QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
3.61K subscribers
2.16K photos
590 videos
135 files
1.09K links
Maqsetim:
"Qaraqalpaq 🤵shayır hám 👩‍💼shayıraların tanıtıw".
Siz óz qosıqlarıńızdı kanalımızģa jaylastırmaqshı bolsańız
Bot mánzilimizge jazıń:
➡️ @qqshayirbot

Kanal 2017-jıl 1-iyunda ashıldı.
Download Telegram
Аяпберген Мусаев
(1880-1936)

Тарийип

Аржақ-бержақ болып еки сән болған
Бөлим-бөлим еллер қарақалпақта
Үйрек ушып ғаңқылдасып ғаз қонған
Айдын-айдын көллер қарақалпақта


Шарўалары көшип атаў жайлаған
Бие саўып қатар қулын байлаған
Қулан кийиклери секирип ойнаған
Қыя-қыя шөллер қарақалпақта


Қызлары бар қыя-қыя қаслары
Ийнин жабар өрим-өрим шашлары
Шашбаўына таққан гаўқар таслары
Перийзаттай қызлар қарақалпақта


Душпанларға мийримсиз исле өрнекли
Урыста бир өзи мыңга дерекли
Ғоруғлы айбатлы Рустем жүрекли
Белли-белли беглер қарақалпақта.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Соңғы қоңыраý.🔔

Биринши қоңырауым еле есимде
Суйкимли кишкене болған гезимде
Анажаным қолларымнан жетелеп
Алып келген мектебиме сол кунде

Хайранман хəп замат жыллар өткенди
Ойламаппан мектепти тəрк етиуди
Қыймайманау алтын уя мектебим
Усындай дəрежеге мени жеткерди

Мақтанаман алтын уям сиз бенен
Илимниң сырларын аямай берген
Хошласыуға хəргиз көзим қыймайды
Балалық дəýранымды сиз бенен сурген

Умытпаспан мектеп көрген кунимди
Устаз турды мехир берип кулимли
Бир куни умытып хəтте папкамды
Жылап журген алтын болған дəуирди

Отырған партамның да қəдирин сезип
Бугин турман көзиме жасларым келип
Қалайынша хошласайын мектебим
Балалық сезимимниң хəммесин берип

Қыймайман устазды анам кибидур
Уйреткен хəриби қəлбим төридур
Жыллар өтип айланаман устазым
Билемен кеуилиң мудам ашықдур

Келши классласым қушақ ашайын
Тойып мехириңе бауыр басайын
Бул кунлер қайталанбас қанша қəлейин
Сиздей досты қайдан излеп табайын

Өмир нызамына көнбей илаж жоқ
Студент болармыз кеуилимиз тоқ
Сөз беремиз исенимди ақлаймыз
Мектеп абырайын бəлентте сақлап

Устаз сизге қанша тəжим етсем аз
Шоқлықлар етиппиз еркелеп бираз
Кешириңиз кеулиңизге тийсек биз
Журегимиз урады сизлер деп халлас

Соңғы қоңыраýды қаттырақ шалың
Қалсын қулағымда бир өмир дайым
Хош бол ана мектеп əзиз досларым
Хош бол балалық алтын байлығым

Жуманиязова Шыныгуль

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
БАРЫҢЫЗҒА ШҮКИР, ЖАҚСЫЛАР.

Күндей күлип турған көзлери,
Жанға азық айтқан сөзлери,
Ийман жүзли келген өзлери,
Барыңызға шүкир, жақсылар.

Питер истиң басында турған,
Жең түринип жәўланлар урған,
Жаралғандай илаҳый нурдан,
Барыңызға шүкир, жақсылар.

Жайнап турған жанлары жаздай,
Көз-қарақлы, дым алғыр баздай,
Ислеген ислериң минтаздай,
Барыңызға шүкир, жақсылар.

Созып турған жәрдем қолларын,
Қанатлаған, оңлы-солларын,
Әўладларға үлги жолларың,
Барыңызға шүкир, жақсылар.

Жақсықлыққа жанлары қумар,
Жаманлықтан сақлаўшы тумар,
Журт оларға талпынып турар,
Барыңызға шүкир, жақсылар.

Сәўбетлескиң келип турады,
Сүттей аппақ қәлби мудамы,
Мириўбеттиң ағар булағы,
Барыңызға шүкир, жақсылар.

