Paziyletuz | Рәсмий канал
62.9K subscribers
25.3K photos
3.5K videos
33 files
30.8K links
Download Telegram
​​#Сораў_жуўап

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ ҚАЗАСЫ БАР МА?

СОРАЎ: Айырым бир себеплерге көре шәўўәл айының 6 күнлик оразасынан 3 күнин тута алмай қалдым. Қандай етип шәўўәл айы оразасының қазасын тутсам болады? Өзи шәўўәл оразасының қазасы бар ма?


💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Шәўўәл айы оразасын тута алмаған болса, оның қазасы тутылмайды. Себеби ол нәпил — ықтыярый ораза есапланады.

Бирақ, шәўўәл айының саўабына — бир жыллық оразаның саўабына ерисиўдиң басқа жолы да бар. Буның ушын ҳәр қамарий айда үш күн ораза тутылса, бир жыл ораза тутқанлық саўабына ерисе алады. Бул ҳаққында төмендеги саҳиҳ ҳәдисте былай ўәде етилген:

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳу айтады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға мениң "Аллаҳға ант, тири екенмен, күндизи ораза тутаман, түнди ибадат пенен өткиземен", деп атырғаным хабар қылынды. Мен Нәбий алайҳиссаламға айттым: "Ата-анам сизге пидә болсын, ҳақыйқатында да сондай дедим". Ол: "Сен буны қыла алмайсаң. Сол себепли, ораза да тут, аўзы ашық та жүр. Уйқысыз да бол, уйқыла да. Айда үш күн ораза тут. Өйткени, жақсылық орнына оның он есеси бар. Мине усы жыл-он еки ай ораза тутқан сыяқлы болады", деди. (Имам Бухарий рәўияты). Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тәжирийбе етип көриң!

Социаллық тармақ қуралларынан бираз узақласың. Сонда оның ишинде жүрип бир нәрсени жойтпағаныңыз, бирақ сыртта (яғный, болмыста) үлкен нәрселерди қолдан шығарғаныңыз мәлим болады.

Ата-аналарыңыздың жаслары анағурлым қартайып, сезбей қалыпсыз. Ул-қызларыңыздың тәрбиясына итибарсыз болып, умытып та қойыпсыз. Жақынларыңыз, жақсы көргенлериңиз кетип те қалыпты.
Көплеген пурсатлар, қымбатлы ўақытлар зая болыпты да, сиз ғәплетте қалыпсыз. Намазлар, зикирлер, сүннетлер, Қураны кәрийм қирәәтлери, ата-аналар менен бирге отырыўыңыз, балаларыңызды тәрбиялаўыңыз, сәҳәр ўақтындағы истиғфарларыңыз, дуўалар қылыў, Пайғамбарға салаўатлар айтыў ҳәм және көп-көп нәрселер зая болып кетипти....

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_аяты

Жақсылықтың бәрше түри жәмленген аят

Аллаҳ таала Қураны кәриймде айтады: 👉 "Жақсылық – жүзиңизди Шығыс ямаса Батыс тәрепке қаратыўыңызда емес.

1. Жақсылық –
– Аллаҳға,
– ақырет күнине,
– периштелерге,
– Китапқа,
–Пайғамбарларға ийман келтиретуғын

2. ҳәм жақсы көрген мал-дүньясынан
– ағайинлерине,
– жетимлерге,
– мискинлерге,
– жолаўшыларға, тиленшилерге,
қул азат қылыўға беретуғын,

3. намазды кәмил оқып,
– зәкат беретуғын,
– келисим қылғанда келисимине – опа қылыўшыларға,
– жарлылық, қыйыншылық ўақтында ҳәм аўыр ўақытта сабыр қылыўшыларға (тән).

👉 Әне солар шын ийманлы ҳәм солар тақўалы". (Бақара сүреси, 177-аят).

🤢 Ибн Кәсир раҳматуллаҳи алайҳ айтады: "Ким усы аят пенен сыпатланса, Ислам дининиң бәрше тараўларына кирип, жақсылықтың басынан тутқан болады".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Үйиңизге бир данадан көп телевизор орнатпаң. Ондай нәрселердиң көбейиўи балаларыңызды тийкарғы ўақтын телевизор алдында өткеретуғын етип қояды.

Балаңызға телевизордағы пайдалы көрсетиўлерди көриўи ушын күнине бир ярым саат ўақыт белгилеп бериң. Ал, оқыў күнлери буны ярым саатқа қысқартың.

Балалардың жатақ жайына ҳасла телевизор қойып бермең. Кейин олар телевизор көрип уйқылайтуғын болып қалады.

📖 "Жәннет бағларындағы шаңарақлық ақшамлар" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалықлар
Сондай-ақ, билим журтында тәлим алып атырған 4-курс талабалары менен олардың келешектеги Республикамыздың раўажланыўына өз тараўлары бойынша жумыс орынларына жайласыўы, бөлистирилиўи ҳаққында сәўбетлести ҳәм өзлеринен қызықтырылған сораўларға толық жуўапларын алып мазмунлы, тәсирли тәризде болды.
Келген мийманларымыз талабаларға келешектеги ийгиликли жумысларына табыслар тилеп ушырасыўды жуўмақлады.

Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
telegram| youtube| facebook| instagram

Интернет сайтымыз: alberuniy.uz
#шәўўәл_оразасы #аўыз_ашыў_дуўасы

😌 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

   "Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн".

   Мәниси: "Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл!".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM