Paziyletuz | Рәсмий канал
68.1K subscribers
24.2K photos
3.15K videos
33 files
29.7K links
Download Telegram
#Сораў_жуўап

Сораў: Оразадар адам шаршап, ден-саўлығында қатты өзгерис болып, оразасын ашып жиберсе каффаратын (избе-из 60 күн ораза) тутады ма?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Егер ораза тутқан адам оразасын даўам еттирсе, ден-саўлығына қатты зыян болатуғын болса ямаса кеселлиги аўырласса оразасын ашады ҳәм саўалғанынан кейин бир күн қазасын тутып береди. Тәўир болыўынан үмит болмаса, оразаның фидясын береди. Бундай ўақытта каффарат ўәжиб болмайды. Наўқас адам ораза тутыў мәселесинде дин-диянаттан хабары бар, шебер шыпакер ямаса тиб қәнигеси пенен мәсләҳәт қылып, оның көрсетпесине әмел етиўи керек. Ўаллоҳу аълам.

   Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!щ

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

Сораў: Питир садақасын пластик карта арқалы өткизип бериў дурыс па?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Аўа, зәкат, питир садақасы ҳәм басқа сол сыяқлы садақаларды пластик карталарға өткизип берип, орынлаў мүмкин. Себеби, пластикке пул түскенде де мүтәж адам оған толық ийелик ете алады ҳәм қәлегениндей ислете алады. Пластикке пул өткизиў нақ пул бериў менен бирдей. Демек, зәкат, питир сыяқлы садақаларды мүтәж адамлардың пластик картасына түсирип бериў менен де орынлаў мүмкин. Ўаллоҳу аълам.

   Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

🙄 ШӘЎЎӘЛ АЙЫНДАҒЫ АЛТЫ КҮНЛИК ОРАЗА

Сораў: Шәўўәл айындағы алты күнлик ораза қашаннан баслап тутылады?

💬 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Шәўўәл айындағы алты күнлик ораза Рамазан ҳайытының ертеси күнинен баслап тутқан абзал. Сондай-ақ шәўўәл айы даўамында бөлип-бөлип тутса да болады. Ўаллоҳу аълам.

   Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

🙄 ҚАЗА ОРАЗАДАН АЛДЫН ШӘЎЎӘЛ АЙЫНЫҢ ОРАЗАСЫН ТУТСАМ БОЛАДЫ МА?

Сораў: Қаза оразадан алдын шәўўәл айының 6 күнлик оразасын тутсам болады ма ямаса алдын қаза оразаны тутыўым керек пе?

💬 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Биринши қаза оразаларды тутып алып, кейин шәўўәл айынан 6 күн ораза тутсаңыз мақсетке муўапық болады. Себеби, қаза ораза нәпилден әҳмийетли ҳәм үстин есапланады. Сондай-ақ, қаза оразаларда нийетти таң атыўынан алдын қылып алыў керек. Таң атқаннан кейин нийет етсе, ораза дурыс болмайды. Ўаллоҳу аълам.

   Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

ТАҲӘРАТТА ТӘРТИП БУЗЫЛСА

Сораў: Таҳәрат қылып атырғанымда жуўатуғын жерлеримниң (ағзалардың) орнын алмастырып жиберемен. Соның ҳүкими қандай?

💬 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Ҳанафий мәзҳабымызға муўапық таҳәратта жуўылатуғын ағзаларды Қураны кәриймде келген тәртипке көре нәўбети менен жуўыў сүннет есапланады. Набада умытып тәртип бузылса да таҳәрат дурыс болады, бирақ сүннет тәрк болғаны себепли саўабы кемлеў болады. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM