"Шахтемир" жаслары
89 subscribers
3.04K photos
367 videos
49 files
1.43K links
Download Telegram
📚“Jas kitapqumar” tańlawınıń
10-14 jas kategoriyasındaǵı jeńimpazları anıqlandı!

1️⃣-orın Nawayı wálayatınan Ibrohimova Aziza Jondulla qızı
(374,1 ball) - Prezident sawǵası “Spark” avtomobili iyesi;

2️⃣-orın-orın Buxara wálayatınan Toxirova Malika Umid qızı (361 ball) 50 million som pul sıylıǵı iyesi;

3️⃣-orın Jizzax wálayatınan Abduǵafforov Jasurbek Dunyomiddin ulı (319,7 ball) 30 million som pul sıylıǵı iyesi;

💰Sonday-aq, final basqıshında qatnasqan barlıq qatnasıwshılar
10 million somnan pul sıylıǵı menen sıylıqlanadı.

Tańlaw dawam etpekte✍️

|✈️Telegram |📷 Instagram |🖤 You Tube | 📒Facebook
📣Talantlı jaslar ushın jańalıq

Shımbay rayonı aymaǵındaǵı talantlı jaslardı Shımbay rayonlıq Mádeniyat bóliminde shólkemlestirilgen dógereklerge mirát etedi.
Shımbay rayoni puqaralari diqqatina!!!

Qaraqalpaqstan Respublikası Shımbay rayoni Xalıq bántligine kómeklesiw orayi tárepinen 25-fevral kuni saat 10:00 de bolıp ótetug'in bos jumis orinlari miynet yarmarkasi bolıp ótedi

Mánzil: Shımbay rayoni Pedagogika kolledji
⚡️Ispan tilini “Ibrat farzandlari” bilan mutlaqo bepul usulda o‘rganing!

Ispan tili ixlosmandlari uchun professional o‘qituvchidan sodda va kreativ darslarga marhamat!

👉 Ispan tilini o‘rganishni boshlash!

👉 Boshqa xorijiy tillar
⚡️“Ibrat farzandlari” — xorijiy tillarni o‘rganish uchun zo‘r imkoniyat

YouTube’dagi “Ibrat farzandlari” loyihasi orqali malakali ustozlardan o‘zbek, ingliz, nemis, ispan, turk va rus tillarini noldan boshlab mutlaqo bepul o‘rganing!

Darslar:
Ingliz tili
Ispan tili
Nemis tili
Turk tili
Rus tili
O‘zbek tili (xorijliklar uchun)

👉 Kuzatib boring: @ibratfarzandlari
👉 YouTube: youtube.com/@ibratfarzandlari
#Búgin_bayram
#Onlayn

Jaslar orayı imaratında Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması hám Hoja_uz telegram kanalı menen birgelikte “Júweri gúrtik kúni” begilenbekte.

|✈️Telegram |📷 Instagram |🖤 You Tube | 📒Facebook
🟢Shımbay rayonı Shaxtemir máhállesindegi 41-sanlı ulıwma bilim beriw mektebi oqıwshısı Feruza Jumabaeva hazirde: 🎬"Qaraqalpaqstan" telekanalı "BALALAR DÚNYASÍ" kórsetiwi baslawshısı. Ol Respublikamızdaģı belsendi jaslardı tanıtıw maqsetinde olardıń jetiskenliklerin telekanal arqalı jarıtıp kelmekte.

🔹Feruza Shımbay rayonındaģı jaslardı kórsetiwine miymanģa shaqıradı.

📞 Maģlıwmat ushın:
@feruza_jurnalist telegram mánziline yamasa +998(90)577-07-20 telefon nomerine xabarlassańız boladı.


👉👉https://t.me/krshimbay
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📣📣Dıqqat! Dıqqat!

Húrmetli jaslar, usı jıldıń 12-mart kúni Nókis qalasında "Jańa nápes" sport jarısları ótkeriledi.

Barlıq jaslardı belsene qatnasıwģa shaqırıp qalamız.
⚡️“Ibrat farzandlari” — xorijiy tillarni o‘rganish uchun zo‘r imkoniyat

YouTube’dagi “Ibrat farzandlari” loyihasi orqali malakali ustozlardan o‘zbek, ingliz, nemis, ispan, turk va rus tillarini noldan boshlab mutlaqo bepul o‘rganing!

Darslar:
Ingliz tili
Ispan tili
Nemis tili
Turk tili
Rus tili
O‘zbek tili (xorijliklar uchun)

👉 Kuzatib boring: @ibratfarzandlari
👉 YouTube: youtube.com/@ibratfarzandlari
Мәмлекет басшылары питкерген жоқары оқыў орынлары менен танысың.

👉 https://t.me/shaxtemir
<<Ел сыйлаған ақсақал>>--Мәтеке Жуманазаров>>


👉  https://t.me/shaxtemir
ЕЛИМИЗДИҢ УЛЛЫ ТУЛҒАЛАРЫ.

<< ЕЛ СЫЙЛАҒАН АҚСАҚАЛ:

МӘТЕКЕ (МӘТНИЯЗ) ЖУМАНАЗАРОВ. >>

"Таў узақлаған сайын бийик болып көринеди",деген ел арасындағы нақыл бийкарға айтылмаған.Сол айтылғанындай, Мәтеке Жуманазаров тарийхымызда өшпес из қалдырған,бийик таўларымыздың бири.

"Елдиң атын ер шығарады",--деген ибиратлы сөздиң төркининде терең мәни бар. Әййемги ертеклерде халық патша сайламақшы болса, бахыт қусы қайта-қайта айланып бир шопанның басына қона бергениндей, өз аўылының малын бағып жүрген Мәтеке Жуманазаров ойда-жоқта Қарақалпақстанға басшы болып кетипти,--деген сөзге биреўлер исенсе де, базылар исенбеди.
Ҳәдислерде: "аўзың менен қус устап турсаңда, Алланың қәлеўи болады",--дейди.

Сондай ақ,1906-жылы Кегейлиниң"Тамғалы" аўылындағы гедей Жуманазардың шаңарағында туўылған Мәтназарды"ел басқарады" дегенди ҳеш ким қыялына келтирмегенде шығар. Негизинде, Жуманазар ағаның бабалары бурын бий болса да, иөзи бир тапқаны бир тапқанына жетпей,зорға күн көрип жүрген орта ҳаллы адам болды.

Ол жыллары дийқаншылықтан тысқары мал бағып, күн кеширген аўыл халқы шопан таңлауға айрықша итибар берген. Сонлықтан да, аўыл кәтқудалары мал бағыўға ден саўлығы беккем, ойы дүзиў, ақыл-парасатлы жасларды таңлаған. Буннан гөзленген мақсет, аўыл халқының ырысқы-несийбеси болған малды аман хәм тоқ сақлаўдан ибарат еди. Қатарларынан естиярлы Мәтеке тоғыз жасынан он төрт жас аралығында "Тамғалы" аўылының малын бағып, аўызлыға алдырмай,қанатлыға қақтырмай пидәйи мийнет етти.

Тап сол жыллардан баслап, тирише хәм шаққан жаслардың байларға батрак болып жалланыўы дәстүрге айланды. Бул ҳәмел байлардың жәрдемшиси яки шабарманы лаўазымы болып,оны ийелеген адам, ҳәр қандай жер хәм мал ийесиниң минезин толық өзлестирип, хожалық жумысларын басқарған. Батраклық кисиниң ҳақысын өндирип беретуғын жумыс болғанлықтан, оларда төрелик хәм қазылық қәсийетлери болған.Усы тәжирийбениң өзи Мәтеке ағаға көп пайдасын тийгизген.

1921-1926-жыллар аралығында Мәтназар байларға батрак болып иследи.Буннан соң әкесинен мийрас болып қалған, азғантай жери хәм қос өгизин иске қосып, өз ауылы хәм үйи әтирапында дийқан хожалығын раўажландырды.

Сол жыллары ғалаба саўатсыз қалған халықтың билим алыўы ушын, көп итибар берилди. Исши ме, дийқан ба, бәри кеште ликбезге (ликвидация безграмотности) барып оқыўы шәрт еди. М.Жуманазаровта усының арқасында саўатлы болды.Оның билим алыўға қызығыўшылығын мақуллаған Кегейли районлық атқарыў комитети 1929-жылдың сентябринде Төрткүлдеги совет партия мектебине жибереди.

1931-жылы Ташкенттеги Орта Азия Коммунистлик университетине оқыўға жибериледи. Алты айдан соң бул оқыўды питкерип келип, Кегейли районлық тутыныўшылар аўқамы баслығының орынбасары болып иследи.

Екинши жер жүзилик урыс басланған соң, Қарақалпақстан автономиялы Республикасы Жоқарғы Совети Президиумының баслығы болып иследи.
Хәр қандай халық басшысына тән болған зийреклик, билимлилик, кәтқудалық, ақыл хәм тәжирийбеге, "омырау" Мәтеке Жуманазаровтың бойында болды.Ол бул бағдарда өзин көрсете алды.

Бир таңқалдыратуғыны Мәтеке аға ағайинди онша көп қоллап-қуўатламаған.
~Сонша жыллар Мәтеке болып, изиңде бир нарт қалдыра алмағаның қалай?! Өзиң басқарып келген ҳүкимет ағзалары арасында бизиң аўылдан шыққан бир жигит жоқ қой-,деп бир жорасы айтқан екен.

Сонда Мәтеке аға:
~Ел басқарғандай если жигит шықса, мен қолын қақпалағаным жоқ. Өзиңнен шыққан омыраўсыз наданнан, өзгеден шыққан данышпан мың мәрте абзал.Тәжирийбесиз адам трактор айдай алмағаны сыяқлы, билимсиз адам да басшы бола алмайды.тЕкиншиден, қарақалпақ деген ел "төрелик орын туўысқанға тийисли",--деп бир-бири менен жаўласып, талай мәрте дәкки жеген.

Мен тек"Тамғалы"ның Жоқарғы Советиниң баслығы болып сайланбадым, Қарақалпақстан Автономиялы Республикасы Жоқарғы Советиниң баслығы болып сайландым.Сол ушын да,ел арасында мениң шәкиртлерим көп.
Олардың арасында қарақалпақ та, өзбек те, қазақ та толып атыр.Елге басшы болыў, ҳәр адамның өз бахтына байланыслы.Аты қарақалпаққа басшы болыўды мен де ойлаған емеспен,--деп жуўап бергенлиги оның хақыйқый халықшыллығынан дәрек береди.

Сол дәўирлерде Әмиудәрья кенарына сыймай тасып, ағып, жыққынлар көбейип кетти, гирес-гирес халық усы жыққынларды бөгеуге қатнасты,тмине усы ўақытта ел басшылары:тМ.Жуманазаров, П.Сейтов, Н.Жапақов,. Ж.Сейтниязовлар адамларды руўхландырып, керек жеринде өзлери де көмек берип жүрди.иСол ўақытта да қап арқалап баратырған ҳәлсизлеў адамды көрсе Мәтеке дәрҳал қапты өзи көтерип, "басшыман" деп отырмай, халықтың өзи болып жүрген.

1950-жылдан баслап илим ҳәм мәденият мәселелери менен де жақыннан араласқан. Ташкент, Москва қалаларындағы жоқары оқыў орынларына студентлерди жоллаў, аспирантлар таярлаў бойынша усыныслар көрсетип, оның әмелге асыўына басшылық еткен.

Көрнекли фольклорист,ифилология илимлериниң докторы,ипрофессор Қаллы аға Айымбетов Мәтеке Жуманазаровты қарақалпақ көркем сөз ийелериниң қатарына киргизеди. Өзиниң "Өткен күнлерден елеслер" атамасындағы мемуарлық шығармалар: "Мәтеке Жуманазаров бурыннан ақ оқымаса да тоқығаны бар,"--дегендей, өткир зейинли,сөзди образлы етип, гәпти ушырып айтатуғын бир сөзли, зейни зийрек,шешен адам еди",-деп көрсетеди.

Бир жыйналыста Өзбекстан Ауыл хожалығы министри Қ.Ханназаров:
~Биз Қарақалпақстанға техникадан көп жәрдем бердик,--деп сөйлеп атырғанда:~Аўа, дурыс айтасыз, қоңсы областьлардың "списен" деген заводынан шыққан "шылт жаңа" НАТИ лардың табанына кели сүйеп қойыппыз,~деп айтқанында залдан күлки көтерилип кеткен.

Қарақалпақ халқының сүйикли перзенти, ел ардақлаған азамат, 20 жыл республикалық, 15 жыл районларға, 18 жыл Қарақалпақстан Республикасына басшылық еткен мәмлекетлик ғайраткер ҳәм халық ақсақалы Мәтеке Жуманазаров 1967-жылы 61 жасында қайтыс болды. Ол өзиниң саналы өмирин халық ийгилигине жумсады.

Оның өзи туўылып өскен хәм мийнет еткен Кегейли районы "Тамғалы"хәм"Тарақлы" ауылы бириккен үлкен хожалыққа аты берилди. Нөкистеги үлкен көшелердиң бири М.Жуманазаров аты менен аталады.Өмирлик жолдасы менен төрт ул, бес қызды тәрбиялаған ата, барлығы елимиздиң раўажланыуына табыслы үлес қосатуғын азаматлар болып жетилисти. Бүгинги күнде оның ақлық-шаўлықлары да ел ушын хызмет етпекте.

ҚОНЫСБАЙ РЕЙМОВ.
Журналист.


Ps: Мақала ықшамластырылып алынды.


👉  https://t.me/shaxtemir
Samarali mehnatlarning munosib eʼtirofi: ”Yosh kitobxon” loyihasining g‘oliblari aniqlandi

Poytaxtimizda bo‘lib o‘tayotgan “Yosh kitobxon” tanlovining so‘nggi 20-30 yosh toifasi bo‘yicha bahslari o‘z nihoyasiga yetdi.

🥇Abdullayeva Zamira Muxtorjon qizi 243,7ball (Namangan viloyati) "Spark" avtomobili sohibasi;

🥈Safoyeva Iroda Foziljon qizi
224 ball (Samarqand viloyati) 50.000.000 so‘m pul mukofoti sohibasi;

🥉Fayzullayev Azamat Abdullo o‘g‘li
213,6 ball (Sirdaryo viloyati) 30.000.000 so‘m pul mukofoti sohibi;

🏆 Final bosqichida qatnashgan barcha ishtirokchilar 10.000.000 so‘mdan pul mukofoti bilan taqdirlandilar.

💐Yoshlar ishlari agentligi jamoasi barcha g‘oliblarni samimiy tabriklaydi!

Eslatib o‘tamiz, ishtirokchilar bugun so‘nggi 5-shart ("Tezkor savol-javob") bo‘yicha bellashdilar. Natijalar bilan quyidagi havola orqali tanishing.

📆Ma’lumot uchun, “Yosh kitobxon” tanlovining 2023-yilgi mavsumi uchun ro'yxatdan o'tish 1-mart sanasidan boshlanadi!

Bizning sahifalarimiz:
🕊@yoshlaragentligi 📱Instagram 📱Facebook 📺YouTube