"Шахтемир" жаслары
95 subscribers
3.02K photos
342 videos
49 files
1.41K links
Download Telegram
Qaraqalpaqstan Respublikası Ishki isler ministri polkovnik Baxtiyar Tórebekov Shımbay rayonında ózine biriktirilgen jaslar menen náwbettegi kóshpeli qabıllawın ótkerdi
Tolıq oqıw
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.me/qriim
Қандай жақсы усы заманда,
Қарасам да қайсы таманға.
Бир билимсиз адам көрмедим,
Бир ақылсыз надан көрмедим.

Кимди көрсең билип баратыр,
Зейни менен илип баратыр.
Биреўиниң билмегенине
Екиншиси күлип баратыр.

Дүньяның бар ғалма-ғалларын,
Алақанда көрип отырар.
Ақ үйдеги сумлықтың бәрин,
Қара үйде-ақ билип отырар.

Ибрайым Юсупов,
"Қандай жақсы усы заманда". 1986-жыл, май.

👉 https://t.me/shaxtemir
Дийхан хожалығы жерлерин e-auksion.uz арқалы ижараға алыӊ!
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2167 жер майданлары ашық таӊлаўға шығарылған. Ашық электрон таӊлаўда қатнасыӊ!
e-auksion.uz
▪️ Әмиўдәрья районы 436 (қараңыз)
▪️ Беруний районы 173 (қараңыз)
▪️ Қараөзек районы 62 (қараңыз)
▪️ Кегейли районы 14 (қараңыз)
▪️ Қоңырат районы 129 (қараңыз)
▪️ Қаңлыкөл районы 75 (қараңыз)
▪️ Мойнақ районы 18 (қараңыз)
▪️ Нөкис районы 112 (қараңыз)
▪️ Тахтакөпир районы 235 (қараңыз)
▪️ Төрткүл районы 148 (қараңыз)
▪️ Хожели районы 90 (қараңыз)
▪️ Шымбай районы 134 (қараңыз)
▪️ Шоманай районы 491 (қараңыз)
▪️ Елликқала районы 50 (қараңыз)

e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
#Bes_baslama_olimpiadası
#Shımbay_rayonı
#Kásipler_tańlawı
#Tigiwshilik

🪡🧵🧶👕Búgin “Bes baslama olimpiadası” sheńberinde "Kásipler tańlawı"nıń "Tigiwshilik" jónelisi boyınsha rayonlıq basqıshı bolıp ótti. Qızǵın ótken tańlaw nátiyjesine kóre:
🥇orındı Keńes APJ,
🥈orındı Abat mákan MPJ,
🥉orındı Qara kól MPJ jasları qolǵa kiritti.
⚡️Tańlaw jeńimpazlarına keyingi basqıshta áwmet tileymiz.
🇺🇿 O'zbekiston yoshlar terma jamoasining kiyim almashtirish xonasidan fotogalereya. 📸

Manba: FAUzbekistan

⚽️ @FutbolTV8K 📺
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Билген_жақсы

<<ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ КИЙИМЛЕРИ>>

ЕРЛЕР КИЙИМИ.

Қоңсылас халықлардың тәсири менен ҳәм жасаған заманның жаңаықлары менен толықтырылып, бирақ, тийкарғы өзине тән өзгешеликлери сақланып, биз изертлеп отырған дәўирде толық халық турмысында болған қарақалпақлардың  миллий кийимлери еркеклерде:  ШӨГИРМЕ, ТЕЛПЕК, МАЛАҚАЙ, КӨЙЛЕК, ЫШТАН, БЕШПЕНТ, ГҮПИ, ШЕКПЕН, ПОСТЫН, ШАПАН, БЕЛБЕЎ, ЕТИК, ГЕЎИШ-МӘСИ ҳәм ҳаял-қызларда:  ОРАМАЛ, ОРАЙПЕК, ТАҚЫЯ, КӨЙЛЕК, БЕШПЕНТ, ЫШТАН, ИШКИ-ТОН, ЖЕГДЕ, СӘЎКЕЛЕ, ШАПАН, ГЕЎИШ-МӘСИ, ЕТИК тен ибарат. Қысқаша еркеклер кийиминен баслап, ҳәр қайсысына тоқтап өтейик:

ШӨГИРМЕ~қарақалпақларда ертеден киятырған бас кийимниң тийкарғы түри. Оны халықта <<ҚУРАШ>> деп те атайды. Халық аўызындағы сөзлерге қарағанда ески ўақытта <<ТЕЛПЕК>> деп те атаған.

"Бир атаң телпекдур, бир атың қураш,
Заманыңда кийим болғаның ырас",---деген қарақалпақ шайыры Ибрайым Юсуповтың сөзи халықтың ҳақыйқат ески турмысынан алынған.

Ямаса:
"Жаз болса жигитке қалпақ жарасар,
Қыс болса жигитке телпек жарасар",--деп "Телпек" атамасы аўыз әдебиятының нусқаларында да гезлеседи.

Жарлылар әпиўайы қойдың терисинен тигип кийген, ол "ШӨГИРМЕ"  ямаса "ҚУРАШ" деп аталған. Шөгирме қозының жүни өскинлеў терисинен исленген.  Шөгирмениң жақсы  әреби (арабы) қозының терисинен исленген селкилдек түрин "әреби шөгирме", "селкилдек шөгирме"  деп атайды.  Бирақ, бул тек байларда ғана болған.

"Әреби, шийразы байларда болды,
Сени кийип, олар тойларда болды,
Мурны аспанда, кеўли айларда болды,
Дәўири шым-шытырық болған шөгирме",---
(И.Юсупов, "Шөгирме".)---деп, бул жағдайдың қарақалпақ шайырларының шығармаларында сәўлелениўи де жоқарыда айтқанымызға толық мысал болады.

Шөгирме тийкарынан қыстың кийими болып есапланады. Жазында басына тақыя, қалпақ кийген ямаса орамал тартып жүрген.

ТАҚЫЯ~басқа кийетуғын жеңил кийим болып, ол қыста да, жазда да қолланылған. Жазда өз алдына бас кийим ретинде кийилген. Қыста қураштың я малақайдың ишинен кийилген. Үйге киргеннен кейин сыртқы шөгирме, ямаса малақай шешип қойылып, ал, тақыя баста қалған. Себеби, мусылманшылықтың ҳәм өз дәўиринде тәртиби бойынша үйде жалаңбас отырыўға рухсат етилмеген. Ыссы жайда шөгирме кийип отырыўда қолайсыз болған. Сонлықтан, тақыя қыста да, жазда да қолланылған.
Тақыя бурыннан киятырған тәртип бойынша ақ бөзден тигилген. Ол "БӨЗ ТАҚЫЯ" деп аталған.
Кийетуғын адамның жасына орай бөз тақыя екиге бөлинген. Егерде тақыяны ғарры адамлар кийетуғын болса, тақыя тигилиўи менен ҳеш көркемленбестен қалған,  оны "АҚ ТАҚЫЯ" деп атаған. Егер тақыяны жаслар кийетуғын болса, , ол тақыя қосымша нағысланған,  ернеги қызыл жип пенен енсиз етип жийекленген. Оны "НАҒЫСЛЫ ТАҚЫЯ" деп атаған.

1873-жылдан кейин қарақалпақлардың Россияның  қурамына өтиўи менен қарақалпақлар арасында санаат тоқыма заты кең таралған. Айырым затлар ҳәттеки мақпалдан исленген.
Мақпал көбинесе бас кийимге, әсиресе, тақыя ислеўде қолланылған. Солай етип, 1873- жыллардан кейин, бөз тақыяның орнына МАҚПАЛ ТАҚЫЯ  қолланылған.  Мақпал тақыя тигилген затына қарай, ғазна мақпалдан исленсе "ҒАЗНА МАҚПАЛ ТАҚЫЯ", көк мақпалдан исленсе "КӨК МАҚПАЛ ТАҚЫЯ"  деп аталған. Бирақ, өзбек аўылларындағыдай мақпалдың барлық түрлеринен ислене бермеген.
Мақпал тақыяның  жийеги бурынғы безелгендей енсиз болмаған, жүдә енли етип жийекленген ҳәм белгили бир жеринде үлкен пөпеги болған. Мақпал тақыяны ерлер де, ҳаял-қызлар да кийген. Тақыяның бул түрин кийиў совет дәўиринде де даўам етти.

ҚАЛПАҚ~бул да ескиден киятырған бас кийимниң түри. Бурын бөзден исленсе де , колониаль дәўирде ғалаба шыттан исленген.

"Сорасаң елимди Хожбан бизлерден,
Қалпағы қазандай еллерим барды"

Ямаса:
"Мәликтиң улы Разы ҳақ,
Жаслығында қойды ғулпақ,
Кийген екен қарақалпақ,
Соннан "қалпақ" болған екен"---деп, қалпақ атамасы революцияға шекем қарақалпақ классик шайырларының шығармаларынан орын алса:

"Айнанайын аппағым,
Қозы жүнли қалпағым"

ямаса:

"Қарағым мениң жасында,
Жасыл қалпақ басында"...--

деп аналардың айтатуғын, әййемги заманнан киятырған бесик жырларында да гезлеседи.


👉 https://t.me/shaxtemir
Ассалаума алейкум Хурметли пукаралар! Нокис каласы "Ишга мархамат" МОНООРАЙЫ 3 айлык окыу муддети менен "Электрик", "Хожалык техникалырын онлау устасы", "Ыссыхана" (теплица) хам "Санттехника" касиплери бойынша пукараларды окыуга кабыллау дауам етип атырганлыгын хабарлаймыз! Окыу бантлиги тамийинленбеген (жумыссыз) пукараларымыз ушын толемсиз, бантлиги тамийинленген пукаралырымыз ушын жами 990 000 сум (2-3 болип толеу имканияты берилген). МОНООРАЙымызды питкерген пукаралар ушын Мамлекетлик улгидеги СЕРТИФИКАТ бериледи. Косымша маглыумат ушын тел 90 5747457.