен отырған столға келип, сәўбетин баслайды. Ислеген ислерин айтыў менен бирге ол жыйнап қойған хатларын ҳәр сапары бирим-бирим ашып көрсетиўди қәлер еди. Себеби, дүнья жүзиндеги белгили инсанлардан ислеген сақаўатлы ислерине баҳа берип, келетуғын хатлар көп еди. Қуба мәмлекетиниң сол дәўирдеги Президенти Фидель Кастро Алланияз Өтениязовты дүньядағы барлық адамлардан адамгершилиги жағынан күшли инсан деп тән алды. Ал, бокс бойынша жәҳән чемпионлары аға-инили Кличколар ҳәр рингке шығар алдынан «усы инсанның 35 жыллық ислеген қайыр-сақаўатлы хызметлерин еске алып, өзлеримизге күш топлаймыз» – деп айт- қан.
Ал, буннан да қызығы аргентиналы миллионер Сафун ол ҳаққында мына пикирди айтады:
«Мениң байлығым санаўсыз болып, 400 адам жумсасам да бәри-бир Алланияз Өтениязовтың қаҳарманлық ислери қасында ширип кететуғын байлықлармының өткинши екенин билемен. Сениң инсаныйлық руўхый байлығың ширимейди, мәңги қалады» – деп тән алып жазған еди.
ЮНЕСКО шөлкеми А. Өтениязовты дүньяның ең күшли адамы сыпатында тән алған. Күш-қуўат тәрепинен ғана емес, адамгершилик тәрепинен де. Адамларға жақсылық етиў оның бойында бар қәсийет болыў менен бирге бир өмир әке нәсиятына садық болып жасағаны да оны өмири даўамында үлкен шыңларға көтерди. Урыста жүрип жазған әкесиниң хаты келгенде ол 9 жаста болды. Хатта: «Балам, адамлардан жәрдемиңди аяма, епке келсе қайыр-сақаўат исле. Мениң зуриядымсаң, ислей алмаған ислеримди өзиң әмелге асыр» – делинген еди. Әкеси урыстан қәйтип келмейди. Ата нәсиятына садық перзент усындай болар – деп айтсақ ҳеш қандай мақтаў сөз қосқан болмаймыз. Алланияз аға редакцияға бир келгенде Нөкисли болғанын, 10 гектардай тасланды жерди алып, соны бағ етпекши екенин айтып, ҳүжжетлерди көрсетип еди. Аяқ-қолы бос отырмасын билсек те жасы тәўираққа барғанда тасланды жерди бағ етиўи аңсат болмасын билгенбиз. Айтқан исин ислемегенше өзи де өзгени де тыныш қоймасын билген соң Алланияз ағаға әўмет тиледик. Дәслеп жерди ашып, тазалап, аў- дарды. Сонша жайларды салған инсанның билегинен күши еле кетпеген екен. Кетпенди жерге урғанда тас болып турған жер «қәлбин» аша қойды. Ана жердиң «баўырынан сүйип» оған өз меҳириңди берсең ғана көксин ийеди екен. Терге батқан маңлайын орамалы менен сыпырып, әтирапқа алаңламай исин даўам еткен Алланияз ағаның бул жерлерди бағ ететуғынына исенбей қарағанлар болғаны ырас. Суў толтырылған плагларды тийеп, арба менен суў тасып, сол жерлерге отырғызылған мийўелерди өз қоллары менен суўғарғанын көргенлер бар шығар. Бул ҳәзирги «Узынкөл» мәкан пуқаралар жыйынына қараслы мәкан әтираплары. Яғный, жуқпалы кеселликлер емлеўханасының арқа тәрепке кететуғын жерлери. Қай ўақытлары да шын кеўил менен басланған ис өз нәтийжесин берери сөзсиз. Төрт пасылдың бәринде сол бағында гүй- беңлеп жүргени. «Муғаллимшилик аңсат кәсип емес. Напақаға шықтым. Ҳүкимет маған ақша берип қойыпты. Үйден кирип-шығып, той-мерекелерге барып жүрсем болар» – дейтуғын Алланияз жоқ. Пенсиясын алыўдан бағына төгин алады, я техника ислетсе соған қол ҳақысын береди. Үйиндегилер де «Үйге айлық я пенсия әкелип қарық етпедиң ғой» – деп атырғаны жоқ. Айтқан менен ол өз билгенин ислейди. Ана жерде пышық аш болып мяўлап турса да бийпәрўа өтип кете алмасын биледи, олар. Азанлы-кеш мийнет етип, жердиң сәнин бере берсең ол да сийнесин ашып, еккен нәллериң бой көрсетип шыға келер екен.
Соның арасынша ағайин-туўған, қоңсы-қобалардың да той-мерекелерине көринип келиўди умытпайды.
Тиккен нәллери ырғатылып, үш жылда бағ болып, мийўе бере баслады. Дәслепки мийўелерди сатыўды қыялына келтирмеди. Ящиклерге салып, Хожелидеги 1-санлы «Меҳрибанлық үйи» не қарай кетти. Балаларға барып, мийўелерди өз қоллары менен жеги- зип, ислеген ислеринен рәҳәтленип қайтты. Ҳәр жылы усылай етер еди. Балалар арасында болып, оларды қуўантқысы келеди.
Өз дәўиринде оның мийнетлери баҳаланып, 1992-жылы Өзбекстан Халық муғаллимин алған болса, 1995-жылы оның көксине «Шуҳрат» медалы тағылды.
– Еле «Өзбекстан қаҳарманы» боламан – дейтуғын еди, ол редакцияға келгенде. Бизлер әўмет тилеп қояр едик. Бул нийетине ол 2001-жылы ҳақыйқатында еристи. Еситип, жүдә қуўандық. Ғәрезсизлик байрамында амфитетарда көрип, оны қутлықладым. Баладай қуўанып: Рахмет-деген еди.
Жазғанларыңды қалдырмай оқыйман, маған унайды – деп жаңалығы болса қасыма келип, қағазларын жайып салып отыратуғын қаҳарман ағамды бүгин және бир мәрте еслеп отырман.
Және бир мәрте жазаман – деп ойламаған едим.
Шаңарағында еки қыз бир улды тәрбиялаған әке еди.
– Сизиң ислериңизди балаңыз Әжинияз даўам еттирип атыр ма? – деп сорағанымда оннан анық жуўап ала алмадым.
Қаҳарманның неше жыллар қыйыншылық пенен усы дәрежеге жеткерген бағы бүгин ийесиз «муңайып» турыпты.
– Сырғып турған мийўелерин азанда ерте барып терип алып, банки бастырамыз –.... дегенди де еситкенбиз.
Әтирапын қоршап, дәрўазасына «Қаҳарман бағы» деп жазып қойып, ишин гүллентип қойғанда еди... Бағды бир мәкемениң «еншиси»не бергенде – деп айтсам ақыл айтпаған сен қалып едиң-деўиңиз мүмкин.
Оның ислерине дүнья таң қалып, ҳәўесленгенде тирисинде де бүгинлигин де өзимизди өзимиз ҳүрметлемесек ким болғанымыз? Тек оның бағын емес қаҳарманлық ислерин де соңғы әўладларға әпсана емес ҳақыйқый тулға мысалында жеткерсек, қандай саўаплы ис ислеген болар еди.
– Алланияз Өтениязов ислеген саўапты биз неге ислей алмай-мыз? – деген сораўға жуўап тапсақ болғаны.
Қалың қаслары астындағы бәрқулла жақсылықты көре билген меҳирли көзлери, тынымсыз ҳәрекетте болатуғын мийнеткеш, сақаўатлы ислерди ислеген қоллары, неше километрлерди басқалар ушын бийминнет жүрген аяқлары 2006-жыл 27-январь күни 69 жасында пүткиллей ҳәрекеттен қалды. Оның жансыз денеси Ташкент қаласынан келди де жақынларын қайғы-ғамға батырды.
Сизди, ислериңиз халқыңыз ҳеш қашан умытпайды. Себеби, жақсылар жүрген жоллар гөнермейди.

Арыўхан Турекеева
2021-жыл
<<КИЙИЗ БАСЫЎ ҲӘМ ШАПШЫЛЫҚ ӨНЕРИ ҲАҚҚЫНДА>>

КИЙИЗ~Түркий тиллес халықлар арасында төсениш сыпатында қолланылып, кийиз басыў ҳәм кийизден тутыныў буйымларын жасаў өнери ерте дәўирлерден басланған. Сол дәўирлердеги буйымлардың атқарған хызмети ҳәм әҳмийети ҳаққында Марко Полоның, Плано Карлини, Клавиха сыяқлы орта әсир саяхатшыларының мийнетлеринде атап көрсетиледи. Ҳәттеки, бундай буйымлардың қалдықлары әййемги темир дәўирине киретуғын тарийхый естеликлерден археологиялық қазыў жумыслары ўақтында табылған.

Кийиз басыў өнери қарақалпақ, қазақ, қырғыз, башқурт ҳәм басқа халықларда ХХ әсирге дейин сақланып келди.
Нөкис қаласында қара үй ушын кийиз басыў комбинатының жақын жылларға дейин ислеп турыўы буның айқын дәлийли болып табылады.

Кийиз басыў~халықтың дәстүрли мәдений турмысында раўажланған кийиз ҳәм кийизден исленетуғын буйымлар ушын кийиз ислеў өнери. Кийиз ислеў төсениш ушын кийиз, текийнемет, қара үйге жабылатуғын кийиз, түңлик, есигине тутылатуғын кийизлер, буйым ретинде жуқа етип басылған кийизден ат жабыўлар, аттың ериниң астына салынатуғын жона ушын сырмақ кийизлер болған. Ал, кийим ретинде бас кийим ушын қалпаққа арналып басылған тықыр, жуқа кийиз, аяққа кийиў ушын байпақлар ушын басылған кийиз түрлери болып бөлинеди.

Кийиз басыў ушын алдын ала бир қанша таярлықлар көрилген. Қой қырқымы дәўиринде кийиз басыўға ылайықлы жүнлер таңлап бөлек жыйналады. Көбинесе, кийиз басыўға қойдың жабағы жүни таңлап алынған. Жабағы жүн--дегенимиз бәҳәрде қыстан арықлап шыққан қой етейип, денеге жабысқан жүни көтериле баслағанда қырқып алынған қысқы уйысқан жүни.
Гейпара ўақытларда жабағы жүнге гүзем жүн де араластырылыўы мүмкин. Гүзем жүн деп--қойдың жаз бойы өскен, гүзге қарап қырқылатуғын жүнине айтылады. Гүзем жүн ат жабыў, жона, қара үйдиң баў-шуўларын таярлаў ушын тоқыўға арналған жип ислеўде қолланылады.
Қырқып алынған жүнди реңлерине қарап:--ақ жүн, қара жүн, қоңыр, қоңыр қызғылт жүн деп бөлип жыйнайды.
Ақ жүнлерден ақ кийизлер басылып, арнаўлы сыйлы қонақларға төселеди, отаўларға жабылады, ямаса бардамлы адамлар көбинесе ақ кийиз етип бастырған. Сондай-ақ, күнделикли турмыста халық көпшилигине қара, қоңыр кийизлер тийисли болған.

Жүнлер усылайынша бөлеклерге бөлинип болғаннан соң, олар түтип таярланады. Ол бир адамның қолынан келе бермейди, сол ушын гейде "жүн түтисиўге" көмек айтып, көптиң жәрдеминде ислеген.

Қарақалпақ халқының өзине тән өнерлериниң түри көп, солайда, зергерлик, шапшылық, тоқымашылық өнерлериниң орны бөлек. Кийиз басыў жумысларын жақсы меңгерген кәсип ийелери "шапшы"лар деп аталып, кийиз басыў оның басшылығы астында алып барылады. Шапшылар барлық дәўирде де халық арасында жақсы абыройлы кәсип ийелери болып есапланады.

Егерде кийизге нағыс салыў нәзерде тутылса, арнаўлы қазанға суў қуйылып, ақ, сары, жасыл, қызыл реңли жүн бояўларды салып, қайнатып боялады.
Буннан кейин түтилген жүнлерди "сабаў" арнаўлы қызыл жыңғылдан жонып исленген сабаў таяқшалар менен әмелге асырылады. Жүн ямаса пахта сабаўдың да өзине тән усыллары болып, шеберликти талап етеди. Сабаў менен уйысқан жүн жаздырылып, үлпилдеген ҳалға келеди, ишиндеги бирең-саран шөп-шар қалдықларынан тазарады. Жүнди белгили мөлшерде арнаўлы жайыўшаға салып, шашыраған шетин жыйнастырып отырып сабап, соң таяр болған ўақытта бүклеп орап бир шетке жыйнап қояды. Буны "бир сабам жүн"--деп атайды. Солайынша кийиз ушын керекли жүнди сабап алады.

Кийиз басыў ушын керекли ший, арқанлар, қайнаған суў таяр болғанда "шапшының" басшылығы менен шийдиң үстине жүнди салып баслайды. Егерде кийизге нағыс салыў керек болса, боялған таяр жүнлерди әкелип, шийдиң үстине нағыс салынады.