Бул дүньяның болған үстини,
Билим менен жығар күшлини,
"Қуйылмаған ҳасла үскини",
Барыңызға шүкир, жақсылар.

"Жақсының дер: жаты болмайды",
"Атың озып, тоның тозбайды",
Жаратқанның өзи қоллайды,
Барыңызға шүкир, жақсылар.

Ақшолпан Аманияз
22.05.2021 жыл

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
"Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!"

Qaǵılmayın, deseńiz tuwrı joldan,
Dáwletim taymasın deseńiz, qoldan,
Ózińizdi tıymaqshı bolsańız moldan,
Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!

Ókinip qalmaw ushın eń sońında,
Aldanbay bul ómirdiń jolında,
Deseńiz, islerim ketsin ońında,
Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!

Bayısańız haramnan jıyılıwdan,
Bir alsańız qıyın bolar tıyılıwdan,
Qorqsańız jartı jolda qıyılıwdan,
Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!

Barıńızǵa qánáát ete bilip,
Hadallıqtı joldas ete bilip,
Ómirde tuwrı joldan kete bilip,
Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!

Baslısı insan kózi toyıw kerek,
Qátesin waqtında túsinip qoyıw kerek,
Hadallarǵa inam eter jemisli terek,
Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!

Nápsińizdi óz waqtında tıyıńlar,
Mal-dúnyanı miynet penen jıyıńlar,
Sonda qádirli bolar hátte tıyınlar,
Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!

Buyırmaydı ańsat ǵana alǵanıńız,
Birewlerdi qıyın ahwalǵa salǵanıńız,
Bolar qurı gúnalarǵa qalǵanıńız,
Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!

Ózgeler haqın jep, dasturxanıńız tolıp,
Mángilik emes bul, qaladı solıp,
Esiń bolsa, hújdanıńa shákirt bolıp,
Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!

Periyzat Imamatdinova Qaraózek rayonına qaraslı 17-sanlı mekteptiń 9-klass oqıwshısı.

Kanal👉@qqshayirlar
"Nápsińizge Ustaz bolıń, adamlar!"

Avtor: Periyzat Imamatdinova
Qaraózek rayonına qaraslı 17-sanlı mekteptiń 9-klass oqıwshısı.

Kanal👉@qqshayirlar
Алла, қәлесе топрақта ун болар.

Мынандай бир ўақыя
Болған екен бурында
Бир гедейдиң үйинде
Ылақлы ешки, қорада

Балаларын асырап
Сол ешкини саўады
Сүтин ишип күнелтер
Тойымлы еди қунарлы

Күнлердиң бир күнинде
Жеўге үйде нан қалмай
Гедейдиң күни усығой
Жетпеслик қәйтер ойланбай

Ҳәмели қалмай үйдеги
Жетелеп шықтты ешкисин
Қатын бала шағасын
Жейтуғын азық кешкисин

Базарға әкелип ешкини
Сатады жигит пуллады
Ақшасын алып қолына
Бир қапшық унды алады

Көтерип унды арқалап
Жол жүрип жигит келеди
Жол бойында бир адам
Зар жылап жолда тур еди

Жигитти көрип сол адам
Көмек бериң жақсылар
Кешеден берли аш жүрмиз
Бар мекен маған қарасар

Алланың сүйген қуллары
Ашылып мәңги жоллары
Қәсиреттен аман болып
Көп болсын илайым пуллары

Деп жылап тур бир адам
Көзиниң жасы көл болып
Сататын үйде дымым жоқ
Бала шағам отыр аш болып

Келиңиз деди ағатай
Ыдысың барма салатын
Ярымын бөлип берейин
Болса егер алатын

Қуанып кетти сөзине
Алып келди табағын
Ярымын бөлип береди
Қалғанын алып өзине

Тағыда бираз жол жүрди
Арқалап ярым қапшығын
Алдынан шықтты бир бала
Ағалап бирден өкирди

Үйимде әке шешемлер
Жарамас аға жумысқа
Тислерге түйир нан таппай
Қыйналдық мына турмыста

Жылап турған балаға
Шыдай алмай елжиреп
Қолындағы бар унды
Салды қағып ыдысқа

Ойланбастан бар унды
Бөлип берди бәрине
Өзиниң бала шағасы
Көринбей қалды көзине

Бос қапшығын арқалап
Жигит киятыр ойланып
Бала шағама не дермен
Жуўабын таппай қыйналып

Үйине жақын қалғанда
Қолдағы қалған қапшығын
Топыраққа толтырып
Үйине келди ақырын

Жуўырып шығып алдына
Әкелеп барлық баллары
Қапшығын төмен түсирип
Жол жүрип жигит шаршады

Дым үндемей отырды
Хаялы турып қапшықа
Балалар қарны ашыды
Ийлейин қамыр табаққа

Деп табағын алдыда
Қапшықттың аўзын ашады
Жигит қатты өзгерип
Мәниси бирден қашады

Ун емес қатын ол топырақ
Деп айтайын деп турғаны
Хаялы бирден таңланып
Қарашы мынаў уныңа

Әкеси мына аппақ ун
Қаяқтан сатып алдыңыз
Бундай әппақ нан жесек
Не болар екен асымыз

Мынандай болған негизи
Бар сырды жигит айтады
Түсиндирип бирме бир
Болған барлық жағдайды

Қәлесе егер жаратқан
Ун болар бәлким топырақ
Қүдиретиниң шеги жоқ
Ийеси Алла, күш қыўат

Алладан келген сынаққа
Адамзат бәри сыналар
Қолдағы соңғы болсада
Қайғырма қайтып қуралар

Жигиттиң келген басына
Тәуекел қойған алдына
Алла, берер бәринде
Шүкирлик, етсең барына

Қолыңды жайып сорай бер
Хәмелсиз нәрсе болмайды
Алладан сора бәринде
Алақан бос қалмайды.

Рахат Парахат улы

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Eh balaliq...
Bugin ko'zlerime erksiz keldi jas,
Nege waqit artqa qaytpaydi eken???
Ga'hi bizden ozar,ga' bolip joldas,
Lekin sirin bizge aytpaydi eken,

O'tken kunlerimdi alaman yadqa,
Balalig'im turar qa'lbim to'rinde,
Sol biyg'am da'wirler qaytpaydi artqa,
Biraq,biz insanlar an'saymiz kunde...

Sagindim biyta'shwish balaligimdi
Waqtinda qadirin bilmedim nege?
Balaligim qayrilmastan ketti goy endi,
Kulip ham kuldirip jurmedim nege???

Nege men asiqtim,asiqtim nege?
Tezirek ulkeyiwge balaligimda
Qa'lbimdi o'kinish jiqti goy mine
Nege asiqqanman,nege shininda???

Sag'indim akemnin shiyrin sozlerin,
Qizbala ulkeyse tartinar eken,
Bir haqiyqatliqti kordi kozlerim,
Akeler de mehrin jasirar eken...

O'kindim,ne ushin balaligimda
Akeme mehrimdi etpedim bayan,
Hazir aytalmastan tartinganimda
"Atten"dewim tek te ozime ayan...

Sagindim anamnin jumsaq alaqanin,
Jurekler saginsa qamsigar eken...
Sonday pak mehirdi ta'nim ham janim,
Jane sezinsem dep asigar eken...

Ashiwim keler edi balaligimda
Ajagam "Ayzyok"dep shaqirsa eger,
Al,hazir sol kundi saginganimba?
Balkim,bul-okinish,qalbimdi ezer...

Balaliqta gozzal edi bul dunya,
Jiraq edik omir g'alma-g'alinan
Hatte,aspandagi qus,jerdegi giya
Ina'm eter edi quwanish magan...

Okpe ham giynesiz bala qalbimdi
Bugin men sagindim,sagindim qatti...
O'kinishim tek ozime ma'limdi
O'ytkeni ba'rqulla qa'lbimde jatti...

Avtor: Ayzada Abdirasulieva

Kanal siltemesi: @qqshayirlar
Суйемен, сени Республикам!
(узинди)

Бир адам сени суйсе,
Сирә сол мен шығарман,
Биреý ҳәййиý айтып "жан балам" десе,
Сирә сол сен шығарсаң,-
Республикам-Қарақақалпақстан!

Суйемен өзиңди, жарық жузиңди,
Муңайыý жат болсын саған.
Өмиримше ақлаý дузыңды,-
Республикам-Қарақалпақстан!

Әденбай Тәжимуратов.

"Айдынлар" қосықлар топламы китабынан. (12-бет)☝️

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Сөйлеýден алдын тыңла,
Жазыýдан алдын ойлан,
Пулды сарыплаýдан алдын,
Оны ислеп тап!!!

Шекспир

Канал силтемеси
👉@qqshayirlar
Имам Абу Ханифа ҳәм оның шәкирти Абу Юсуп ҳаққында рәўаят.


Билим алар екен Абу Ханифадан,
Сол дәўирде жаслар менен көп адам,
Шәкирти ишинде өзге бир шәкирт,
Абу Юсупге ол кеўли тоқ болған.

Жигит жүдә гедей бар жалғыз ылағы,
Ылақ бағып жүрип билим қуўады,
Буны көрген журтлар күлип айтыпты,
Юсуп емес ылақ имам болады.

Юсуп күлгенлерге мәнде бермепти,
Устазымнан сабақ алған жөн депти,
Күн менен жарысып алып билимди,
Абу Юсуп зейни алға өрлепти.

Юсупкеде адам келе баслапты,
Разы болып тыйын тебен таслапты,
Устазына келип болған жағдайды,
Қуўанышын айтып көзин жаслапты.

Устазына қарап депти ол былай,
Саўат алдым устаз сизден бир талай,
Бала шаға бағыў керек маған да,
Хызметке турсам қарайсыз қалай?

Бул сораўға имам Ханифа күлди,
Тыйынға қызыққан шәкиртин билди,
Дүнья сени еле қуўар қарап тур,
Қашқайсаң сонда алып желкеңди.

Солай етип жыллар өткен арадан,
Билим шығып ылақ баққан баладан,
Көз жумыпты бир күн Абу Ханифа,
Ел қалыпты айыра түсип данадан.

Патша Харун Рашидте келипти,
Изин басар ким бар сораў берипти,
Халық бир-бирине қарап сер салып,
Барлық көзлер тек Юсупти көрипти.

Ханифадан қалған шәкиртти санап,
Усы деп нусқап Юсупке қарап,
Изин баса алар алық шәкирти,
Аты да елге жүрген сол тарап.

Патша мақул деди ертең сынаймыз,
Алымларды сарайыма жыйнаймыз,
Абу Ханифаның изин басалса,
Ханифадан кем көрмеймиз сыйлаймыз.

Ертеси шақыртқан алымлар келген,
Юсупке бирме-бир сораўлар берген,
Сораўға асыра жуўап болғанда,
Ғаўыр-ғаўыр сөзлер болған ҳәр жерден.

Кимде сораўлар бар сорады патша,
Юсупке тең келер жоқ еди ҳасла,
Қазылардың қазысы қылдым мен сени,
Хызметиңди депти бүгиннен басла.

Елди бийлеў керек әдил жүйрикли,
Ҳәтте мени тергеў бердим бийликти,
Харун патша мөрди тапсырған солай,
Юсуп жазған заңды халық сүйипти.

Дүнья сени қуўар қашқыл дүньядан,
Деген тәлим алған Юсуп зыядан,
Юсуп қазы болған жыллар тарийхта,
Шағал көрседе, таўық шыққан уядан.

Жаңабай Анетеев.
23-май 2021-жыл.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Dastan 3.docx
35.4 KB
Даýамы.☝️
(IV-бөлим)
Заманласымыз Сейдемет аға Хожаметов қалемине тийисли "Көзмоншақ малийка ҳәм тақыýа жигит" атлы дәстан.


Даýамы бар.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Көзлериң жас төкпесин!...

Қыял еткен арзыўларың әрман болса,
Жас кеўилиң ҳәсиретлерге толған болса,
Сен исенген ҳақыйқат -ол жалған болса,
Өтинемен, көзлериң жас төкпесин!...
Өмириң ҳеш көз жас пенен өтпесин!...

Жас кеўилиң жалғызлықтан адасқанда,
Ойланбастан туўры жолдан алжасқанда,
Ярың сени өзге ярға алмасқанда,
Өтинемен, көзлериң жас төкпесин!...
Өмириң ҳеш көз жас пенен өтпесин!...

Сениң бахытыңды өзге алған болса,
Өзгелерден кеўилиң суўып қалған болса,
Ҳәсиретлериң сениң артып барған болса,
Өтинемен,көзлериң жас төкпесин!...
Өмириң ҳеш көз жас пенен өтпесин!...

Музға толып барса егер жүрегиң,
Досларыңа болмай қалса керегиң,
Бул дүнияда болмаса да тирегиң,
Өтинемен,көзлериң жас төкпесин!...
Өмириң ҳеш көз жас пенен өтпесин!...

