Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.77K subscribers
8.11K photos
1.41K videos
21 files
2.67K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.me/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Хитойлик тиббиёт ходимларидан Андижонлик ҳамкасблари учун маҳорат дарслари...
t.me/andijonvssb
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Хитойлик тиббиёт ходимларидан Андижонлик ҳамкасблари учун маҳорат дарслари...
t.me/andijonvssb
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Хитойлик тиббиёт ходимларидан Андижонлик ҳамкасблари учун маҳорат дарслари...
t.me/andijonvssb
ӨЗИҢИЗДИ ҲӘМ ӨЗГЕЛЕРДИ АСЫРАҢ!

2020-жыл 25-апрель саат 18:00 ҳалатында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 82 ни қурайды.
Улыўма емленип шыққанлар – 29 адам.

Ҳәзир емленип атырғанлар – 53 адам.
Олардың
37 – Нөкис қаласынан;
8 – Мойнақ районынан;
5 – Қоңырат районынан;
3 – Қанлыкөл районынан.

Ҳәзирги пайытта бул пуқаралар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Олардың жағдайлары жақсы.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети 👇👇👇👇

@qrdssm
ЎЗИНГИЗНИ ВА ЎЗГАЛАРНИ АСРАНГ!

2020 йил 25 апрель ҳолатига кўра Қорақалпоғистон Республикасида коронавирусга чалинган беморларнинг умумий сони 82 нафарни ташкил этади.
Умумий даволаниб чиққанлар – 29 нафар.

Айни пайтда даволанаётганлар – 53 нафар.
Уларнинг
37 – Нукус шаҳридан;
8 – Мўйноқ туманидан;
5 – Қўнғирот туманидан;
3 – Қонликўл туманидан.

Ҳозирда бу фуқаролар Республика юқумли касалликлар шифохонасида даволанмоқда. Уларнинг аҳволлари яхши.

Қорақалпоғистон Республикаси Соғлиқни сақлаш вазирлиги ахборот хизмати 👇👇👇👇 @qrdssm
2020 йил 26 апрель соат 10:00 ҳолатига кўра, Ўзбекистонда коронавирус инфекцияси қайд этилганлар сони 1865 нафарни ташкил қилмоқда.

--------------------------------------------------

По состоянию на 26 апреля 2020 года 10:00 часов в Узбекистане число случаев заражения коронавирусной инфекцией составляет 1865.

---------------------------------------------------

Соғлиқни сақлаш вазирлиги расмий канали — @ssvuz
Таблица показателей, связанных с подтверждением и выздоровлением 1865 больных с COVID-19

Официальный канал Минздрав — @ssvuz
2020 йил 26 апрель соат 18:00 ҳолатига кўра, Ўзбекистонда коронавирус инфекцияси қайд этилганлар сони 1869 нафарни ташкил қилмоқда.

------------------------------------------------

По состоянию на 26 апреля 2020 года 18:00 часов в Узбекистане число случаев заражения коронавирусной инфекцией составляет 1869.
-----------------------------------------------

Вазирлик расмий канали — @ssvuz
Forwarded from Times.uz
❗️Ўзбекистонда 2020 йил 26 апрель соат 18:00 гача бўлган ҳолат:

