Kisiniń yarına kúlip baqqannan,
Shıbın janın ıshqı otına jaqqannan,
Óz boyına túrli nasaq taqqannan,
Óz yarıńnıń tárbiyasın ber jaqsı.
📕 Ájiniyaz Qosıbay ulı
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Shıbın janın ıshqı otına jaqqannan,
Óz boyına túrli nasaq taqqannan,
Óz yarıńnıń tárbiyasın ber jaqsı.
📕 Ájiniyaz Qosıbay ulı
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Муҳаббат кестеси
Қызлар бир гезлери кеўил сырларын,
Кестелеп таўарға түсирер екен.
Бундай шеберликти келер жырлағым,
Тоқылған кестеде мәни бар үлкен.
Аппақ арзыў-үмит, мөлдир муҳаббат,
Кестелер арқалы етилер баян.
Және де қызға тән болған ар-уят,
Әжайып өнерде болыпты аян.
Пәк сезимлер менен келген дүньяға,
Гөззаллыққа қарап көзим қамасты.
Сақланады бир пайызлы уяда,
Қанша жанлар сүйсинисип қарасты.
Қыздағы сабырлық, ақыл-парасат,
Усы кестелерден көринер анық.
Әсирлер өтсе де баспас екен тат,
Оннан сап ышқыны аларсаң танып.
Арыўлар дөреткен бийбаҳа кесте,
Бүгинги әўладқа болады үлги.
Апама қыз күнин салады еске,
Өнер алғысланып, ығбалы күлди.
Кеўлиндеги меҳир, ықласын берип,
Безейди ҳадаллық реңлери менен.
Қызлар муҳаббатын аңладым көрип,
Отлы сезимлерге табынаман мен!
15-июнь, 2020
Бахытлы Сарыбаев
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Қызлар бир гезлери кеўил сырларын,
Кестелеп таўарға түсирер екен.
Бундай шеберликти келер жырлағым,
Тоқылған кестеде мәни бар үлкен.
Аппақ арзыў-үмит, мөлдир муҳаббат,
Кестелер арқалы етилер баян.
Және де қызға тән болған ар-уят,
Әжайып өнерде болыпты аян.
Пәк сезимлер менен келген дүньяға,
Гөззаллыққа қарап көзим қамасты.
Сақланады бир пайызлы уяда,
Қанша жанлар сүйсинисип қарасты.
Қыздағы сабырлық, ақыл-парасат,
Усы кестелерден көринер анық.
Әсирлер өтсе де баспас екен тат,
Оннан сап ышқыны аларсаң танып.
Арыўлар дөреткен бийбаҳа кесте,
Бүгинги әўладқа болады үлги.
Апама қыз күнин салады еске,
Өнер алғысланып, ығбалы күлди.
Кеўлиндеги меҳир, ықласын берип,
Безейди ҳадаллық реңлери менен.
Қызлар муҳаббатын аңладым көрип,
Отлы сезимлерге табынаман мен!
15-июнь, 2020
Бахытлы Сарыбаев
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Болғаным сол
Өзи сондай озал бастан мендеги жаратылыс,
Жоқ журттың балларындай жентельменше дара турыс,
Қалада көп жүрсем де сол аўылдағы бала жүрис,
Заманнан изде қалма дейсең, мениң заманым сол.
Әкемнен питкен, анамнан өткен пейли-ықпалым,
Өзим жығылсам да кеўлиңди сирә жықпадым,
Табылмайды жерде сендей жақсы сөзге зықна дым,
Неге мени таңладың дейсең, сәл төмен талғамым сол.
Я қудайым жазбаған ба сени бизиң маңлайға,
Я мени сеникине… қудай маңлай таңлай ма?
Мейли, бәрибир де мени сеннен бурын алғай да,
Менсиз көп жасағайсаң күн келип, әрманым сол.
«Мени сүйсең бол қәне, бурынғыдан өзгер» дедиң,
Қаннан кирген жаннан шығар, жигит жаным өзгермедим,
Талай айтқан шынлығымды шын деп көзге илмедиң,
Излегениң тек те айып ярынан Алланың сол.
Не болса да әўелден-ақ айра екен жолымыз,
Қырман үйдик әрманлардан билмей баста ҳалымыз,
Ўақыт-қудай* зорымыз жоқ, көп бирақ та зарымыз,
Сен ушын өзгермели болалмадым, болғаным сол.
Аллаяр Дарменов
16.06.2020
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Өзи сондай озал бастан мендеги жаратылыс,
Жоқ журттың балларындай жентельменше дара турыс,
Қалада көп жүрсем де сол аўылдағы бала жүрис,
Заманнан изде қалма дейсең, мениң заманым сол.
Әкемнен питкен, анамнан өткен пейли-ықпалым,
Өзим жығылсам да кеўлиңди сирә жықпадым,
Табылмайды жерде сендей жақсы сөзге зықна дым,
Неге мени таңладың дейсең, сәл төмен талғамым сол.
Я қудайым жазбаған ба сени бизиң маңлайға,
Я мени сеникине… қудай маңлай таңлай ма?
Мейли, бәрибир де мени сеннен бурын алғай да,
Менсиз көп жасағайсаң күн келип, әрманым сол.
«Мени сүйсең бол қәне, бурынғыдан өзгер» дедиң,
Қаннан кирген жаннан шығар, жигит жаным өзгермедим,
Талай айтқан шынлығымды шын деп көзге илмедиң,
Излегениң тек те айып ярынан Алланың сол.
Не болса да әўелден-ақ айра екен жолымыз,
Қырман үйдик әрманлардан билмей баста ҳалымыз,
Ўақыт-қудай* зорымыз жоқ, көп бирақ та зарымыз,
Сен ушын өзгермели болалмадым, болғаным сол.
Аллаяр Дарменов
16.06.2020
📚 @qaraqalpaqadebiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бир билгени бар шығар...
Биз
неге гезлестик?
Дүнья тар шығар?!
Етпе даўкеслик,
Тәңриниң
бир билгени бар шығар.
Бахытлы биз мине,
Бахыт-бас заң шығар.
Әййй...
Тәғдирдиң измине
Шырт жумайық та көзимизди,
Тапсырайық өзимизди.
Сүйдим, сүйилип қал, жаным,
Ойлама дүнья жалғанын,
Тәғдирди жазған Алланың
Бир билгени бар шығар...
Аллаяр Дарменов
18.06.2020
Жеке канал силтемеси: 👉 @Allayar_Darmenov
@qaraqalpaqadebiyati
Биз
неге гезлестик?
Дүнья тар шығар?!
Етпе даўкеслик,
Тәңриниң
бир билгени бар шығар.
Бахытлы биз мине,
Бахыт-бас заң шығар.
Әййй...
Тәғдирдиң измине
Шырт жумайық та көзимизди,
Тапсырайық өзимизди.
Сүйдим, сүйилип қал, жаным,
Ойлама дүнья жалғанын,
Тәғдирди жазған Алланың
Бир билгени бар шығар...
Аллаяр Дарменов
18.06.2020
Жеке канал силтемеси: 👉 @Allayar_Darmenov
@qaraqalpaqadebiyati
Hayaldıń bar gózzallıǵın úsh nárse-aq joqqa shıǵaradı: ójetlik, tiykarsız ókpe, baqırıp sóylew.
📕 Wilyam Shekspir
📚 @qaraqalpaqadebiyati
📕 Wilyam Shekspir
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Men búgin, erteń ne bolatuģının bilmeymen. Biraq, birnárseni bilemen:
Bári Allanıń qálewi menen!
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Bári Allanıń qálewi menen!
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Hárdayım hárekette bolıw kerek. Sebebi, toqtaģannıń otırģısı keledi. Otırģannıń jatqısı keledi. Jatqannıń uyqlaģısı keledi.
📔 Al-Xorezmiy
📚 @qaraqalpaqadebiyati
📔 Al-Xorezmiy
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Умытпадым сени.
Айралық азабы жүректи езип,
Көксиме тығылды бир ашшы өксик,
Өзге бағдың гүлин кетсең де үзип,
Умытпадым сени.
Келер қыйқыўласқан қуслардың сести,
Сарғайған жапырақ үзилип түсти,
Келмесин билсем де күткеним неси,
Умытпадым сени.
Ай менен жулдызлар болды сырласым,
Сенсизликке көнбей ағар көз жасым,
Яр етип кетсеңде жаным басқасын,
Умытпадым сени.
Жалғызлықтың қыйын демлерин түйип,
Жасайман өзиңди бир өмир күтип,
Маған жетер еди бирғана үмит,
Умытпадым сени.
Ашынып бийҳуда өткен өмриме,
Ышқымды жасырдым жүрек төриме,
Бир күни жетерсең мениң қәдриме,
Умытпадым сени.
Жумаханова Гүлбазар✍
5.07.2020-жыл.
Айралық азабы жүректи езип,
Көксиме тығылды бир ашшы өксик,
Өзге бағдың гүлин кетсең де үзип,
Умытпадым сени.
Келер қыйқыўласқан қуслардың сести,
Сарғайған жапырақ үзилип түсти,
Келмесин билсем де күткеним неси,
Умытпадым сени.
Ай менен жулдызлар болды сырласым,
Сенсизликке көнбей ағар көз жасым,
Яр етип кетсеңде жаным басқасын,
Умытпадым сени.
Жалғызлықтың қыйын демлерин түйип,
Жасайман өзиңди бир өмир күтип,
Маған жетер еди бирғана үмит,
Умытпадым сени.
Ашынып бийҳуда өткен өмриме,
Ышқымды жасырдым жүрек төриме,
Бир күни жетерсең мениң қәдриме,
Умытпадым сени.
Жумаханова Гүлбазар✍
5.07.2020-жыл.
Baz birewler jigitlikti qıymaydı,
Jas ótse de qayqılıģın qoymaydı.
Janın qıynar eki jaqqa jaltaqlap,
Eki ģarbız bir qoltıqqa sıymaydı.
📘 T.Jumamuratov
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Jas ótse de qayqılıģın qoymaydı.
Janın qıynar eki jaqqa jaltaqlap,
Eki ģarbız bir qoltıqqa sıymaydı.
📘 T.Jumamuratov
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Мәнзилсиз хатлар...
Излеп тапқан едим гезип шәменди,
Сүйип қалып едим назлы сәнемди,
Қашан қәте бастым дейип қәдемди,
Көз жасқа малынды, мәнзилсиз хатлар...
Жол таппай бармаға таўлардан асып,
Жибериўге яки көрмей мүнәсип,
Китап қапталында қалған шаң басып,
Жатыр жолланбаған, мәнзилсиз хатлар...
Барлығы бир жанға жазған арналып,
Ышқы сезимлерин айтып зарланып,
Кеткен соң алысқа, қалған арланып,
Стол үстинде қалды, мәнзилсиз хатлар...
Баяғыдай қылып жибермек қыйын,
Шексиз муҳаббатқа салынып тыйым,
Қағаз арасында болып бир үйим,
Жиберилмей жатыр, мәнзилсиз хатлар...
Абдирахман Зергер✍
📚@qaraqalpaqadebiyati
Излеп тапқан едим гезип шәменди,
Сүйип қалып едим назлы сәнемди,
Қашан қәте бастым дейип қәдемди,
Көз жасқа малынды, мәнзилсиз хатлар...
Жол таппай бармаға таўлардан асып,
Жибериўге яки көрмей мүнәсип,
Китап қапталында қалған шаң басып,
Жатыр жолланбаған, мәнзилсиз хатлар...
Барлығы бир жанға жазған арналып,
Ышқы сезимлерин айтып зарланып,
Кеткен соң алысқа, қалған арланып,
Стол үстинде қалды, мәнзилсиз хатлар...
Баяғыдай қылып жибермек қыйын,
Шексиз муҳаббатқа салынып тыйым,
Қағаз арасында болып бир үйим,
Жиберилмей жатыр, мәнзилсиз хатлар...
Абдирахман Зергер✍
📚@qaraqalpaqadebiyati
"Sútilmek" qosıģınıń avtorı kim?
Anonymous Poll
20%
S.Abbazov
18%
T.Jumamuratov
28%
I.Yusupov
34%
X.Saparov
Ómirimde men isenetuģın bir ģana insan bar. Bul men, ózim. Bilesiz be nege? Sebebi, bul insannan ele kewlim qalģanı joq.
📕 Omar Hayyam
📚 @qaraqalpaqadebiyati
- Eń qıyın jol qaysı?
- Eń qıyın jol - óziń bilmegen jol.
- Opasızdıń doslıģın ne menen teńgerse boladı?
- Opasızdıń doslıģı muzģa jazılģan xat.
- Ernazar aģa, qanday adamdı jek kóresiz?
- Tútinnen qorıqqan ot jaģardı jek kóremen, shıqıldını jaqtırmaģan temirshini jek kóremen.
📕
📚 @qaraqalpaqadebiyati
- Eń qıyın jol - óziń bilmegen jol.
- Opasızdıń doslıģın ne menen teńgerse boladı?
- Opasızdıń doslıģı muzģa jazılģan xat.
- Ernazar aģa, qanday adamdı jek kóresiz?
- Tútinnen qorıqqan ot jaģardı jek kóremen, shıqıldını jaqtırmaģan temirshini jek kóremen.
📕
Tólepbergen Qayıpbergenovtıń "Túsiniksizler" romanınan úzindi. Gúlziybanıń Ernazar Alakózge bergen sorawları.
📚 @qaraqalpaqadebiyati
Babam qara bórik kiygen,
Arģı atam Maman biyden,
Kózlerime ısıq túymeń, Qásterlegen óz qalpaģın, Elseń sen, qaraqalpaģım. Qosıq qatarları kimniń qálemine tiyisli?
Arģı atam Maman biyden,
Kózlerime ısıq túymeń, Qásterlegen óz qalpaģın, Elseń sen, qaraqalpaģım. Qosıq qatarları kimniń qálemine tiyisli?
Anonymous Quiz
62%
I.Yusupov
15%
X.Dáwletnazarov
16%
T.Jumamuratov
7%
A.Sultanov