QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
3.5K subscribers
2.17K photos
594 videos
135 files
1.09K links
Maqsetim:
"Qaraqalpaq 🤵shayır hám 👩‍💼shayıraların tanıtıw".
Siz óz qosıqlarıńızdı kanalımızģa jaylastırmaqshı bolsańız
Bot mánzilimizge jazıń:
➡️ @qqshayirbot

Kanal 2017-jıl 1-iyunda ashıldı.
Download Telegram
Еле ерте дуньяны пәк деýге.

Қылығына писер кесент адам,
Намыслы арына береди жан,
Хәргиз билмей халының шамасын,
Еле ерте дуньяны пәк деýге.

Даýыл бәрха болмас тек айныса,
Пақыр, инсән-ғо билген жағына,
Ойы бес кун дуньяда шалқыса,
Еле ерте дуньяны пәк деýге.

Қылмыс ис жағып,қәлби пушайман,
Мәнзил басқа,жолы сегбир таман,
Жолдассыз жол өзиңе зимистан,
Еле ерте дуньяны пәк деýге.

Жалған мақтау гунәдан дә бетер,
Оннаншы қасд әйлейин найза бер,
Марапатға жан берер өшпенлер,
Еле ерте дуньяны пәк деýге.

Жеңил жол ушын ба? қағып қасын,
Буларды айтыу жудә ауыр сын,
Айтпа десем жол бермей намысым,
Еле ерте дуньяны пәк деýге.

Асқар тауым батыр деп берилме,
Қорқақларда тил қосқан бир гезде,
Жалған-өсек азық дер өсекке,
Еле ерте бул дуньяны пәк деýге.

Камилжан Базарбаев

Қосық қатарлары унаса 👍

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Қуýанышлы хабар.

Каналымыздың тырнақ тасын қалаған ағамыз Азамат Нуратдинов @el_xizmetinde газетасына хабаршы болып өтип атырғанлықларын хабарлаймыз.
Жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

Каналымыз👉@qqshayirlar
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бәҳәрги жамғыр.

Жамғырдың ўақтында, жаўғаны мақул,
Қуўанар шопанлар, дийханлар ақыр,
Ана жер нәр алса, ырғалар дақыл,
Аллаҳтың нуры бул, бәҳәрги жамғыр.

Қалсақта түнекте шырақлар өшип,
Жүрсекте белшерден батпақты кешип,
Мың шүкир! Аллаҳға... әйлеген несип,
Ҳасылдың сағасы бәҳәрги жамғыр.

Айтылған сөзлер бар талай даналық,
Халық арасында, кеткен таралып,
Сәўирдиң жаўыны шыпа саналып,
Дәртлердиң даўасы бәҳәрги жамғыр.

Жайып шын жүректен бирадар қолың,
Жақсы тилек тилеп, дуўада болың,
Жүрисип ислериң болады жолың,
Тилсимли соныңдай бәҳәрги жамғыр.

Жайдың төбесинен артып шаңларды,
Жуўады қалдырмай, дарақ, талларды,
Жиберер қулпыртып шәмензарларды,
Шырайға ендирип бәҳәрги жамғыр.

Ашықлар айланып мисли сайылға,
Мегзейди, қыз Зухра, жигит Тайырға,
Береди ақ қағаз, қәлем, шайырға,
Оятып йош-илхәм бәҳәрги жамғыр.

Ақшолпан Аманияз 04.04.2021 жыл


Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Əке.

Мениң ушын өмирде
Əзийз болған инсан бар
Көтергим келер көклерге
Қорғаушым болған панам бар

Əкем мениң жулдызым
Жарқылдатқан жолымды
Мениң ушын жан берер
Билдирмес бары жоғымды

Мехир берер аямай
Өзин хəтте ойламай
Улкейсемде көзине
Көринермен баладай

Асқар тауым алдымда
Мақтанарман барына
Уақыт өтсе азғана
Көргим келер сағына

Қыз балаға əкеси
Болар сондай қəдирли
Ер адамлар ишинде
Болар екен кушлиси

Əкең болса қууаның
Төбеңизге көтерип
Бул да шығар бахытың
Сен ушын инсан теберик

Əкежаным алдымда
Аман журиң тилегим
Бергим келер əлемниң
Жулып сизге гуллерин

Əкежаным өзимниң
Сизди жақсы көрермен
Мудам сизди қəдирлеп
Хəтте айға теңермен

Қоңырат
Ж Шыныгуль

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Forwarded from ДЕНСАЎЛЫҚ ӘЛЕМИ 💉💉 (Бахтияр Кадирбергенов)
АРАЛ ТОЛМАСАДА БАЗАР ТОЛДЫҒО.

Өкинбеңлер қурыды деп Аралды
хәр базардан бир-бир теңиз жаралды,
айтсаң, дейди: -селекторда қаралды.
Арал толмасада базар толдығо.

Жүзип жүрер дамас деген қайықлар
тыштабанда қалды Едил, Жайықлар.
Тасқын сууға базар болды жай ықлар
Арал толмасада базар толдығо.

Әне бир автобус келер танкердей,
ГрЭС қурсақ, берер миллион ампердей.
Жоқарыда отырған бир жан көрмей
Арал толмасада базар толдығо.

Сондай болса пайтахтымыз базары
районлардың жоқғо айтып, жазары.
Аз едиме журтқа басқа азары
Арал толмасада базар толдығо.

Қара машын мингенлерде көз қайда
биз пақырдан жетип барар сөз қайда.
Айдынларды айтатуғын қыз қайда
Арал толмасада базар толдығо.

Күнимиз сол, базарларға биз барғыш
аяқларды тартар батпақ ызғар күш.
Қыста керек шығар атом муз жарғыш
Арал толмасада базар толдығо.

Базарларды бузып пляж қурайық
шет еллерден турист шарлап турайық.
-жер көринди, жер, деп бир қышқырайық
Арал толмасада базар толдығо.

Қайда бизиң журттың Магелланлары
Джеймс Кук хәм Христофордай жанлары.
Шықпағай-дә акуладай заңғары
Арал толмасада базар толдығо.

Рауажланар енди кеме сазлығы
билинбейди сонда автобус азлығы.
Тоңқылдаймыз ғаңқылдаған ғаз киби
Арал толмасада базар толдығо.

Жанполат Карим.
@voyn13. 04.03.2021.


Жангодан жуўап..

Ўах Жанполат жазыпсаңда қатырып,
Бирақ билсең "Базар" ески тақырып,
Жар салсаңда қайдан жәрдем шақырып,
Жаңбыр жаўса базар тола береди.

Қуўанбаң деп: ~мин тағарлық жай таптық,
Барын айтып басшыларға байқаттық,
Себеби бул "Базар" деген ойпатлық,
Не десеңде солай қала береди.

Төңкерилип түсседағы әласпан,
Суўға сиңип кетер сөзиң таласқан,
Бәрибир сол кирген~шыққан "дамас"тан,
Базаркомлар пулын ала береди.

Айтсам шынын менде пикир басқаша,
Тап сол жерден стоянка ашпаса,
Қайта ойып хәс бетонлап тастаса,
Жапқан жаңбыр сонда аға береди.

Толар өзи суў келмей-ақ салмадан,
Егип тасла айландырып пальмадан,
Мальдиваға барғанде не бар маған?
Деп туристлер бунда ыға береди.

Сондай иним, таға бермең сын бар деп,
Басшы керек бизди бунда тыңлар тек,
Жанго қусап ақыл айтар ким бар~деп,
Айтса әстен ақыл шыға береди.
@Жанго.А.

@bkadirbergenov
ҚАРАҚАЛПАҚЛАР

Уллы қүдиретке ийе халқымыз,
Неше жыллар ат көтерген даңқыңыз,
Не деген бай дәстүр менен салтыңыз,
Мәрдана жол басқан қарақалпақлар.