☣️ COVID-19 билан оғриган жами беморлар — 1869

Тузалганлар — 765

🔲 Вафот этганлар — 8

⭕️ Айни пайтда даволанишда — 1096

~~~~~~~

❗️ Ситуация в Узбекистане по состоянию на 18:00 26 апреля 2020 года:

☣️ Всего пациентов с COVID-19 - 1869

Выздоровевших - 765

🔲 Смертей - 8

⭕️ В настоящее время на лечении - 1096

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
ӨЗИҢИЗДИ ҲӘМ ӨЗГЕЛЕРДИ АСЫРАҢ!

2020-жыл 26-апрель саат 18:00 ҳалатында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 104 ти қурайды.
Улыўма емленип шыққанлар – 29 адам.

Ҳәзир емленип атырғанлар – 75 адам.
Олардың
55 – Нөкис қаласынан;
8 – Мойнақ районынан;
8 – Қоңырат районынан;
3 – Қанлыкөл районынан;
1 – басқа ўәлаяттан.

Ҳәзирги пайытта бул пуқаралар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

____________________________________________


ЎЗИНГИЗНИ ВА ЎЗГАЛАРНИ АСРАНГ!

2020 йил 26 апрель соат 18:00 ҳолатига кўра Қорақалпоғистон Республикасида коронавирусга чалинган беморларнинг умумий сони 104 нафарни ташкил этади.
Умумий даволаниб чиққанлар – 29 нафар.

Айни пайтда даволанаётганлар – 75 нафар.
Уларнинг
55 – Нукус шаҳридан;
8 – Мўйноқ туманидан;
8 – Қўнғирот туманидан;
3 – Қонликўл туманидан;
1 – бошқа вилоятдан.

Ҳозирда бу фуқаролар Республика юқумли касалликлар шифохонасида даволанмоқда.

Қорақалпоғистон Республикаси Соғлиқни сақлаш вазирлиги ахборот хизмати 👇👇👇👇 @qrdssm
ҚЫТАЙЛЫ ШЫПАКЕРЛЕРДИҢ РЕСПУБЛИКАМЫЗҒА САПАРЫ

Коронавирусқа қарсы гүресиўде жәрдем бериў ушын елимизге келген Қытайлы 14 медицина қәнигеси республикамызда болып, COVID-19 вирусына шалынған наўқасларды емлеўде өзлериниң әмелий мәсләҳәтлерин берди.
Мийманлар дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде болып, наўқасларды емлеўдиң бүгинги жағдайы менен жақыннан танысты. Усы жердиң өзинде жуқпалы кеселликлер емлеўханасы ҳәм басқа емлеў мәкемелери шыпакерлериниң қатнасында онлайн видеосөйлесиў тәризинде семинар шөлкемлестирилди. Қәнигелер коронавирусқа шалынған наўқасларды емлеўде өзлериниң баҳалы усынысларын билдирди. Эпидемиолог, инфекционист ва басқа шыпакерлердиң қатнасында наўқасларды дәстүрий Қытай медицинасы усылында емлеў бойынша өзлериниң шеберликлери менен ортақласты.
‒ Сапарымыз даўамында емлеў мәкемелеринде наўқасларды емлеў ҳәм оларға медициналық хызмет көрсетиў жақсы жолға қойылғанының гүўасы болдық, – дейди делегация басшысы, Цзянси провинциясы Денсаўлықты сақлаў бюросы баслығының орынбасары Луо Лишенг. ‒ Әсиресе, карантин илажларының өз ўақтында нәтийжели әмелге асырылғанлығы, тийисли емлердиң дурыс буйырылғанлығы, медицина хызметкерлериниң жетерли дәрежеде қорғаныў қураллары менен тәмийинленгенлиги нәтийжесинде коронавирус инфекциясын жуқтырған медицина хызметкерлери ҳәм аўыр жағдайдағы наўқаслардың жоқлығы жақсы нәтийже болып табылады. Усы көз-қарастан қарағанда, елиңизде коронавирусқа қарсы гүресиў бағдарында нәтийжели усыллар қолланылған ҳәм бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалаймыз.
Медицина хызметкерлериниң күни-түни тынымсыз мийнетлериниң нәтийжесинде коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардан бүгинги күнде 29 пуқараның пүткиллей саўалланғаны, жақын күнлерде және бир топарының толық саўалып шығыўы күтилип атырғанлығы Шын үлкесинен келген қәнигелер тәрепинен айрықша атап өтилди.
Д. АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.
ХИТОЙЛИК МУТАХАССИСЛАРНИНГ ОРОЛБЎЙИГА ТАШРИФИ

Коронавирусга қарши курашишда кўмак бериш учун юртимизга ташриф буюрган хитойлик 14 нафар тиббиёт мутахассиси Қорақалпоғистон Республикасида ҳам бўлиб, COVID-19 вирусига чалинган беморларни даволашда ўзларининг амалий маслаҳатларини берди.
Меҳмонлар дастлаб Қорақалпоғистон Республикаси Соғлиқни сақлаш вазирлигида бўлиб, беморларни даволашнинг бугунги ҳолати билан яқиндан танишди. Шу ернинг ўзида юқумли касалликлар шифохонаси ва бошқа даволаш муассасалари шифокорлари иштирокида онлайн видеомулоқот тарзида семинар ташкил этилди. Мутахассислар коронавирусга чалинган беморларни даволашда ўзларининг маслаҳатларини берди. Эпидемиолог, инфекционист ва бошқа шифокорлар билан беморларни анъанавий Хитой табобати ёрдамида даволаш бўйича ўз маҳоратлари билан ўртоқлашди.
