XALQ MINBARI GAZETASI | Rasmiy Kanali
577 subscribers
16.9K photos
2.24K videos
398 files
6.93K links
"XALQ MINBARI" газетасининг расмий каналига ХУШ КЕЛИБСИЗ!
Холис, аниқ, ишончли ва тезкор!
Download Telegram
Нукус шаҳрида Қорақалпоғистон Республикасининг барча туманларидан ташриф буюрган тарғибот гуруҳи раҳбарлари ва Беруний, Элликқальа, Тўрткўл туманлари отинойилари иштирокида 2 кунлик ўқув семинаридан кейин спортнинг шахмат-шашка ва волейбол турлари бўйича спорт мусобақалари ўтказилди. Спорт мусобақаларида юқори натижаларга эришган иштирокчилар Дин ишлари бўйича қўмитанинг Қорақалпоғистон Республикаси ҳудудий бошқармаси томонидан фахрий ёрлиқ ва қимматбаҳо эсдалик совғалар билан тақдирландилар.



https://t.me/redaksiyamiz
Мамлакатимиз мактабларини битирувчи ўғил-қизларимизга табрик

Поздравление выпускникам школ нашей страны

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
#DXX KUBOGI
"Bunyodkor" MFY futbol jamoasi DXX KUBOGIDA faxrli 2- orini egaladi.

Tabriklaymiz g‘olib jamoani!


https://t.me/redaksiyamiz
Қәдирли оқыўшылар, әзиз мектеп питкериўшилери!

Ең дәслеп, сизлерди бүгинги мектепти питкергениңиз ҳәм үлкен өмирге қәдем қойып атырғаныңыз бенен қызғын қутлықлаймыз. 

Сизлер көптен күткен 25-май сәнесинде республикамыздың барлық орынларында «Соңғы қоңыраў” сести жаңлап, питкериўши жаслар қәдирли мектеплери, мийирман устазлары менен хошласпақта. Бүгинги сәнеде қаншама жасларымыз алтын медаль, гүмис медаль менен мектепти жоқары баҳаларда питкерип атыр.  

Әлбетте, булардың барлығы тек ғана сиз – жаслар емес, ата-аналар, устаз ҳәм оқытыўшылар ушын да айрықша итибарға ылайық ўақыя есапланады.

Қәдирли жаслар!

ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, сизлердиң турмысыңызда үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин.

Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Атап өтиў керек, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 213-санлы тарийхый пәрман менен қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде өткен 2023-2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 7 мың квота ажыратылған еди.

Бул ийгиликли ислер быйылғы жылда да даўам еттирилип, қосымша 6 мың 500 квота ажыратылғаны кеўиллерге айрықша мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Жасларға қаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде ҳүрметли Президентимиздиң билимлендириў тараўына болған айрықша итибары менен Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары саны 2016-жылғы 6 дан 12 ге жетти. Жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириў кѳрсеткиши 2016-жылғы 9 проценттен 41 процентке жеткерилди.

Сондай-ақ, Инвестиция бағдарламасы тийкарында быйылғы жылдың өзинде 35 мектепте 206,9 млрд. сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў, соннан, 4 мектеп 61,2 млрд. сум қаржы тийкарында жаңадан қурылыўы, қамтыў коэффициенти жоқары 30 мектепте 137,3 млрд. сум қаржы тийкарында реконструкция жумыслары шеңберинде қосымша заманагөй имаратлар қурылыўы, 1 мектепте 4,3 млрд. сум қаржы тийкарында капитал-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Нөкис каласында улыўма баҳасы 52,3 млрд. сумлық 504 орынлы заманагөй қәнигелестирилген мектеп (222 орынлы жатақханасы менен) қурылысы жуўмақланыў алдында тур.

Буннан тысқары, елимиз келешеги болған сиз-жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар нәтийжесинде усы жылдың өзинде 267 питкериўши жасларымыз мүддетинен алдын жоқары оқыў орынларына кириў бахтына еристи. Олар бүгин дүняның белгили жоқары оқыў орынларына ҳәм елимиздеги филиалларына грант жеңип алып, студент болған жаслар есапланады.

Әлбетте, бундай мысалларды еле кѳплеп келтириўге болады.

Қәдирли жаслар!

Сизлерди мектеп билимлендириўин нәтийжели жуўмақлағаныңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, ҳәммеңиз студент болыў бахтына миясар болғайсыз деп тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes