Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.26K subscribers
10.3K photos
928 videos
10 files
1.05K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
“Кекселер ҳәптелиги”

“Кекселер ҳәптелиги” шеңберинде Нөкис қаласында жайласқан «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйинде руўхый-ағартыўшылық илаж болып ɵтти.
👇👇👇
“Кекселерди қәдирлеў, оларға ҳүрмет кɵрсетиў – халқымызға тән ийигиликли пазийлет” сүрени астында ɵткерилип атырған илажға Нөкис каласы жәмийетлик Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлиминиң баслығы орынбасары К.Қалендеров, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов ҳәм Нɵкис қалалық Мәденият бөлиминиң баслығы Ш.Юлдашовлар катнасты ҳәм шығып сɵйледи.

Атап ɵтилгениндей, соңғы жылларда Ɵзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде жасы үлкенлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийет, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, ɵсип киятырған жас әўладларды халқымыздың кɵп әсирлик үрп-әдетлерин ҳүрметлеў руўхында тәрбиялаў жумысларындағы ролин арттырыўға қаратылған кең кɵлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда «Мүриўбет» үйи тәрбияланыўшылары дɵреткен қол ɵнерлери үлгилери менен танысылып, жыйналғанларға Нɵкис қалалық мәденият бɵлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы усынылды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
<<Қарақалпақлардың тутыныў буйымлары>>

Толық мағлыўмат 👇👇👇
ӘТӨШКҮР~әтөшкүр ени 2-2,5 сантиметрлик, беккем темирден жасалады. Оның бас бети кишкене ярым ай тәризде исленген болып, түп бетинде темирден кийгизбели белдиги ҳәм ушында дөңгелек шыңғасы болады.
Белдик ошақтан алатуғын қозды қысып услап турыў ҳәм босатыўға арналып, ол жылжымалы ҳәрекетленеди.
Әтөшкүр~өзиниң аты айтып турғандай отты көсеў [аташ-от, күр-күрек] хызметин атқарады. Ол тандыр ошақтың қапталына қойылады.

ДҮМШЕ~дүмшелер шойын қуманлар шықпастан бурын исленген ҳәм пайдаланылған. Ол жуқа болып, суў тез қайнайды. Дүмше пайдаланыў ушын жүдә ийкемсизлеў, себеби оның тутқасы ҳәм шүндиги болмайды. Айырым жағдайда оның мойнына сымнан тутқа ислеп қойған.

ШӘЎГИМ~шәўгим полаттан исленген кишкене қазан. Оның түби жалпақ, қапталы бүйирли, қулағы жоқ болып келеди. Оны аналарымыз шай қайнатыў ушын отаўдан сырттағы арнаўлы ошақларға асып пайдаланған.

ҚЫРҒЫШ~қырғыш узынлығы бир қарыс шамасындағы жуқа, лекин, қатты темирден исленеди. Оның бас бети жалпақ, қыялап кесилген болып, аўқат жеп болынғаннан кейин қазандағы қаспақ ҳәм майлықты қырып тазалаў ушын пайдаланылады.

ДАСМАЛ~дасмал-суў қабақ сыяқлы "дасмалқабақ" деп аталған палыз өниминен исленеди. Дасмалқабақ үлкенлиги сарғайып писип кеткен қыярдың көлеминдей болады. Ол пискеннен кейин ишиндеги туқымы ҳәм ети алып тасланып, қуяшқа кептириледи. Оның сыртқы териси қатар-қатар қырлы болып келеди де, қазанның майлылығын кетириўде жүдә қолайлы болады.

Дәрек: М.Нзанов “Қарақалпақлар”

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәмлекетлик_тилге_32_жыл

Ɵзбек тилине мәмлекетлик тил статусы берилгениниң 32 жыллық байрамына бағышланады.

Видеочеллендж: Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Кун_ҳикмати

Агар шогирд шайхулислом, агар қозидур,
Aгар устоз рози – Танг­ри розидур.

Алишер Навоий

manaviy_markaz

@QR_Ruwxiyliq
#Кексалар_хафталиги

“Кексалар хафталиги” доирасида 9202-У Харбий қисмда Нуронийлар ва нафақадаги ҳарбий хизматчилар иштирокида “Кексалар маърифати” мавзусидаги маънавий тадбир ўтказилди.

Тадбирда Туман Маҳалла ва оилани қўллаб-қувватлаш бўлими бошлиғи С.Дурсымбетова, ўринбосари Т.Абдухаликов, Республика Маънавият ва маърифат маркази Хўжайли тумани бўлими бошлиғи А.Джиенбаев, туман Мудофа бўлими Фахрийлар Кенгаши раиси У.Нуржанов иштирок этишди.

Республика Маънавият ва маърифат маркази Хўжайли тумани бўлими

@QR_Ruwxiyliq