Кийиз басыўда көбинесе нағыстың <<Қос мүйиз>>, <<Тоқалақ мүйиз>>, <<Қой мүйизи>> сыяқлы түрлери салынады. Басқа да нағыс түрлерин усы нағысларды безеў ушын қолланылыўы мүмкин.Аталған бул нағыслардың мағанасын бир ўақытлары Россия алымы Шкайдер <<Өмир тиреги>> деп атаған еди. Салынған нағыслар үстине таяр турған жүнлер салынады. Буны кийиз басыў барысында <<Шийге салыў>> деп атайды.
<<Шийге салыў>> жумысы--қолының еплилиги бар, шеберлиги, уқыплылығы менен танылған бир ҳаял адамға тапсырылады. Оны ҳәр ким сала бериўге болмайды, кийиз ала-ғула болып, бир тегис шықпаўы мүмкин. Шийге салыўшы ҳаял қолы менен барластырып, жүнниң қалың ҳәм жуқалығын сезип отырады. Шийге салыўшы басылатуғын кийиздиң түрине қарап, жүнди қалың ямаса жуқа етип салады. Төсениш кийизлерге қалың, туўырлық, түңлик ушын оннан гөре жуқалаў салыў мүмкин. Жүнди салып болып, бир тегис қайта көрилип шығылады.
Буннан соң қайнап турған суўды әкелип кепкирдиң, ямаса шөмиштиң артына қуйыў жолы менен жүнниң үстине бир тегис себелеп шығылады, ыссы суўдың салмағы менен жүн басылып, бир-бирине жабысып биригеди. Суўды сеўип баслағаннан 3-4 адам теңдей ҳәрекет етип, шийдиң бир шетинен қысып орап баслайды. Шийди орап баратырып та үстине қайнаған суў себеленип бара береди.

Шийди жақсылап орап болғаннан кейин, таяр арқан менен шийдиң сыртынан қатты етип, бир тегис буўылады. Еки басы, орта тусынан ший арқайын айланып турғандай бослаў етип байлап, арқанның ушын шығарып қояды. Мине, усы арқаннан тартып турып, төрт бес қарыўлы жигит, шийди ары-бери домалатып тебе баслайды. "Кийиз тебиў" басланғаннан соң да тез-тез қайнаған суў қуйып, бир бағытта, соң қарама-қарсы бағытта кийиз әбден қатайғанша тебиледи. Тепки бир тегис тебилип, шала болмаўын шапшы бақлап турады. Кийиз қанша көп тебилсе кийиз сонша нығызланып, қатты болады. Сол ушын да "кийиз тебиў" барысы бул жумыслардың ең шешиўши бөлими.

<<Шийден шығарыў>>. Кийизди шийден шығарғаннан соң, және қайнаған суў қуйылып, бир саат шамасы бастырылып қойылады, бул ўақытта кийиз исинеди. Соң <<билеклеў>> басланады, кийиздиң енине сәйкес 7-8 адам отырып, әри--бери домалатып билеклейди, билеклеп отырған ўақытта да қайнаған суў себиледи.

Әбден билекленип, бабына келген кийизди еки үш адам услап турып, көрпеше қаққандай қарпыйды, буны кийиздиң оңынан да, солынан услап, жулқып, серпип ислейди. Қарпыў арқалы кийиздиң шетлери бир тегис болып шығады.

Далаға шығарып жайған ўақытта жабысқан ҳәр түрли шөп, қыл-қыбырдан тазарыўы ушын бир қатар суў қуйып тазалайды, соң күнге кептирип болған соң пайдаланыўға болады.

Кийиз басыў жумысы көпшиликтиң күши менен исленеди, бунда ең аз дегенде 7-8 адам қатнасады. Кийиз писиўи жетилиссе беккем, нығыз, қатты болып, түтеленбейди. Бундай сапалы кийизлер жыйнағанда бүклениўи қыйын, "қайрақтай" болып турады. Егер де кийиздиң писиўи жетилиспей былбырап турса, қайтадан қайнаған суў қуйып билекленеди. Кийиздиң жақсы болыўы да, жаман болыўы да шапшының шеберлигине байланыслы.

Кийиз басыў барысы қатты машақатлы, аўыр болады, адамнан сабырлылық, шыдамлылықты талап етеди.
Forwarded from Alisher Sadullaev
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
“Ibrat Academy” — mening ustozim!

Dars tayyorlashga vaqt bo’lmasligi, mablag’ yetishmasligi va professional o’qituvchi topa olmasligingiz endi muammo emas! “Ibrat Academy” ilovasi yuqoridagi barcha muammolar uchun munosib yechimdir.

Ilovani yuklab olish: Android | iOS

@ibratfarzandlari