"Шахтемир" жаслары
88 subscribers
3.04K photos
367 videos
49 files
1.43K links
Download Telegram
"Bes baslama olimpiadası" sheńberindegi máhálle jasları arasındaģı Zakovat turniri Shimbay rayonlıq basqıshında "Shaxtemir MPJ" komandası jeńimpaz boldı hám turnirdiń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollama aldı.

👉 @ZakovatQR
#Kún_tariyxı

🌍 Xalıqaralıq  pnevmoniyaǵa qarsı gúresiw kúni
🌍 Tayvanda shıpakerler kúni;
🌍 Ázerbayjanda konsitutciya kúni.

 

📲 https://t.me/shaxtemir
Шымбай районы пахта тапсырыў режесин орынлады

Шымбай районы пахта тапсырыў режесин 100,03% кe орынлаўға еристи.

Белгиленген режени орынлаўға өзлериниң сезилерли үлеслерин қосқан, дала майданында жуўапкершилик пенен тер төгип, ҳадал мийнет еткен дийқанлар ҳәм мапазда белсендилик пенен қатнасқан район халықына, сондай-ақ, аўыл-хожалық хызметкерлерине кластер ҳәм фермер ҳожалықларына район ҳәкимлиги атынан терең миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Ҳүрмет пенен,
Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

https://t.me/shimbayrk
⚡️“Bilimdon talaba” onlayn olimpiadasiga start berildi

17-noyabr — Xalqaro talabalar kuni
munosabati bilan Yoshlar ishlari agentligi talaba-yoshlar o‘rtasida “Bilimdon talaba” onlayn olimpiadasiga start berdi.

Bunda @uzaqlbot orqali ro‘yxatdan o‘tib, unda taqdim etiladigan 50 ta savolni 1 soat vaqt ichida ishlash talab etiladi.

Olimpiada 13-noyabr kuni soat 20:00 da yakunlanadi va g‘oliblar e’lon qilinadi. Eng yuqori ball to‘plagan 50 nafar talaba 1 mln so‘mdan pul mukofoti bilan taqdirlanadi.

Bilimlar va mantiqni ishga soling, albatta, ishtirok eting: 👉 @uzaqlbot

@alisher_sadullaev
#Kún_tariyxı

🌍 "Willis Motor Co" kompaniyası birinshi jipti sınawdan ótkerdi;
🌍 Panamada jurnalistler kúni;
🌍 Xalıqaralıq jaqsılıq kúni.



📲 https://t.me/shaxtemir
Қыз – жигити кийген атлас дарайы,
Бағы – бостан гүл – гүл дөнген шырайы, Қарақалпақтың Нөкистен соң орайы, Шадлықта шалқыған ели

Шымбайдың.
Ибрайым Юсупов
#Kún_tariyxı

🌍 Xalıqaralıq qantlı diabetke qarsı gúresiw kúni;
🌍 Xalıqaralıq logopedler kúni;
🌍 1903-jıl Gollandiyada elektrokardiograf oylap tabıldı.



📲 https://t.me/shaxtemir
#Bes_baslama_olimpiadası
#Reyting

🔹Aldın xabar bergenimizdey, áyne kúnlerde Bes baslama olimpiadası 2-máwsimi Qaraqalpaqstan Respublikası

🔝Joqarıda usı kúnge shekemgi ótkerilgen sport jarıslarınıń nátiyjeleri menen tanısıwıńız múmkin.

🔥Olimpiada dawam etedi.

Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Yoshlar daftari imkoniyatlar daftari" loyihasi davom etadi!

Yoshlar daftariga kiritilgan yoshlarga berilayotgan imtiyozlar o‘z egalariga yetkazilmoqda.

Uyda ta'lim oluvchi do'stimiz Dauletbay Qoraqalpog'iston respublikasi Chimboy tumani, "Abat makan" MFYda istiqomat qiladi. U kelajakda IT sohasi bo'yicha mutaxassis bo'lishni o'z oldiga maqsad qilgan.

Uning bu orzusi Yoshlar ishlari agentligi tomonidan amalga oshirildi, unga zamonaviy kompyuterlar to'plami olib berildi.

Imkoniyati cheksiz do'stimiz Dauletbay kelajakda ushbu sohaning yetuk mutaxassisi bo'lishiga ishonamiz!

Bizning sahifalarimiz:
🕊@yoshlaragentligi 📱Instagram 📱Facebook 📺YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Besh tashabbus olimpiadasi g‘oliblariga qanday sovg‘alar beriladi?

Bugun jamoamiz bilan birgalikda “Besh tashabbus” olimpiadasi g‘oliblariga taqdim etiladigan sovg‘alarni ko‘zdan kechirib, hududlarimiz tomon kuzatdik.

📹 HD video

@alisher_sadullaev
ӘЎЛАДЛАР ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ҚАЛАЙ АТАЛАДЫ?

1. Белбала;
2. Ақлық;
3. Шаўлық;
4. Қуўлық;
5. Туўлық;
6. Баўлық;
7. Жаўлық (жатлық).

Еслетпе;: туўлықты айырым орынларда "тоқлық" деп те атайды.
  Жийеннен дөрегенлер — жийеншер, бөледен туўылғанлар — бөлешер болады.
  Қуда тәреплер — қуда-тамыр, оларға жақынлар — жийекшат (жегжат) деп жүритиледи.
  Қуда тәреп пенен қанласлар (қаналас емес): яғный, қыз алыспаўға ант ишискенлер "қуда-анда" ямаса "қудамдал" делинеди.
    Олар қуданың қудалары.
    Жаўлық деген мәнис жетеўден кейин бир бири менен жатласып ара қатнасы узақласып кетеди екен. Соңын ала бир бирин танымай бир бири менен жаў болып жаўласқан деген мәни билдирген.

Араның узақласып, жатласып баслағанына нышана...


👉 https://t.me/shaxtemir
#Kún_tariyxı

🌍 Braziliyada Respublika kúni;
🌍 Qazaqstanda Milliy valyuta teńge kúni;
🌍 Yaponiyada balalar kúni.


📲 https://t.me/shaxtemir
Nukus yoshlar Texnolarki Robototexnika kursı!

1- sabaq biypul
Nolden baslap robotlardı jasawģa shekemgi bolǵan qàdemler
Hàptesine 3 kún
Sabaqlar òzgeshe atmosferada, óz isiniń ustaları tárepinen alıp barıladı.
Robototexnika kursı dawamında kompyuter sawatlılıģı hàm internet saytları menen islesiwde úyretilip barıladı.


👉Perzentińiz keleshegin texnologiya menen qurıwdı qàleysizbe?


🏃‍♂Onda asıģıñ, bizde ekinshi gruppamız ushın qabıllaw baslandı.


☎️ +998 91-874-73-77

Instagram | Telegram
<<Нөкис аэропорты қашан қурылған?>>

➡️➡️КАНАЛЫМЫЗ⤵️⤵️

👉  https://t.me/shaxtemir
<<НӨКИС АЭРОПОРТЫ ҚАШАН ҚУРЫЛҒАН? ҚАРАҚАЛПАҚСТАНҒА САМОЛЁТЛАР ҚАЙ ЎАҚЫТТАН БАСЛАП ҚОНА БАСЛАҒАН?>>

Нөкис халықаралық аэропорты баспасөз хызмети тәрепинен аэропорт архивиндеги мағлыўматлар жәрияланды. Төменде усы мағлыўматларды оқыўыңыз мүмкин.

1923-жылдың 21-ноябрь сәнесинде, сол ўақыттағы Әмиўдәрья областы атқарыў комитети президиумында «Добролет» жәмийети ўәкили М.П.Петровтың «Аэродром ҳаққында» есабаты тыңланады.

Президиумда сызылмалар ҳәм жойбарлар көрип шығылғаннан соң Өлшеў жобасы ҳәм шегараларға муўапық, жер участкасы «Добролет» акционерлик жәмийетине тапсырылады.

Сол ўақытта Орыс ҳүкиметин Қарақалпақстан менен ҳаўа жолы арқалы байланыстырыў оғада әҳмийетли еди. Солай етип, аэродром қурылыс жумысларын тезлетиў мақсетинде зәрүрли жумысшы күши жеткерип бериледи. Нәтийжеде 1924-жылдың 19-май күни аэродромның жер участкасын жойбарлаў жуўмақланып, Төрткүл аэродромы Әмиўдәрья дельтасы ҳәм Жаңа Бозжап каналы ортасына салынатуғын болады. Оның жер майданы 150-200 саженге тең болған (1 сажен 2,13 метрге тең).

Усылайынша 1927-жылы Қарақалпақстанда ҳаўа транспорты пайда болады.

Усы жылы Чаржаў-Төрткүл-Жаңа Үргениш ҳәм Мойнақ жөнелислери бойынша жолаўшыларды ҳәм почта байланысларын тасыў ушын, авиакомпания рейси шөлкемлестириледи.

1935-жылы Қарақалпақстандағы аэродромлар қурылысына жәрдем бериў ушын Орта Азия пуқаралық флоты басқармасынан шегирткелерге қарсы гүресиў бойынша инженер В.Рубко ҳәм аэродром қурылысы инженери Бабковскийлер жиберилген.

Нөкис аэродромын салыў ушын, қалаға жақын болған жер майданы таңлап алынады (сол ўақыттағы Куйбишев атындағы колхоз). Аэродром салыў Бабковский менен Рубко басшылығында әмелге асырылады. Колхоздағылар аэродромды жойбарлаў, тазалаў ҳәм қурылыс жумысларына белсене қатнасқан, нәтийжеде жобадағы қурылыс жумыслары мүддетинен алдын жуўмақланған.

1939-жылдың жазында шегирткелерге қарсы гүресиўши ПО-4 самолёты Қарақалпақстанның болажақ пайтахты, Нөкис қаласы аэродромына келип қонады.

Пайтахт Нөкис қаласына көширилгеннен соң Нөкис аэродромы аўқамлас әҳмийетке ийе ҳаўа линиясының тийкарғы базасына айланады.

Нөкис аэропорты ҳәм перифериялық аэродромларды салып, оларды үскенелер менен тәмийинлеў ушын көп муғдарда қаржы жумсалған.

1960-жылдан баслап Нөкис бирлескен ҳаўа отрядына ПО-2, Як-12, Ан-2, Ли-2, Супер-Аэро-15 самолётлары жиберилип, техникалық хызмет көрсетиўши кадрлар келеди.

1965-жылдан баслап Үстирт тегислигин үйрениў бойынша жумыслар басланады, бул болса Қарақалпақстанда авиацияның жедел раўажланыўына түртки болды. Ан-2 самолётлары экспедиция топарларына хызмет етиў ушын ҳәр күни 10-15 рейсти әмелге асырған.

Сондай-ақ, Ташкенттен Нөкис арқалы Москва, Минеральные воды, Аральск, Актюбинск қалаларына арнаўлы рейслер ашылған.

1969-жылы аэропорт терминал комплекси пайдаланыўға тапсырылады.

1975-жылы болса Tу-154, Ил-62 сыяқлы реактив самолётлар пайда болады, бирақ Нөкис аэропорты оларды қабыллай алмаған. Сол себепли Tу-154, Ил-62, Ил-86, Ил-76 сыяқлы самолётларды қабыллай алатуғын, ушыў-қоныў жолын салыўға зәрүрлик пайда болады.

1980-жылда узынлығы 3000, ени 48 метр болған темир-бетонлы, ПАГ-18 плиталарынан жасалған жаңа ушыў-қоныў жолы пайдаланыўға тапсырылған. Бул жол аэропортқа 30 жылдан аслам ўақыт даўамында хызмет етти.

Ғәрезсизликтен соң Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1992-жыл 28-январьдағы ПП-326-санлы пәрманына муўапық, «Ўзбекистон ҳаво йўллари» миллий авиакомпаниясы шөлкемлестириледи. Соң Boeing, Airbus сыяқлы сырт еллерде ислеп шығарылған жаңа самолётлар сатып алынады. Бул болса және ушыў-қоныў жолын жаңадан салыў зәрүрлигин келтирип шығарды.

Бул мәселени шешиў ушын Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти И.A.Кәримов 2010-жылдың 21-декабрь сәнесинде ПП-1446-санлы пәрманға қол қояды. Нөкис аэропортында қурылыс жумыслары қысқа ўақыт ишинде жуўмақланып, 10 айдың ишинде халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын, жаңа ушып-қоныў жолы салынады.
🔹Aldın xabar bergenimizdey Nókis qalası tájiriybesi tiykarında Shımbay rayonındaǵı barlıq máhállelerde jaslardıń mashqalaları úyrenilip, úyreniw nátiyjesinde 1264 jas “Jaslar dápteriˮne kirgiziw ushın usınıs etilgen edi.

🔹Búgin bolsa “Jaslar dápteri” ne kirgizilgen 108 jasqa bir mártelik materiallıq járdem pulları berildi.

🔹 Járdem pulları “Xalıq bank“ xızmetkerleri qatnasıwında jaslarımızǵa naq pul kórinisinde tarqatıldı.

🔹Bunnan aldın 306 jastıń kontrakt pulları, 166 jastıń aydawshılıq gúwalıǵın beriwshi oqıw kursları ushın hám mobilizaciyalıq shaqırıw rezervi xızmetin ótew qárejeti tólep berildi, sonday-aq
337 jasqa óziniń bántligin támiyinlew, sonday-aq isbilermenligin baslawları ushın subsidiya tiykarında ásbap-úskeneler alıp berildi.

Telegram | Instagram | You Tube | Facebook