Сабырыңның кеселери толып кетсе,
Саған өмир әдәлатсыз болып кетсе,
Мақсетлериң ерисилмей қалып кетсе,
Өтинемен,көзлериң жас төкпесин!...
Өмириң ҳеш көз жас пенен өтпесин!...

Жақынларың жүзин бурып кетежақта,
Исенгениң саған сумлық етежақта,
Излериңнен қайғы қуўып жетежақта,
Өтинемен, көзлериң жас төкпесин!...
Өмириң ҳеш көз жас пенен өтпесин!...

Өмириңде таўып кетсең шыннан бахыт,
Әрманың да болмас еди-аў, соннан артық,
Мәңги бахыт кемесинде жүрсең шалқып,
Көзлериңнен қуўанышлы жаслар ақсын!..
Жүзлериң де шадлықлардан күлип бақсын!...

Бийбисара Қудайназарова
Кегейли районы

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
СЕНСИЗЛИКТИҢ АЗАБЫНАН.

Тереземнен сыртқа бағып,
Ҳижраның да жаным жағып,
Турман аўыр ойға талып,
Сенсизликтиң азабынан.

Асаў сезим, тентиреди,
Жанымды жеп кемиреди,
Көзим жолға телмиреди,
Сенсизликтиң сазайынан.

Жоқшыдайман жоғын жойтқан,
Сен әлўидағ айтқан пайттан,
Қарыйдарман қур қол қайтқан,
Мухаббаттың базарынан.

Жүрек өртен шалып, лаўлап,
Көз жасларым тынбай саўлап,
Пүткил сийнем қалды қаўсап,
Мухаббаттың ҳазарынан.

Қулап ышқы сарайымыз,
Келиспеди талайымыз,
Ағарды шаш, самайымыз,
Сәўгимиздиң обалынан.

Ақшолпан Аманияз

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
"Жылатпа, Аллам"

Қулатып сүйенген ардақлы таўын,
Қара булт қаплатып, жаўдырып жаўын,
Еситтирип нәрестелер аңсаўын,
Ҳешкимди әкем деп жылатпа, Аллам!

Меҳирден, мийримнен айырып жырақ,
Жүреги қан болып, топырақ тырнап,
Ана-бир ет болса, перзенти тырнақ,
Ет пенен тырнақты айырма, Аллам!

Қәбирдиң басында отырар қыймас,
Ҳәттеки кең деген әлемге сыймас,
Балам, деп бозлайды, көз-жасы тыймас,
Ананы балам деп жылатпа, Аллам!

Таласып бир түскен ана қарнынан,
Палға татыр бирге жеген жарты нан,
Тек көзинше кейип, мақтар артынан,
Жигерди-жигерден айырма, Аллам!

Сезеди қалмағандай жасаўдан мәни,
Жоғалғандай баяғы өмириниң сәни,
Жүреги тоқтағандай қыйналар жаны,
Ҳешкимди ярым деп жылатпа, Аллам!

Өткерген күнлери ядынан өтип,
Сағынып жылайды, көз-жасын төгип,
Өзин күшсиз сезер қалғандай шөгип,
Досты-достан ҳеште айырма, Аллам!

Сүўретине термилип қалмасын десең,
Көз-жасы дәрья болып ақпасын десең,
Шыдай алмас азапқа салмайын десең,
Биреўди-биреўден айырма, Аллам!

Перийзат Имаматдинова
Қараөзек районына қараслы 17-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
"Жылатпа, Аллам"

Автор: Перийзат Имаматдинова
Қараөзек районына қараслы 17-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы.
______________________
Перийзат қарындасымыз сизге, ата-анаыңызға, устазларыңызға рахмет айтаман.
Дөретиýшилигиңизге көз тиймесин, табыслар тилеймен.
☝️Мақсетимиз жас шайырларды елимизге танытыýды мақсет етип қойғанбыз.

Байланыс👉@qqshayirbot

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Кегейли районында бир нешше мектеплерде хызмет сапарында болдық.
Биз биринши райондағы "Қумшунгил" АПЖ аймағында жайласқан 34-санлы улыума билим бериу мектебинде болдық.Мектепте питкериýши класс оқыушыларының тең ярымы сабақта жоқ.Репититорда таярлықта.Олардың сабаққа келмей таярлықта жургени,директорға оңай туседи.Себеби директорға ертеңге күн көрсеткиш керек.
Ал хуқықтаныу сабағы,физика лаборотория класында болып атыр.
Қарақалпақ филологиясын яки журналистика қәнигелигин тамамлаған кәниге ийелейтуғын жумысты болса,басқа адам илип алып кеткен.Ал бул адам адебияттың "А" хәрибинен хабары жоқ.Мектепке келетуғун жолларда жаýын жаýса трактор яки ешек пенен келмесең журиý оғада мушкил жағдайда.Мектеп директоры Б.Яхияевке бир нешше сораýлар берип,тужырымлы жуýап алмадық.

Хүрметли Кегейли районы хәкими , президентимиз хәкимлерге өзиниң аймағындағы хәр бир мектеп жағдайы менен таныс болыý керек екенлиги хаққында,зәрур болса хәр хәпте мектеплерден хабар алыý,тапсырмасын айтып өткен еди.
Бул мектеп оқытыýшылары сизиң көмегиңизге мутәж,бул алыс аýылдағы мектепти итибарыңыздан шетте қалдырмайсыз деген умиттемиз.

Хүрметли ҚР билимлендириý министри бул жерге бирде бир комиссия яки өзиңиз барып көрмегенсиз,сонлықтан бул жердеги машқаланы сизге жеткизиýге хәрекет қылдық.
Әдил шешим өзиңизден!

Султанбек Зияев
Азамат Нуратдинов

"Ел хызметинде" газетасы

👉👉👉 @el_xizmetinde
АНАМНЫҢ ЕСТЕЛИГИНЕ.

Сен жоқсаң…
Үйдеги орныңда жоқсаң,
О, анам, кеттиң ғой қайтып келмеске.
Көрер ме деп едим сексен, я тоқсан,
Енди тәғдир менен түстим тергеске.

Сен жоқсаң, анажан…
Жоқсаң үйимде,
Узақлардан келсем меҳриң сағынып-
Дийўалдан бағасаң сүўрет күйинде,
Үлкен орамалды қыя жамылап.

Ядымда соңғы дем,
соңғы даўысың,
Ядымда… соңғы рет жумылған көзиң.
Ядымда… тоқтады өмир ағысың,
Ҳәм де шала қалды ең соңғы сөзиң.

Ең соңғы сөзиңди айттың сыбырлап,
Не дедиң?
Билмеймен ҳәзирге шекем.
Ден саўлықта аўыз тынбас жыбырлап,
Ең соңғы сөзимиз не болар екен?...

Сен ҳаққында көп ойландым,
толғандым,
Узақ жүрдим жазсам деген сезимде.
Таўсыларын билгенимде жоллардың,
Жазбас па едим сениң тири гезиңде!...
Өзи алтын болғаннан соң,
алтынды
Мақтай бериў жаға бермес қулаққа.
Мәртлик-емес,
Перзент туўған даңқыңды-
Әрмансызбан,
журтқа жайсам бул ўақта.

Автор: Кеңесбай Рахманов
Оқыған: Гаýхар Бахадир қызы.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
КИТАП ЖАҢАЛЫҒЫ

МОЙНАҚЛЫ ЖАС ТАЛАНТ ИЙЕСИ РУФАТ ЕЩАНОВТЫҢ "ЫШҚЫ БАҒЫ" АТАМАСЫНДАҒЫ ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЫ "AVANGARD-BASPA" БАСПАСЫНДА ЖАРЫҚ КӨРДИ.

Руфат инимизди туңғыш топламы менен қутлықлаймыз.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
🔔Хош бол мектебим.🔔

Соңғы коңыраý, сести қандай жағымлы
Шығарып иштеги дебдиý барымды
Ержеттирип мениң қатарларымды
Тарбия бесигим хош бол мектебим.

Мектебимди умытпаймыз, келемиз
Устазларға сыйлап сәлем беремиз
Балалықты еслеп, ойлап журемиз
Маңги ядымдасаң хош бол мектебим.

Санамды кушейтип, саýатым ашып
Мийнетке уйретип, елге минасип
Жасымызға бойларымыз жарасып
Камалға келтирдин хош бол мектебим.

Дослық, қахарманлық тийқарғы мақсет
Елиңди қорғап сен, хадал мийнет ет
Алған билимиңди, кушиңди көрсет
Ақылды бергенсең хош бол мектебим.

Иске асыраман, алған билимди
Көркейтемен Уатанымды, елимди
Мен корғайман туýған ана жеримди
Барин уйреткенсең хош бол мектебим.

Бабаназаров Муратбай
24.05.2021-ж.
Канал👉@qqshayirlar