Paziyletuz | Рәсмий канал
62.9K subscribers
25.3K photos
3.5K videos
33 files
30.8K links
Download Telegram
Жерлеслеримиз Ҳаж зыяратына жөнеп кетти

Ҳаж ибадатының басқа ибадатлардан парқы сонда, ол ҳәммеге де бир ўақыттың өзинде парыз бола бермейди, бәлким айырым шәртлерине муўапық келген мусылманларға ғана парыз болады. Имканияты бар, қәдир болған адамларға Аллаҳ ушын Бәйтти ҳаж қылыў парыз...
Бүгин Республикамыздан ислам дининиң ақырғы парызын ада етиў ушын мүбәрек Ҳаж зыяратына барыўшы 192 пуқара Нөкис «Имам ийшан Муҳаммад» мешитине жыйналды. Тараў қәнигелери Ҳаж ибадаты тәртиби, әмеллери, сырт елге шығыў ҳәм кириў қағыйдалары бойынша түсиник берди. Соң жерлеслеримиз барлық қолайлықларға ийе заманагѳй автобусларда мешит жанынан Нѳкис халық аралық аэропортына, аэропорттан Саудия Арабстанының Мадина қаласына жөнеп кетти.
Оларды шығарып салыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нөкис Имам ийшан Муҳаммад жаме мешити, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
«Ҳаж — 2024» мәўсиминдеги Қарақалпақстан Республикасынан кеткен 192 пуқараларымызға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Баҳармаддин Разов, Кегейли районы бас имамы Арзыўбай Юсупов, Нѳкис қаласы «Муҳаммад Бахий ийшан» мешити имам-хатиби Шуҳрат Қудайбергенов ҳәм Тѳрткүл районы бас имамы Досназар Қличевларлар басшылық етип кетпекте.
Аллаҳ таала бул пуқараларымыздың қылған ибадатларын, елимиздиң тынышлығы, қәтержамлығы ҳәм раўажланыўы жолында қылған дуўаларын өз дәргайында қабыл еткей…

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Ҳаж_2024

Жерлеслеримиз Ҳаж зыяратына жөнеп кетти

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
"ЛӘББӘЙКА" ДЕГЕН ҲАЖҒА БАРАДЫ

👎 "Адамларды ҳажға шақыр..." (Ҳаж сүреси, 27-аят).

Ибраҳим алайҳиссалам Мақамда* турып, Шығыс ҳәм Батыс арасындағы адамлар еситетуғын даўыста былай нида қылды:

👉 "ҲӘЙ ИНСАНЛАР! РӘББИҢИЗ (ШАҚЫРЫҒЫ)НА ЖУЎАП БЕРИҢ!"

Адамлар әкелериниң белинде (пушты-камарында) турып: "ЛӘББӘЙКА" деп жуўап берди.

❗️Сол күни ким Пайғамбар Ибраҳим алайҳиссаламның шақырығына "ЛӘББӘЙКА" деп жуўап қайтарған болса, сол адам ҳажға барады.

Бүгинги талбия (ЛӘББӘЙКА) Ибраҳим алайҳиссаламның бул нидасына жуўап ретинде айтылады (Мужаҳид раҳимаҳуллаҳ рәўияты).

Абул Лайс Самарқандий раҳимаҳуллаҳ.


* «Ибраҳимниң мақамы» Кааба есигинен шама менен 20 қәдем аралықтағы бир орын болып, Ибраҳим (а.с.) сол жерде турып дуўа қылған. Ҳәзирге шекем сол орын әййемги естеликлерден саналып, бир тастың үстине Ибраҳимниң (а.с.) аяқ излери түсирилген ҳәм айналы гүмбез бенен жаўып қойылған.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 6-июнь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Пийшемби күни



  Пийшемби күниңиз қайырлы болсын!

     6-Июнь                                    2024
     29-Зулқаъда                          1445



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#қурбан_ҳайыты #мағлыўмат #еслетпе

🌙 Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.

(Айдың шығыўына қарап +/- бир күнге өзгериўи мүмкин.)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

10-МӘСЕЛЕ: "Бир қойды сатып алып атырғанда, қурбанлық нийети болмаса, оны сатып, орнына басқа қойды сатып алып қурбанлық қылыў мүмкин. Қурбанлық нийети менен сатып алынған қойды сойып атырған ўақытта нийет етпесе де, қурбанлықтан есаплана береди. Себеби сатып алыў ўақтындағы нийеттиң өзи жетерли болады" ("Ўажиз лил-Кардарий").

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM