"Шахтемир" жаслары
88 subscribers
3.04K photos
368 videos
49 files
1.44K links
Download Telegram
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев амалий ташриф билан Қозоғистон пойтахтига келди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев прибыл с рабочим визитом в столицу Казахстана.

#Mirziyoyev #sammit #MarkaziyOsiyo #YI

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев Остонада биринчи "Марказий Осиё - Европа Иттифоқи" саммитида иштирок этмоқда.

Президент Шавкат Мирзиёев принимает участие в первом саммите "Центральная Азия - Европейский Союз" в Астане.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
⚡️Nodirbek Abdusattorov muddatidan avval yarim finalda!

Islandiyada o‘tayotgan shaxmat bo‘yicha “World Fischer Random Chess Championship” jahon chempionatida Nodirbek Abdusattorov muddatidan oldin yarim final yo‘llanmasini qo‘lga kiritdi.

Nodirbek turnirning 1- va 2-turlarida rossiyalik Yan Nepomnyashiy va mazkur yo‘nalishda amaldagi chempion Wesley So, 3- va 4-turlarida islandiyalik grossmeyster Steyn Gretarssonni mag‘lubiyatga uchratdi.

Nodirbek Abdusattorov 8 imkoniyatdan 7.5 ochko jamg‘arib, guruh bosqichi yakunlanishiga 2 tur qolganda barcha nomdor raqiblaridan oldin yarim final masalasini hal qildi.

@alisher_sadullaev
#Спорт жаңалығы

Елимизде спортқа итибар оғада күшли.Сонлықтан өсип киятырған жас әӯладтың тәрбиясына да спорт пенен шуғылланыӯ өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди.
Атап айтқанда Шымбай районында район ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги Шымбай районлық бөлими тәрепинен 24-26-октябрь күнлери спорттың “Бокс” түри бойынша ер балалар ҳәм қызлар арасында “Шымбай районы бириншилиги” жарысы болып өтти. Жарыста 48, 52, 57, 60, 64, кг салмақта спортшылар өз-ара беллести.
Жарыс жуўмағы бойынша
48 кг Салмақта 1-орынды М.Онғарбаев
52 кг салмақта 1-орынды Р.Төребаев
60 кг салмақта 1-орынды А.Жаңабаев
64 кг салмақта 1-орынды А.Генжебаев
Ҳаял-қызлар арасындағы жарыста
57 кг салмақта 1-орынды У.Сейдабуллаева
ийеледи ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың : 👉 @shimbayrk
Замира Хожаназарова(1960-1990)

➡️➡️КАНАЛЫМЫЗ⤵️⤵️

👉  https://t.me/shaxtemir
ҚАРАҚАЛПАҚ ҚОСЫҚШЫЛЫҚ ӨНЕРИНИҢ ЖАРҚЫН ЖУЛДЫЗЫ – ЗАМИРА ХОЖАНАЗАРОВА (1960-1990 жж.) ҳаққында.

Замира Хожаназарова 1960-жылы Нөкис қаласында туўылған. Ол орта мектепти тамамлағаннан соң Ташкент қаласындағы Театр ҳәм көркем өнер институтында оқыды. Институтты табыслы питкергеннен соң ол өзиниң мийнет жолын Бердақ атындағы Мәмлекетлик филармонияда қосықшы болыўдан баслады. Соңынан эстрадалық-хореографиялық «Қырқ-қыз» ансамблинде қосықшылық өнерин даўам етти.

Замира Хожаназарова 1986-жылдан баслап өмириниң ақырына шекем ҚҚАССР телевидение ҳәм радио еситтириў бойынша Мәмлекетлик Комитетинде «Халық сазлары” оркестринде қосықшы болып жумыс иследи. Ол еле студент ўақтында-ақ Қарақалпақстан АССРының Татарстандағы мәденияты күнлеринде қатнасқан. Ол сондай-ақ, Дағыстан АССРында ҳәм Ташкент қаласында өткерилген Қарақалпақстан Мәденияты күнлеринде қатнасып, өзиниң сөнбес таланты менен танылған.

Ансамбль менен бирге Россия (РСФСР)ның бир неше қалаларында, Украина, Белоруссия Республикаларында гастрольларда болған.

Замира Хожаназарова Қарақалпақ миллий көркем өнерине өзиниң айырықша лапызы менен араласты. Ол өзиниң атқарған Халық қосықлары, эстрадалық ҳәм басқа тиллерде атқарған қосықлары менен халқымыздың белгили қосықшысына айланды, әсиресе, сол дәўирдиң жаслары оның қосықларын сүйип тыңлады.

Оның атқарыўындағы ең белгили қосықлар: «Бармекен», «Шағалалар», «Жаслығым” атлы қосықлары.

Өзиниң искерлиги даўамында ерискен жетискенликлери ушын Замира Хожаназарова Қарақалпақстан Комсомол сыйлығының лауреаты болды. Ол ҚҚАССР Жоқарғы Совети Президиумының Ҳүрмет Грамотасы менен сыйлықланған.


Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды.
"Совет Қарақалпақстаны" газетасы, 1990-жыл.

➡️➡️КАНАЛЫМЫЗ⤵️⤵️

👉  https://t.me/shaxtemir
Президент Қозоғистонга ташрифини якунлаб Тошкентга қайтиб келди.

Давлатимиз раҳбари Шавкат Мирзиёев Остона шаҳрида «Марказий Осиё – Европа Иттифоқи» форматидаги мажлисда иштирок этиб, Тошкентга қайтиб келди.

https://t.me/shaxtemir
🐟Балықтың инсанға 7 пайдасы

1. Жуүрек кеселлигиниң алдын алады.
Омега-3 май кислоталары жүрекке куўат береди ҳәм жүрек кеселликлериниң алдын алады.

2. Балық қурамы Д витаминге бай
Бул витамин калцийди сиңдириў ҳәм суйеклер саламатлығы ушын зәрүр. Көпшилигимиз оны керекли муғдарда ала алмаймыз, соның ушын балықты аўқатланыў рационына киритиў керек, сонда витамин жетиспеўшилигиниң алды алынады.

3. Көриў қәбилети ушын пайдалы
Омега-3 май кислотасы көриў қәбилетин ҳәм көздиң улыўма саламатлығын жақсылайды. Балық-бундай пайдалы майлардың ең жақсы дерги есапланады.

4. Уйқыны жақсылайды
Егер сиз уйқлай алмасаңыз яки түнде көп ояна берсеңиз, тез-тез балық жеўге  ҳәрекет етиң. Оның қурамында көп муғдарда Д витамини уйқы сапасын жақсылайды.

5. Ревматоидлы артрит жеңиллестириледи
Ревматоидлы артрит-бул буўынлардың даўамлы аўырыўы. Анықланыўынша, балықты тез-тез жеп турыў, бундай наўқаслығы бар адамлар ушын зәрүр есапланады.

6. Қан басымын пәсейтеди
Егер сизде қан басымы бәлент болса, рационыңызға балық өнимин киритиўиниз керек.

7. Баўыр ушын пайдалы
Балық қурамында Омеге-3 май кислотасы баўырды триглицеридлер ҳәм май кислоталарын майдалаўға жәрдем береди ҳәм май топланыўының алдын алады.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


👉 Каналға қосылыў