"Шахтемир" жаслары
88 subscribers
3.04K photos
367 videos
49 files
1.43K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Shımbay rayonındaǵı "Shaxtemir" MPJ besligi tárepinen alıp barılıp atırǵan jumısları haqqında
---------
Chimboy tumanidagi "Shaxtemir" MFY beshligi tomonidan amalga oshirilgan ishlar haqida
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/qriim
Forwarded from SHIMBAY JASLARI
#Shımbay_rayonı
#Bes_baslama_olimpiadası
#Rayonlıq_basqıshı
#Milliy_hám_zámanagóy_saz_ásbapları

🪕🥁🎸 Máhálledegi jaslar arasında “Bes baslama olimpiadası”nıń
2-máwsimi sheńberinde “Milliy hám zámanagóy saz ásbapları” tańlawınıń 3-basqıshı yaǵnıy sektorlarara rayonlıq basqıshı Shımbay rayonı 8-sanlı Balalar muzika hám kórkem-óner mektebinde ótkerildi.
⚡️Rayonlıq basqıshında jaslar 10-15 jas, 16-22 jas, 23-30 jas kategoriyası boyınsha, milliy hám zámanagóy jónelislerde óz-ara bellesti. Qızǵın bellesiwlerden soń jeńimpaz bolǵan jaslar tańlawdıń Qaraqalpaqstan Respublikalıq basqıshına jollanma aldı.

https://t.me/krshimbay
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🟩 ISHONCH endi Qaraqalpaqstan Respublikası Shımbay rayonında!

25 - oktyabr saat 9:00 de
baslanatuǵın ashılıw máresimine bársheńizdi mirát etemiz, saat 10:00 de bolsa lentalar kesilip, dúkan esikleri ashıladı!

Tek ǵana ashılıw kúni barlıq ónımlerge 20% ǵa shekem shegirme ámel etedi. Paydalı satıp alıwlar ushın usı ájayıp imkaniyattan paydalanıp qalıń!

Mánzili: Qaraqalpaqstan Respublikası, Shımbay rayonı, Jipek jolı MPJ, Ibrayım Yusupov kóshesi, 17-jay.
Baǵdar: Rayon mámleketlik salıq bólimi qarama qarsısı

Múrajet ushın:
+998735152222
@ishonch_chatbot
Егер биз пүткил дуньяда тынышлық орнатыўды қәлесек, исти балалар тәрбиясынан баслаўымыз зәрүр.

©Маҳатма Ганди

👉 https://t.me/shaxtemir
​​Өмирде сиз еки нәрседен бирин әмелге асырасыз: я бәҳәрде егесиз, я гүзде тиленшилик етесиз.

©Жим Рон


👉 https://t.me/shaxtemir
Usi jildiñ 19-oktyabr kùni bolip òtken  "Qànekey qizlar" tañlawiniñ Qaraqalpaqstan Respublikasi basqishinda Shaxtemir MPJ turg'ini 41-mekteptin 10a-klass oqiwshisi Jumabaeva Feruza Maxset qizi siyli I-orindi iyeledi hàm tañlawdiñ Òzbekistan Respublikasi basqishina jollama aldi.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Ким Жума куни тирноғини олса 60 та дарддан халос бўлади, 60 та шифо берилади

👉 https://t.me/shaxtemir
Егер көлдиң суўы тасыса қумырсқалар балықларға жем болады, ал тартылып кетсе балықлар қумырсқаларға жем болады. Өмир алма гезек...

👉 https://t.me/shaxtemir
Forwarded from Shimbay.uz
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.


▫️ Шымбай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Тѳрткүл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Тақыятас районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Нѳкис районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қоңырат районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қараѳзек районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қанлыкѳл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Кегейли районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Әмиўдәрья районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Нѳкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы.

❗️Aрзалар 25.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
5 кала: ХОЖЕЛИ, КОНЫРАТ, ШЫМБАЙ, ШОРАХАН (ТОРТКУЛ), ШАББАЗ (БЕРУНИЙ)


#Сиз_билесизбе?

Қарақалпақстан Республикасындағы қала ҳәм районлар қашан дүзилген?

Нөкис қаласы: 1932-жыл.
Қоңырат: 1927-жыл, 22-июнь
Шымбай: 1927-жыл, 3-июль
Хожели: 1927-жыл, 3-июль
Беруний: 1927-жыл, 3-июль
Төрткүл: 1927-жыл, 13-июль
Кегейли: 1928-жыл, 3-сентябрь
Мойнақ: 1931-жыл, 15-сентябрь
Тақиятас: 1953-жыл, (қайта 2017-жыл август)
Тақтакөпир: 1965-жыл, 29-декабрь
Шоманай: 1967-жыл, 9-январь
Нөкис р\н: 1968-жыл, 25-декабрь
Қанлыкөл: 1970-жыл, 7-декабрь
Қараөзек: 1975-жыл, 26-сентябрь
Елликқала: 1977-жыл, 23-февраль
Бозатаў: 1979-жыл, 10-апрель (қайта 2019-жыл, сентябрь)




🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢🟢

#ЖЕТИ УРПАҚ:

1) белбала;
2) ақлық;
3) шаўлық;
4) қуўлық;
5) туўлық;
6) баўлық;
7) жатлық. Билемиз бирақ умытамыз.
💙💙💙💙💙💙💙💙💙💙







❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️❤️
#7_ģáziyne

🔔 JETI ĞÁZIYNE


1. Sıyır- xojalıqtıń qassabı hám baqqalı
2. Pal hárre- shańaraqtıń táwibi
3. Jipek qurtı-qızlardıń sebi
4. Mayjuwaz-qazannıń mayı
5. Digirman-qarınnıń belbewi
6. Toģay- imarat súyegi, qazan otı
7. Tawıq- hám gósh, hám dárman

🍒🍒🍒🍒🍒🍒🍒🍒
#Bilip_qoyģan_jaqsı

📚📚📚Musılman ay atlarıniń kelip shıģıw tarıyxı

1.Dáliw - (Yanvar) Rim ápsanalarındaģı Yanus húrmetine "yanvarius" dep atalģan.

2. Hút - (Fevral) Latınsha "fevruarius" "tazalanıw, pákleniw" mánisin ańlatqan;

3.Hámal - (Mart) Diyqanlar hám shopanlardıń qáwenderi Mars húrmetine "martius" sózinen alınģan;

4. Sáwir - (Aprel) Átiraptı gúllerge bezewshi bul gózzal ay atı "Apfire" sózinen kelip shıqqan bolıp, óz gózzallıqların inam etiwshi degen mánisti ańlatqan;

5. Jawza - (May) Mayya "Mayus" atınan alınģan bolıp "gózzallıq, shadıqorramlıq" ayı esaplanadı;

6. Saratan - (Iyun) Yupiterdiń ómirlik joldası Yunona húrmetine qoyılģan;

7. Áset - (Iyul) Rim mámleketlik ģayratkeri hám láshkerbasısı Yuliy Cezar húrmetine atalģan;

8. Súmbile - (Avgust) Rim imperatorı Oktavian Avgust húrmeti ushın qoyılģan;

9. Miyzan - (Sentyabr) - "September" (jeti) degen sózlerden alınģan;

10. Aqırap - (Oktyabr) - "Oktober" (segiz) degen sózlerden alınģan;

11. Qawıs - (Noyabr) - "November" (toģız) degen sózlerden alınģan;

12. Jeddi - (Dekabr) - "Desember" (on) degen sózlerden alınģan.
<<==>>ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ҲАҚҚЫНДА ҚЫСҚАША МАҒЛЫЎМАТ<<==>>

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ аймағы148079 гектар майданды қурайды. Соннан егислик жерлер 4096 гектар, 154 гектар бағ, 9 гектар жүзимгершилик, 28 гектар тутзарлықлар болып табылады.

Район Әмиўдәрьяның оң тәрепинде жайласқан болып, арқа-шығысынан Қараөзек, қубласынан Кегейли районы, батысынан Бозатаў районлары менен шегараласады. Суўландырыў "Кегейли" каналы 25 км, "Абат жап" 30 км, "Бес жап" 20 км, "Төрт саға" 40 км, "Гөне Кегейли" 18 км, "Оң Абат жап" 1 км, "Қазақ аша" 12 км, каналлары арқалы иске асады.