– Ташриф давомида тиббиёт муассасаларида беморларни даволаш ва уларга тиббий хизмат кўрсатиш яхши йўлга қўйилганининг гувоҳи бўлдик, – дейди делегация раҳбари, Цзянси провинцияси Соғлиқни сақлаш бюроси раиси ўринбосари Луо Лишенг. – Айниқса, карантин тадбирларининг ўз вақтида самарали амалга оширилгани, тегишли муолажаларнинг тўғри ташкил этилганлиги, тиббиёт ходимларининг етарли даражада ҳимоя воситалари билан таъминланганлиги туфайли коронавирус инфекциясини юқтирган тиббиёт ходимлари ва оғир ҳолатдаги беморлар йўқлиги яхши натижадир. Шу нуқтаи назардан, мамлакатингизда коронавирусга қарши курашиш борасида самарали усуллар қўлланилган ва бу бўйича амалга оширилган ишларни юксак баҳолаймиз.
Тиббиёт ходимларининг куну-тун самарали меҳнати туфайли коронавирусга чалинган беморлардан бугунги кунгача 29 нафари соғайганлиги, яқин кунларда яна бир гуруҳининг бутунлай соғайиб чиқиши кутилаётгани Чин ўлкасидан ташриф буюрган мутахассислар томонидан юксак эътироф этилди.

Довуд АБИБУЛЛАЕВ,
ЎзА мухбири
ҚЫТАЙ ШЫПАКЕРЛЕРИ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА

Алдын хабар берилгениндей, коронавирус инфекциясына қарсы гүресип, үлкен тәжирийбе топлаған қытайлы шыпакерлер мәмлекетимизде болды. Бүгин азанда олар қоңсы Хорезм ўәлаятына сапарын жуўмақлап, Нөкиске келди. Мийманларды ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Данияр Шамуратович Ходжиев ҳәм коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша жумыс алып барып атырған штаб ўәкиллери күтип алды.
Қытайлы шыпакерлер топары дәслеп ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигинде шөлкемлестирилген видеоконференцияда қатнасты. Илаж алдынан болып өткен сәўбет ўақтында министрдиң биринши орынбасары Қаллыбек Жалалович Қудайбергенов Қарақалпақстандағы коронавирусқа шатылған наўқаслар саны ҳәм оларды турақластырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен таныстырды. Карантин илажларының көлеми, коронавирусқа шатылған наўқасларды емлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. 29 наўқастың толық тәўир болғанлығы көтериңки атап өтилди.
Министрликтеги мәлимлеме-коммуникация технологиялары тармақлары қала ҳәм районлар медицина бирлеспелери ҳәм Республикалық емлеў-профилактика мәкемелери менен байланысқан еди. Усы арқалы онлайн тәриздеги видеомәсләҳәтлесиў басланды. Ҳәзирги күнде коронавирусқа шатылған наўқасларды емлеп атырған Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасының шыпакерлеринен ҳәм басқа орынлардан түскен сораўларға қытайлы қәнигелер толық жуўап қайтарды. Емлеўханадағы қәнигелер сораў-жуўаплар ўақтында кеселликти нәтийжели сапластырыў бойынша пикирлесип алды.
Видеомәсләҳәтлесиў шағында Қытай ели ўәкиллери Қытайда эпидемия дәўиринде көрилген шаралар, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, әсиресе медицина хызметкерлерин исенимли қорғаў бойынша нелерге итибар қаратыў лазымлығы туўралы усыныслар берди.
‒ Биз Өзбекстанның басқа ўәлаятларында болдық. Коронавирус инфекциясына қарсы күшли шаралар көрилген. Көшелерде адам жоқ. Демек, мәмлекет тәрепинен көрилип атырған шараларды халық қоллап қуўатлап атыр. Ҳүкимет пенен халық ортасындағы байланыс жүдә жақсы орнатылған. Ҳәзирги шараятта биринши ислейтуғын жумысымыз профилактиканы жақсы жолға қойыў. Вакцина табылмаған болса да кеселлик тарқалыўын усы жол менен тоқтатыў мүмкин. Жақын арада бурынғыдай тыныш турмысқа қайтылады. Усыныс ҳәм кеңеслеримиз бенен коронавирус инфекциясы қәўпин азайтыўға көмеклесип атырғанымыздан қуўанышлымыз. Қарақалпақстанда шыпакерлерден басқаларға коронавирус жуқпағаны жақсы жағдай. Дослығымыз мәңгилик болсын, ‒ дейди делегация басшысы, Цзянси провинциясы Денсаўлықты сақлаў бюросы баслығы орынбасары Луо Лишенг.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети 👇👇👇👇

@qrdssm