Қәўим болып жасап келди бир қысым,
Урыўға жикленди шығыстан тусың,
Атылмағай енди ушардан қусың,
Мәртлик, ерликке бай қарақалпақлар.

Шежиреңди оқыған биледи анық,
Дөретпеге, өнерлерге бай халық,
Жоқарыдан енди түспегей салық,
Туўысқан, меҳирге бай қарақалпақлар.

Анесин, Малигин шежире жырлар,
Толып атыр аўызеки көп жыр бар,
Бул миллет әнейи емес ҳаслында,
Бир урыўдан өрбиген қарақалпақлар.

Қазнаң ғәрезсизлик кенеле бергей,
"Әззи" деген түсиник тек түске енгей,
Мудамы ат көтерген мәртлериң жеңгей,
Расгөйлик бойда қарақалпақлар.

"Баскеспек болса да тил кеспек жоқ" деп,
Дәртиңди жырлаған атылған оқ деп,
Есите берейик халқымыз тоқ тек,
Батырың байлығың қарақалпақлар.

(даўамы бар...)


Тажимуратова Уримхан У.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Батыр Едиге.

Мың уш жузде елиў екинши жылы,
Туўылды Раҳманберди Қутлықыя улы,
Қумкент болды киндик қан тамған қыры,
Арал қубла~батыс улы Едиге.

Маңғыт арыслары Исламықаба,
Султан азыўлысы Қыдырықаба,
Атақлы Алаў баҳадыры ел ишре,
Шешениң Қойылдыр екен Едиге.
(Ысламқаба,Қыдырқаба)

Ақпаның,Тоқпаның дәшти Қыпшақта,
Баба туклес Ислам динге ошақпа,
Ҳәтте Амир Темирдиде тарийхта,
Маңғытлының улы деген Едиге.(А,С,ТашкентийТемирнамасы)

Әкең еди Темир Мәлик мәҳреми,
(оң қол)
Алтын орда тарийхында жоқ теңи,
Изин қуўып Балташақтай оқ меңи ,
Жетти журттың ғамын жедиң Едиге.

Әмир Ноғай улысында халықты,
Бириктирдиң Алтын Орда астына,
Мын уш жузде тоғызының басында,
Тийкар салған , жазды Нәбий Едиге.
(Жан Нәбий осман тарихшысы).

Маңғыт болды сениң тубиң тамырың,
Ғазы еди даўамшың да сабырың,
Мансыр бийиң батыр болған
арының,
Өз қаныңнан таралған ул Едиге.

Арқажуртта он қоңырат,бес муйтен,
Кенегеслер жети келе ол
жуйең,
Қытай~қыпшақларың қалың ел өткен,
Ноғайдай Ордасын баслар Едиге.

Алаш,Башқурт,татар~мешер еллери,
Улысыңда панаҳ тапқан жерлери,
Ҳатте шынғыз әўладының минер ерлерин,
Тахтын өзиң мөҳирледиң Едиге.

Мансыр,Ғазы,Кейқуўатың бий болып,
Нуратдиниң Темирләнға сый болып,
Ал соңынан "Тойбуға"*лар бай болып,
Жети әўлад ел басқарған Едиге.
(Тойбуға лаўазым.)

Нуратдинниң улы Оққас қалған жоқ,
Туўысқаны Хожасыңнан зәҳри оқ,
Тийди ..өлди..салды сизге қызыл шоқ,
Ишлериңе дәрт уялар Едиге.

Нешше әўлад өтти кейин елимде,
Муўса менен Жамғыршыңда кеминде,
Ағыс,Көгис, батырларың деминде,
Сен жасадың узақ дәўир Едиге.

Алшағырың сол Муўсаның баласы,
Шайқым,Сыйдақ бари ини~ағасы,
Ең өжети Йусип болып ағласы,
Өз жериңде халық дөреттиң Едиге.

Буның изин даўамласам таўсылмас,
Бугинде көп тарийхларға қызықпас,
Ал мен сени ең биринши батырым,
Деп қосықта жазғым келер Едиге.

Ҳәр бир тахтың көралмасы жаўы бар,
Арқасынан атар оғы даўы бар,
Өз елине душпан иштен жаўы бар,
Солар умит ақламады Едиге.

Зульфия

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
АЗАМАТ БАЛАМА!!!
(Азамат Нуратдиновқа арнаў)


Нар көтерер екен аўырын жүктиң,
Ел хызметин етиў парызы жигиттиң,
Бүгин ылайықлы атың затыңа,
Шын азамат, сиз жалыны үмиттиң!

Елим деген ердиң артар ҳүрмети,
Халық ғамын жеў, мәрт ерлердиң миннети,
Жүзден жүйрик, мыңнан озып тулпарлар,
Азаматқа толғай ана-жер бети!!!

Автор: Зульфия Ещанова

Канал силтемеси: @qqshayirlar

🙏🤲🌹🌹🌹🌹🌹👍👏👏👏👏👏🤝
Ертип баратыр.

Шашларыңды самал жулқылап,
Жүзлеримди қытықлар әсте,.
Жүрегим де туулар солқылдап,
Сениң менен ушрасқан кешде.

Аш белиңде қолым айқасса,
Ынтығаман өзиңе қарай,
Көзлеримиз қарап байқасса,
Сениң жисмиң кеулиме сарай.

Назланасаң өзиңди тартып,
Өртенемен ышқыңда күйип,
Саған болған ықласым артып,
Жаным сени қаламан сүйип.

Саған болған жыллы сезимди,
Қосық етип диземен күнде,
Аспанларда көрдим өзимди,
Сүйгениңди сеземен мен де.

Қушағыма денең жарасса,
Мен бахыттан бийхуш боларман,
Пүткил әлем бизге қарасса,
Сүйген ярың болып қаларман.

Айдың жүзин бултлар қаплайды,
Саямызды өширмек ушын,
Жалын болып жүрек лаплайды,
Ләззетленип есирмек ушын.

Ақ тамағын ләбим күйдирип,
Денем мумдай ерип баратыр,
Ышқысында мени сүйдирип,
Делбе қылып ертип баратыр.

2021-жыл.4-апрель

Абат Крамов.

Дерек; @Kramov_Abat.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
БИР БАҒ ЖАРАТ...

Бир бағ жарат... ҳәмме ҳайран қалғандай,
Дарақлары сырғып мийўа салғандай,
Таңлайында қалсын жеген адамның,
Жемислери тап пал татып турғандай.

Бир бағ жарат... тазаласын ҳаўаны,
Қатар-қатар отырғышлар қойылып,
Халық алсын жанға шыпа даўаны,
Келип тегин кислородқа тойынып.

Бир бағ жарат... турсын жайнап лалалар,
Заўықланып бүлбил тынбай сайрасын,
Хәр ўақ келген дем алыўға балалар,
Саясында асыр салып ойнасын.

Бир бағ жарат...тартсын көздиң қумарын,
Егип түр-түринен дарақ қурамын,
Айналсын ҳәм бир пайызлы бостанға,
Оқысын отырып китап қумарың.

Бир бағ жарат...ел аўзында қалғандай,
Ийгилик исиңнен, саўап алғандай,
Ақшамлары қол усласып ашықлар,
Ушырасып бирге сейил қылғандай.

Бир бағ жарат... ҳаўазасы жер жарып,
Қалсын изиңизден, муңлы ырғалып,
"Жақсыдан бағ қалды" десип адамлар,
Ынтықсын бир мәрте көрмеге барып.

Ақшолпан Аманияз
05.04.2021 жыл

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
0024.Рамазан пазыйлети-1
<unknown>
#рамазан_кирип_келмекте
#оразаның_пазыйлети

РАМАЗАН ОРАЗАСЫ ПАЗЫЙЛЕТИ

📖"Оразаның пазыйлети" китабынан.

🎙Текстти аудио монолог көринисинде Баҳадыр Сағыйдуллаҳ улы оқыды.


Дерек: paziylet.uz

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
#ўақыя
☝️ТОЛЫҚ ЕРИНБЕСТЕН ОҚЫҢ🙏

ШАЙТАННЫҢ ҚОРҚҚАНЫ

Бир адам қуптан намазын мешитте оқыў нийетинде сыртқа шықса, сыртта жаўын себелеп тур екен, ол жаўынға қарамай қараңғыда жолға шықты. Азырақ жүргеннен кейин жолда абайламай сырғанап жығылып түсти. Үсти-басы ылай болды, мешитке бара алмайтуғын дәрежеде. Үйине асығып барып, кийимлерин алмастырып, және мешитке асықты. Ўақтына үлгериўим керек деп асығып және жығылып түсти.
Және үйине қайтып, кийимлерин алмастырып, көшеге шықса, есиктиң алдында бир адам шыра услап тур екен.

Ол:
- Қәне бирәдар абайлап жүриң, мениң менен бирге жүриң, сырғанап кетпең, тас бар екен сүрнигип кетпең, деп мешитке шекем алып барды. Намаз оқыў ушын барған адам шыра көтерип алған адамға:
- “Қәне мешитке бирге киремиз” - деди.
Ол:
- “Яқ, кирмеймен” - деди.
- “Неге?”
- “Себеби мен шайтанман” - деди.
Намазхан жигит ҳайран қалып:
- “Онда неге маған жәрдем бердиң, мешитке шекем жолымды жарытып келдиң?”, деди.
Шайтан:
- “ Мен саған жәрдем бережақ емес едим, бирақ үйиңнен шыққаныңда жаўын жаўып турғанына қарамастан қараңғыда мешитке келгениң ушын Аллаҳ таала сениң бәрше гүналарыңды кеширип жиберди.
Сен жолда жығылып түсип, ҳеш ашыўланбай, үйиңе барып кийимлериңди алмастырып қайттан мешитке қарай шыққаныңда, Аллаҳ таала сениң шаңарақ ағзаларыңның ҳәммесиниң гүналарын кеширип жиберди.

Кейин және жығылып түсип үйиңе қайттың ҳәм кийимлериңди алмастырып қайттан мешитке қарай шыққаныңда Аллаҳ таала бул қалада жасаўшы ҳәмме мөминлердиң гүналарын кеширип жиберди.

Енди сени мешитке шекем алып барыўым керек болды, себеби үшинши мәрте және жығылып түсип, кейин кийимлериңди алмастырып мешитке қарай және шықсаң, Аллаҳ таала пүткил адамзаттың гүналарын кеширип жибериўинен мен қорқтым”
- деген екен.

Дерек: Al Beruniy. Uz

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
ҚӘЎЕСЕТ ТАРАТЫЎШЫЛАРҒА.

̶ Ешки мәйек туўыпты,
Ийтти қоян қуўыпты.
Қус атыпты бир мерген,
Мылтық етип уўықты.

̶ Түйе шалбар кийипти,
Теңизге от тийипти,
Сөндирмек болып Сәймамбет,
Отқа бензин қуйыпты.

̶ Порханды жин урыпты,
Бул да қарсы турыпты,
Услап алып жинлердиң,
Шойдықларын қырыпты.

̶ Қырдың қайсар қуланы,
Шалқа түсип қулады,
Мүйизи менен жығыпты,
Кийиктиң муштай ылағы.

̶ Жаңлатып, Нөкис, Аралды,
Былтыр бир гәп тарады,
Сексеўилдиңжыланы,
Бир шофёрға оралды.

Жылан сонша желикти,
Таўып жақсы көликти,
Машинаға илесип,
Нөкиске де келипти!...


Ойлап көриң ақырын,
Аңлап көриң мақулын,
Ким исенсе бундайға,
Қандай деймиз ақылын?

Көбик болып көпирип,
Өгиз болып өкирип,
Лапгөй сөзи усындай,
Бәлдиў-бәри өтирик.

Тилеуберген Жумамуратов.
(1915-1990)

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Иним Мақсет Абдуллаевқа.

Алға мақсет қойды бир иним,
Дослар оқып алсын деп билим,
Жаслайынан қуштар еди ол,
Қанлыкөлши Мақсетдей иним.

Ортаға қойып спарк машынды,
Адамлардың билимин қойып сынаýға,
Өрнек болдың барлық жасларға,
Аман қылсын алтын басыңды.

Азамат Нуратдинов
6-апрел 2021-ж

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Сағынсаң мени..

Сең музда қалғандай ышқы отаýым,
Жылытпас жаулығым, тулпар атымды.
Йошымда солғандай көксиз атаýым,
Шулғытпас суулығым, мухаббатымды.

Тарансам таң ерте тауыстай жайнап,
Сезимсиз жайылмас сулыý пәтлерим.
Жүрмедик аққустай бирге мәссайрап,
Нурыңсыз ашылмас бәхәр гүллерим.

Келши сағынсаң жылдың хамалын,
Сайды жағалап бирге өсейик.
Берши жағымлы көклем самалын,
Таулардан қырларға еркин есейик.

Орынгүл Пирниязова.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
,, Бир куни сағынып келермекенсең".


Кунлерим мәнисиз өтпекте сенсиз,
Сен - ше мени аңлармекенсең ,
Сағыныш оты өртеп журекти ,
Бир куни сағынып келермекенсең .

Кутемен унсиз жолыңа қарап ,
Сен - ше мени излермекенсең ,
Өзгеге қыймай мына журегим ,
Бир куни сағынып келермекенсең .

Сағындым сени ей ашығым ,
Сен - ше мени сағынасаңба ,
Көзлерим жолыңа тигилер әсте ,
Бир кунлери сағынып келермекенсең .




ҚМУ Географйя қәнигелиги 1-курс студенти
Генжебаева Умида.

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
ЖАҒДАЙ СОРА КӨШЕДЕГИ ЖАТҚАННАН..
(хәзил шыны аралас)


~Әй мынаў ким жатқан көше басында? 
Домаланып баспа кран қасында.. 
Жатыр жүдә дегендей тап шалқайып:
~Мен тиймеймен, сенде маған асылма.

~Жақсым шығар?,  оннан басқа ким болсын, 
Бәрхә пыяң.. күндиз болсын~түн болсын. 
Қара маңлай өзинеде сол керек,
Үндемеңлер жатсын сонда, гүм болсын. 

~Әй,  яқ тоқта.. Ол емес-аў ойымша,  
Жатпайды ол  "ақмәмбет"ке  тойынса, 
Сол Жақсымның жорасы бул, Ислам ғой, 
~Жатса жатар,  ким болсада.. Қойыңса.. 

~Келистирмеш.. жатпаған ол сулайып, 
Тақпай турың танымастан сын~ айып.
Бир аўнаса бети берман қарайды, 
Соң билемиз, сабыр сақлап турайық. 

~Айттым әне Ислам емес Оңғар бул,
Бар тапқанын ишип жүрген заңғар бул.
Алтын менен арақ турса алдында,
Ойланбастан шайтан шайын  таңлар бул.

~Олда емес.. оны анық таныйман,
Ол балада оянып жүр  ар-ийман.
Жас гезинде азлап ишти демесең,
Уртлап алмас хәзир шайтан шайыңнан.

~Онда ким бул?.. Рахатпа қаралы?
Әне басын бир көтерип қарады.
Сорлы бала..Уятын айт уятын,
Билип ишсе болмаспекен шаманы.

Қой ол бала жүгирип жүр "үйим"  деп,
Пайда жоққой арақтан бир тыйын деп
Айтар екен той жыйында: ~ишпеймен,
тек ишетин адамларға қуйың деп.

~Онда анық Жанго болса керек бул,
Жанго тамам деген сөзғой демек бул.
Әне қараң биреў келип қасына,
Қуламасын деп қолтықтан демеп тур..


РS.

Айтар болсам жуўмақ сөзди бир жыйнап,
Солай   даўам  ете  берди бул ғыйбат,  
Жигит болса "басындағы" көшениң,
Бийтап екен жатырған бир жан қыйнап.

Аман қалған.. көмеклесип кимдур шын,
Өмир өзи жумбақлығой бир тилсым.
Ғыйбатшыға анық күни қалғанда,
Өлип кеткен болармеди ким билсин.?

Көрмейсизбе жақын келип қасына,
Отырғанша жумбақ етип асыра,
Жалған болар тирилигиң бир сәтте,
Не түспейди дейсең адам басына.

Күлгиң келсе хәзиллесип күл мейли,
Бизде хәзил шек~шегара билмейди,
Бирақ аҳўал сора жатқан адамнан,
Жатқан адам "ишкен" бола бермейди.

Жанго Алланиязович

Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Мен кимге керекбен....

Кимге керекбен кимлер биледи.
Бул сораулар иш етимди тиледи.
Сырттан бақлап көрген күледи.
Орынлы орынсыз бирақ билмеймен.

Базыда қуýансам гейде жылайман.
Керек еместей балшық ылайдан.
Сабыр етип жасау изин қурайман.
Мен кимге керекбен оны билмеймен.

Жүзимдиде жуýады жамғыр тамшылар.
Әрманлар сыртымнан мени қамшылар.
Кеýилим өксигенде жоқтай жаршылар.
Мен кимге керекбен бирақ билмеймен.

Авт. Даýлетниязов. Қ

Каналымыз👉@qqshayirlar
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Каналымыз оқыýшысы.

Айтбаев Байрам Муратбай улы.
ҚМУ математика қәнийгелиги 1-курс студенти.
(Мойнақ районы турғыны.)

Досларымызға жиберемиз.

Каналымыз👉@qqshayirlar
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ via @like
Каналымыз оқыýшысы. Айтбаев Байрам Муратбай улы. ҚМУ математика қәнийгелиги 1-курс студенти. (Мойнақ районы турғыны.) Досларымызға жиберемиз. Каналымыз👉@qqshayirlar
Сақла, Қарақалпақ Ана тилиңди!

Пал зибани ушқан қусты қайырған,
Айтыс келсе көпти сөзден қайырған,
Дилўарлықта қылды қырық айырған,
Сақла, Қарақалпақ Ана тилиңди!

Заманның аязы урмасын десең,
Миллет жарға басын бурмасын десең,
Әўладлар жалтақлап турмасын десең,
Сақла, Қарақалпақ Ана тилиңди!

Еле талай шайыр қосық сырласын,
Бақсы-жыраў дәстанларын жырласын,
Сонда ғана миллет руўҳы сынбасын,
Сақла, Қарақалпақ Ана тилиңди!

Тил барында тамырыңа зақым жоқ,
Абайлап саҳрада өсир гүлиңди,
Заманыңда жоғалтыўға ҳақың жоқ,
Сақла, Қарақалпақ Ана тилиңди!

Сынбай сынаўларда,талай сыналсын,
Биз ушын көтерген тастан зилиңди,
Бабалар қәбирде тыныш тын алсын,
Сақла, Қарақалпақ Ана тилиңди!

Заманның аязы урмасын десең,
Миллет жарға басын бурмасын десең,
Әўладлар жалтақлап турмасын десең,
Сақла, Қарақалпақ Ана тилиңди!

Руфат Ешанов.


Каналымыз👉@qqshayirlar