XVII-XIX әсирлерде Қарақалпақстанда ири үш дий- ханшылық орайы болған--"Қаллы көл", "Қусхана таў", "Кегейли". Соңғы еки дийханшылық орайы Әмиўдәрьяның оң жағалығында жайласып, олардың ҳәкимлик, экономикалық, мәдений, саўда ҳәм өнерментшилик орайы Шымбай қаласы болған. Себеби, бул қала географиялық жақтан қолайлы орынға жайласқан. Шымбай әтирапындағы жерлери дийханшылық, шарўашылық, балықшылыққа қолайлы болған. Сондай-ақ Шымбай қаласы өз әтирапындағы еллер менен байланысатуғын суў ҳәм қурғақтағы кәрўан жоллардың кесискен жеринде жайласқан. Сонлықтан бул қала ҳәкимлик, экономикалық, мәдений орайға тез айланған. Қаладағы көплеген саўда орайлары, майда санаатлар болып, өнерментшилик раўажланған. Шымбай қаласының әтирапы аңшылыққа қолайлы болған.

XVI-XVIII әсирлерде усы ески Шымбай елатының аймағынан "Кесе жол" деп аталған кәрўан жолы өткен. Ол жол Қара терең--Тахтакөпир--Шойыншы аўыл--Айымбет ийшан--Торғай терек--Бийик мешит--Ахунбаба қойымшылығы--Зайыр--Арал теңизи арқалы өтип, қубладағы отырықшы халықларды арқадағы қазақ қалалары ҳәм Россия менен байланыстырып, олар арасында саўда байланысын жақсылаўға себеп болған. Соның менен бирге жолдың бойында Шахтемир деген ири саўда орайы болғанын тарийхый ҳүжжетлер менен айырым илимпазлар да тасты- йықлайды.

Шымбай қаласында ҳәм оның әтирапында Қарақалпақ халқының атақлы шайырлары менен бақсы жыраўлары, қыс- саханлары жасаған. Соның менен бирге Фирдаўсий, Наўайы, Мақтымқулы ҳәм тағы басқа уллы ойшыллардың шығармаларын жергиликли тилге аўдарыўшылар, көшириўши, саўатлы адамлар болған. Халқымыздың руўхый байлығын усындай ғәзийнелер менен тәмийинлеўдеги зәрүрли қәрежетлерди бериўде Асқар бай, Халмурат бай, Ийгилик байлар менен Исмайыл Төрелер қайыр-сақаўатлы ислер ислеген. Шымбай елатының дилўар қыз-жигитлери жуўапсыз сөз сөйлемей, лаққылары адамлар минезлериндеги кемшиликлерди сынға алыр отырған.

Шымбай елатында XIX әсирде өз дәўириниң басланғыш мектеп [орта жоқары], мешит, медреселери, оқыў орынлары болып, оларда өз заманының саўатлы адамлары болған Сүйин ийшан, Әбдижәлий ийшан [Ҳажы ийшан] ҳәм Бухара, Хийўа медреселеринде оқып келген ахунлар жасларға билим берип, оларды әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаған.

Шымбай қаласының тарийхы оның әтирапында жайласқан көплеген тарийхый естеликлер ҳәм елатлы орынлардың тарийхы менен тығыз байланыслы. Бул естеликлерге Күйик қала [VII-VIII әсирлер], Бағдат қаласы [IX әсир], Қошқар ата [XVII-XVIII әсирлер] жатады. Шымбайда ҳәм оның әтирапындағы естеликлердиң тарийхы бирнеше көрнекли илимпазлардың мийнетлеринде жазылған.

Тарийх, археология ҳәм этнографиялық изертлеўлердиң нәтийжесинде Әмиўдәрьяның төменги алабында VII-XI әсирлерде Кердер ўәләятының өмир сүргени анықланды. Қорғанша, Күйик қала, Бағдат, Төк қала, Ҳайўанқала, Моншақлы, Пуджай ҳәм тағы басқалар сол Кердер ўәләятының дәслепки қалалары, бас қаласы Кердер болған.

728-жылы Кердер қаласының турғынлары араблар үстемлигине қарсы көтерилис жасаған. Арабия илимпазы Магдиси [X әсир] Дарсан қаласынан [Төк қаладан] төменде орналасқан Кердер қаласына шекем 49-50 км деп көрсетеди. Шымбай қаласы ҳәзирги атама менен шығыс тиллериндеги жазба дереклерде 1730-жыллардан, ал рус тилиндеги жазба дереклерде 1810-жыллардан баслап гезлеседи.

1873-жылы Әмиўдәрьяның оң жағалаўындағы халықлар Россияға қосылыўы менен Әмиўдәрья бөлими шөлкемлести. Ол еки участкаға бөлинди. Оның бир участкасына ҳәзирги Әмиўдәрьяның төменги оң алабындағы барлық халықлар қарап, оның орайы Шымбай қаласы болған.XIX әсирде Шымбай қаласында ҳәр түрли кишигирим санаат орынлары пайда болды.
2 медресе, 9 мешит, 3 қазы Әмиўдәрьяның төменги оң алабындағы халықлардың билимин көтериўде мәденияты менен әдебиятын раўажландырыўына өзлериниң үлесин қосты. Булардың арасында Қазы Мәўликтей араб-парсы ҳәм түркий тиллерин билген әдебиятшы ҳәм қазылары болған.

XII әсирде Шахтемир қорғанының болғанлығын жазба мағлыўматлар тастыйықлайды. 1648-жылы Арал жағалаўлары ханы болып Абулғазы жәрияланғанлығы мәлим. Оның орайы Шахтемир қорғаны болған. 1741-жылы Муравин тәрепинен сызылған картада Шахтемир қаласы Нөкис қорғанынан арқаға қарай 58 км аралықта жайласқанлығы көрсетилген. Буннан кейинги көплеген әўладлар ўәкиллери илимпазлары өзлериниң изертлеўлеринде Шахтемир қорғаны Шымбай қаласы болыўы мүмкинлиги айтылады. Әлбетте, Шымбайдың пайда болыў тарийхы ҳаққында ҳәр түрли пикирлердиң гүўасымыз.

Шымбай қаласы атамасы XIX әсирдиң биринши он жыллығынан баслап белгили бола баслады. Ол суў, қыр арқалы да көплеген район, еллер менен байланыста болды. Бул саўда-сатлық жумысларының раўажланыўына алып келди. Октябрь революциясына шекем 80 дүкан, 10 нанбайхана ҳәм басқа да саўда орынлары болған. Ҳәр қыйлы товарлар Оренбург саўдагерлери таманынан алып келинип, қайтарда еллерине тери, жоңышқа туқымларын алып қайтқан.

1907-1908-жыллары Шымбайдың жоңышқа туқымлары, балықлары АҚШ, Германия базарларына барып жеткен.
1890-жылы мектеп, медпунктлер ашылған. Соннан баслап Шымбай халқына мәдениятқа, руўхыйлыққа жол ашыла баслаған. Ағалы-инили Ванюшинлер бул жерде тери заводын ашқан. Май ислеп шығарыў, пахта заводлары өзлериниң дәслепки өнимлерин бере баслаған.

Шымбай қаласы өзиниң халық өнерментшилери, исбилерменлери, саўдагерлери менен сыртқы базарларға шыққан елат. Шымбайда арбашы аўыл, үйши аўыл, көкши қала, қумбызшы аўыл, көнши аўыллар биригип үлкен қалаша пайда етип, оларда ҳәр түрли өнерментлер жасаған. Олардан темиршилер, арбашылар, етикшилер, көншилер, мыскерлер, зергерлер, үйшилер ҳәм басқа да майда өнерментшиликтиң түрлери болған.

Қарақалпақлар ерте заманлардан баслар дийқаншылықта егинниң 30 лаған түрин егип келген. Олардың ишинде бийдай, арпа, салы, тары, мәш, жүўери, жоңышқа, пахта, кендир, гүнжи, кенедәри, ғарбыз, асқабақ, гешир, пияз, бурыш ҳәм тағы басқа да көп түрли егинлерди еккен.

Сол дәўирде, XIX әсирде 1 батпан [22 кг] дән базарда 32 тийин турған. Дийқан 1 танап жерден 40-50 манат, ал 1 десятина жерден 240-300 манат пайда алған. Демек, 10 танап жери бар дийқан бай есапланған. 2-3 танап жерден дийқан өзин-өзи азық-аўқат пенен еркин тәмийинлеген.

Қарақалпақлардың екинши азық-аўқатлық егини жүўери болған. Оның 1 гектарынан 3-4 тонна өним алған. Жүўериниң сортлары көп. Дәни нан, пақалы малға от ҳәм тағы басқа нәрселерге пайдаланылған. Шымбай қаласы ҳәм халқы басларынан оғада көп тарийхый ўақыяларды кеширген.
Соның менен бирге шымбайлылар пүткил қарақалпақ халқының тарийхый, экономикалық ҳәм мәдений жақтан раўажланыўына да үлкен үлес қосқан елат.


➡️➡️КАНАЛЫМЫЗ⤵️⤵️

👉  https://t.me/shaxtemir